Ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар кеӊ түрде атап өтилди
Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға бар мүмкиншиликлерди жаратып бериў бойынша бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылып атырған болып, бул бағдарда көплеген ҳаял-қызлар өзлерине жаратып берилген шараятлардан нәтийжели пайдаланып атыр.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Онда елимизде ҳаял-қызлар ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, режелестирилген ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.
Айтып өтиў керек, ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жәрдемлер берилмекте. Бир ғана быйылғы жылдыӊ өзинде 195 мыӊ 325 ҳаял-қызлар онколиялық скринингтен, 5 448 нураный аналарымыз тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди, бир қатар нураный аналарымыз зәрүр дәри-дәрмақ, азық-аўқат, кийим-кеншеклер менен тәмийинленди. Буннан тысқары, нураный аналарымыздың санаторияларда саўалландырылды, майыплығы бар болған ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер реабилитация үскенелери менен тәмийинленди.
Булардан тысқары, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳаял-қызлардың, жас өспиримлердиң операция ҳәм емлениўи ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик мақсетли фонды тәрепинен зәрүр қаржылар ажыратылды.
Әлбетте, булардың барлығы ҳаял-қызларға қаратылып атырған айрықша итибардың әмелий көриниси болып табылады.
Ушырасыўда усы сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер әтирапында сөз барды. Соның менен бирге, ушырасыў даўамында жәмийетимизде аўызбиршиликти сақлаў, татыўлықты беккемлеў, миллетлер аралық дослықты тәмийинлеў мәселелери де айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.
Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Айтып өтиў орынлы, хаял-қызлардың жәмийет турмысында әҳмийетли өзгерислер ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларда үлеси салмақлы болмақта.
Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарында ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылды ҳәмде ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендилери өз жумысларын баслады. Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары тийкарында бүгинги күнде 41 түрдеги жәрдемлер көрсетилиў әмелиятқа енгизилген.
Тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, соның менен бирге ҳаял-қызларға быйылғы жылы 10,3 млрд сумлық социаллық жәрдемлер көрсетилди.
Булардың барлығы шаңарағымыздың уйытқысы, үйимиздиң пайызы, жәмийетимиздиң гүлтажы есапланған ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жолында әмелге асырылмақта.
Өткерилген ушырасыўда усы бағдардағы әмелий жумыслар кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге жәмийетимиздеги турақлылықты тәмийинлеў бойынша халқымызға тән кеңпейиллилик пенен миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм татыўлықты еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.
Өз орнында район белсенди ҳаяллары елимиздеги әдил сиясаттан миннетдар екенликлерин билдирди.

Жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң елимиз жасларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм республикамыз жасларын қутлықлады.
Жоқары дәрежеде өткерилген байрам илажында өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жаслар «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Соның менен бирге, Жоқарғы Кеңес Баслығы бүгинги күнде жасларға жаратылып атырған бурын болмаған үлкен имканиятлар ҳәм итибардан ҳәр бир жастың нәтийжели пайдаланып, елимиздиң гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қосатуғынлығын айрықша атап өтти.
«30-июнь – Жаслар күни» шын мәнисинде жаслардың ең сүйип күтетуғын байрамына айланған. Быйылғы жылда «Июнь айы – жаслар айлығы» сыпатында белгиленип, спорт жарыслары, байрам илажлары, кеўил ашар ҳәм заўықлы кешелер өткерилди. Ең баслысы, жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды.
Бүгинги өткерилген байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер шеберлери, эстрадамыздың белгили ўәкиллери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Бүгиннен магистратураға ҳүжжетлерди қабыллаў басланады
✅ Бүгин, 1-июльдан баслап мәмлекетлик Жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине ҳүжжетлерди онлайн дизимнен өткериў басланады.
🖥 2023/2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик Жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процесси министрликтиң https://magistr.edu.uz платформасы арқалы 30-июлға шекем (усы күни де) даўам етеди.
🔖 Усы орында, магистратура қәнигеликлерине таңлаўларда белгиленген талаб дәрежесиндеги миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе шахслар қатнасыўы мүмкин.
📺 Арзаны тапсырыў бойынша видеоқолланба силтеме
Сертификатлар дизими

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жаслар айлығы өзинде мың-мыңлап жасларды жәмлей алды
30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев өзлериниң таланты, уқыбы менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир қатар белсенди жасларды «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады.