Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.71K subscribers
9.42K photos
1.67K videos
21 files
3.04K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#байрам

"Наўрыз келсе"

Журт "Наўрыз" дегениң "Жаңа күн" дейди.
Жүрген жери бәҳәр дейди, гүл дейди.
Алланың нәзери түскен үлкемде,
Ол кетпестен еле гезип жүр дейди.

Дәрья, таўдан асып, алыс-алыстан,
Жаңа күним жетип келген шығыстан,
Мың қубылып оянғанда тәбият,
Кәраматқа ҳәмме ҳайран қалысқан.

Бүгин қыз-келиншек қазан басында,
Балалар шабысар айналасында,
Бул көринис елжиретип, еслетер,
Сен де бала болғаныңды жасыңда.

Таяр сүмелектен қуйып зеренге,
"Қәйним, дәмин тат" деп усынса жеңге,
Кеўилди қандай да қуўаныш бийлеп,
Күлимлеп қарайсаң күлип келгенге.

Атқан ҳәр таң "Наўрыз" болсын, илайым,
Деп жер-көктен мен бир тилек сорайын,
Наўрыздан наўрызға жетисиў ушын,
Сизлер аман, мен де аман болайын.

Зәрипбай Қунназарович Дәўлетов,
Денсаўлықты сақлаў тараўының ветераны
Турақлы алкоголь қабыл етиў қандай ақыбетлерге алып келеди?

Мий.
Арақ мий тамырларында қан айланысын төменлетип, клеткаларда кислород жетиспеўшилигин келтирип шығарады. Ақыбетте еслеў қәбилетиниң пәсейиўи ҳәм руўхый жақтан шаршаў басланады.

Жүрек. Арақ қандағы холестерин дәрежесин арттырады ҳәм созылмалы гипертония және миокард дистрофиясын келтирип шығарады.

Асқазан. Асқазан силекейли қабатының қорғаныў функциясын атқаратуғын муцинниң ислеп шығарылыўын төменлетеди ҳәм асқазан жарасы кеселликлерине себепши болады.

Асқазан асты бези. Ол асқазан асты безиниң жумысын да бузады, зат алмасыўын изден шығарады ҳәм диабетти пайда етеди.

Баўыр. Алкоголь себепли баўырда исиниў процесслери (гепатит), соңын-ала цирроз келип шығады.

Қан. Тромбоцитлер, сондай-ақ, ақ ҳәм қызыл қан дәнешелериниң ислеп шығарылыўын төменлетеди. Нәтийжеде: кемқанлық, инфекциялар, қан кетиўлери…

Ишек. Арақ жиңишке ишектиң дийўалларына тәсир етип, клеткалардың дүзилисин өзгертип жибереди. Ақыбетте олар азықлық затлар менен минерал элементлерди жақсы өзлестирмей (сорымай) қалады.

Тери. Арақ себепли тери өз эластиклигин жоғалтады ҳәм ерте қартая баслайды.

👉👉👉 @qrdssm
Сергек болың: алдаўшылар!

Соңғы ўақытларда айырым районларда өзлерин «аймақлық мийирбийкемиз» деп таныстырып жүрген алдаўшылар ушырап турыпты. Олар өзлери таярлаған санитария дәптерлерин үй ийелерине алдаўшылық жолы менен «мәжбүрий» деп 10 000 сумда сатады. Негизинде болса санитария дәптерлери бойынша жоқары уйым ямаса министрлик тәрепинен бундай көрсетпе ямаса буйрық болған емес, аймақлық мийирбийкелер санитария дәптерлерин сатпайды.

Сонлықтан, егер де мине усындай жағдайға гезлессеңиз, дәрҳал оны сүўретке түсирип ҳәм телефонын алыўыңызды, аймақлық шыпакер ямаса шаңарақлық поликлиника менен байланысып анықлық киргизиўиңизди, яки болмаса ишки ислер бөлимине хабар бериўиңизди соранамыз.

👉👉👉 @qrdssm
⁉️ Коронавирус ва карантинга оид рост ва ёлғон хабарлар

Айни кунларда коронавирус инфекцияси тарқалишига оид вазият бироз ёмонлашаётгани ортидан ўтган йилги карантин чекловлари ҳақидаги хабарлар ижтимоий тармоқларда такроран айланиб юрибди. Кўпчилик қайси хабар жорий йилги ва қайси бири ўтган йилги эканлигини фарқлай олмаяпти, чунки саналар бир-бирига тўғри келмоқда.

Қуйида рост ва ёлғон хабарларни йиғиб чиқишга ҳаракат қилдик:

Рўйхат янгилаб борилади

Рост хабарлар:

Зангиотадаги махсус шифохонода сўнгги 10 кунда беморлар кўпайди;
Коронавирусга қайта чалинганлар ҳам даволанмоқда;
Болалар орасида вирусга чалиниш сони ошмоқда;
Бухорода жамоат транспортида ниқобсиз юриш тақиқланди;
Нурмат Отабеков: “Карантин чекловларини кучайтириш учун асос йўқ”;
Тошкентда эпидемиологик вазият ёмонлашган тақдирда жорий йилнинг 1 апрелидан бошлаб оммавий тадбирларни вақтинча тўхтатиб турилиши мумкин;
16 март кунидан бошлаб пойтахтнинг Мирзо Улуғбек, Чилонзор ва Юнусобод туманларидаги мактабларда ўқиш онлайн режимга ўтказилди;
Карантин чекловларига амал қилмаган (хусусан тиббий ниқобсиз бўлган) фуқароларга маъмурий жарималар қўллаш яна бошланди;
Наврўз байрами тадбирлари об-ҳаво шароитини инобатга олган ҳолда очиқ жойларда, яъни боғлар, хиёбонлар ва ўйингоҳларда ўтказилади;
Наврўз байрамида аҳоли гавжумлигининг олдини олиш мақсадида тадбирларни кичик ҳажмда маҳаллаларда ташкил этилади ва барча ташриф буюрувчилар ниқобда бўлиши талаб этилади;
Коронавирус билан кунлик касалланишлар сони 100дан ошди;
7 март куни коронавирус ташхиси қўйилган бемор вафот этди;
Олмазор туманидаги 117-сонли боғчанинг 2 нафар тарбияланувчиси ва 2 нафар тарбиячисида коронавирус инфекцияси аниқланиши сабаб боғча вақтинча ёпилди;
Тошкент вилоятидаги бозор ва жамоат жойларида назорат кучайтирилди.

Ёлғон хабарлар:

16 мартдан карантин эълон қилинди ва ОТМ ҳамда мактаблар тўлиқ онлайн ўқишга ўтди;
Зангиотадаги юқумли касалликлар шифохоналари «тўлиб кетди», реанимация бўлимларида беморлар оғир аҳволда;
27 март соат 10:00 дан эътиборан вилоятлараро транспорт воситаларининг ҳаракати бутунлай тўхтатилади;
27 мартдан вилоятлар таркибидаги шаҳар ва туманлараро транспорт қатнови ҳаракати ҳам вақтинча чекланади;
зарур бўлмаган ҳолларда фуқароларга уйидан ташқарига чиқиши чекланади;
фаолиятини тўхтатмаган барча кўнгилочар объектлар, шу жумладан ресторан, кафе, ошхона, чойхона, сингари тадбиркорлик субъектларига кескин жазо чоралари кўрилади.


👉 @xushnudbek 👈
⚡️Тезкор хабар

ССВ: 1-апрелдан оммавий тадбирлар ўтказишга айрим чекловлар ўрнатилади

Маълумки, юртимизда коронавирус билан боғлиқ эпидемиологик вазият барқарорлашган даврда қатор йўналишларда карантин чекловлари юмшатилган эди. Бироқ айни пайтга келиб, касалликка чалинганлар сонининг ошиши ҳисобига аҳоли гавжум бўладиган тадбирларни бироз чеклашни шароит тақозо қилмоқда.

Қатор соҳа мутахассислари ва етакчи олимларнинг таклифларини инобатга олиб, Республика махсус комиссияси сўнгги кунларда Тошкент шаҳри ва Тошкент вилоятида коронавирус инфекцияси билан касалланиш ҳолатлари ортганлиги муносабати билан мамлакатимизда кескин эпидемиологик ҳолат юзага келишини олдини олиш мақсадида қуйидаги таклифларни маъқуллади:

Жорий йилнинг 1 апрелидан бошлаб Ўзбекистон Республикаси ҳудудида:

🔺тўйхоналарда оилавий тантана, тўй, маърака ва маросимларни ўтказишда касаллик тарқалишини олдини олиш мақсадида санитария-эпидемиологик назоратни кучайтириш ва ташриф буюрувчилар сонини 100 кишидан кўп бўлмаган ҳолда ўтказиш;

🔺театр, кино (кинотеатр) ва концерт-томоша дастурларини ташкил этишда:

📌томоша дастурлари ўтказиладиган саройларга ташриф буюрувчи томошабинлар ҳамда хизмат кўрсатувчи ходимларнинг қатъий ниқобда (маскада) бўлишларини таъминлаш;

📌томоша дастурлари ўтказиладиган саройларнинг томошабин сиғимини инобатга олган ҳолда томошабинлар сонини 50 фоиздан оширмаслик;

📌томоша дастурлари ўтказиладиган саройларнинг томошабин ўриндиқларидан оралиқ масофани сақлаган ҳолда фойдаланилишини таъминлаш;

📌томоша дастурларига ташриф буюрувчиларнинг тана харорати назоратини ўрнатиш ҳамда тана харорати кўтарилган шахсларни дастурга кўймаслик;

📌томоша дастурлари ўтказиладиган саройларда савдо шохобчалари фаолиятини тўхтатиш (ниқоб ва антисептик воситалар савдоси бундан мустасно);

📌томоша дастурлари бўйича тарқатилаётган (сотилаётган) чипталарга “Факат соғлом бўлсангизгина ташриф буюринг” ёзувини ёзиш орқали аҳолини огоҳликга чақириш ва бошқа томошабинларга касаллик юқиб колишининг олдини олиш чораларини кўриш;

📌томоша дастурлари ўтказиладиган саройларнинг кириш қисмида томошабинларнинг бинога тартибли киришларини таъминлаш мақсадида махсус ленталар ёрдамида бир қаторли кириш ва чиқиш йўлакларини ўрнатиш тартиби белгиланди.

Томоша дастурлари ўтказиладиган саройларда карантин қоидаларига риоя қилинишини таъминлаш бўйича масъулият ташкилотчилар зиммасига юклатилади.

❗️Соғлиқни сақлаш вазирлиги аҳолидан айрим хорижий мамлакатларда бугунги кунда кузатилаётган коронавирус инфекцияси билан боғлиқ кескин эпидемиологик вазиятни инобатга олган ҳолда, мамлакатимизда шу каби ҳолатларни қайтарилмаслиги ҳамда ижтимоий ва иқтисодий соҳаларнинг фаолиятини тизимли ташкил этиш учун шахсий масъулиятни оширишни сўраб қолади.

Соғлиқни сақлаш вазирлиги
Жамоатчилик билан алоқалар бўлими.

▶️
@ssvuz
▶️
@ssvmatbuotkotibi
Ҳәрбир адам төмендегилерди билип қойыўы керек. Бул физиологиялық белгилер анемия бар ямаса жоқ екенлигинен дәрек береди:

– тырнақлар пластинкасының өзгериўи: мортласады, жуқарады, қабат-қабат болып қалады, үстине сызық түседи;
– силекейли ҳәм тери қатламларының қурғап кетиўи, аўыз мүйешлеринде аўырыўлы жарықлардың пайда болыўы;
– шаш өсиўиниң әстенлесиўи ҳәм оның сийрексиўи;
– дәм ҳәм ийис билиў қәбилетиниң бузылыўы: жеўге болмайтуғын нәрселер (пор, кесек, көмир, ылай, ҳәк ҳәм т.б.) ди ямаса шийки өнимлер (қамыр, гөш)ди жеўди қәлеўи;
– дене температурасының турақлы дәрежеде жоқары болыўы (37-37,5 дәреже әтирапында);
– териниң бозарыўы ямаса, керисинше, сарғайыўы.

👉👉👉 @qrdssm
24-март – "ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ТҮБЕРКУЛЁЗГЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ КҮНИ"

Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми басламасы менен ҳәр жылы 24-март күни "Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни" сыпатында кең көлемде белгиленеди. Бул күн 1982-жылдан берли Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми басламасы менен дүньяныӊ барлық мәмлекетинде өткериледи. 1993-жылы бул кеселлик глобал машқала деп жәрияланды. 1998-жылда "Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни" БМШ тәрепинен рәсмий қоллап-қуўатланды.

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, дүньяда жылына 8,6 миллион адам туберкулёз кеселлигине шатылмақта, ҳәм 1,4 миллионнан зыят наўқас болса оның түрли асқыныўлары себепли қайтыс болады. Сол себепли, дүнья көлеминде бул кеселликтиң алдын алыў, оны ерте анықлаў ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын енгизиўге үлкен итибар қаратылмақта.

ЖДСШ тәрепинен усыныс етилген "Туберкулёзди тоқтатыў" стратегиясына көре бул бағдарда ислеп шығылған миллий дәстүр өз нәтийжесин бермекте. Бул стратегияны әмелге асырыў нәтийжесинде туберкулёзге шатылған наўқаслар стандарт диагностика ҳәм клиникалық хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе болып, халықаралық стандартларға муўапық емленбекте.

Қарақалпақстан Республикасында да ҳәр жылы туберкулёз кеселлиги бойынша мыңнан зыят жағдай анықланады. Мине усы жағдайларды кескин қысқартыў ҳәм алдын алыў бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлиги ЖДСШ, Глобал фонд, Шегарасыз Шыпакерлер сыяқлы шөлкемлер менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойған.

Пурсаттан пайдаланып, Қарақалпақстан медицинасында искерлик көрсетип киятырған барлық фтизиатрлар ҳәм пульмонологларды бүгинги күн менен қызғын қутлықлайман! Әлбетте, бул кеселликти шегиндириўде ҳәм жеңиўде сиз пидайы кәсип ийелериниң күшине исенемиз ҳәм таянамыз! Сонлықтан, ҳешқашан шаршамаң ҳәм өзиңизди сақлаң! Жуўапкерли жумысларыңызға табыслар, ал өзлериңизге беккем денсаўлық тилеймен!

Мурад Исмаилович ҚУРБАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри
24-март – "Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни" мүнәсибети менен С.Султанов атындағы Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында медицина хызметкерлери арасында спорт түрлери бойынша жарыс өткерилди.

Онда медицина хызметкерлери спорттың стол тенниси, шахмат, шашка, дартс, жуўырыў, волейбол түрлери бойынша өзлерин сынап көрди. Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
#туберкулёз_күни_илажлары

24-март – «Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Хожели районлық медицина бирлеспесинде илаж болып өтти. Халықтың жақсы күнлери, байрамлары пидайы медицина хызметкерлериниң мийнети, мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын қосқан үлеслери менен және де пайызлы болады. Байрам мүнәсибети менен жәмийетшилик дыққаты және бир мәрте туберкулёз кеселлигин ерте анықлаў ҳәм өз ўақтында емлеўге қаратылады.

Илажда басқарма баслығы Н.И.Сапаев көп тармақлы поликлиника фтизиатрия бөлими медицина хызметкерлерин байрам менен қутлықлады. Өз пидайылығы менен фтизиатрия тараўына үлкен үлес қосып киятырған медицина хызметкерлери ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

👉👉👉 @qrdssm
2-санлы Республикалық фтизиатрия емлеўханасында туберкулёзге қарсы гүресиў күни шеңберинде илаж өткерилди 👇
2-санлы Республикалық фтизиатрия емлеўханасында туберкулёз кеселлигиниң дәрилерге турақлы түрине шатылған наўқаслар емленип, өз дәртине шыпа таўып кетпекте. Ҳәзирги күнде бул емлеўханада кеселликти емлеўде заманагөй технологиялар ҳәм инновацион емлеў усылларынан пайдаланған ҳалда емлеў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми басламасында Денсаўлықты сақлаў министрлиги “Шегарасыз шыпакерлер” шөлкеми менен бирге ислескен ҳалда бирнеше режелер әмелге асырылып атыр. 2016-жылдан баслап емлеўханамызда туберкулёздиң дәрилерге турақлы түрлерин емлеў ушын TB-PRACTECAL клиникалық изертлеў жумыслары, 2019-жыл октябрь айынан баслап туберкулёзди инъекциясыз емлеў, 2021-жыл январь айынан баслап Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен қысқа мүддетли емлеў курсы жумыслары алып барылмақта.

24-март – "Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни" мүнәсибети менен «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми ҳәм 2-санлы Республикалық фтизиатрия емлеўханасы биргеликте бүгин емленип атырған наўқаслар ушын кеше шөлкемлестирип, бунда емлениўши наўқаслар медицина хызметкерлеринен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

👉👉👉 @qrdssm
#байрам_илажлары

24-март – «Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни» ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Республикалық балалар фтизиатрия санаториясында байрам кешеси шөлкемлестирилди. Үлкен қазанда сүмелек қайнатылды ҳәм концерт бағдарламасы қойып берилди. Байрам нәпеси ҳәрбир медицина хызметкери кеўлинде көтериңки кейпиятты пайда етти.

Өткерилген илажларда Өзбекстан Мийирбийкелер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Мишенова Роза Самендеровна қатнасып, ассоциация атынан таярланған байрам саўғаларын тапсырды.

👉👉👉 @qrdssm