Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги
3.71K subscribers
9.43K photos
1.68K videos
21 files
3.04K links
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий телеграм каналы — t.iss.one/qrdssm
Министрликтиң мурәжатлерди қабыллаў рәсмий телеграм бот каналы
(телеграм бот @qrdsmbot ) 24/7

Ютуб каналымыз: https://youtube.com/channel/UCps0pNq_35e1bRZuGHKsJGg
Download Telegram
#туберкулёз_күни_илажлары
#саламат_турмыс_тәризи

Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласы орайындағы дем алыў бағында районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери, “Пәраўан” МПЖ турғынлары, дем алыў бағы жумысшылары ҳәм сейилге келген пуқаралар қатнасыўында Туберкулёз кеселлигиниң жуғыў жоллары ҳәм оның профилактикасы, физикалық белсендилик, дурыс аўқатланыў бойынша түсиниклер берилди.

Туберкулёзге қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Республикада ҳәм районда әмелге асырылып атырған кең көлемли профилактикалық илажлар туўралы Саламатлық орайы шыпакерлери Ж.Явкашев, Т.Саидова, КТОП фтизиатрия бөлими баслығы Г.Абдуллаева, медицина бирлеспеси спорт үгит-нәсиятшысы И.Нурымбетовлар тәрепинен мағлыўматлар берилип, Саламатлық күни шеңберинде “Ассалам таң!” дем алыў гимнастикасын орынлаў ҳәм 5 км.ге белсенди жүриў илажлары өткерилди.

Ф.Абдуллаев,
Әмиўдәрья РМБ баслығы

👉👉👉 @qrdssm
Балаларда бой өсиўине мәсләҳәтлер:

– бой өсиўи артта қалыўының алдын алыў ушын бала витаминлерге бай, атап айтқанда, жаңадан писирилген тағамларды тутыныўы;

– тағамлардың қурамында белок ҳәм кальций көп болыўы;

– өсиў жасында бала жасына сәйкес келмейтуғын жумысларды ислемеўи;

– аўыр жүк көтермеўи;

– ўақтында дем алыўы;

– физикалық шынығыўларды орынлаўы керек.

Егер бала нормадағы шараятта жасап турғанда да бойының өсиўи әстен болса, эндокринолог шыпакерге мүрәжат етиў лазым.

👉👉👉 @qrdssm
Төрткул районында халық арасында Қрым-Конго геморрагик ысытпа кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда медицина хызметкерлери менен Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлериниң бирге ислесиўдеги ҳәрекетлери атамасындағы көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы бойынша семинар-тренинг болып өтти.

👉👉👉 @qrdssm
#тереңлестирилген_медициналық_көриклер

Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы 8-санлы шаңарақлық поликлиникасының тар тараў қәнигелери (кардиолог, невропатолог, хирург, окулист, оториноларинголог ҳ.т.б.) ҳәм инструментал тексериўлери Нөкис қаласы «Боз аўыл» МПЖ аймағындағы темир дәптерге киргизилген ҳаялларды тереңлестирилген медициналық көриктен өткерди.

Көрик нәтийжелерине қарап, кеселлик анықланған наўқасларға стационар ҳәм амбулатор шараятта емлениўи ушын тийисли көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

👉👉👉 @qrdssm