Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.62K photos
417 videos
1 file
2.07K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋

🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋

Бүгин дүйшемби🕊
22- Зулҳижжа 1444 ж
10 - Июль 
2023 ж

Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
☘️🌺☘️🌹☘️🌼☘️🌹🍀🌷🌱

 ♻️@MagzaniyshanUz
#аят

Тек: «Аллаҳ қәлесе», (–деп айт. Бул сөзди) умытсаң, (есиңе түскенде) Рәббиңди есле («иншааллаҳ», дең) ҳәм: «Қәнекей, Рәббим мени буннан да жақынырақ туўры жолға ҳидаят қылса», – деп айт.

Каҳф сүреси, 24-аят.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қулласы, сигарета ғам-тәшўишиңди кетире алмайды. Қосық ямаса гитара ямаса басқа соған уқсаған гүнаҳлар жүрегиңниң езилгенин кетире алмайды. Ғапыллар бул нәрселерди қәлибтиң ағарыўы деп ойлайды. Дегенменен, булар қараңғылық, тек қана жүректиң ғамын ҳәм хорлықты көбейтеди.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қуранды үйренген кисиниң қәдир-қымбаты артып барабереди.

Имам Шофеьий



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Қәбилетиң ҳәм жетискенликлериңе ҳасад қылмайтуғын бирден-бир инсан әкең! (Перзент әкениң мийўеси. Адамлар перзенттеги жетискенликлерди көрип, бундай табыс артында турғаны ушын “Әкесине рақмет”, деп айтады)

Әкееее….



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Абдуллаҳ ибн Амр разияллаҳу анҳу: “Қурбақаларды өлтирмеңлер! Себеби олардың сизлер еситип атырған сайраўы - тасбеҳ айтып атырғаны болады”, деди.
Олар тасбеҳ айтыўдан тоқтаса, душпанына жем болады…



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Фатиҳа сүреси Аллаҳтың ғәзебинен тосады.
Ясин сүреси Қияметтеги шөллеўден тосады.
Мүлик сүреси қәбир азабынан қутқарады.
Кәўсар сүреси душпанлықтан тоқтатады.
Кафирун сүреси өлим ўақтындағы күпирден тосады.
Ихлас сүреси мунафықлықты жоқ етеди.
Фалақ сүреси ҳасадтан тосады.
Нәс сүреси ўасўасадан тосады.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Бийшара адамзат! Ҳәр күни өмиринен бир күн қысқарып барады. Бүгин де өмиринен қысқарды, лекин оның пәрўайы пәлек. Егер мал мүлки кемейсе жүдә итибарлы болар еди. Негизинде мал дүньяның орнын толтырса болады, лекин өтип атырған өмирдиң орнын ҳеш нәрсе менен толтырып болмайды.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Анас ибн Мәлик разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
“Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жас жигит ғарры адамды жасы үлкенлиги ушын ҳүрмет етсе, Аллаҳ таала сол жигиттиң тағдирине қартайғанында оны ҳүрмет қылатуғын адамды жазып қояды”, деди.

Имам Термизий рәўияты



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам таҳарат қылып атырған Саьдтың қасынан өтип баратырып, “Бул қандай ысапгершилик?” деди. Саьд: “Таҳаратта да ысырап боладыма?” деди. Сонда Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Аўа. Ҳәтте ағып турған дәрьяның жағасында болсаң да”, деди.

Имам Аҳмад ҳәм Ибн Можа рәўияты

Пикир: Таҳараттағы суўды ысырап қылдың десе, басқа нәрселердеги ысырап қандай болар екен?



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Перзент тәрбиясында жети зәҳәрден абайлы болың:

1. Бир бирине салыстырыў. Баланы бир бирине салыстырып, ажыратыў оның өмирин ўайран етеди.
2. Физикалық қопаллық, урыў ямаса қопал, уят сөз ислетиў. Булар баланың өзине болған исеним ўайран етеди.
3. Масқаралаў. Ҳәр дайым масқара қылынған бала өзин ҳүрмет қылмайтуғын болып қалады.
4. Артықша еркелетиў. Көп еркелетилген, талтайып кеткен бала жуўапкершиликти билмейтин болып қалады.
5. Артықша тергеў. Ҳәр дайым қадағалаў ҳәм артықша пикир талап қылыў басқалар пикирин қабыл қылыў өзгешелигинен маҳрум қылады.
6. Бийпарўалық. Баланың дәртине қулақ салмаўлық, оны менен сәўбетке ўақыт ажыратпаў ондағы қәтиржемлик сезимин ўайран етеди.
7. Инталантырмаў. Марапатланбаған бала жаңалық жаратыўдан, дөретиўшилик қылыўдан маҳрум болады.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Инсанның Аллаҳ таала менен биринши байланысы Оны таныў.
Екиншиси нәписин Оған итаат қылыў ушын үндеў.
Үшиншиси Оған ибадат қылыў.
Төртиншиси солиҳ әмел қылып, Оған жақынласыў.
Сонда нәпсиң аманда болады, бақытлы өмир сүресең ҳәмде дүнья ҳәм ақырет неьматларына байланасаң.




👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
📆 Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

✈️ @MagzaniyshanUz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео
🕌 Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити имам-хатиби

🎤 Юсупов Арзыўбай

▶️ Тема: Жасларды бузғыншы идеялардан сақлайық

📌 #МАРУЗА
04:06

@MagzaniyshanUz
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 🦋

🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋🦋

Бүгин сийшемби🕊
23- Зулҳижжа 1444 ж
11 - Июль 
2023 ж

Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын!
☘️🌺☘️🌹☘️🌼☘️🌹🍀🌷🌱

 ♻️@MagzaniyshanUz
#аят

Шырайлы ис қылғанларға шырайлы нәрсе (жәннет) ҳәм зыядалық (Аллаҳты көриў) бар. Олардың жүзлерин қаралық та, хорлық та қапламайды. Әне солар – жәннет халқы. Олар ол жерде мәңги қалады.

Юнус сүреси, 26-аят.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#дуўа

Аллаҳым! Ҳәр бир перзентсизге перзент бер!
Ҳәр бир наўқасқа шыпа бер!
Ҳәр бир залымды туўры жолға басла!
Ҳәр бир мазлумға жеңиллик бер!
Ҳәр бир ҳая ҳәм иппетти қәлеген кисиге өлиминен алдын тәўбени ҳәм өлими ўақтында еки шаҳадат кәлимасын несип ет!
Ҳәй Аллаҳ! Арзыў қылғанларымыздың бәршесин бергейсең!
Бәршемизге Пикир қәтиржемлигин несип ет!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
Егер өлимиңнен кейинги дүньяны көриўди қәлесең, өзиңнен басқалар қайтыс болғанына қара. Досларың қайтыс болған бирәдарларын қандай умытқанлары ҳаққында пикир жүритсең, сонда толық исеним артасаң: өлимиңнен кейин досларыңда сени умытады ямаса бул дүнья өмири оларды сени еске алыўдан тосып турады.
Демек, сен пүткил өмириңди ҳеш нәрсени умытпайтуғын Зат Аллаҳқа қарат. Аллаҳ пенен байланысыңды шырайлы ет, тек Ол Зат ғана фәний болмайды.
Аянышлы сөз, лекин басқалар менен бөлисиўге арзыйтуғын ҳақыйқат!

♻️ @MagzaniyshanUz
Таң намазы оқыйтуғынларға алғыслар болсын!
Олар жүзлеринде нур, кеўиллеринде шадлық, өзлери болса гүнаҳлары мағфират қылынғанлар!
Аллаҳым! Бизлерди әне солардан қылғайсаң!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz