Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.62K photos
417 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Үмитсиз шайтан

Имам Табаранийден рәўият қылынады:
“Әбиў Фарўа исмли бир адам келип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
— Бастан-аяқ гүнаға батқан, ислемеген жаман иси қалмаған бир кимсе тәўбе етсе, болады ма?-деп сорады.
Расули акрам саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, оған:
— Сен мусылман болғансаң ба? – деди..
— Аўа.
— Ондай болса, буннан кейин жаманлықларды тасла, ҳәмийше жақсылық ет. Аллаҳ таала сениң алдыңғы ислеген жаманлықларыңды жақсылыққа айналдырады.
— Барлық қыянет ҳәм судхорлықларымды да ма?
— Аўа.
Ол адам тәкбир айта баслады ҳәм шығып кетти. Алыслап, изинен көринбей қалғанынша тәкбир айтты.

♻️ @MagzaniyshanUz
Ҳәй достым!
Мени бир гүнаҳ якы наҳақлық үстинде көрсең, маған нәсият қылып, туўры жолға басла.
Қысынып қалыўымнан қорықпа, дүньяда бир күн қысынсам қысынайын. Лекин ақыретте бир өмир қысыныўға шыдай алмайман!


♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋

🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋

Бүгин екшемби🕊
21- Зулҳижжа 1444 ж
9 - Июль 
2023 ж

Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
☘️🌺☘️🌹☘️🌼☘️🌹🍀🌷🌱

 ♻️@MagzaniyshanUz
#күн_аяты

Сизлерде қандай немат болса ол Аллаҳтан.

Наҳл сүреси 53-аят



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Дүньядағы ең гөззал жолдас - тасбеҳ.
Ең уллы дос - Қуран.
Ең гөззал муҳаббат - Аллаҳ жолындағы муҳаббат.
Ең уллы қәлиб - мөминниң қәлби.
Ең шын муҳаббат - Жаратыўшының муҳаббаты.
Ең гөззал парыз - намаздың парызы.
Ең гөззал көзжас - Аллаҳтың қорқыўында жылап төгилген көзжас.
Ең уллы ғайратлылық - Аллаҳ тааладан қорыққандағы қәўип.
Ең гөззал қатар - Ләә иләҳә иллаллаҳу Муҳаммадун расулаллаҳ.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
~ Қәлбиң тыныш болыўын қәлесең, ҚУРАН оқы...

~ Жәннетте үйиң болыўын қәлесең, ИХЛАС сүресин оқы...

~ Жәннетте сен ушын терек егилиўин қәлесең, "СУБҲАНАЛЛОҲИ ЎӘ БИҲАМДИҲИ"ди көп айт.

~ Жәннетте ғәзийнең көп болыўын қәлесең, "ЛӘӘ ҲАЎЛӘ ЎӘ ЛӘӘ ҚҮЎЎӘТӘ ИЛЛӘӘ БИЛЛӘҲ"ты көп айт...

♻️ @MagzaniyshanUz
#сайлаў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасып, ел-журт тәғдири ҳәм келешеги ушын мүнәсип талабанға даўыс берди

Бүгин елимизде сиясий байрам, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов сайлаўда қатнасыў ушын өз сайлаў участкасына барды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлағаннан соң, Қарақалпақстан мусылманлар қазыяты қазысы елимизге тынышлық ҳәм қәтержамлық, молшылық ҳәм берекет тилеп, әмелге асырылып атырған, мине усы сиясий процесс, президентлик сайлаўлары қайырлы ҳәм пайызлы өтиўин сорап, дуўа қылды.
Соң Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин Баҳауддинов өз пуқаралық ҳуқықынан пайдаланып, өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Аллаҳтың зикири менен бәнт болыўдың пайдасы

Ким өмирлик ўақтында Аллаҳға, Оның зикирине ҳәм Оның муҳаббаты менен бәнт болса, руўҳы Аллаҳ таман шығып атырғанында ең мүтәж болатуғын нәрсесин табады.
Ким өмирлик ҳәм дени саў ўақтында оннан басқа нәрсе менен бәнт болса, өлими ўақтында Аллаҳ пенен бәнт болыўы қыйынласып, ақыбетте рәббиси тәрепинен инаят ҳәм көмекке ийе болмайды.
Соның ушын ақыллы адам қәлби ҳәм тилин ҳәр қандай жағдайда да сол демде (жан беретуғын ўақтында марҳаматына ерисиў) ушын ҳәм Аллаҳтың зикири менен бәнтликти өзине лазым тутсын. Себеби оны өткерип жиберер екен, мәңги бақты қара болып қалыўы анық.
Аллаҳтан Өзиниң зикири, шүкири ҳәм гөззал ибадатына ылайық қылыўын сорап қаламыз.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Дүнья муҳаббаты сени ақырет ышқынан бурып қоймасын. Аллаҳ алдындағы нәрселер (яғный, Ақырет неьматлары - дүнья маталарынан) жақсырақ ҳәм мәңгирек.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Диний тараў ўәкиллери президентлик сайлаўында белсенди қатнаспақта

Бүгин елимизде әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтпекте. Қарақалпақстан Республикасы сайлаўшыларынан бириншилерден болып имам хатиблер, имам найыплар, кексе жастағы нураный ҳажы аталарымыз ҳәм апаларымыз, сондай-ақ, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшылары менен исши хызметкерлери де өзлериниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында өз шаңарақ ағзалары менен белсенди қатнаспақта.
Демократиялық принциплер тийкарында өтип атырған президентлик сайлаўында сайлаўшылар өзлерине мүнәсип көрген талабанға даўыс берип, өз халқы, Ўатаны, шаңарағы ҳәм келешеги ушын бийпарық емеслигин көрсетип, ҳәр бир даўыс шешиўши әҳмийетке ийе болыўы мүмкинлигин сезинген ҳалда қатнаспақта.
Атап өтиў тийис, бул жылғы президентлик сайлаўы халықаралық принциплер тийкарында, сайлаўшылардың белсенди қатнасыўы менен өзгеше пайызлы өтпекте. Себеби, пуқаралардың сиясий белсендилиги өз ара татыўлықты, ел-журтқа сүйиспеншиликти, ертенги күнге болған исенимди аңлатады.
Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын, ҳақыйқатында да, елимизде соңғы жыллары диний-ағартыўшылық тараўда үлкен унамлы өзгерислер ҳәм реформалар нәтийжесинде бир ғана Қарақалпақстан Республикасының өзинде қаншадан-қанша жаңа мешитлердиң ашылыўы, алдынғыларының толық реконструкциядан шығыўы, ҳаж ҳәм умра зыяратлары ушын квоталардың көбейтилиўи, улыўма мөмин-мусылманларға кең имканиятлардың жаратылыўы Аллаҳ тааланың елимизге берген уллы неъматларынан есапланады.
Бүгинги сайлаўларда тек ғана жасы уллы аталарымыз ҳәм апаларымыз емес, ал жасларымыз да белсенди қатнасып өз келешегине, журт тәғдирине бийпарық емеслигин әмелде тастыйықламақта.
Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығын мәңги ҳәм халқымыздың ырысқы-несийбесин мол әйлеп, мәмлекетимизде өткерилип атырған президентлик сайлаўы бәрше ушын қайырлы болыўын сорап, дуўа қыламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#нәсият

Намазда болсаң, қәлбиңди абайла!
Адамлар арасында болсаң, тилиңди абайла!
Биреўдиң үйинде болсаң, көзиңди абайла!
Аўқат үстинде болсаң, асқазаныңды абайла!
Еки нәрсени ҳеш еслеме:
Бириншиси: Адамлардың саған қылған жаманлығын;
Екиншиси: Адамларға қылған жақсылығыңды.
Еки нәрсени ҳасла умытпа:
Бириншиси: Аллаҳ әззә ўә жәлләни.
Екиншиси: Ақырет диярын.

♻️ @MagzaniyshanUz