MXA QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ
334 subscribers
4.13K photos
739 videos
28 files
2.76K links
MÁMLEKETLIK XÍZMETLER AGENTLIGI QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASÍ BASQARMASÍ – Управление Республики Каракалпакстан Агентства государственных услуг

☎️ 1148

📩 [email protected]

🌐 www.davxizmat.uz

📲 https://www.facebook.com/rkgosuslug/
Download Telegram
#Нотариал архивлер тәрепинен архив ҳүжжетлериниң берилиў тәртиплеринен хабардарсыз ба?

Регламент физикалық шахсларға нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликатын, нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме, архив ҳүжжетлеринен нусқалар ҳәм архив мағлыўматнамаларды бериў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиў тәртибин белгилейди.
Арза бериўши мәмлекетлик хызметин алыў ушын өзи келген ҳалда мүрәжат етеди. Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси арза бериўши атынан сораўнаманы электрон көринисте толтырады.
Сораўнамаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:
1.Паспорт нусқасы;
2.Арза бериўши исеним хат тийкарында ҳәрекет қылып атырғанда-исеним хат нусқасы;
3.Мархум атынан әмелге асырылған нотариал ҳәрекетлер ҳаққында архив ҳүжжетлери алынып атырғанда-мархумның өлими ҳаққында гүўалық, ҳәм арза бериўшиниң мархумға қарындаслығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери;
4.Арза бериўши мийрасқа тийкар мийрасқор болғанда–мийрас ҳәм мархумның өлими ҳаққында гүўалығы нусқалары, арза бериўши нызамлы ўәкил болса- оны тастыйықлаўшы ҳүжжет нусқасы.
Сораўнама түскеннен соң ўәкилликли орган тәрепинен төмендеги мүддетлер ишинде архив ҳүжжетлерин бериў яки оны бериўди бийкар етиў ҳаққында қарар қабыл етиледи:
а) нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликаты-сораўнама келип түскеннен соң 5 жумыс күни ишинде;
б) нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме - сораўнама келип түскеннен соң 2 жумыс күни ишинде;
в) архив ҳүжжетлеринен нусқалар- сораўнама келип түскеннен соң 2 жумыс күни ишинде;
г) архив мағлыўматнамалары-сораўнама келип түскеннен соң 1 жумыс күни ишинде.
Архив ҳүжжетлерин бериў ушын төмендеги муғдарларда төлем өндириледи:
а) нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликаты-ең кем айлық ис-ҳақының 5 пайызы муғдарында;
б) нотариал ҳәрекетлерди дизимге алыў реестр китабынан көширме- ең кем айлық ис-ҳақының 5 пайызы муғдарында;
в) архив ҳүжжетлеринен нусқалар - ең кем айлық ис-ҳақының 2 пайызы муғдарында;
г) архив мағлыўматнамалары - ең кем айлық ис-ҳақының 1 пайызы муғдарында.
Гербли (арнаўлы) бланкаларда нотариал рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң дубликатлары берилгенде нызам ҳүжжетлерине муўапық герб жыйымы өндириледи.

👉 Каналға жалғаныў:
https://t.iss.one/qrmxa