Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.62K photos
417 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#ҳикмет

ДҮНЬЯ БЕРИЛМЕГЕН АДАМҒА ИБРАТ НӘЗЕРИ МЕНЕН ҚАРАҢ!

Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам деди:
“Өзиңизден төмендегилерге қараң, өзиңизден жоқарыдағыларға қарамаң! Бул Аллаҳтың сизлерге берген неьматларын аз санамаўыңыз ушын пайдалы”

(Имам Аҳмад, Имам Муслим ҳәм Имам ибн Можа рәўияты)



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Ҳасан Басрый раҳматуллаҳи алайҳ сондай деген:

“Ҳәй адам баласы, ибадатты артқа сүриў қашанға шекем даўам етеди? Сен бүгинги күниң ушынсаң, ертеңги күниң ушын емессең!
(Соның ушын бүгин ибадат қылып қал). Егер саған ертеңги күн де несип етсе, бүгин ибадат қылғаның киби және ибадат қылып ал. Егер саған ертеңги күн несип етпесе, өткерип жиберген бүгиниң ушын пушайман болып қалма. Мен сондай қәўимлерди ушыраттым, олар динар ҳәм дирҳамларынан көре ўақытларын қәдирлер еди”.

“Ўақыт қәдири” китабынан



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Дүнья муҳаббаты сени ақырет ышқынан бурып қоймасын. Аллаҳ алдындағы нәрселер (яғный, Ақырет неьматлары - дүнья маталарынан) жақсырақ ҳәм мәңгирек.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

❗️ҲАЯЛДЫ:

Жақсы көриў – Сүннет
Асрап абайлаў – Ўәжип
Зулым қылыў – Ҳарам
Оны қуўанышқа бөлеп разылығын алыў болса саўап!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Бийшара адамзат!
Кәмбағаллықтан қорыққанындай дозақтан қорықса еди, екеўиненде қутылған болар еди.
Дүньяға қызыққанындай жәннетке ғайрат қылса еди, екеўине де ерисер еди.
Сыртынан адамлардан қорыққанындай ишинде Аллаҳтан қорықса еди, дүнья ҳәм ақыретте бахтияр болар еди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Мал-дүньяны жақсы көрсең, есап-китапты да умытпа!
Қасырларды жақсы көрсең, қәбирлерди де умытпа!
Мәсият ҳәм гүнаҳларды жақсы көрсең, тәўбени ҳәм гүнаҳларды кешириўшини умытпа!
Махлуқты жақсы көрсең, Холиқты (Жаратыўшы) да умытпа!
Дүньяны жақсы көрсең, ақыретти де умытпа!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Кәмбағаллықта жасап, сол жағдайда қайтыс болыўың саған ырысқы жазылмағанын аңлатпайды. Бәлким, Аллаҳ кәмбағаллыққа сабыр қылғаның ушын саған жәннетти ырысқы қылып берген шығар?
Ҳақыйқый кәмбағаллық мал дүньясы кем болыў емес, бәлки жақсы әмеллери кем болыўы.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Өмирдеги ең рас ҳикмет сол:
“Жақсы жасамай атырған болсаң, билип қой, демек, намазды шырайлы етип ада ете алмай атырсаң”.

Түсиндирме: Намазды қаза қылыў, ўақты кирсе ҳеш бир себепсиз кешиктирип оқыў, ҳушуь, ҳузуьсыз оқыў. Намаздың сыртқы ҳәм ишки әмеллерин толық әмел етпеў. Намазға қатты итибарлы болыңлар!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

Биз (досларды) қолдан жиберип, жойтқанымыз жоқ. Бирақ жағдайлар оларды електен өткизбекте.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳикмет

“Аллаҳтан қорқып, айбат қылғаныңыз муғдарынша адамлар сизден қорқып, айбат қылады”.

Фузайл ибн Ияз

🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁

👇👇👇👇👇
✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Бенде Рәббисиниң алдында
еки мәрте тик турады:
1. Намаз пайытында.
2. Есап-китап пайытында.
Бириншисин қайыл қылсаң, екиншиси аңсат болады.

🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁

👇🏽👇🏽👇🏽👇🏽👇🏽
📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Үш нәрсени мудамы орынлап жүрсең, бахытлы боласаң:

Неъмат келсе, Аллаҳ таалаға ҳәмд айт. Яғный, Әлҳамдулилләәҳ, деп айт.

Ырысқың кешиксе, истиғфар айт. Яғный, Әстәғфируллооҳ, деп айт.

– Қыйыншылық жетсе, «Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўәтә илләә билләәҳ» ти көп айт (мәниси: «Аллаҳдан өзгеде қуўат та, қүдирет те жоқ»).

🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂🍁🍂

👇🏽👇🏽👇🏽👇🏽👇🏽
📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Жыллар өтиўи менен көп нәрселер өзгерип барабереди. Жаман көрген нәрсеңди жақсы көрип қаласаң, жақсы көрген нәрсеңди жаман көрип қаласаң, байланып қалған нәрсеңди умытып та жибересең. Өмир өткен сайын бизди пүткиллей басқа шахсқа айлантырып барабереди.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM