Ҳаял-қызларға жаратылған мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди
Жоқарғы Кеңес Баслығы орынларда мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен ушырасыўлар өткерип келмекте. Гезектеги ушырасыў Нөкис қаласында болып, онда 2000 ға жақын белсенди ҳаяллар, жасы үлкен аналарымыз қатнасты. Сонлықтан ушырасыў үш мезгилде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер сарайында даўам етти.
Ушырасыўда тийкарынан бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, көплеген әмелий жумыслар, жаратып берилген шараятлар ҳаққында атап өтилди.
Соның менен бирге мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы қарар ҳәм пәрманлар, қабыл етилген нызам ҳүжжетлери, турмысқа енгизилип атырған бағдарламалар, сондай-ак, ажыратылып атырған субсидиялар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, жеңиллетилген кредитлер ҳәм басқа да усы сыяқлы мүмкиншиликлер кең түрде сөз етилди.
Бүгинги күнде усындай жаратып берилип атырған имканиятлар тийкарында көплеген ҳаял-қызлардың турмыс шараяты өзгерип, бүгинги күнинен разылығы тәмийинленип атыр. Илим-билим үйрениў, кәсип ийелеў, өнерге бағдарлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, жеңиллетилген кредитлер алыўында жәрдем бериў сыяқлы және бир қатар мүмкиншиликлерди атап өтсек болады. Әлбетте, булардың барлығы, елимизде ҳаяллардың тутқан ролин еле де асырыў ҳәм олардың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге қаратылған.
Ушырасыўда қатнасқан аналарымыз бүгинги тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў ушын жаслар тәрбиясында ҳаяллардың орны әҳмийетли екенлигин ҳәм шаңарақтағы орталықты беккем сақлаўда ҳәр бир ана жуўапкерлигин билдирди.
Ушырасыў еркин пикирлесиў ҳәм жақын мүнәсибет түринде даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы аймағындағы Пиржан Сейтов көшесинде асфальтлаў жумыслары алып барылмақта
Қурылыс жумыслары алып барылып атырған бул көшениӊ жәми узынлығы 2 км болып, ҳәзирги ўақытта 1000 метр аралығына жол қапламасы толық жаңадан басылды.
📌Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул көшени оңлаў жумыслары даўамында барлық түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў ҳәм пиядалар жолларын қайта қурыў режелестирилген.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қурылыс жумыслары алып барылып атырған бул көшениӊ жәми узынлығы 2 км болып, ҳәзирги ўақытта 1000 метр аралығына жол қапламасы толық жаңадан басылды.
📌Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул көшени оңлаў жумыслары даўамында барлық түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў ҳәм пиядалар жолларын қайта қурыў режелестирилген.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм 2023-жылда дем алыс күнлерин көшириў ҳаққындағы қарарға бола алты күнлик жумыс ҳәптесине ийе болған хызметкерлер ушын 2-сентябрь (шемби) қосымша дем алыс күни есапланады.
➖2023-жыл 1-сентябрь (жума) —дем алыс күни;
➖ 2023-жыл 2-сентябрь (шемби) — алты күнлик жумыс ҳәптесине ийе болған хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни;
➖ 2023-жыл 3-сентябрь (екшемби) календарь бойынша дем алыс күни.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Халық разылығы жолында алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин берип, жоллар-айдын болмақта
Орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери яғный, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериндеги машқалаларды сапластырыў бойынша қурылыс-оңлаў ҳәм басқада жумысларды алып барыў ушын Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.
Халқымыздың тилек ҳәм өтинишлеринен келип шығып ислеп шығылған режеде белгиленген тапсырмаларға муўапық, Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен аймақтағы 4р161 "Үргениш-Чалыш-Беруний-Бостан" жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары баслап жиберилди.
Әлбетте, халқымыздың ийгилиги ушын исленген ҳәр бир ис өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ районының көше бийлери менен ушырасты
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесип, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алған еди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы үшинши мәрте көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўын Мойнақ районынан баслады.
Атап өтиў керек, ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – халықты разы етиў жолында әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпаларды белгилеп алыў, елимизде жаратылып атырған имканиятлар ҳәм кешиктирип болмайтуғын мәселелер бойынша және бир мәрте жақыннан пикирлесип алыўдан ибарат.
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен халықтың жыллар даўамында жыйналып қалған тәшўишлериниң шешимин табыўда барлық буўындағы басшылар төменге түсип, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» деген принцип тийкарында әмелий жумыслар алып барылып атыр.
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар сондай-ақ, республикамыз халқы турмысын жақсылаў бағдарында көтерилген бир қатар әҳмийетли басламалар ҳаққында атап өтти.
Өз нәўбетинде, көше бийлери ҳәм мәҳәлле белсендилери бүгинги күнде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларынан халқымыз миннетдар екенлигин, алдыңғы ушырасыўларда көтерилген мәселелердиң басым көпшилиги арнаўлы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында өз шешимин таўып атырғанлығын айрықша тилге алды.
Соның менен бирге, ушырасыўда көше бийлери тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы бул машқалаларға алдағы ўақытта әлбетте, шешим табылыўы тәмийинленетуғынлығын билдирди.
Ушырасыўда ашық-айдын пикирлесилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.