Joqarǵi keńes.uz
40.4K subscribers
19.2K photos
1.44K videos
9 files
7.98K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Президент раислигида маҳаллаларда камбағалликни қисқартириш бўйича қилинган ишлар сарҳисоби ва 2025 йил учун устувор вазифаларга бағишланган видеоселектор йиғилиши бошланди.

Банк хизматларининг маҳалла даражасигача туширилгани яхши натижа бераётгани қайд этилди. Айниқса, Сайхунобод, Уйчи, Зарбдор ва Ғиждувонда тадбиркорлик муҳити тубдан ўзгарди, одамлар даромади ошди, эртанги кунга ишонч пайдо бўлди.

Хусусан, Уйчи туманида банклар 3 минг 200 та фаол мижоз билан ишлаб, муаммоларни ҳал қилиб бергани учун 9 минг одам доимий ишли бўлди. Камбағаллар сони 6 мингга камайди.

Сайхунободдаги 3 минг 200 та хонадонда лойиҳалар ишга туширилди, 12 минг одам ўз томорқасида даромад топишни ўрганди. Зарбдорда 13,5 минг, Ғиждувонда 28 минг иш ўрни яратилди. Бунинг ҳисобига қўшимча 10,5 минг аҳоли камбағалликдан чиқарилди.

Умуман, йил бошидан ушбу 4 та тажриба доирасида 3 миллион 300 минг аҳоли доимий даромадга эга бўлди. Муҳими, хонадонларнинг ойлик даромади 7,5 миллион сўмдан 10,5 миллион сўмга ошди.

Бундан ташқари, Хўжайли, Асака, Вобкент, Булунғур, Янгиер, Қўштепа, Шовот каби 57 та туманда ҳокимлар, банклар, ҳоким ёрдамчилари биргаликда ишлагани учун ишсизлик 5 фоиздан пасайди.

Президенттиң басшылығында мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша исленген жумыслардың жуўмағы ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилиси басланды.

Банк хызметлериниң мәҳәлле дәрежесине түсирилгени жақсы нәтийже берип атырғаны атап өтилди. Әсиресе, Сайхунабад, Уйчи, Зарбдор ҳәм Ғиждувонда исбилерменлик орталығы түп-тийкарынан өзгерди, адамлардың дәраматы артты, ертеңги күнге исеним пайда болды.

Атап айтқанда, Уйчи районында банклер 3 мың 200 жедел қарыйдар менен ислеп, машқалаларды шешип бергенлиги ушын 9 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Кәмбағаллар саны 6 мыңға азайды.

Сайхунабадтағы 3 мың 200 шаңарақта жойбарлар иске түсирилди, 12 мың адам өз қыйтақ жеринде дәрамат табыўды үйренди. Зарбдорда 13,5 мың, Ғиждувонда 28 мың жумыс орны жаратылды. Буның есабынан қосымша 10,5 мың пуқара кәмбағаллықтан шығарылды.

Улыўма, жыл басынан усы 4 тәжирийбе шеңберинде 3 миллион 300 мың пуқара турақлы дәраматқа ийе болды. Әҳмийетлиси, шаңарақлардың айлық дәраматы 7,5 миллион сумнан 10,5 миллион сумға артты.

Буннан тысқары, Хожели, Асака, Вобкент, Булунғур, Янгиер, Қўштепа, Шовот сыяқлы 57 районда ҳәкимлер, банклер, ҳәким жәрдемшилери биргеликте ислеўи себепли жумыссызлық 5 проценттен төменледи.

Facebook|Instagram|X
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Президент янги имкониятлар ва режаларни белгилаб берди.

Ўтган 6 йилда оилавий тадбиркорлик дастури доирасида 750 минг аҳоли кредитини вақтида қайтариб, даромадли бизнесга эга бўлди. Улардан 58 минги янги корхона ҳам очди.

Энди банклар мана шундай синовдан ўтган мижозларини қўллаб-қувватлаб, уларни кичик ва ўрта бизнес даражасига олиб чиқиши кераклиги таъкидланди. Уларга “Кичик бизнесни қўллаб-қувватлаш” дастури доирасида шартсиз 300 миллион сўм кредит берилади.

Бу орқали келгуси йилларда 1,5 миллион аҳолини ишли қилиш мумкинлиги таъкидланди.

Президент жаңа имканиятлар ҳәм режелерди белгилеп берди.

Өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың пуқара кредитлерин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардан 58 мыңы жаңа кәрхана да ашқан.

Енди банклер мине усындай сынақтан өткен қарыйдарларын қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы керек екенлиги атап өтилди. Оларға "Киши бизнести қоллап-қуўатлаў" бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.

Бул арқалы келеси жылларда 1,5 миллион пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Оилавий тадбиркорлик дастурларига кредит ресурслари фақат давлат маблағларидан ажратилмоқда.

Халқ банки ташаббуси билан Осиё тараққиёт банкининг молиявий оммабоплик дастури доирасида 50 миллион сўмгача ортиқча ҳужжат ва гаровсиз кредит берилмоқда. Бу ташаббусни қўллаб-қувватлаб, Осиё тараққиёт банки дастурга 150 миллион доллар ажратишга тайёр.

Ушбу намуна асосида келгуси йилда 9 та давлат банкига четдан 1 миллиард доллар кредит жалб қилиб, 250 минг одамни даромадли қилиш тавсия қилинди.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына кредит ресурслары тек ғана мәмлекетлик қаржылардан ажыратылмақта.

Халық банкиниң басламасы менен Азия раўажланыў банкиниң финанслық абаданлық бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем артықша ҳүжжет ҳәм гиреўсиз кредит берилмекте. Бул басламаны қоллап-қуўатлап, Азия раўажланыў банки бағдарламаға 150 миллион доллар ажыратыўға таяр.

Усы үлги тийкарында келеси жылы 9 мәмлекетлик банкке сырттан 1 миллиард доллар кредит тартып, 250 мың адамды дәраматлы етиў усыныс етилди.

Facebook|Instagram|X
Фаол тадбиркорлар иштирокида 27 та туманда очилган кооперациялар яхши самара бераётгани таъкидланди.

Мутасаддиларга келгуси йилда 30 та туманда балиқчилик, қуёнчилик, чорвачилик ва асаларичилик бўйича кооперацияларни кўпайтириш топширилди. Бунга 500 миллиард сўм йўналтирилиши белгиланди.

Бундан ташқари, ҳозирда 15 минг тадбиркор маҳсулотларни электрон платформаларда сотиб, даромадини карра-карра ошираяпти. Бу борада Бирлашган Миллатлар Ташкилоти Тараққиёт дастури хусусий банк билан 1 минг 300 нафар аёлни ўқитиб, маҳсулотини онлайн сотиш тажрибасини яратмоқда.

Давлатимиз раҳбари йиғилишда қатнашаётган БМТ Тараққиёт дастурининг Ўзбекистондаги доимий вакили Акико Фудзиига юртимизда лойиҳалар қилиб, янги-янги ғоялар олиб келаётгани учун самимий миннатдорлик билдирди.

Ҳам инвестиция олиб келадиган, ҳам кўп иш ўрни яратадиган стартап лойиҳаларни қўллаб-қувватлаш кенгайтирилади.

Давлат банклари ҳам биттадан венчур компания очиб, маҳалла стартапларига ўз маблағидан жами 50 миллион доллар ажратиши муҳимлиги қайд этилди. Стартапларни бизнесга айлантирадиган акселераторлар ҳам очиш мақсадга мувофиқлиги таъкидланди.

Белсенди исбилерменлердиң қатнасыўында 27 районда ашылған кооперациялар жақсы нәтийже берип атырғаны атап өтилди.

Жуўапкерлерге келеси жылы 30 районда балықшылық, қоян өсириў, шарўашылық ҳәм пал ҳәррешилик бойынша кооперацияларды көбейтиў тапсырылды. Оған 500 миллиард сум қаратылатуғыны белгиленди.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта 15 мың исбилермен өнимлерди электрон платформаларда сатып, дәраматын еселеп арттырмақта. Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы мәмлекетлик емес банк пенен 1 мың 300 ҳаял-қызды оқытып, өнимин онлайн сатыў тәжирийбесин жаратпақта.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте қатнасып атырған БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фудзиге елимизде жойбарлар ислеп, жаңадан-жаңа идеялар алып келгени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Ҳәм инвестиция келтиретуғын, ҳәм көп жумыс орнын жарататуғын стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў кеңейтиледи.

Мәмлекетлик банклер де биреўден венчур компаниясын ашып, мәҳәлле стартапларына өз қаржысынан жәми 50 миллион доллар ажыратыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Стартапларды бизнеске айландыратуғын акселераторлар да ашыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Оғир туманларда тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш, ишсизлик ва камбағалликни қисқартириш бўйича алоҳида ёндашув жорий қилиниши таъкидланди.

Масалан "Саноат қурилиш банки" Қувадаги йирик экспортёр билан Қўнғирот туманида брокколи экиш ва ёғочни қайта ишлаш лойиҳаларини амалга оширди. Бунга паст фоизли кредит ҳам берди.

Бу тажриба маъқулланиб, шароити оғир 71 та туманга бошқа ҳудудлардан тадбиркорларни таклиф қилиш учун уларга қўшимча кредит, 2025 йилда 1 мингта оғир маҳалла инфратузилмасига 3 триллион 200 миллиард сўм ажратилиши белгиланди.

Умуман, тадбиркорлар қўшимча 31 триллион сўмлик 3,5 мингта лойиҳа ва 200 мингта янги иш ўрни яратишга тайёр.

Иқтисодиёт ва молия вазирлигига ушбу лойиҳалар инфратузилмасига 1 триллион сўм ажратиш топширилди.

Аўыр районларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жумыссызлықты ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша өз алдына жантасыў енгизилетуғыны атап өтилди.

Мәселен, "Саноат қурилиш банки" Кувадағы ири экспортёр менен Қоңырат районында брокколи егиў ҳәм ағашты қайта ислеў жойбарларын әмелге асырды. Оған төмен процентли кредит де берди.

Бул тәжирийбе мақулланып, шараяты аўыр 71 районға басқа аймақлардан исбилерменлерди мирәт етиў ушын оларға қосымша кредит, 2025-жылы 1 мың аўыр мәҳәлле инфраструктурасына 3 триллион 200 миллиард сум ажыратылыўы белгиленди.

Улыўма, исбилерменлер қосымша 31 триллион сумлық 3,5 мың жойбар ҳәм 200 мың жаңа жумыс орнын жаратыўға таяр.

Экономика ҳәм қаржы министрлигине бул жойбарлардың инфраструктурасына 1 триллион сум ажыратыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X
Йиғилишда 85 минг гектар ерда кам даромадли экин экилгани учун самараси пастлигича қолаётгани қайд этилди.

Бундай ерлар йирик контурга бирлаштирилиб, тажрибали тадбиркорларга иккиламчи ижарага берилса, даромад 2-3 карра ошади.

Шу муносабат билан ер эгасига ижара ҳақи ва экилган маҳсулотни сотишдан улуш тўланади.

Ҳар бир контурга уруғ, кўчат, ўғит тарқатиб, етиштирилган маҳсулотни сотиб оладиган тадбиркорларни ер эгалари билан боғлайдиган тизим яратиш топширилди.

Банклар туманлар ихтисослашувидан келиб чиқиб, хориждан малакали агроном, зоотехник, технолог, муҳандис олиб келишга ва лойиҳалар самарасини оширишга ёрдамлашиши муҳимлиги таъкидланди.

Мәжилисте 85 мың гектар жерде аз дәраматлы егин егилгени себепли нәтийжелилиги төмен болып қалып атырғаны атап өтилди.

Бундай жерлер ири контурға бирлестирилип, тәжирийбели исбилерменлерге екилемши ижараға берилсе, дәрамат 2-3 есеге артады.

Усы мүнәсибет пенен жер ийесине ижара ҳақы ҳәм егилген өнимди сатыўдан үлес төленеди.

Ҳәр бир коньтурға туқым, нәл, төгин тарқатып, жетистирилген өнимди сатып алатуғын исбилерменлерди жер ийелери менен байланыстыратуғын система жаратыў тапсырылды.

Банклер районлардың қәнигелесиўинен келип шығып, сырт елден маман агроном, зоотехник, технолог, инженер алып келиўге ҳәм жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыўға жәрдемлесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Банклар иштирокида 13 та туманда саноатлашган плантация ташкил қилиш бошланди. Бу ерларда “етиштириш – қайта ишлаш – сотиш” занжири асосида юқори қўшилган қиймат яратилмоқда.

Масалан, Жомбойда 15 гектарда малина етиштирилади. Тадбиркор 170 та хонадонга кўчат тарқатиб, йилига 200 тонна маҳсулот олади.

Энди тадбиркор Миллий банк кўмагида 200 тоннали музлаткич ўрнатиб, йилига 25 тонна тайёр мураббо ишлаб чиқармоқчи. Натижада аҳоли ва тадбиркор даромади 2 карра ошади.

Ушбу тажриба асосида келгуси йилда яна 50 та туманда шундай лойиҳа ташкил этиш муҳимлиги таъкидланди.

Банклердиң қатнасыўында 13 районда санаатласқан плантация шөлкемлестириў басланды. Бул жерлерде «жетистириў - қайта ислеў – сатыў» шынжыры тийкарында жоқары қосымша қун жаратылмақта.

Мәселен, Жомбойда 15 гектарда малина жетистириледи. Исбилермен 170 шаңараққа нәл тарқатып, жылына 200 тонна өним алады.

Енди исбилермен Миллий банк жәрдеминде 200 тонналық музлатқыш орнатып, жылына 25 тонна таяр варенье ислеп шығарыўды мақсет етпекте. Нәтийжеде пуқаралар ҳәм исбилерменниң дәраматы 2 есеге артады.

Усы тәжирийбе тийкарында келеси жылы және 50 районда усындай жойбарды шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Ўтган олти йилда 1 миллион 600 минг нафар аҳоли “яхши” кредит тарихига эга бўлди. Шу билан бирга, тарихи “ўрта” баҳоланганларга янги кредит олишда талаблар кучайиши табиий.

Бундай мижозларнинг кредит тарихини яхшилаш, келгусида улар тадбиркорга айланиши учун банклар катализатор бўлиши лозимлиги таъкидланди.

Келгуси йилда лойиҳаси бор 100 мингта “ўрта” тоифадаги мижозлар билан уч ойлик индивидуал режа асосида ишлаш, уларнинг солиқ, электр, газ каби бошқа тўловларини ҳам инобатга олиш, молиявий билимини ошириш ва лойиҳаларини яхшилаш орқали уларни тадбиркорга айлантириш таклиф қилинди.

Йиғилишда республика бўйича 60 та илғор шаҳар-туманни ишсизлик ва камбағалликдан холи ҳудудларга айлантириш чоралари ҳам муҳокама қилинди.

Бу туманларда келгуси йилда 2 миллион аҳолини банд қилиш, 417 мингта оилани камбағалликдан олиб чиқиш зарурлиги қайд этилди.

Туман ва шаҳар ҳокимларига ушбу туман-шаҳарларда инфратузилмани яхшилаш топширилди.

Өткен алты жылда 1 миллион 600 мың халық "жақсы" кредит тарийхына ийе болды. Соның менен бирге, тарийхы "орташа" баҳаланғанларға жаңа кредит алыўда талаплар күшейиўи тәбийий.

Бундай қарыйдарлардың кредит тарийхын жақсылаў, келешекте олар исбилерменге айланыўы ушын банклер катализатор болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Келеси жылы жойбары бар 100 мың "орташа" категориядағы қарыйдарлар менен үш айлық индивидуал реже тийкарында ислесиў, олардың салық, электр, газ сыяқлы басқа төлемлерин де есапқа алыў, финанслық билимлерин арттырыў ҳәм жойбарларын жақсылаў арқалы оларды исбилерменге айландырыў усыныс етилди.

Мәжилисте республика бойынша 60 алдыңғы қала-районды жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан аўлақ аймақларға айландырыў илажлары да додаланды.

Бул районларда келеси жылы 2 миллион пуқараны бәнт етиў, 417 мың шаңарақты кәмбағаллықтан алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Район ҳәм қала ҳәкимлерине бул район-қалаларда инфраструктураны жақсылаў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X
Аниқланган имкониятларни натижага айлантириш учун банклар мустаҳкам молиявий ресурсга эга бўлиши кераклиги таъкидланди.

Давлат маблағлари қаторида ташқи манбалардан ҳам ресурс жалб қилиш зарурлиги қайд этилди.

Бунинг учун ҳар бир банкда чет элдан маблағ олиб келадиган ишчи гуруҳ тузиш, хорижий банклар билан тизимли ишлаб, чет элда роуд-шоулар ўтказиш, евробонд чиқариш, банк рейтингини яхшилаш ва халқаро стандартларга мослашиш долзарб аҳамиятга эга экани таъкидланди.

Охирги 5 йилда кичик ва ўрта бизнеснинг кредит портфелидаги улуши 40 фоиздан 28 фоизгача пасайгани кўрсатиб ўтилди. Бундай кредитлар улушини 40 фоизга ёки 120 триллион сўмга етказиш чораларини кўриш зарурлиги таъкидланди.

Умуман, йирик лойиҳаларни кичик бизнес ҳисобидан молиялаштириш амалиётига чек қўйиш вақти келгани қайд этилди.

Анықланған имканиятларды нәтийжеге айландырыў ушын банклер беккем қаржы ресурсына ийе болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик қаржылар менен бир қатарда сыртқы дәреклерден де ресурс тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Оның ушын ҳәр бир банкте сырт елден қаржы алып келетуғын исши топар дүзиў, сырт ел банклери менен системалы ислеп, сырт елде роуд-шоулар өткериў, евробонд шығарыў, банк рейтингин жақсылаў ҳәм халықаралық стандартларға бейимлесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Кейинги 5 жылда киши ҳәм орта бизнестиң кредит портфелиндеги үлеси 40 проценттен 28 процентке шекем азайғаны көрсетип өтилди. Бундай кредитлердиң үлесин 40 процентке ямаса 120 триллион сумға жеткериў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Улыўма, ири жойбарларды киши бизнес есабынан қаржыландырыў әмелиятына шек қойыў ўақты келгени атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Мустаҳкам ҳуқуқий асос яратилгани учун жорий йилда 5,5 триллион сўмлик микромолия ва факторинг хизматлари кўрсатилди.

Эндиликда ҳар бир давлат банки ўзининг микромолия ва факторинг компаниясини очиб, унга хорижий инвесторларни жалб қилишни режалаштирмоқда. Бунда банклар ресурсларни қарзга эмас, инвестиция сифатида олиб келмоқчи.

Келгуси йилда микромолия ва факторинг компаниялари орқали 10 триллион сўмлик хизматлар кўрсатиш муҳимлиги таъкидланди.

Беккем ҳуқықый тийкар жаратылғаны ушын быйыл 5,5 триллион сумлық микроқаржы ҳәм факторинг хызметлери көрсетилди.

Енди ҳәр бир мәмлекет банки өзиниң микроқаржы ҳәм факторинг компаниясын ашып, оған сырт ел инвесторларын тартыўды режелестирмекте. Бунда банклер ресурсларды қарызға емес, инвестиция сыпатында алып келмекте.

Келеси жылы микроқаржы ҳәм факторинг компаниялары арқалы 10 триллион сумлық хызметлер көрсетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Президент банкларни ўйлантираётган қатор масалалар борлигини таъкидлаб, уларнинг ечимига қаратилган ташаббусларни илгари сурди.

Хусусан, банклар балансида 3 мингта ҳаракатсиз мулк бор. Банклар улардан тезроқ қутилса, қўшимча ресурс ва 150 мингта иш ўрни яратиш учун захира пайдо бўлади.

Шу боис, банкларга ҳаракатсиз мулкларни бозор қийматида тўғридан-тўғри сотишга рухсат берилиши белгиланди.

Шунингдек, банклар бу мулкларни даромадли бизнесга айлантириб, тайёр ҳолда инвесторга сотадиган тизим яратилади.

Президент банклерди ойландырып атырған бир қатар мәселелер бар екенлигин атап өтип, олардың шешимине қаратылған басламаларды алға қойды.

Атап айтқанда, банклердиң балансында 3 мың көшпес мүлк бар. Банклер олардан тезирек қутылса, қосымша ресурс ҳәм 150 мың жумыс орнын жаратыў ушын резерв пайда болады.

Сонлықтан, банклерге көшпес мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға руқсат берилетуғыны белгиленди.

Сондай-ақ, банклер бул мүлклерди дәраматлы бизнеске айландырып, таяр ҳалда инвесторға сататуғын система жаратылады.

Facebook|Instagram|X
Кредит қарзи ҳисобидан гаровни суд орқали ундириш жараёнининг тезкорлигини ошириш долзарб масала бўлиб турибди.

Банк ҳуқуқлари устуворлигини таъминлаш, ундирувга қаратилган мулкларни тезроқ сотиш, суд орқали ундирув муддати, ортиқча келишув ҳужжатлари ва суд харажатларини кескин қисқартириш, гаров билан таъминланган қарзларни судгача ундириш амалиётини кенг қўллаш бўйича таклифлар ишлаб чиқилган.

Ушбу таклифларни ҳар томонлама кўриб чиқиб, қонун ҳужжатларига ўзгартиришлар киритиш муҳимлиги таъкидланди.

Мажбурий ундирувга қаратилган мулклар масаласига ҳам тўхталиб ўтилди. Бу жараённи такомиллаштириш мақсадида манфаатдор томонлар ўртасида онлайн ахборот алмашишни йўлга қўйиш зарурлиги қайд этилди.

Кредит қарызы есабынан гиреўди суд арқалы өндириў процесиниң жеделлигин арттырыў әҳмийетли мәселе болып тур.

Банк ҳуқықларының үстинлигин тәмийинлеў, өндириўге қаратылған мүлклерди тезирек сатыў, суд арқалы өндириў мүддети, артықша келисим ҳүжжетлери ҳәм суд қәрежетлерин кескин қысқартыў, гиреў менен тәмийинленген қарызларды судқа шекем өндириў әмелиятын кеңнен қолланыў бойынша усыныслар ислеп шығылған.

Бул усынысларды ҳәр тәреплеме көрип шығып, нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжбүрий өндириўге қаратылған мүлк мәселесине де тоқтап өтилди. Бул процессти жетилистириў мақсетинде мәпдар тәреплер арасында онлайн мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Facebook|Instagram|X
Маҳаллалар даражасида ҳокимлар банклар билан ҳамкорликда ишлаши зарурлиги қайд этилди.

Улар маҳаллаларда 4 та тажрибани кенгайтириб, одамлар даромадини ошириш бўйича биргаликда ишлайдиган тизим бўлади.

Бунда туман банклари мижозбай ишлаб, тадбиркорлар лойиҳаларига кўмаклашади, уларнинг муаммоларини жойида ҳал этади, туман ҳокимлари эса лойиҳани жой ва инфратузилма билан таъминлаш мажбуриятини олади.

Туманларда маҳалла банкирлари фаолиятини йўлга қўйиш таклифи қўллаб-қувватланди.

Маҳалла банкирлари маҳалланинг бизнес имкониятларини ўрганади, одамлар билан гаплашиб, уларнинг ғояларини лойиҳаларга айлантиради. Аҳолини кредит олиш, қайтариш, бизнес очиш, маҳсулотини сотишга ўргатади, лойиҳаларга ҳамроҳлик қилади.

Умуман, жаҳон иқтисодиётидаги мураккаб вазият бутун дунёда миллий иқтисодиётларга таъсирини ўтказаётгани қайд этилди. Бундай шароитда мамлакатимиз молия-банк тизимининг барча даражаларида молиявий интизом ва шахсий масъулиятни кучайтириш муҳимлиги таъкидланди.

Йиғилиш давомида иқтисодий комплекс раҳбарларининг ҳисоботлари, банкларнинг таклифлари тингланди, ҳудудлардаги тадбиркорларнинг ижобий тажрибаси кўриб чиқилди.

Мәҳәллелер дәрежесинде ҳәкимлер банклер менен биргеликте ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Олар мәҳәллелерде 4 тәжирийбени кеңейтип, адамлардың дәраматын арттырыў бойынша бирге ислейтуғын система болады.

Онда районлық банклер қарыйдарбай ислеп, исбилерменлердиң жойбарларына жәрдемлеседи, олардың машқалаларын орнында шешеди, район ҳәкимлери болса жойбарды орын ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў миннетлемесин алады.

Районларда мәҳәлле банкирлериниң жумысын жолға қойыў усынысы қоллап-қуўатланды.

Мәҳәлле банкирлери мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренеди, адамлар менен сөйлесип, олардың идеяларын жойбарларға айландырады. Халықты кредит алыў, қайтарыў, бизнес ашыў, өнимин сатыўға үйретеди, жойбарларға жәрдемлеседи.

Улыўма, жәҳән экономикасындағы қурамалы жағдай пүткил дүньяда миллий экономикаларға тәсир етип атырғаны атап өтилди. Бундай шараятта мәмлекетимиздиң қаржы-банк системасының барлық дәрежелеринде финанслық тәртип ҳәм жеке жуўапкершиликти күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилис даўамында экономикалық комплекс басшыларының есабатлары, банклердиң усыныслары тыңланды, аймақлардағы исбилерменлердиң унамлы тәжирийбеси көрип шығылды.

Facebook|Instagram|X
Қылышпазлық бойынша қызларымыз Жəҳəн кубоги беллесиўлеринде сыйлы орынларды ийеледи

Венгрияның Будапешт қаласында қылышпазлық спорт түриниң сабля жөнелиси бойынша У-20 жас категориядағы жаслар арасында Жəҳəн кубогы беллесиўлери болып өтпекте. Онда жерлеслеримиз Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизбекте.

Атап айтқанда, Гүлистан Пердебаева финал басқышында мүнәсип қанасып, сыйлы гүмис медаль ийесине айланды.

Сондай-ақ, командалық бағдарда өткен беллесиўлерде Аякөз Жумамуратова, Гүлистан Пердебаева, Самира Шокирова ҳəм Фернанда Еррералардан ибарат Өзбекстан сайланды комадасы Жəҳəн кубогының гүмис медалын қолға киргизди.

Қиличбозлик бўйича қизларимиз Жаҳон кубоги баҳсларида совринли ўринларни эгаллади

Венгриянинг Будапешт шаҳрида қиличбозлик спорт турининг сабля йўналиши бўйича U-20 ёш тоифасидаги ёшлар ўртасида Жаҳон кубоги баҳслари бўлиб ўтмоқда. Унда юртдошларимиз Ўзбекистон терма жамоаси таркибида ишштирок этиб, юқори натижаларни қўлга киритмоқда.

Шундан, Гүлистан Пердебаева финал босқичида муносиб натижа кўрсатиб, кумуш медаль соҳибига айланди.

Шунингдек, жамоавий йўналишда ўтган баҳсларда Аякөз Жумамуратова, Гүлистан Пердебаева, Самира Шокирова ҳамда Фернанда Эррералардан иборат Ўзбекистон терма жамоаси Жаҳон кубогининг кумуш медалини қўлга киритти.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кеўил билдириў

Усы жылдың 16-декабрь күни екинши Жәҳән урысы қатнасыўшысы, мийнет ветераны Галенко Иван Федотович дүньядан өтти.

Галенко Иван Федотович 1924-жылы 14-мартта Россия Федерациясы Новосибирская областында туўылған.

1941-жылы Төрткүл районы әскерий комиссарияты тәрепинен Бурынғы Аўқам армиясына хызметке шақырылып, әйне жиггитлик ўақтында урысқа атланған.

Украина фронты майданларында ғажжа-ғаж саўашта болған. Харьков қаласы ҳәм Дарницаны азат етиўде мәртлерше қатнасып, қаҳарманлықтың, ерликтиң үлгисин көрсете алған.

Жаўынгерлик шеберлиги менен урыс майданында жеңиске өз үлесин қосқан.

Урыс жылларында көрсеткен ерлиги ушын бир неше мәрте орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Мийнет ветераны, ержүрек жаўынгер 1945-жылда республикамызға қайтып келди. 1947-жылы Ташкент миллий хызмет көрсетиў техникумына оқыўға түсти. Мийнет жолын 1950-жылы Нөкис қаласында турмыслық хызмет көрсетиў сервисинде радиотелемастер болып ислеўден баслады ҳәм халық хожалығының бир қатар тараўларында аянбай мийнет етти.

Урыс ҳәм мийнет ветераны Галенко Иван Федотович жасларға ерликтиң тымсалы сыпатында үлги болды.

Халқымыз ержүрек жаўынгер ҳәм ардақлы нураный Галенко Иван Федотовичтың жарқын естелигин барқулла ядында сақлайды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кеўил билдириў

Усы жылдың 16-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, аўыл хожалығы илимлериниң докторы, Өзбекстан Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы, Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери, биринши дәрежели мийнет пидайысы Мамбетназаров Бисенбай Сатназарович 81 жасында қайтыс болды.

Бисенбай Мамбетназаров кишипейил, ҳақкеўил, пидайы ҳәм жанкүйер инсан еди. Ол көп жыллық мийнет жолы даўамында елимизде аўыл хожалығы тараўында өзиниң бай тәжирийбеси ҳәм билими менен көпке үлги бола алды. Бир неше шәкиртлерди таярлады.

Ол өмириниң ақырына шекем аянбай мийнет етип, ҳүрмет-иззетке бөленген нураный, ел ардағындағы маман кадр болды. Өзине тапсырылған ҳәр бир ўазыйпаға жуўапкершилик пенен қарап, аўыл хожалығы пәниниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан пидайы инсан еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM