QOŃÍRAT HÁKIMLIGI |Rásmiy kanal|
10.7K subscribers
47.8K photos
5.08K videos
28 files
14.7K links
Download Telegram
#ҮГИТ_НӘСИЯТ_ИЛӘЖЛАРЫ_ӘМЕЛГЕ_АСЫРЫЛМАҚТА

Бүгингидей глобалласыў дәўиринде жаслар арасында бузғыншы идеялардың тарқалыўының ҳәм олардың унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў мақсетинде Айрықша жағдайлар басқармасы районлық бөлиминде "Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық" идеясы тийкарында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.
Оған "Молла Исҳақ" мешити имамы, районлык Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими, "Санаат" МПЖ баслығы қатнасты.
Илажда сөз алғанлар Ислам дининиң ҳақыйқый ағартыўшылыққа қаратылғанлығы, оның тек ғана инсанларды жақсылыққа жетелейтуғын дин екенлиги, эсктремизм, терроризм ҳәм миссионерлик сыяқлы ҳәрекетлер динимизге пүткиллей жат иллетлер екенлиги ҳаққында кең түрде айтып өтилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz
#ҮГИТ_НӘСИЯТ_ИЛАЖЛАРИ_ӘМЕЛГЕ_АСЫРЫЛМАҚТА

Бүгингидей глобалласыў дәўиринде бузғыншы идеялардың тарқалыўының ҳәм олардың унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў мақсетинде Районлық Медицина бирлеспесинде "Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық" идеясы тийкарында руўхый-ағартыўшылық үгит-нәсият илажы болып өтти.
Оған Медицина бирлеспеси баслығы Ш.Қыдырбаев, "Ҳәким Сулайман" мешити имамы Р.Умаров, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими А.Туреев қатнасты.
Илажда сөз алғанлар Ислам дининиң ҳақыйқый ағартыўшылыққа қаратылғанлығы, оның тек ғана инсанларды жақсылыққа жетелейтуғын дин екенлиги, эсктремизм, терроризм ҳәм миссионерлик сыяқлы ҳәрекетлер динимизге пүткиллей жат иллетлер екенлиги ҳаққында кең түрде айтып өтилди.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@qongiratrkuz

https://www.instagram.com/p/CQjO8dSH7Ri/?utm_medium=copy_link
#Үгит_нәсиятшыларға_семинар_тренинг

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 26-март күнги «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар нәтийжелилигин түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5040-санлы қарары тийкарында усы жылдың апрель айынан баслап барлық улыўма билим бериў мектеплеринде дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша
үгит-нәсиятшы лаўазымы енгизилген еди. Усы күнге шекем ҳәр бир дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар өзлерине бириктирилген улыўма билим бериў мектеплериндеги дөретиўшилик қәбилетли оқыўшы жасларды қоллап-қуўатлаў, келешегимиз даўамшылары болған жас әўладлардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўда кең көлемли жумыслар алып бармақта.

Бүгин Қоңырат районы 1-санлы касып-өнер мектебинде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша
үгит-нәсиятшылар жумысларының нәтийжелигин арттырыўға қаратылған әмелий семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Илажға районлық Халық билимлендириў бөлиминен қәнигелер, мектеплердеги дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Семинар тренинг Нөкис қаласында арнаўлы методикалық билим алып келген
үгит- насиятшылар А.Ембергенова,Г.Алланова,Г.Ганиева тәрепинен алып барылды.

Семинар-тренингте Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша
үгит-нәсиятшылардың тийкарғы ўазыйпалары, дөретиўшилик таланты болған оқыўшыларды таңлап алыў ҳәм олар менен ислесиў методикасы, сондай-ақ, оқыўшылардың китапқумарлық ҳәм талқылаў уқыбын арттырыў, аудио китапларды тыңлаў көнликпесин раўажландырыў сыяқлы әмелий шынығыўларға бағдарланған усыллар менен қатнасыўшылар кеңнен таныстырылды.

Бүгинги семинар-тренинг
үгит-нәсиятшылардың алдағы жумысларын еле жетилистириў, оқыўшы жаслардың қәбетлерин жүзеге шығарыў барысында әмелге асырылатуғын пикир усыныслары менен даўам етти.

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қоңырат районлық бөлими

👉
@qongiratrkuz
#Үгит_нәсият_жумыслары

Президент пәрманы кеңнен түсиндирилди

Бүгин район ҳәкимлиги мәжлислер залында Қарақалпақстан Республикаси Инвестициялар ҳәм сырткы саўда министриниң биринши орынбасары Д.Жолдасов
тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 213-санлы Пәрманының мазмунын түсиндириў бойынша семинар өткерилди.Семинарға мәкеме-шөлкем басшылар, пуқаралар жыйынлары баслықлары, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилер қатнасты.

Семинарда Президентимиз пәрманында атап өтилген қосымша жеңилликлер ҳәм республикамызды раўажландырыў бойынша атап өтилген ўазыйпаларды, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанда жасаўшы ҳәр бир инсанға көрсетип атырған үлкен итибары, ғамқорлығы ҳәм беккем исеними деп қабыл етиўимиз кереклиги шығып сөйлеўшилер тәрепинен атап өтилди ҳәм қатнасыўшылар менен өз-ара пикир алмасылды.

Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмет


👉https://t.iss.one/qongiratrkuz
#Үгит нәсият жумыслары даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-213-санлы пәрманның мазмун-мәниси, әҳмийети ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар, сондай-ақ жаслар тәлим-тәрбиясы мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти. Оған район прокуратурасы хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары, жуўапкер  қәнигелер қатнасты.

Ушырасыўда  пәрман менен Республикамызда исбилерменлик, аўыл хожалығы тараўы, санаат өндириси ҳәм инфраструктураны раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғаў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылғанлығы айрықша атап өтилди ҳәм қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.

👉https://t.iss.one/qongiratrkuz