Nukus.uz
4.63K subscribers
17.6K photos
3.57K videos
23 files
7.52K links
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығы Абаданластырыў хызметкерлери менен ушырасып, мақтанышлы ҳәм машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў, қаламыз тазалығын ҳәм мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўда тараў пидайылыраның хызметлериниң айрықша екенлигин атап өтти.

Өткерилген ушырасыўда Нөкис қаласының тазалығын сақлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўды еле де жетилистириў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар тараў хызметкерлерине арнаўлы техникалардың гилтлерин, жаңа хызмет формалары менен бирге баҳалы саўғаларды тапсырды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Абаданластырыў хызметкерлери менен ушырасып, мақтанышлы ҳәм машақатлы мийнетлери ушын миннетдаршылық билдирди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласындағы Абаданластырыў басқармасы хызметкерлери менен ушырасыўы болып өткен еди.
(Видео көринислеримизде қуўанышлы мәўритлер)

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Әсирге татырлық күн "Қара таў" да

Нөкис қаласы "Қара таў" МПЖ жарамсыз көп қабатлы турақ-жайларда жасаўшы 28 хожалыққа жаңадан салынған жайлар берилди.
Енди олар қәўипсиз, бәрше шараятларға ийе үйлерде турады. Булардың бәршеси Ҳүрметли Президентимиздиң "Қара таў" МПЖ турғынларына аталарша қайыр қомлығы ҳәм де "Инсан қәдири" алыс аймақларда ҳүким сүриўи дегени емес пе?
Көзлер де сөзлер де бүгин ҳақыйқатқа суўғарылған "Инсан қәдири".

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Нөкис қаласындағы медицина тараўына итибар

Мәмлекетимизде медицина тараўына үлкен итибар қаратылыўы менен бир қатарда ҳәр бир пуқараның саламатлығын беккемлеў, олардың саламат турмыс тәризине әмел етиўин үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли әмелий иләжлар алып барылмақта.

Сондай-ақ, пуқаралардың денсаўлығын бақлап барыў ушын шаңарақлық поликлиникалар тәрепинен мәҳәллелер кесиминде патронажлар бириктирилген болып, бүгинги күнде ҳәр бир патронаж өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарып келмекте.

Нөкис қаласы медицина бирлеспесинде нәтийжели жумыс алып барып атырған медицина тараўы ўәкиллери менен ушырасты ҳәм тараўда алып барылып атырған жумыслар бойынша сәўбетлести.

Буннан соң, Нөкис қаласы ҳәкимлиги қәўендерлиги есабынан мәҳәллелерге бириктирилген 50 патронажға 10 түрдеги әсбап-үскенелер менен тәмийинленген патронаж сумкалары тапсырылды.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
💻 Президент саўғасы ушын "Санлы технологиялар жөнелисинде ең жақсы стартап" таңлаў өткериледи.

Нызамға тыйкар, таңлаў 2023-жыл май айынан баслап ҳәр жылы төмендеги 5 тыйкарғы ҳәмде 1 арнаўлы жөнелислер бойынша өткериледи:

▪️жасалма интеллект технологиялары;
▪️ социаллық жөнелисте санлы технологиялар;
▪️ мәлимлеме ҳәм кибер қәўипсизлик технологиялары;
▪️ тәдбиркәрлық ҳәм экономикалық технологиялар;
▪️компьютер ҳәм мобил ойын дәстүрлери.

💰таңлаў жеңимпазлары төмендегише сыйлықланады:

🔹 1-орын ушын – 100 мың АҚШ доллары;
🔹 2-oрын ушын – 50 мың АҚШ доллары;
🔹 3-орын ушын – 30 мың АҚШ доллары;
Арнаўлы жөнелис бойынша (бир дана) – 100 мың АҚШ доллары.

Усы таңлаўда Қарақалпақстан Республикасындағы ИТ Парк резидентлери қатнасыўын ҳәмде сыйлы орынларды алыўға шақырып қаламыз!

толық: 👉 https://mitc.uz/uz/news/view/4322
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстандағы барлық орынларда жаңаланыўлар жүз бермекте. Бул жаңаланыўларды ҳәр бир мәҳәлле мысалында көрсек болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Анонс
Бираздан

Өзбек жигитиниң қарақалпақша жүреги

https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис қаласының шетки аймақларының бири болған "Ақ жағыс" МПЖ "Жасыл мәкан". "Каттагар" каналы бойына арша ҳәм де декоратив нәллер егилмекте.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Nukus shahrida «Yashil makon» umummilliy loyihasiga start berilgan edi.
Shu munosabat bilan T.Qayibergenov kushasinda "Yashil makon” doirasida  mevali va manzarali ko‘chatlar ekish davom etmoqda.Daraxt, buta, gul ko‘chatlari hamda o‘simliklar parvarishi uchun muhim bo‘lgan ozuqaviy moddalar berilmoqda.Bir kunda 10 mingdan ziyod ko‘chatlar ekilmoqda.

Nukus shahar hokimligi Matbuot xizmati

https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Сын айтылмай мин дүзелмесе

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А. Орынбаев Нөкис қаласын абаданластырыў бойынша бир қатар мәкемелерге тапсырмалар берген еди. Тилекке қарсы, айрым министрликлер ҳәм мәкеме басшылары көрсетилген тапсырма бойынша жуўапкершиликсиз қатнаста болып атырғанының гуўасы болып атырмыз, ҳәтте бөлип берилген аймақ орынларына барып көрмеген басшыларға не айтарымызды билмедик.
Ҳәзир де биз Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министрлигине тийисли орынларды көзден өткерген видеоны нәзириңизге усынбақтамыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ШҮКИРШИЛИК_СЕЗИМЛЕРИ

АРАМЫЗДАҒЫ АДАМЛАР...

Жайымды шиферлап бермесеңиз баратын жерине бараман!

Ролик Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети тәрепинен таярланды. Қаҳарманлар образы районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен жаратылды.

@kegeylirkuzofficial
https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Процесс
Биз ҳәзирде көшедемиз

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А. Орынбаев Нөкис қаласын абаданластырыў бойынша бир қатар мәкемелерге тапсырмалардың орынланыўы бойынша қала аймағында видео камерамыз бенен үйрениў ўақтындамыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress