MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
374 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“Халыққа ҳуқықый мәлимлемени жеткериў ҳәм юридикалық жәрдем көрсетиў системасын жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”
ғы Ҳүкимет қарары (06.09.2019-ж.741-санлы) қабыл етилди.
Қарар менен:
ϴзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Advice.uz» (e-maslahat.uz) ҳуқықый мәлимлеме порталы иске түсирилди. Усы портал арқалы барлық шахслар онлайн режимде бийпул ҳуқықый мәсләҳәт алыўы имкәнияты жаратылды.
«Мадад» - мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми ҳәмде оңың Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық бөлимлери, сондай-ақ район (қала)ларда олардың ҳуқықый мәсләҳәт бюролары шөлкемлестириледи.
ϴзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң “Адолат” ҳуқықый мәлимлеме орайы ҳәм “Әдиллик органлары ҳәм уйымларында хабар-коммуникация технологияларын раўажландырыў орайы” мәмлекетлик унитар кәрханалары мәмлекетлик уйымлар негизинде қайта шөлкемлестирилди.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
“ϴзбекстан Республикасында архив иси ҳәм ис жүритиўди жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы (20.09.2019-ж.5834-санлы) қабыл етилди.
Пәрман менен:
ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы “Ўзархив” агентлиги негизинде ϴзбекстан Республикасы “Ўзархив” агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик тәрепинен 2020-жылы 1-июнға шекем Әдиллик министрлиги ҳәмде ϴзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқарыў миллий агентлиги менен биргеликте төмендеги мәмлекетлик хызметлерди Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилиўи жолға қойылады:
👉 оқығанлықты тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 мийнет стажын тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 мийнет ҳақыны тастыйықлаў ҳаққындағы архив мағлыўматнамасын бериў;
👉 араб әлипбесинде жаратылған түркий, парсы ҳәм арабша ҳүжжетлердеги хабарлар бойынша аннотация мағлыўматларын таярлап бериў;
👉 архив ҳүжжетлери, китаплар ҳәм қолжазбалардан электрон көширме алыў.

Қарардың толық тексти менен lex.uz сайты арқалы танысың.

Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa
Forwarded from Huqıqıy málimleme QR
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мәмлекетлик хызметлери көрсетиў бойынша бир қатар ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды
«Халықты социаллық қорғаў тараўында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (327-сан, 23.05.2020 ж.) қабыл етилди.

🔰 Қарар менен төмендеги ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды:

👉 Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақаны тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызметлери көрсетиў;

👉 Жерлеў мәресими ушын напақа тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў;

👉 Пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде барлығы ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў;

👉 Пенсия ҳәм напақа муғдары ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў.

✍️ Атап айтқанда, Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақаны тайынлаў бойынша мәмлекетлик хызметлери көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентине көре, арза бериўши бала туўылған күннен баслап 6 ай мүддет ишинде усы напақаны тайынлаўы ушын мәмлекетлик хызметлер орайына (МХО) барған ҳалда ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы мүрәжат етеди.

🔺Тийисли сораўнама бюджеттен тысқары Пенсия қорына жибериледи.

📋 Пенсия қоры өз ңәўбетинде напақаны тайынлаў ямаса бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етеди.

🖥 Напақа тайынланған жағдайда напақаны қашан ҳәм қаерден алыў ҳаққында мағлыўмат, напақа тайынлаўдан бас тарталғанда бас тартыў себеплери көрсетилген мағлыўмат тийисли МХОна ямаса БИМХПна электрон тәризде жибериледи.

❗️Мәмлекетлик хызмети көрсетилгени ушын жыйым өндирилмейди.

Каналға жалғаныў👇👇👇
@huqiqiymalimleme
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Кадастр паспортын таярлаў мүддетлери қысқартылмақта
«Кадастр тараўында айырым мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди (535-сан, 02.09.2020-ж.).

🕐 Қарар менен көшпес мүлк объектине кадастр паспортын бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

📓 Оған көре, көшпес мүлк объектин кадастр есабына алыў ҳәм кадастр топламын қәлиплестириў нәтийжесинде көшпес мүлк объекти бойынша электрон формада кадастр паспорты рәсмийлестириледи.

📓Арза бериўши кадастр паспортын алыў ушын Мәмлекетлик хызметлери орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталында дизимнен өтеди (my.gov.uz)

Кадастр паспортын таярлаў:

👉 көшпес мүлк объектлериниң турақ жайға байланыслы бөлеги бойынша төмендеги мүддетлерде әмелге асырылады:
🔸көп квартиралы үйдеги квартира – 3 жумыс күнине шекем;
🔸жеке тәртиптеги турақ жай – 5 жумыс күнине шекем;
(алдын бул мүддет тийислисинше 7, 10 күн еди)

👉 көшпес мүлк объектлериниң турақ емес жайға байланыслы бөлеги бойынша:
🔸улыўма майданы 100 кв.м ге шекем – жумыс күнине шекем;
🔸улыўма майданы 100 кв.м ден 1000 кв.м ге шекем – 7 жумыс күнине шекем;
🔸улыўма майданы 1000 кв.м ден 5000 кв.м ге шекем – 10 жумыс күнине шекем;
🔸улыўма майданы 5000 кв.м ден 15000 кв.м ге шекем – 15 жумыс күнине шекем;
🔸улыўма майданы 15000 кв.м ден 50000 кв.м ге шекем – 20 жумыс күнине шекем;
🔸улыўма майданы 50000 кв.м ден артық – 25 жумыс күнине шекем.
(алдын бул мүддет тийислисинше 10 күннен 45 күнине шекем болған)

🧾 Кадастр топламы қәлиплестирилгеннен сон кадастр паспортын бериў ушын төлем муғдары баҳасы көрсетилген хабарнама (инвойс) Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса арза бериўшиге электрон формада жибериледи.

💴 Арза бериўши хабарнаманы алғаннан соң 1 ай даўамында төлем баҳасын төлейди.

💴 Кадастр паспортын бериў ушын төлем баҳалары Министрлер Кабинети қарары (https://lex.uz/docs/2425158) менен белгиленеди.

Төмендеги жағдайларда кадастр паспортын рәсмийлестириў пулсыз әмелге асырылады:

▫️көшпес мүлк объекти бойынша бирлемши кадастр топламы (паспорты) бар болып, объектте өзгерислер (реконструкция, қосымша ҳәм айырықша қурылыс) болмаса;
▫️көшпес мүлк объектиниң бир бөлеги өзгешелестирилгенде объекттиң қалған бөлегине ямаса реконструкциясыз тайпасы өзгергенде;
▫️кадастр топламы (паспорты) жойтылғанда (жарамсыз ҳалда келгенде).
Бундай жағдайларда кадастр паспорты 3 жумыс күни даўамында рәсмийлестириледи.

📓Қағаз формасындағы кадастр паспорты Мәмлекетлик хызметлери орайы ямаса БИМХП арқалы, пластик формасындағы кадатср паспорты тек ғана Мәмлекетлик хызметлери орайлары арқалы усынылады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ Рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

«Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

🔰 Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 37 лицензия ҳәм 10 рухсатнама бийкар етиледи;
👉 16 лицензия ҳәм 11 рухсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
👉 17 лицензия ҳәм 14 рухсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;
👉 14 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;
👉 115 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады.

Пәрманға көре, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.

🔰 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.

👉 төмендегилер бийкар етиледи:

• кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы;

• дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;

• жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Туўылғанлықты дизимге алыў менен байланыслы комплекс мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды (Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 10-ноябрьдеги 704 - санлы қарары)

❗️ Оған көре,

туўылғанлық ҳақкында медицина мағлыўматнаманы алыў,

туўылғанлықты дизимге алыў,

поликлиникаға дизимге қойыў,

бир мәртелик напақа пулын алыў, перзентти дизимге алыў ҳәм перзентти мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мекемесине нәўбетке қойыў бойынша комплекс мәмлекетлик хызметлери бирден көрсетиледи

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманы имзаланды.

2021-жыл 1-июньнен баслап

пуқаралардың турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына қарамастан пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў, некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳәм сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў экстерриториал принципи тийкарында әмелге асырылады;

нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда пуқаралық ҳалаты акт жазыўлары менен байланыслы барлық мағлыўматлар нотариал кеңселер тәрепинен ғәрезсиз түрде, пуқаралардан артықша мағлыўмат талап етпестен, “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасы арқалы алынады;

исбилерменлик субъекти болған юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын белгиленген жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы төлемлерин төлеўде юридикалық шахстың ўәкили тәрепинен нақ пул түринде төлемди әмелге асырыўға рухсат бериледи;

сырт ел коммерциялық шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы аймағындағы ўәкилхана хызметкерин аккредитация етиўде онда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы кеселлиги жоқлығы ҳаққындағы сертификатын талап етиў тәртиби бийкар етиледи;

мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR-код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы берилгенде олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, усы ҳүжжетлер электрон түрде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы шекленбеген муғдарда бийпул алынады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық, (2021- жыл 23- мартдағы ПП-6191)

2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мекемелери тәрепинен пуқаралардан, соның менен бирге исбилерменлик субъектлеринен:

а) төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:
руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;
наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;
судланғанлық;
мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;
пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы;
турақ жайдың майданы;
салық қарызы бар яки жоқлығы;
салық төлеўши физикалық шахслардың мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы;
пенсия ҳәм напақа муғдары;
пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқлығы;
неке дизимге алынғанлығы, некеде турмаўы яки некеден ажырасқанлығы;

б) төмендеги ҳүжжетлерди:
шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;
шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;
медициналық-социяллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;
мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық - аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық - аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи❗️

Усы ҳүжжет яки мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен пуқаралардан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық,

- 2021-жыл 1-майдан баслап
сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў ушын арза-анкетаны ҳәм мәмлекетлик бажы төлемин электрон тәризде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў имканиятын жаратыў;

- 2021-жыл 1-июньнен баслап 16 жасқа толған шахсларға идентификация ID-карталары бериў оларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларында салық төлеўши сыпатында есапқа қойыў ҳәмде пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырыў системасын енгизиў;

- 2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүритиў физикалық шахстың жеке идентификация нөмеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиў. Бунда, салық төлеўшиниң идентификация нөмерин бериў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.

- 2021-жыл 1-июньнен баслап:
Агентлик юридикалық шахсларды (мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, банклер ҳәм кредит бюроларынан тысқары) мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша бирден-бир ўәкилликли уйым есапланады;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық шахслар бирлеспелери, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери, тутыныў, өндирислик ҳәм аўыл-хожалығы кооперативлери ҳәмде адвокатлық структураларды мәмлекетлик дизимнен өткериў мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мәлимлеме хызметлерин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди.

🔰 “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер ҳаққында мағлыўмат бериў системасын және де жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (179-сан, 03.04.2021 ж.) қабыл етилди.

🏢 Қарарға муўапық, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жанында мәмлекетлик мекемеси түриндеги Мәлимлеме хызметлерин раўажландырыў орайы шөлкемлестирилди.

Орай төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырады:

халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳуқықый мәселелер бойынша бийпул мәсләҳәт ҳәм түсиндириўлер бериў;

халықты пуқаралар, исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң күнделикли турмысын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик хызметлер ҳаққындағы мәмлимлеме менен тәмийинлеў;

халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый мәселелер бойынша мүрәжатларын анализлеў, ҳуқықты қоллаў әмелияты ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар киритиў;

мәмлекетлик хызметлер ҳаққындағы мағлыўматларды БИМХПда турақлы түрде жаңалап барыў;

БИМХПда мәмлекетлик хызметлерге байланыслы мәселелер бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң рәсмий түсиндириўлерин жайластырыў;

мүрәжатларды қабыл қылыў ҳәм оларды тийислилиги бойынша мекемелерара байланыс орайларына бағдарлаў.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманы имзаланды.

2021-жыл 1-июньнен баслап

пуқаралардың турақлы (ўақтынша) дизимнен өткен орнына қарамастан пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў, некелениўши шахсларды медициналық көриктен өткериў ҳәм сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў экстерриториал принципи тийкарында әмелге асырылады;

нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыўда пуқаралық ҳалаты акт жазыўлары менен байланыслы барлық мағлыўматлар нотариал кеңселер тәрепинен ғәрезсиз түрде, пуқаралардан артықша мағлыўмат талап етпестен, “ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви” мәлимлеме системасы арқалы алынады;

исбилерменлик субъекти болған юридикалық шахсларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын белгиленген жыйым ҳәм мәмлекетлик бажы төлемлерин төлеўде юридикалық шахстың ўәкили тәрепинен нақ пул түринде төлемди әмелге асырыўға рухсат бериледи;

сырт ел коммерциялық шөлкемлердиң Өзбекстан Республикасы аймағындағы ўәкилхана хызметкерин аккредитация етиўде онда адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы кеселлиги жоқлығы ҳаққындағы сертификатын талап етиў тәртиби бийкар етиледи;

мәмлекетлик хызметти көрсетиў нәтийжесинде берилетуғын ҳүжжетлер QR-код (матрик штрихлы код) қойыў арқалы берилгенде олардың дубликатларын бериў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, усы ҳүжжетлер электрон түрде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы шекленбеген муғдарда бийпул алынады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық,

2021-жыл 1-июньнен баслап мәмлекетлик уйымлар, хожалық бирлеспелери, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мекемелери тәрепинен пуқаралардан, соның менен бирге исбилерменлик субъектлеринен:

а) төмендеги фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди:
руўхый кеселликлер бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;
наркология бойынша диспансер есабында турыўы яки турмаслығы;
судланғанлық;
мәнзил-мағлыўмат мәлимлемеси;
пуқараның атында жеке турақ жай бар яки жоқлығы;
турақ жайдың майданы;
салық қарызы бар яки жоқлығы;
салық төлеўши физикалық шахслардың мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойылғанлығы;
пенсия ҳәм напақа муғдары;
пенсия ҳәм напақа алыўшылар дизиминде бар яки жоқлығы;
неке дизимге алынғанлығы, некеде турмаўы яки некеден ажырасқанлығы;

б) төмендеги ҳүжжетлерди:
шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжеттиң нусқасы;
шахстың белгиленген үлгидеги фотосүўрети;
медициналық-социяллық эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары;
мийнет дәптершелери ҳәм олардың нусқалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық - аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
мийнет ҳақы ҳәм мийнет стажын, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мекемесинде оқығанлықты тастыйықлаўшы архив мағлыўматнамалары (пуқараларға пенсия тайынлаў барысында усы ҳүжжетти “Бирден-бир миллий мийнет системасы” уйымлараралық бағдарламалық - аппарат комплекси арқалы алыў имканияты болмаған жағдайларда сораў буған кирмейди);
кадастр ҳүжжетлери ҳәм олардың нусқаларын талап етиў бийкар етиледи❗️

Усы ҳүжжет яки мағлыўматлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен пуқаралардан талап етилиўи мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талапларын бузыў деп есапланады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманына муўапық,

- 2021-жыл 1-майдан баслап
сырт елге шығыў биометрик паспортын рәсмийлестириў ушын арза-анкетаны ҳәм мәмлекетлик бажы төлемин электрон тәризде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиў имканиятын жаратыў;

- 2021-жыл 1-июньнен баслап 16 жасқа толған шахсларға идентификация ID-карталары бериў оларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларында салық төлеўши сыпатында есапқа қойыў ҳәмде пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў менен бир ўақыттың өзинде әмелге асырыў системасын енгизиў;

- 2021-жыл 1-июльден баслап салық уйымларында салық төлеўшилердиң есабын жүритиў физикалық шахстың жеке идентификация нөмеринен пайдаланған ҳалда әмелге асырыўға өтиў. Бунда, салық төлеўшиниң идентификация нөмерин бериў ҳәм пуқараны жыйналып барылатуғын пенсия системасында есапқа қойыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бийкар етиледи.

- 2021-жыл 1-июньнен баслап:
Агентлик юридикалық шахсларды (мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, банклер ҳәм кредит бюроларынан тысқары) мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша бирден-бир ўәкилликли уйым есапланады;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, юридикалық шахслар бирлеспелери, бағшылық-жүзимгершилик ширкетлери, тутыныў, өндирислик ҳәм аўыл-хожалығы кооперативлери ҳәмде адвокатлық структураларды мәмлекетлик дизимнен өткериў мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен әмелге асырылады.

🔗👉 Telegram · Facebook · YouTube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Qaraqalpaqstan_telekanali
#Мәмлекетлик_хызметлерден_онлайн_пайдаланамыз
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мәмлекетлик хызметлерден “онлайн” пайдаланыў көнликпелерин асырыў бойынша оқыў-семинарлары даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманы (2021-жыл 23-март ПП-6191)

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Uzbekiston_24
#Бирге_ислесиў_меморандумы
#Қарши_тәжрийбеси
#Онлайн_хызметлер
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мәмлекетлик хызметлерден “онлайн” пайдаланыў көнликпелерин асырыў бойынша оқыў-семинарлары даўам етпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шараятлар жаратыў, бул бойынша бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Пәрманы

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў тәртиби өзгерди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2018 жыл 18 марттағы 244-санлы қарарына өзгерислер киритиў ҳаққында қарары қабыл етилди (20.05.2021 жыл 319-сан).

Қарарға муўапық, балалардың төмендеги контингенти бақшаға үстинлик пенен қабыл етилиў ҳуқықына ийе болады:

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардың балалары;

көп балалы шаңарақлар;

жетим балалар ямаса ата-анасының қараўысыз қалған балалар;

“Ҳаяллар дәптери”не киргизилген, социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың балалары;

контракт бойынша әскерий хызметкерлердиң ҳәм ишки ислер органлары хызметкерлериниң балалары;

студентлер ҳәм педагоглардың балалары;

ағалары ямаса әжапалары усы балалар бақшасының тәрбияланыўшыларынан болған балалар;

көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги шөлкемлерден улыўма түрдеги мектепке шекемги шөлкемлерге өткерилип атырған тәўир болған балалар (алдын- басқа мәкемелерден өткерилген балалар)

❗️Усы қарар күшке киргенге дейин мәмлекетлик бақшаларға қабыл етиў ушын сораўнамасы жеңиллик тийкарында дизимге киргизилген балалардың жеңилликлери оларға жоллама берилгенге дейин сақланып қалынады.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў тәртиби өзгерди (Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20.05.2021 жыл 319-санлы қарары).

❗️ Қарарға муўапық, биринши рет тәрбияланыўшылар қабыл етилип атырған жаңа қурылған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған тийисли микроучасткалардағы аймақларда жасаўшы балалар мектепке шекемги билимлендириў министриниң буйрығы тийкарында үстинлик ҳуқықы менен қабыл етиледи.

❗️Оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын ўақтынша жабылған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбияланыўшылары оңлаў дәўиринде ўәкилликли уйым қарары тийкарында ўақтынша басқа шөлкемлерине нәўбетсиз бөлистириледи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/qrmxa
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў тәртиби өзгерди (Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20.05.2021 жыл 319-санлы қарары).

❗️Қарарға муўапық, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги өзиниң системасындағы шөлкемлер ҳаққындағы мағлыўматлардың автоматик түрде турақлы жаңаланып барылыўы ушын өзиниң рәсмий веб-сайтының МШББМС (Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў мәлимлеме системасы) менен интеграцияланыўын тәмийинлейди.

Мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын арза бериўшилер төмендеги ҳуқықларға ийе:

сораўнамада шөлкемниң бала ушын туўры келетуғын жастағы бос орынларға ийе болған топарды (жоллама алыў ушын) ямаса бос орынларға ийе болмаған топарды (нәўбетке қойылыўы ушын) көрсетиў (таңлаў);

баланы туўылған ўақыттан баслап шөлкемге нәўбетке қойыў;

бир ўақытта үш шөлкемге дейин нәўбетке қойыў;

қәте киргизилген мағлыўматларды дүзетиў;

мәмлекетлик хызмети көрсетилип атырған ҳәр қандай басқышта оннан пайдаланыўды бийкар етиў.
❗️ Усы оқыў жылының 31-май күнине шекем жети жасқа толатуғын балалардың сораўнамалары усы сәнеде бийкар етиледи ҳәмде автоматик түрде нәўбеттен шығарылады.