Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

Пайтахтымызда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилген әмелий семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, қала ҳәкими У.Панаев қатнасты.
Нөкис қаласы бойлап даўам етип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңбериндеги терек егиў ислерине арналған семинар қалалық абаданластырыў басқармасында болып өтти.
Семинарға қатнасыўшылар абаданластырыў ҳәм нәл егиў жумысларының барысы менен танысты. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, бул жойбардың әҳмийетине айрықша тоқтап, ҳәр биримиз еккен нәлимизге меҳир берсек ғана әтирапымызды жасыл мәканға айландырамыз-деди.
Буннан соң, абаданластырыў басқармасы қыйтақ жеринде жақсы тилеклер менен түрли атамадағы мийўели  ҳәм терек нәллерин отырғызылды. "Ақ жағыс" МПЖ гузар жол бойлары әтираплары абаданластырылып терек егилетуғын майданлар тегисленип, суўғарыў жумыслары алып барылды.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сын айтылмай мин дүзелмесе
Қарақалпақша қосық пенен сын

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласын абаданластырыў бойынша бир қатар мәкемелерге тапсырмалар берген еди. Тилекке қарсы, айрым министрликлер ҳәм мәкеме басшылары көрсетилген тапсырма бойынша жуўапкершиликсиз қатнаста болып атырғанының гуўасы болып атырмыз, ҳәтте бөлип берилген аймақ орынларына барып көрмеген басшыларға не айтарымызды билмедик.
Ҳәзир де биз Қарақалпақстан Республикасы филиалы "Ипотека" ҳәм де "Асака" банк АЖ тийисли орынларды көзден өткерген видеоны нәзириңизге усынбақтамыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сын айтылмай мин дүзелмесе
Қарақалпақша қосық пенен сын
Ҳәр бир исте жуўапкершилик зәрүр екенин терең сезинбеген басшыларға

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев Нөкис қаласын абаданластырыў бойынша бир қатар мәкемелерге тапсырмалар берген еди. Тилекке қарсы, айрым министрликлер ҳәм мәкеме басшылары көрсетилген тапсырма бойынша жуўапкершиликсиз қатнаста болып атырғанының гуўасы болып атырмыз, ҳәтте бөлип берилген аймақ орынларына барып көрмеген басшыларға не айтарымызды билмедик.
Ҳәзир де биз "Өзбектелеком" АЖ Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармаларына тийисли орынларды көзден өткерген видеоны нәзериңизге усынбақтамыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Дыққат, хабарландырыў!

Нөкис қаласында өткерилетуғын «Қәўипсиз өмир ушын»

2023-жыл 5-март күни саат 06 :00 ден 15:00 ге шекем ўақытша жабылады. Марафонға келген қатнасыўшылардың қәуипсизлигин ҳәм ҳәрекет қәуипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде қаладағы "И.Каримов" көшесиниң "Ата жолы" ҳәм "Т.Қайыпбергенов" көшелери аралығында, "А.Досназаров" көшесиниң "Шымбай гүзары" ҳәм "Ата жолы" көшелери аралығында ҳәм де "Ата жолы" көшесиниң "А.Досназаров" ҳәм "И.Каримов" көшелери кесилиспелерине 2023-жыл 5-март күни саат 06:00 ден 15:00 ге шекем 3.1«Кириў қадаған» жол белгилери ўақытша орнатылсын ҳәм тийисли тосықлар менен жабылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Nókis qalasında «Qáwipsiz ómir ushın» akciyası sheńberinde velo hám piyada júriw marafonı ótkeriledi
Kanalǵa aǵza bolıw: https://t.iss.one/qriim
Жоқарғы Кеңес Баслығы байрам қарсаңында қоңыратлы 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды

Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм унамлы шешиўге, бәнтлигин тәмийинлеўге, социаллық-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, аўыр турмыс шараятына түсип қалған, кем тәмийинленген ҳәм турақ-жайға мүтәж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў илажлары да жаңа басқышларға көтерилип бармақта.
Усындай ийгиликли жумыслар республикамыз аймағында да кең түрде даўам еттирилип атыр.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қоңырат районындағы социаллық жәрдемге мүтаж 10 ҳаял-қызға жаңа турақ-жайлардың гилтин тапсырды.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызларды турақ-жай менен тәмийинлеў мақсетинде район аймағынан жәми 1 млрд. 664 млн. сўмлық 10 турақ-жай сатып алынды.

Заманагөй етип қурып питкерилген бул турақ-жайларда барлық қолайлы шараятлар жаратылған болып, өз нәўбетинде жаңа үйлердиң ийелериниң көзинде ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған реформалардан миннетдаршылық сезими көринеди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳаял-қызларды кирип киятырған байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жаңа имарат олардың жақсы күнинде хызмет етиўин тиледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин, Нөкис қаласында
«Қәўипсиз өмир ушын» акциясы шеңберинде вело ҳәм пияда тез журиўи бойынша марафон болып өтти. Жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласында "Темир дәптер" дизиминде турған айырым хожалықларға қуяш панеллери орнатып берилмекте

Президент қарарына тийкар, халыққа қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған электр энергиясы ушын субсидия берилиўи ҳәм хожалықларды киши қуўатлы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатыў белгиленген еди.
Нөкис қаласында «Темир дәптер»ге киритилген хожалықларға "Жеке терек", "Алтын жағыс" МПЖ бийпул қуяш панеллери орнатып берилди.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Билип қойған жақсы

Нөкис қаласы "Өрнек" МПЖ аймағындағы Қутлы ел көшесине цемент бетон қапламалы жол жатқарылды.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жеңиллетилген кредит есабынан үскенеленген стоматология 10 адамды жумыс пенен тәмийинлейди

Нөкис қаласында ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен алынған жеңиллетилген кредит есабынан стаматология заманагөй үскенелер менен тәмийинленди.

«Бизлер шыпакерлер шаңарағымыз, жеңиллетилген кредит алдық. Бул арқалы халқымызға сапалы хызмет етиў ушын ҳәрекеттемиз. Кеминде 10 адам жумыс пенен тәмийинленеди», дейди стамотолгияның жумыс жүргизиўшиси Сардар Кеўлимжаев.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кәсибинен берекет тапқан нөкисли исбилермен темирши: 20 жылдан берли темиршилик пенен шуғылланаман. Мәҳәлледеги жумыссыз жүрген жасларды шәкирт етип алып атырман.

Баҳадыр Ешмуратов Нөкис қаласының «Дәрбент» мәҳәллесинде жасайды. Ол 20 жылдан берли темиршилик менен шуғылланып атыр. Өз устаханасы арқалы 4-5 жумыс орнын жаратқан.

Ҳәзирги ўақытта мәҳәлледеги жумыссыз жасларды шәкирт етип алып, оларды жумыслы етиў ҳәрекетинде. Сондай-ақ, Баҳадыр Ешмуратов мәҳелледеги бос турған жерден үнемли пайдаланып, балалар ушын материаллық дем алыў мәканын қурыў алдында. Оның ушын аймақтағы ҳәким жәрдемшиси исбилерменге ҳәр тәреплеме жәрдем берип атыр.

Каналға ағза болыў
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тийкарғы кәсиби тәрбияши болған исбилермен ҳаял ҳаққында

Нөкисли Райхан Өтемуратова бос турған орында ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестирди. Ана ҳәм оның перзенти енди өнимлерди экспортқа бағдарлаў нийетинде.

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сәнесиндеги ПҚ-408-санлы «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкар республикамыз аймағында ишки хожалық жолларын оңлаў, ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тәмийнаты объектлерин жаңалаў, электр ҳәм газ тәмийнаты тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласы "Темир дәптер"деги хожалықларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тапсырмасы менен бийпул қуяш панеллери орнатып берилмекте

2023-жыл 16-февраль күни "2023-жылда қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия тежеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарда белгиленген айырықша нормалардың бири - халыққа қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған электр энергиясы ушын субсидия бериледи. Соның менен бирге, хожалықларды киши қуўатлы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмаларын орнатыў белгиленген.

Усыған тийкар қаламызда "Темир дәптер"ге киритилген хожалықларға бийпул қуяш панеллери орнатып берилмекте.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Айни вақтда Халқаро конгресс марказида Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида 8 март - Халқаро хотин-қизлар куни муносабати билан тантанали байрам тадбири бўлиб ўтмоқда.

Ҳәзирги ўақытта Халықаралық когресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтпекте.
_

В эти минуты в Международном конгресс-центре с участием Президента Шавката Мирзиёева проходит торжественное праздничное мероприятие по случаю 8 марта - Международного женского дня.

Facebook|Instagram|Twitter