#Үгит_нәсиятшыларға_семинар_тренинг
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5040-санлы қарары тийкарында усы жылдың апрель айынан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшы лаўазымы енгизилген еди. Усы күнге шекем ҳәр бир дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар өзлерине бириктирилген улыўма билим бериў мектеплериндеги дөретиўшилик қәбилетли оқыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў, келешегимиз даўамшылары болған жас әўладлардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўда кең көлемли жумыслар алып бармақта.
Бүгин Қоңырат районы 1-санлы касып-өнер мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар жумысларының нәтийжелигин арттырыўға қаратылған әмелий семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Илажға районлық Халық билимлендириў бөлиминен қәнигелер, мектеплердеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинар тренинг Нөкис қаласында арнаўлы методикалық билим алып келген үгит- насиятшылар А.Ембергенова,Г.Алланова,Г.Ганиева тәрепинен алып барылды.
Семинар-тренингте Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылардың тийкарғы ўазыйпалары, дөретиўшилик таланты болған оқыўшыларды таңлап алыў ҳәм олар менен ислесиў методикасы, сондай-ақ, оқыўшылардың китапқумарлық ҳәм талқылаў уқыбын арттырыў, аудио китапларды тыңлаў көнликпесин раўажландырыў сыяқлы әмелий шынығыўларға бағдарланған усыллар менен қатнасыўшылар кеңнен таныстырылды.
Бүгинги семинар-тренинг үгит-нәсиятшылардың алдағы жумысларын еле жетилистириў, оқыўшы жаслардың қәбетлерин жүзеге шығарыў барысында әмелге асырылатуғын пикир усыныслары менен даўам етти.
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими
👉@qongiratrkuz