MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
363 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Нызамшылықтағы жаңалықлар.
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Сырт ел мәмлекетлеринде тәлим алғанлығы ҳаққында ҳүжжетлерди тән алыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. (24.07.2019. 620-санлы).
Қарар менен:
- Шет ел мәмлекетлеринде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ушын сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
1. шет ел мәмлекетлериде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм қосымшасының нусхасы;
2. шет ел мәмлекетлериде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм қосымшасының ϴзбекстан Республикасы мәмлекетлик тилине аўдарылған нотариал тастыйықланған нусхасы;
3. Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мүрәжат етилгенде талапкердиң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет.
- Ҳүжжетлер қабыл етилгеннен кейин талапкердиң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет, шет ел мәмлекетлериде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм қосымша түп нусхасының нотариал тастыйықланған аўдармасы менен бирге талапкерге қайтарылады;
- надурыс яки қәлбеки мағлыўматлар усынылғанлығы анықланған ҳәр қандай басқышта шет ел мәмлекетлеринде тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетти тән алыў процеси тоқтатылады, тапсырылған ҳүжжетлер ҳәм төленген жыйым қайтарылмайды;
- Төмендеги жағдайларда мәмлекетлик хызметлер көрсетиўден бас тартылады:
талапкер тәрепинен сораўнаманың электрон санлы имза яки имзаны идентификация етиўдиң басқа қураллары менен тастыйықланбағанлығы;
талапкерлер тәрепинен надурыс яки қәлбеки мағлыўматлар усынылғанлығы мәлим болып қалғанлығы;
сораўнама ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң толық усынылмағанлығы;
мәмлекетлик хызметти көрсетиў ушын белгиленген жыйымның төленбегенлиги (шет ел мәмлекетлеринде улыўма ҳәм улыўма орта тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетти тән алыўдан тысқары).

Каналға жалғаныў: 👇👇👇
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар:
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-июль күнги «Автомобиль транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халық аралық жөнелислер бойынша тасыў искерлигин лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарар менен:
- автомобиль транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халық аралық жөнелислер бойынша тасыў искерлигин лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тәртиби белгиленди;
- юридик шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы мурәжат етеди;
- лицензия бериў, сондай-ақ, лицензияның әмел қылыўын тоқтатып турыў яки тоқтатыў, бийкар етиў ҳәм қайта рәсмийлестириў Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы транспорт басқармалары тәрепинен әмелге асырылады;
- автомобиль транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халықаралық жөнелислер бойынша тасыў хызметин лицензиялаў ҳуқықы ушын мүрәжат етиўшиниң сораўнамасына көре лицензия төмендеги хызмет түрлери ушын бериледи:
а) жолаўшыларды қалада автобусларда тасыў;
б) жолаўшыларды қалада киши автобусларда тасыў;
в) жолаўшыларды қалада жеңил автомобиллерде тасыў;
г) жолаўшыларды қала әтирапында автобусларда тасыў;
д) жолаўшыларды қала әтирапында киши автобусларда тасыў;
е) жолаўшыларды қала әтирапында жеңил автомобиллерде тасыў;
ж) жолаўшыларды қалалар аралық автобусларда тасыў;
з) жолаўшыларды қалалар аралық киши автобусларда тасыў;
и) жолаўшыларды қалалар аралық жеңил автомобиллерде тасыў;
й) жолаўшыларды халықарылық автобусларда тасыў;
к) жолаўшыларды халықарылық киши автобусларда тасыў;
л) жолаўшыларды халықарылық жеңил автомобиллерде тасыў;
м) жүклерди автомобиль транспортында қалада ҳәм қала әтирапында тасыў;
н) жүклерди автомобиль транспортында қалалар аралық тасыў;
о) жүклерди автомобиль транспортында халықаралық тасыў.

- қалалар аралық жөнелислер бойынша жолаўшыларды автобусларда яки киши автобусларда тасыў ҳуқықын бериўши лицензия бетине ийе болған автотранспорт қурылмаларынан жергиликли ҳәм сырт ел пуқараларын қалада ҳәм қала әтирапында туристлик-экскурсия жөнелислеринде (турақлы емес рәўиште) жолаўшы тасыўды әмелге асырыўы ушын қосымша лицензия бетин алыў талап етилмейди;

- арза бериўши мағлыўматларын рәсмийлестиргеннен ҳәм сораўнамаға кириткеннен соң оны өз электрон рақамлы имзасы менен тастыйықлайды яки өзи келип мүрәжат еткен жағдайда сораўнаманы ЭРИ менен тастыйықлаў имкәнияты болмаған жағдайда тийисли имзалар идентификация қылыўдың басқа қурылмалары (дактилоскопия, электрон имза ҳәм басқалар) менен тастыйықланыўы мүмкин;

- мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем ис ҳақының бир есеси муғдарында жыйым ҳәм автомобиль транспортында жолаўшыларды ҳәм жүклерди қалада, қала әтирапында, қалалар аралық ҳәм халықаралық жөнелислер бойынша тасыў хызметин әмелге асырыўда лицензия бетлерин бериў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген муғдарларда мәмлекетлик бажы өндириледи.

Каналға жалғаныў: 👇👇👇

https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жылы 14-август күнги “Жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барысын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 672-санлы Қарары қабыл етилди.
Қарар менен:
2019-жыл 1-сентябринен баслап, юридикалық шахслар жер асты суўларына қудықларды бурғылаўға рухсатнама алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки ϴзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етеди;
Рухсатама Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ϴзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ϴзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен юридикалық шахсларға олардың мүрәжатлары негизинде бериледи;
Физикалық шахсларға шуқырлығы 25 метрге шекем болған қудықларды қазыў ушын ҳәм суткасына көби менен 5 метр куб метр көлемдеги жер асты суўларын шахсый зәрүрликлери ушын жеке тәртипте алыўға мөлшерленгенде, гидрогеология кәрханалары ушын жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ислери ҳәр жылғы минерал шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта толтырыў мәмлекетлик дәстүри шеңберинде әмелге асырылғанда рухсатнама алыў талап етилмейди;
Рухсатнаманың әмел етиў мүддети бурғылаў жумысларын орынлаў мүддетине, бирақ бир жылдан аспаған дәўир ушын бериледи;
Мүрәжат ийеси тәрепинен берилген арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
- Жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын буйыртпа бериўши ҳәм арза бериўши ортасында дүзилген шәртнама яки келисим нусхасы
- Гидрогеологиялық жуўмақ
- Мәмлекетлик экологиялық экспертизасының унамлы жуўмағы
- Жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын жойбар ҳүжжетлери
- Арза бериўшиниң техникалық имкәниятлары ҳаққындағы мағлыўмат, бар болған үскенелердиң техникалық паспортлары нусхалары яки зәрүр техника ҳәм үскенелерди ижараға алыў бойынша шәртнама нусхалары
- Арза бериўши тийисли қәнигесиниң диплом нусхасы.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 30 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў: 👇
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳүкимет қарары (21.08.2019-ж. 704-санлы) менен Исбилерменлик субъектлерин ықтыярый сапластырыў ҳәм олардың искерлигин тоқтатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре, коммерциялық шөлкемлерди ықтыярый сапластырыў шөлкемлестириўшилердиң қарары менен әмелге асырылады; МХО Система жәрдеминде тийисли мағлыўматларды алады;
Сапластырылатуғын кархана финанс-хожалық искерлигиниң ең узағы менен 3 жыллық дәўири (ҳәзирде 5 жыл) тексериледи;
Дизимнен өткерилген ўақыттан баслап финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмаған ҳәм салық қарызы болмаған кәрхананың искерлиги тексерилмейди;
Баспа сөзлерде дағазалар бериў талап етилмейди;
Коммерциялық шөлкемлер шөлкемлестириўшилери сапластырыўдың, исбилерменлик субъекти – физикалық шахс болса тоқтатыўдың қәлеген басқышында искерлигин тиклеў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықына ийе;
Усы тәртиплер 2020-жыл 1-январдан баслап күшке киреди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Ҳүкимет қарары (21.08.2019-ж.704-санлы) менен Финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик реестрден шығарыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге көре:
Финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған коммерциялық шөлкемлер искерлигин ҳәрекетсиз режимге өткериў ушын төмендегилер тийкар болады:
тоғыз ай даўамында финанс-хожалық искерлиги бойынша банк есап бетлерине пул қаржыларының түспегенлиги;
тоғыз ай даўамында салық есабатлары усынылмағанлығы.
Коммерциялық шөлкемлердиң банк есап бетлерине тоғыз ай даўамында финанс-хожалық искерлиги бойынша пул қаржылары түспегенде коммерциялық банклер үш жумыс күни даўамында есапқа қойылған орындағы мәмлекетлик салық хызмети органына Система арқалы мағлыўмат усынады;
Мәмлекетлик салық хызмети органы:
коммерциялық банклерден мағлыўмат түскен ҳәм (яки) есабат тапсырыў мүддети тамамланғаннан соң үш жумыс күни даўамында тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерди хабардар етеди;
финанс-хожалық искерлигин әмелге асырмай атырған коммерциялық шөлкемлер шөлкемлестириўшилерине ықтыярый сапластырыўды усыныс етеди. Коммерциялық шөлкемлер 10 жумыс күни даўамында ықтыярый сапластырыўға кириспеген, бас тартқан сондай-ақ, оларды анықлаў мүмкин болмаған жағдайда, Система арқалы дизимнен өткериўши органға 10 жумыс күни даўамында коммерциялық шөлкемди ҳәрекетсиз ҳалатқа өткериў ҳаққында усыныснама жибереди;
Дизимнен өткериўши орган үш жумыс күни ишинде:
Мәмлекетлик салық хызмети органларының усыныснамасына тийкар коммерциялық шөлкемди ҳәрекетсиз режимге өткереди, бул ҳаққында мәмлекетлик реестрге ҳәмде Системаға тийисли жазыў киритеди;
Коммерциялық шөлкемниң ҳәрекетсиз режимге өткерилгенлиги ҳаққында өзиниң рәсмий сайтында дағаза жайластырады;
Коммерциялық шөлкемниң шөлкемлестириўшилерине Системада коммерциялық шөлкемниң ҳәрекетсиз режимге өткерилгенлиги ҳаққында хабарнама жибереди.
Усы тәртиплер 2020-жыл 1-январдан баслап күшке киреди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.


Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ўзгараётган Қорақалпоғистон
--
Преображающийся Каракалпакстан
#Билесиз_бе?
2019-жыл 1-сентябрден баслап:

👉. Сырт елде тәлим алғанлығы ҳаққында ҳүжжетлерди тән алыў тәртиби өзгереди.
Сырт ел мәмлекетлеринде улыўма орта ҳәм орта тәлим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳаққындағы арзалар тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса ϴзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы қабыл етиледи.
👉. ϴзин-өзи бәнт қылған пуқараларға ўақтыншалық мийнет гүўалықлары бериледи.
ϴзин-өзи бәнт қылған пуқараларға ўақтыншалық мийнет гүўалықлары ҳәмде гүўалық ийелерине мийнет стажын есапқа алыў ҳәм хошаметлеўши имтиязлардан пайдаланыў ҳуқықы бериледи.
👉. Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў системасы өзгереди.
Ташкент қаласында жайласқан көшпес мүлкке қарата нотариал ҳәрекетлер тийкарында жүзеге келетуғын мүлк ҳуқықы ҳәм басқа затлық ҳуқықлар ҳаққындағы мағлыўматлар Реестрге тек мәмлекетлик нотариал мекемеси арқалы усынылған талапнамаға тийкар киритиледи ҳәм бир ўақыттың өзинде Реестрден көширме бериледи.
👉. Ҳаяллар ушын неке жасы өзгереди.
ϴзбекстан Республикасында ерлер ҳәм ҳаяллар ушын неке жасы бир түрде он сегиз жас етип белгиленеди.
👉. Товар белгисин дизимнен өткериў ушын усынылатуғын талапнамалар электрон формада тапсырылады.
Товар белгисин дизимнен өткериў ушын усынылатуғын талапнамалар тек электрон формада тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса ϴзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы тапсырылады.
👉. Мәмлекетлик билимлендириў мекемелери ҳәмде мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби белгиленеди.
Мәмлекетлик билимлендириў мекемелери ҳәмде мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы реже күшке киреди.
👉. Пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк болған объектлер меншиклестириледи.
Пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк болған объектлерди, соның қатарында билимлендириў мекемелери (академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринен тысқары),ден-саўлықты сақлаў ҳәм спорт, мәденият,кинотеатрлар, клублар, концерт-тамаша көрсетиў мекемелери, сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлердиң бос турған жер участкалары турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында сатылады.
👉. Қәнигелескен оқыў-тәрбия уйымлары хызметкерлерине айлық үстеме ҳақы төленеди.
Қәнигелескен оқыў-тәрбия уйымларының басшы ҳәм педагог хызметкерлери, тәрбияшы ҳәм тәрбияшы жәрдемшилерине базалық тариф ставкасының 75 пайызы муғдарында ҳар айлық үстеме ҳақы төленеди.
👉. Мийнет ҳақының ең кем муғдары орнына жаңа түсиниклер қолланылады.
Мийнет ҳақының ең кем муғдары орнына:
634 880 сўм муғдарында мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары;
223 000 сўм муғдарында базалық есаплаў муғдары;
223 000 сўм муғдарында пенсияны есаплаўдың базалық муғдары енгизиледи.
👉. Жаңа телеканал иске түседи.
“O‘zbekiston tarixi” телеканалы өз искердлигин баслайды.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарлар ҳаққында билесиз бе?
👉 Қысқа мүддетли топарлардың мақсети балаларды мектепке шекемги тәлимге толық қамрап алыўда ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине бармайтуғын балалар тәлим алыўында тең имканиятлардан пайдаланыўды тәмийинлеўден ибарат.
👉 Қысқа мүддетли топарлардың тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:
баланың физикалық, ақлый ҳәм руўхый камал табыўын сақлаў ҳәм тәмийинлеў;
баланың шахсын қәлиплестириў, оның дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыў, баланың өзине тән социаллық тәжрийбе арттырыўын тәмийинлеў;
баланың жасы ҳәм өзине тән имкәниятлары, қәбилети ҳәм зәрүрлигине қарап ҳәр тәреплеме камал табыўын тәмийинлеў;
баланы қәлиплестириўде, тәрбиялаўда ҳәм оқытыўда шаңараққа ҳәр тәреплеме жәрдем бериў.
👉 Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарларға 3 жастан 7 жасқа шекем болған балалар қабыл етиледи.
👉 Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарларға 2 жастан 7 жасқа шекем болған балалар қабыл етиледи.
👉 Қысқа мүддетли топарлар бир қыйлы жастағы ҳәм ҳәр түрли жастағы балалар менен толтырылыўы мүмкин.
👉 Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарлар өз искерлигин усы мекеме баслығының буйрығы тийкарында әмелге асырады.
👉 Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарларға балалар төмендеги тийкарларда қабыл етиледи:
баланың нызамлы ўәкилиниң арзасы;
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте ўәкилликли орган берген жолланба;
баланың ден-саўлығы ҳаққындағы медициналық мағлыўматнама.
👉 Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мекемелериндеги қысқа мүддетли топарлар өз искерлигин баланың нызамлы ўәкиллери менен шәртнама тийкарында әмелге асырады.
👉 Бир ханада көби менен 3 қысқа мүддетли топар искерлигин үш сменада шөлкемлестирилиўине жол қойылады.
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-май күнги 391-санлы қарары
Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Билесиз_бе?
Балаларды
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине көре:
Балалардың төмендеги континенти анкеталары имтиязлы дизимге киритиледи:
майып болған шахслардың балалары;
үш ямаса оннан көп болған балалары болған шаңарақлардың балалары;
әскерий хызметкерлердиң ҳәм ҳуқық қорғаўшы органлар хызметкерлериниң балалары;
студентлер ҳәм педагоглардың балалары;
жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар;
басқа уйымлардан өткерилген балалар;
ағалары ҳәм апалары усы мекемениң тәрбияланыўшылары қатарында болған балалар.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“Халыққа ҳуқықый мәлимлемени жеткериў ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”
ғы Ҳүкимет қарары (06.09.2019-ж.741-санлы) қабыл етилди.
Қарар менен:
ϴзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталы иске түсирилди. Усы портал арқалы барлық шахслар онлайн режимде бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыўы имкәнияты жаратылды.
«Мадад» - мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәмде оңың Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық бөлимлери, сондай-ақ район (қала)ларда олардың ҳуқықый мәсләҳәт бюролары шөлкемлестириледи.
ϴзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң “Адолат” ҳуқықый мәлимлеме орайы ҳәм “Әдиллик органлары ҳәм уйымларында хабар-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханалары мәмлекетлик уйымлар негизинде қайта шөлкемлестирилди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органлары тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериў тәртиби қандай әмелге асырылады?

👉 Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органлары тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериўде бунда арза бериўши мәмлекетлик хызметинен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди. Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери арза бериўши атынан сораўнаманы электрон көринисте толтырады.

👉 Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

1.Паспорт яки шахсты тастыйықлаўшы басқа ҳүжжет нусқасы,
2.Арза бериўши исеним хат тийкарында ҳәрекет қылып атырғанда-исеним хат нусқасы
3.Арза бериўшиниң мархумға қарындаслығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери,
4.Арза бериўши мийрасқа тийкар мийрасқор болғанда –мийрас ҳәм мархумның өлими ҳаққында гүўалығы нусқалары, арза бериўши нызамлы ўәкил болса оны тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы қосымша қылынады.

👉 Жоқарыдағы ҳүжжетлерге тийкар, Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси арза бериўши атынан сораўнаманы аймақлық Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органына электрон көринисте жибереди.

👉 Мәмлекетлик хызметлер көрсетилгенлиги ушын ең кем айлық ис ҳақының 5 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.

👉 Аймақлық пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў архивлери сораўнама келип түскен ўақыттан баслап 3 жумыс күни ишинде мағлыўматларды пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органлрында бар яки жоқлығын анықлап, мағлыўматнаманы рәсмийлестиреди ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.


Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Әдиллик органлары ҳәм мәкемелеринен ҳәмде пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў органларынан шығатуғын рәсмий ҳүжжетлерге апостиль қойыў тәртиби қандай әмелге асырылады?

апостиль — ҳүжжетти имзалаған сыпатында ис көрген шахстың имзасы ҳақыйқыйлығын ҳәм ҳүжжетти тастыйықлаған мөр яки штамп баспа изи ҳақыйқыйлығын тастыйықлайтуғын Конвенцияға муўапық рәсмий ҳүжжетке шет елде пайдаланыў мақсетинде қойылатуғын арнаўлы штамп.
Апостиль сырт елде Өзекстан Республикасының елшиханалары яки консуллық мәкемелери тәрепинен берилген ҳүжжетлерге, коммерциялық яки бажыхана операцияларына туўрыдан-туўры байланыслы болған ҳүжжетлерге, паспортқа, әскерий билетке қойылмайды.

Апостиль қойыў мәселелери бойынша мәсләхәтлер ўәкилликли орган тәрепинен бериледи.

Арза бериўши мәмлекетлик хызметлерин алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди.

Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкери арза бериўши атынан сораўнамны толтырады. Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша қылынады:
1.Арза бериўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы
2.Сырт ел мәмлекети-сырт ел рәсмий ҳүжжетлерин легалластырыў талабын бийкар етиўши Конвенцияның (Гаага, 1964 жыл 5 октябрь) қатнасыўшысы аймағында пайдаланылатуғын рәсмий ҳүжжет.

Рәсмий ҳүжжетлер апостиль қойыў ушын түп нусқалары яки арза бериўшиниң қәлеўине көре нотариал тастыйықланған нусқаларда қабыл қылынады.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетилгенлиги ушын ең кем айлық ис-ҳақының 20 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.

Ўәкилликли орган апостиль қойыўды Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 17-ноябрдеги 307-санлы қарары менен тастыйықланған «Апостиль қойыў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге тийкар әмелге асырады ҳәм нәтийжеси бойынша апостиль қойыў туўрысында яки апостиль қойыўды бийкар етиў туўрысында 5 жумыс күни ишинде қарар қабыл етеди.

Апостиль қойыўды бийкар етиў, жазба хат көринисинде әмелге асырылады. Апостиль қойыў туўрысында унамлы қарар қабыл етилген жағдайда ўәкилликли орган хызметкери усынылған ҳүжжетлерге апостиль кояды.

Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси апостилди дизимнен өткериў дәптерине тийисли жазыўды киргизген ҳалда апостиль қойылған рәсмий ҳүжжетти яки апостиль қойыўды бийкар етиў ҳаққындағы хатты усынылған ҳүжжетлер менен бирге арза бериўшиге тапсырады, бунда арза бериўши тәрепинен оның шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет көрсетиледи.

👉 Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нотариал архивлер тәрепинен архив ҳүжжетлериниң берилиў тәртиплеринен хабардарсыз ба?

Регламент физикалық шахсларға нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликатын, нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме, архив ҳүжжетлеринен нусқалар ҳәм архив мағлыўматнамаларды бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиў тәртибин белгилейди.
Арза бериўши мәмлекетлик хызметин алыў ушын өзи келген ҳалда мүрәжат етеди. Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси арза бериўши атынан сораўнаманы электрон көринисте толтырады.
Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
1.Паспорт нусқасы;
2.Арза бериўши исеним хат тийкарында ҳәрекет қылып атырғанда-исеним хат нусқасы;
3.Мархум атынан әмелге асырылған нотариал ҳәрекетлер ҳаққында архив ҳүжжетлери алынып атырғанда-мархумның өлими ҳаққында гүўалық, ҳәм арза бериўшиниң мархумға қарындаслығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери;
4.Арза бериўши мийрасқа тийкар мийрасқор болғанда–мийрас ҳәм мархумның өлими ҳаққында гүўалығы нусқалары, арза бериўши нызамлы ўәкил болса- оны тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы.
Сораўнама түскеннен соң ўәкилликли орган тәрепинен төмендеги мүддетлер ишинде архив ҳүжжетлерин бериў яки оны бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етиледи:
а) нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликаты-сораўнама келип түскеннен соң 5 жумыс күни ишинде;
б) нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме - сораўнама келип түскеннен соң 2 жумыс күни ишинде;
в) архив ҳүжжетлеринен нусқалар- сораўнама келип түскеннен соң 2 жумыс күни ишинде;
г) архив мағлыўматнамалары-сораўнама келип түскеннен соң 1 жумыс күни ишинде.
Архив ҳүжжетлерин бериў ушын төмендеги муғдарларда төлем өндириледи:
а) нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликаты-ең кем айлық ис-ҳақының 5 пайызы муғдарында;
б) нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме- ең кем айлық ис-ҳақының 5 пайызы муғдарында;
в) архив ҳүжжетлеринен нусқалар - ең кем айлық ис-ҳақының 2 пайызы муғдарында;
г) архив мағлыўматнамалары - ең кем айлық ис-ҳақының 1 пайызы муғдарында.
Гербли (арнаўлы) бланкаларда нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликатлары берилгенде нызам ҳүжжетлерине муўапық герб жыйымы өндириледи.

👉 Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Билесиз_бе?
МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР АГЕНТЛИГИ АЙМАҚЛЫҚ БАСҚАРМАЛАРЫНЫҢ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ ҲӘМ ФУНКЦИЯЛАРЫ

«ϴзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳаққында»ғы реже (2018-ж 31-январь,70-санлы қарар менен тастыйықланған)ге көре аймақлық басқармалардың ўазыйпаларына төмендегилер киреди: ⬇️

👉 Агентликке жүклетилген ўазыйпалар ҳәм функциялардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде қатнасыў;
👉 Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўалаятлар, Ташкент қаласы ҳәмде район (қала) ҳәкимлери, прокуратура, ишки ислер, мәмлекетлик салық хызмети органларының басшылары басшылық ететуғын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў секторлары менен мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында бирге ислесиў;
👉 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўалаятлар, Ташкент қаласы ҳәмде район (қала) ҳәкимлери менен ПҲАЖ тараўында бирге ислесиў;
👉 мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы үстинен мониторинг алып барыў ҳәм қадағалыў;
👉 Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ архивлеринде мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў;
👉 Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў формаларын раўажландырыўда мәмлекетлик хызметлер орайларын қоллап қуўатлаў;
👉 ПҲАЖ архивлерине басшылық етиў;
👉 Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына жол қоймаў ҳаққында лаўазымлы шахсларды жазба рәўиште ескертиў;
👉 Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўши мәмлекетлик органлар ҳәм басқа шөлкемлер басшыларына анықланған нызам бузылыўлары, оларға имкән бериўши себеплер ҳәм шәрәятларды сапластырыў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныснамалар киритиў;

Аймақлық басқармалар оларға жүклетилген ўазыйпаларға муўапық төмендеги функцияларды әмелге асырады:

👉 аймақлық басқармалар искерлигин шөлкемлескен ҳәм мәлимлеме-таллаў тәрепинен тәмийинлейди;
👉 Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ архивлери тәрепинен ϴзбекстан Республикасы нызамлары, ϴзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Ҳүкимет қарарлары ҳәм бийликлери ҳәм Агентликтиң буйрықларының орынланыўы бойынша турақлы қадағалаўды тәмийинлейди;
👉 Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ архивлери искерлиги үстинен басшылық ҳәм бақлаў алып барады;
👉 Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын, сондай-ақ ПҲАЖ органлары искерлигин жетилистириў мәселелери бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары ҳәм басқа шөлкемлер, юридикалық ҳәм физикалық шахслар менен бирге ислеседи;
👉 Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ архивлери қәрежетлерин қаржыландырыўды, бухгалтерия есабы ҳәм есабатын жүритеди;
👉 Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ПҲАЖ архивлериниң материаллық-техникалық тәмийинлениўин, мобил (көшпели) мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди жолға қойады;
👉 юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўди шөлкемлестиреди;
👉 ўәкиллиги шеңберинде тез,шөлкемлескен, кадрлар, финанс, ислеп шығарыў-хожалық ҳәм басқа мәселелерди орынлаў менен шуғылланады.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“ϴзбекстан Республикасында архив иси ҳәм ис жүритиўди жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы (20.09.2019-ж.5834-санлы) қабыл етилди.
Пәрман менен:
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы “Ўзархив” агентлиги негизинде ϴзбекстан Республикасы “Ўзархив” агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик тәрепинен 2020-жылы 1-июнға шекем Әдиллик министрлиги ҳәмде ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқарыў миллий агентлиги менен биргеликте төмендеги мәмлекетлик хызметлерди Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилиўи жолға қойылады:
👉 оқығанлықты тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 мийнет стажын тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 мийнет ҳақыны тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 араб әлипбесинде жаратылған түркий, парсы ҳәм арабша ҳүжжетлердеги хабарлар бойынша аннотация мағлыўматларын таярлап бериў;
👉 архив ҳүжжетлери, китаплар ҳәм қолжазбалардан электрон көширме алыў.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa