Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.64K photos
418 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#нәсият

Ўадийьа ал Ансарий сондай депти:

“Умар ибн Абдулазиз бир кисиге сондай ўаз нәсият қылғанын еситкенмен: “Пайдасыз сөзлерди сөйлеме. Душпаныңнан улыўма шетлен. Исенимли досларыңнан басқаларынан абайлы бол. Исенимли дос деп, Аллаҳ тааладан қорқып, Оған итаат қылатуғын кисиге айтылады. Гүнаҳ қылып жүриўши гүнаҳкар (яғный динге әмел етпейтуғын адамлар мусылман болса да) менен бирге жүрме, себеби ол саған да гүнаҳ қылыўды үйретеди. Сырыңды оларға ашпа. Исиңди тек Аллаҳ тааладан қорқатуғынлар менен мәсләҳәтлес!”



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Адамлар “Ассаламу алайкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳу” деў орнына “Ассаламу алайкум” деп айтыў жеткиликли болып қалмақта. Ақыбетте бәрше ислеримизде раҳматты ҳәм берекени жойтып қойдық.
Сәлемди толық қылыңлар, өмирлериңиз де толық жетилискен болады



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Социаллық тармақларда сүўрет қойыўға әдетленип қалған дослар!

Шаңарағыңыз, перзентлериңиз, пәраўан өмириңиз сәўлеленген сүўретлерди қоймағаныңыз жөн! Ҳәўес қылыўшы көзлерден көре ҳасадшы көзлер көплиги, қайыл қалыўшы көзлерден көре жақсы күниңди көре алмайтуғынлар көплигин умытпаң!
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға да көз тийген. Ол бизлерди көз тиюден абайлы болыўға шақырған.
Көз тийиўинен қорықпасаңыз да, басқалардың сезимин есапқа алың, илтимас!
Көрдик! Сен басқалар ийе болмаған нәрсеге ийе екенсең. Үлкен, шырайлы ҳәўлиң бар екен, басқаларда бундай жоқ екен. Шаңарағың менен тыныш татыў екенсең, басқаларда тек урыс-жәнжел екен!
Буларды ҳәммеге көз-көз қылаберме!
Перзентлериң бар екен, басқалар тырнаққа зар.
Әнўайы тағамлар жеп сүўретке түсипсең, кимлердур бир нанға зар.
Жақсысы, Аллаҳға ҳәмд айт, неьматларына шүкир қылып, өзиңизди де, шаңарағыңызды да жаман көзден асыраң!

👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Шаьбий сондай деген екен:
“Расгөйлик саған зиян жеткизиўин билип турсаң да рас сөйле. (Себеби, зиян болып көринсе де) раслық бәрибир саған пайда келтиреди. Саған пайдасы тийиўин билип турсаң да жалған сөйлеме, себеби (пайдалы болып көринип турған) жалған бәрибир саған зиян келтиреди”.
“Унўаанул бәййән” китабынан

👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Намазды қаза қылып, өз ўақытында оқымайтуғынларға нәсият!

Өткерип жиберген қаза намазыңды оқып болып, артынан еки ракат нәпил намаз оқып ал, себеби шайтанды урып емес, таат-ибадат пенен сабаў керек. Соны ҳәр дайым қылсаң, шайтан еки ракаттан қорқып, намазыңа қарсы шықпайды.


👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Төрт нәрсе бар, оны қылғаны менен әмир болсада, қәдири түсип қалмайды:
1. Отырған жеринен әкесине (ҳүрмет ушын) орнынан турса. 2 Оннан тәлим алып атырған алым (устаз)ына қызмет қылса. 3 Билмеген нәрсеси ҳаққында сораў берип сораса. 4. Мийманға (иззет көрсетип) қызмет қылса.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Ҳеш ким ата-анасы, ағайын туўысқанлары ҳәм перзентлерин өз ықтияры менен таңламайды. Шаңарақ ағзаларымыз бенен өз-ара ықтиярсыз байланғанбыз. Тек ерли-зайыплық ондай емес. Шаңарақ ағзаларынан бирден бир таңлаў ықтияры берилген нәрсе бул — жуп таңлаў, ерли-зайыплық.

Ықтиярыңызда болған исте жақсылыққа муўапық болыўға интилиң, ҳәрекет қылың!
Соны билиң, егер өмирлик жолдасыңыз Рәббисиниң ҳаққысына әмел қылмай атырма, анық сиздиң ҳаққыңызға да әмел қылмайды.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#нәсият

Салама ибн Динар айтады:
Еки нәрсе бар, оларға әмел қылсаң, дүнья ҳәм ақырет жақсылығына ерисесең:
1. Аллаҳ жақсы көрген әмел болса, бирақ саған жақпаса да, оған әмел қыласаң.
2. Аллаҳ жақтырмайтуғын әмел болса, жақсы көрсеңде, оны тәрк етесең.


📧 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Яҳя ибн Муаз айтады:
“Сенде мөминниң үш несийбеси болсын:
Пайда бермедиңбе, зиян да берме.
Қуўантырмадыңба, ғамға да батырма.
Мақтамадыңба, жаманлама да”.


✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

Әўели Аллаҳқа исениң кейин болса өзиңизге. Айыпларыңызды жақсылап танып алың.
Исенебериң, егер сиз сол айыпларыңыздан қутылсаңыз, арзыўларыңыздың әмелге асыўына бир адым қалады… Өз қәтелериңизди ядыңызда тутың, бирәдарларыңыз, жақын аға-инилериңизди қасыңызда сақлап қалыўды қәлесеңиз олардың қәтелерин есиңизден шығарың. Соны билиң, ҳақыйқый саадат - киси басқалардың айыбын қойып, өз айыплары менен бәнт болыўында.

“Жәннет бостанындағы шаңарақлы кешелер” китабынан

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM