#туберкулёз_күни_илажлары
24-март – «Халықаралық туберкулёзге қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Хожели районлық медицина бирлеспесинде илаж болып өтти. Халықтың жақсы күнлери, байрамлары пидайы медицина хызметкерлериниң мийнети, мәмлекетимиздиң жарқын келешеги ушын қосқан үлеслери менен және де пайызлы болады. Байрам мүнәсибети менен жәмийетшилик дыққаты және бир мәрте туберкулёз кеселлигин ерте анықлаў ҳәм өз ўақтында емлеўге қаратылады.
Илажда басқарма баслығы Н.И.Сапаев көп тармақлы поликлиника фтизиатрия бөлими медицина хызметкерлерин байрам менен қутлықлады. Өз пидайылығы менен фтизиатрия тараўына үлкен үлес қосып киятырған медицина хызметкерлери ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
👉👉👉 @qrdssm

#саламат_турмыс_тәризи
Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласы орайындағы дем алыў бағында районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери, “Пәраўан” МПЖ турғынлары, дем алыў бағы жумысшылары ҳәм сейилге келген пуқаралар қатнасыўында Туберкулёз кеселлигиниң жуғыў жоллары ҳәм оның профилактикасы, физикалық белсендилик, дурыс аўқатланыў бойынша түсиниклер берилди.
Туберкулёзге қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Республикада ҳәм районда әмелге асырылып атырған кең көлемли профилактикалық илажлар туўралы Саламатлық орайы шыпакерлери Ж.Явкашев, Т.Саидова, КТОП фтизиатрия бөлими баслығы Г.Абдуллаева, медицина бирлеспеси спорт үгит-нәсиятшысы И.Нурымбетовлар тәрепинен мағлыўматлар берилип, Саламатлық күни шеңберинде “Ассалам таң!” дем алыў гимнастикасын орынлаў ҳәм 5 км.ге белсенди жүриў илажлары өткерилди.
Ф.Абдуллаев,
Әмиўдәрья РМБ баслығы