QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
8.21K subscribers
45.6K photos
4.75K videos
27 files
13.8K links
Download Telegram
💻Онлайн оқыў семинар даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы “Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин асырыў бойынша қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы ПҚ-4307 санлы Қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлим ҳәм бөлимшелери, мәмлекетлик органлары ҳәмде басқа шөлкемлердиң руўхый-ағартыў ислери бойынша жуўапкер қәнигелерин руўхый-ағартыўшылық жөнелиси бойынша 32 саатлық онлайн оқыў семинары өткерилмекте.
Оқыў семинар 4 күн даўам етеди. Бүгин 3-күнимиз, оқыў семинар даўамында тәжрийбели оқытыўшылар тәрепинен өткерилмекте. Районнан 14 қәнийге қатнасып өз билимин еледе жетилистирип бармақта.


🔷Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими
👇 👇
Каналымызға ағза болың 👇👇👇 @qongiratrkuz
Instagram:https://www.instagram.com/qongirot_rayoni_janaliqlari?r=nametag
"21-октябрь-Өзбек тили байрамы күни"

Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде " 21-октябрь - Өзбек тили байрамы күни"не бағышлап "Қадринг баланд бўлсин, она тилим" сүрени астында муғаллимлер арасында видеороликлер таңлаўы болип өтти. Таңлаў Қоңырат районы ҳәкиминиң мәмлекетлик тил бойынша мәсләҳәтшиси,Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими ҳәм де "Миллий тикланиш" демократик партияси тәрепинен өткизилди. Таңлаўда белсене қатнасған 1,2,3-орынды ийелеген муғаллимлер мақтаў жарлығы ҳәм де қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Кеӯиллерди_толғандырған_саяхат

Районлық ИИБ ҳəм де Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими менен биргеликте 13-май күни Қарақалпақстан Республикасы Н.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейине саяҳат шөлкемлестирилди.Иләжда районлық ХББ қараслы мектеплердиң оқыўшылары "Жаслар дәптери"дизиминдегилер ҳәм де кем тәмийнленген шаңарақ перзентлери қатнасып саяхат даӯамында оқыўшылар елимиздиӊ бай мәдений тарийхый мийрасы, миллий өнерментшилик буйымлары, ата-бабаларымыздыӊ миллий кийимлери, тағыншақлары, үй буйымлары менен жақыннан танысты.
Бундай саяхатлар жас әӯладты Ана-Ӯатанға деген мухаббатын асырыӯға, өтмиши менен мақтаныӯға ҳәм келешек ушын жаӊадан-жаӊа пикирлердиӊ жаратылыӯына туртки болары сөзсиз.Мине усындай ийгиликли мақсетлерди нийет еткен жаслар ушын қызықлы саяхатты баслап жиберди.Халқымызда даналық гәп бар барғой “Жаслықта алған билим-тасқа ойылған нағыс” деген.
Саяхат жаслардыӊ қәлбинде узақ ӯақыт даӯамында еӊ жағымлы сезимлер менен қалыӯына исенемиз.
@qongiratrkuz
«Ўатаным_раўажына_мениң_үлесим» таңлаўының Қоңырат районлық басқышы шөлкемлестирилди

Ўатан. Туўылған жер. Ўатанға мунасип перзент болыў, исенимин ақлаў, оның раўажына өз үлесимизди қосыў ҳǝр биримиздиң перзентлик ўазыйпамыз.
Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26 марттағы «Руўхый-ағартыўшылық жумысларын түптен жетилистириў ис-илǝжлары ҳаққында»ғы ПҚ 5040 санлы тийисли бǝнтлериниң орынланыўын тǝмийнлеў мақсетинде «Ўатаным раўажына мениң үлесим» таңлаўының Қоңырат районлық басқышы шөлкемлестирилди.
Таңлаўдың мақсети мǝмлекетимизде илим-пǝн, көркем өнер, мǝденият, мǝлимлеме технологиялары, архитектура ҳǝм дизаин, көркем дөретиўшилик, исбилерменлик ҳǝм өнерментшилик сыяқлы тараўларда жумыс алып барып атырған, сол тараўларға қызығыўшылығы болған талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды хошаметлеў, жаңадан-жаңа талантлы жасларды анықлаў, жаслардың заманагөй билим ҳǝм тǝжирийбелерин, миллий ҳǝм улыўмаинсаный қǝдириятлар тийкарында еркин пикирлейтуғын ағла пазыйлетлер ийеси болған инсанлар етип тǝрбиялаў, жасларды мийнет базарында талап күшли болған заманагөй кǝсип-өнерге үйретиў, оларда исбилерменлик көнликпелерин қǝлиплестириў, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, бантлигин тǝмийнлеў ҳǝм мунасип дǝрамат өлшемлери ушын жаңаша пикирлеў ҳǝм жетерли көнликпеге ийе бойыўын тǝмийнлеўден ибарат болып, нызамда көрсетилген бағдарлар бойынша жаслар қатнасты. Қǝлиплестирилген төрешилер қурамы тǝрепинен жеңимпазлар анықланып, ҳǝр бир жөнелис бойынша анықланған жеңимпазлар таңлаўдың келеси басқышына жоллама алды.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

https://t.iss.one/qongiratrkuz |

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
#Үгит_нәсиятшыларға_семинар_тренинг

Өзбекстан
Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5040-санлы қарары тийкарында усы жылдың апрель айынан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаўазымы енгизилген еди. Усы күнге шекем ҳәр бир дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар өзлерине бириктирилген улыўма билим бериў мектеплериндеги дөретиўшилик қәбилетли оқыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў, келешегимиз даўамшылары болған жас әўладлардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўда кең көлемли жумыслар алып бармақта.

Бүгин
Қоңырат районы 1-санлы касып-өнер мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар жумысларының нәтийжелигин арттырыўға қаратылған әмелий семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Илажға районлық Халық билимлендириў бөлиминен қәнигелер, мектеплердеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Семинар тренинг Нөкис қаласында арнаўлы методикалық билим алып келген үгит- насиятшылар А.Ембергенова,Г.Алланова,Г.Ганиева тәрепинен алып барылды.

Семинар-тренингте Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың тийкарғы ўазыйпалары, дөретиўшилик таланты болған оқыўшыларды таңлап алыў
ҳәм олар менен ислесиў методикасы, сондай-ақ, оқыўшылардың китапқумарлық ҳәм талқылаў уқыбын арттырыў, аудио китапларды тыңлаў көнликпесин раўажландырыў сыяқлы әмелий шынығыўларға бағдарланған усыллар менен қатнасыўшылар кеңнен таныстырылды.

Бүгинги семинар-тренинг үгит-нәсиятшылардың алдағы жумысларын еле жетилистириў, оқыўшы жаслардың қәбетлерин жүзеге шығарыў барысында әмелге асырылатуғын пикир усыныслары менен даўам етти.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими

👉
@qongiratrkuz
Февраль айы ҚР ИИБ Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасында “Идеoлогиялық үгит-нәсиятлаў ” айлығы етип белгиленди. Бүгин усы мүнәсибет пенен "Экстремизм адам саўдасы, коррупция ҳәм басқада жат иллетлерге қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият ушрасыўы болып өтти. Ушрасыўға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими, "Ҳәким Сулайман" мешити ҳәм районлық Әдиллик бөлиминен тийисли қәнигелер қатнасты.

Каналға ағза болың
👇👇👇
https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"ASSALAWMA ÁLEYKUM QARAQALPAQSTAN" БАҒДАРЛАМАСЫ

ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ ХББне ҚАРАСЛЫ 7-САНЛЫ УЛЫЎМА БИЛИМ БЕРИЎ МЕКТЕБИНИҢ ДӨРЕТИЎШИ МӘДЕНИЙ МАСЕЛЕЛЕР БОЙЫНША ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎШЫСЫ З.ЖИЙМУРАТОВА

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Конституциям

Сенсең Бабам әрман еткен Уллы хат,
Әдиллик ҳәм теңлик тилер халқына,
Көплер саған үңилипте көрмеген,
Көп адамлар бармай атыр парқына.

Кимлер сеннен пайдаланып нызамды,
Өз мәпине жумсап болды сый талап ,
Бойын атып жылар еди Маман бий,
Көзлерине сүрме етип сыйпалап

Мурат шайық соқыр көзи ашылып,
Кетер еди сени қолға алғанда,
Кете берди үмит етип жан себил,
Маңлайына бир тийгизиў әрманда.

Маман ушын жаны қурбан Оразан,
Басы булытқа тийгенинше ушпайма,
Әйтеўирақ бир параққо деместен,
Журегинен саған орын ашпайма?

Еркинлигим конституция китабым,
Мен билемен сенде Бабам қаны бар,
Сени Уллы хат деп суртип көзлерге,
Ардақласын Қарақалпақ жаны бар.

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мадений маселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы
Зульфия Жийемуратова
09.04.2022ж

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉👉@qongiratrkuz
ГЕРБИМ

Қуяш баба шуғла шашқан сағымнан,
Сары салы масақларға малынған,
Пахта атыз аппақ көрпе жамылған,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Амиўдәрья менен Арал теңизим,
Суўретлеген саҳра елим кеңисин,
Аллаярдай бабам ушын жеңисим,
Көзлериме ҳур-зиясаң гербим.

Сегиз қырлы форма дослық тымсалы,
Аўызбирлик халықлардың той сәни,
Безек берер жасыл майса ,жуўсаны,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Қанатларын кеңнен керген қумай қус,
Мақсетиңди бүге алмаған талай қыс,
Миллион көзлер ҳәўес пенен қараймыз,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Ай ҳам жулдыз мусылманлық ийманым,
Тәзим етип өтпеўге мен қыймадым,
Сен жигирма тоғыз жыллық мийманым,
Көзлериме тотыясаң гербим.

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мадений маселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы
Зульфия Жийемуратова.
08.04.2022 ж.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

👉@qongiratrkuz
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының мәжилислер залында, 12-апрель күни, саат 10:00 де
Қоңырат районы ХББ не қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши мәдений мәселелер бойынша үгит нәсиятлаўшысы Зульфия Жийемуратованың "Ана ҳәййиўи" атамасындағы поэзиялық топламының таныстырыў мәресими болып өтеди.
Бәршени ҳәўескер шайырдың, поэзия ықласбентлериниң қатнасыўына мирәт етемиз.

ПОЭЗИЯ КЕҢЕСИ.

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
@Qaraqalpaqstan_TV

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мадений маселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы З.Жийемуратова

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими

Қоңырат районы ҳәкимлигине Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
БЕС БАСЛАМА !

Бес баслама...жас әўладтың бахыты ,
Бос өтпесин алтынға тең ўақыты ,
Билим алып ,өнер~кәсип ийелеў,
Жол силтеген, Жол басшымыз бағыты .

Бес баслама...Жырла Ўатан~ Анаңды ,
Көркем өнер менен толтыр санаңды ,
Қәлем алып этюдникке нағыслап ,
Қәне бир сыз!...сары саҳра даламды.

Бес баслама... әрман болмас тилегиң ,
Күш~қуўатқа толып тасса билегиң ,
Чемпион бол!...шық шыңлардың басына ,
Гимн менен қоса соқсын жүрегиң .

Бес баслама...цивилизация
саласы ,
Жетикликке үндер пикир -таласы ,
Информация-компъютерлик ис реже ,
Үйренбекке талпынбақта баласы .

Бес баслама...сүңги китап ишине!
Исене бил,мыңды жығар күшиңе ,
Мәнаўият аң- ақылың тез өссин!
Санаңа қуй, бар билимди түсине .

Бес баслама...шарасызлық қысқарсын!
Билимлилер көк аспаннан "қус алсын" ,
Ҳаял~қызлар қол өнерин көркейтип ,
Шәкиртине жетик Устаз усталсын .

Бес баслама...жас әўладтың бахты- ол ,
Имкан есик ашық саған оңлы-сол ,
Ким болмақсаң?... ҳеш тосық жоқ алдыңда ,
МИНЕ МАҚСЕТ -биз баслаған УЛЛЫ ЖОЛ .

Қоңырат районы ХББне қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятлаўшысы Зульфия Жийемуратова

#_Республика_Руўхыйлық_ҳәм_ағартыў_орайы_Қоңырат_районлық_бөлими


👉@qongiratrkuz
#9_май_Еслеӯ_ҳәм_қәдирлеӯ_күни

Бүгин Қоңырат районы ХББне қараслы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде «9-май Еслеӯ ҳәм қәдирлеӯ күни» сәнеси мүнәсибети менен «Инсан әзиз – еслеў мухаддес» сүрени тийкарында ушырасыў өткерилди.
Әдебий кешеде мийманлардан Афған урысы қатнасыўшысы Ж.Эльмуратов
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаев, мектеп жәмәәти ҳәмде нураныйлар шығып сөйледи. Олар өз сөзлеринде урыста қайтыс болған инсанлардың өмири ҳәм олардың естелигин мәңгилестириў, бүгинги тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы кереклиги ҳаққында тоқталып өтти.

👉@qongiratrkuz
Үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Қоңырат АПЖ аймағындағы 2-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август күнги ПП-213-санлы пәрманының мазмун-мәнисин кеңнен үгит нәсият етиў мақсетинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға Республика руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими ҳәм районлық Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап қуўатлаў бөлими сондай-ақ аймақ турғынлары қатнасты.
Ушырасыўда пәрман менен Республикамызда исбилерменлик, аўыл хожалығы тараўы, санаат өндириси ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылғанлығы айрықша атап өтилди ҳәм қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉@qongiratrkuz
📚Үстирт илҳамлары

📚Қоңырат районындағы дөретиўши оқыўшы жаслардың 📚"Үстирт илҳамлары" атлы қосықлар топламының II китабы "AVANGARD BASPA" баспаханасынан шықты.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇

📌Усы мүнәсибет пенен райондағы Мәденият сарайында китаптың таныстырыў кешеси болып өтти.

📌Илажда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы ағзасы, поэзия кеңеси баслығы, Туран бирлиги мықлы қалемгер медалы ийеси А.Қайыпов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаев,Дин ислери бойынша комитетиниң районлық бас қәнийгеси Ю.Қалекеев, Мәлимлеме китапхана орайы ҳәмде мектеплердеги үгит-нәсиятшылар, ата-аналар ҳәм дөретиўши жаслар қатнасты.

📌Илаж даўамында қатнасыўшылар бүгинги күнде дөретиўшилик қәбилети бар жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм усындай итибардың нәтийжесинде жақында ғана баспадан шыққан 📚"Үстирт илҳамлары" китабы ҳәмде китаптан орын алған қосықлар бойынша өзлериниң пикирлерин билдирип өтти.Буннан соң оқыўшыларға, үгит-нәсиятшыларға ҳәмде бәрше мийманларға китаплар саўға етилди. Илаж соңында оқыўшылар өзлериниң миннетдаршылығын билдирип, китаптан орын алған қосықларынан үзиндилер келтирип өтти.

📚"Үстирт илҳамлары"китабын редакторлап баспаға таярлаған Қоңырат районы ХББ не қараслы 7-санлы мектептиң Дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Зульфия Жийемуратоваға Руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен миннетдаршылық билдирип мақтаў жарлығы тарсырылды.

📌Мағлыўмат ушын, "Үстирт илҳамлары" китабы "AVANGARD BASPA" баспаханасынан баспадан шығарылған болып, онда 44 оқыўшының қосықлары орын алған.

👉@manaviyatrkuz
Қоңырат районы "Санаат" макан пухаралары жыйыны аймағында жайласқан 47-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Нураныйлар қоры" Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Әбдижаббаров, Өзбекстан Миллий тикланиш демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Т.Рамановлар нураныйлар менен ушырасты. Болып өткен ушырасыўға  “Нураныйлар қоры” Қоңырат районы бөлими баслығы А.Нурыллаев ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаевлар, сондай-ақ,
район аймағындағы нураныйлар қатнасты. Ушырасыўда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша сәўбетлесилди
ҳәм нураныйлардың пикирлери тыңланды
 
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасына белгили бақсы жыраўлар атқарыўында жанлы ҳаўаздағы қосықлар жыйналғанлар нәзерине усынылды,  сондай-ақ, бир қатар нураныйлар “Нураный қоры” тәрепинен сыйлықланды
ҳәм ушырасыў бир кесе шай үстинде сәўбет пенен мазмунлы даўам еттирилди.

Қоңырат районы ҳәкимлигиниң
Мәлимлеме хызмети
👉
https://t.iss.one/qongiratrkuz