#процесс
Инсан қәдири тийкарында пуқаралардың қәўипсизлиги ушын тасланған адымлар

Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияровқа жолланған мүрәжат тийкарында тараў басшылары қатнасында қаламыздағы ''Сәрбиназ" МПЖ дағы көп-қабатлы турақ-жайдың қәўипсизлик дәрийжеси үйренилди.
Үйрениў даўамында пуқаралардың усыныс-пикирлери тыңланды ҳәм де бир қатар АЖ банк хызметкерлери,қурылысшы фирмалардың басшылары өзлериниң усынысларын берип өтти.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:

https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Процесс

Нөкис қаласында көп қабатлы турақ жайлар ҳәм олардың әтирапларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта

Ҳүрметли Президентимиздиң 5152-санлы қарарына тийкар ҳәзир де қаламыздағы "Ели абат'' ҳәм "Нур" МПЖ да көп қабатлы турақ жайлардың төбесин, фасадларын, кириў орынларын оңлаў, коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар зәрүрли жумысларды әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли пуқаралар ҳәм көше бийлери!

Көп қабатлы турақ жайлар ҳәм әтирапында әмелге асырылатуғын қурылыс жумысларының сапалы дәрежеде алып барылыўын ҳәм қаржылардың нәтийжели жумсалыўын қадағалап барыўда белсендилик көрсетиўиңизди сораймыз.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Процесс
Ҳүрметли Президентимиздиң 5152-санлы қарарына тийкар ҳәзир де  қаламыздағы "Ели абат'' ҳәм "Нур" МПЖ да  көп қабатлы турақ жайлардың төбесин, фасадларын, кириў орынларын оңлаў, коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар зәрүрли жумысларды әмелге асырылмақта.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Процесс
Нөкис қаласындағы "Шайырлар аўылы" мәҳәллесиниң ишки жоллары болған А. Шамуратова көшесине асфальт төсеў жумыслары даўам етпекте.
Жақында  аймақта ишимлик суў тармақлары жаңалған еди.
Толық мағлыўмат жақын күнлерде
#процесс
Омбудсманлар Нөкис қаласы "Шымбай шайхана" МПЖ аймағында инсан ҳуқықларына байланыслы реформаларды үйренбекте.
#процесс
Инсанлардың дәрти менен ҳәким жүзбе жүз

-Халық дәрти, олардың машқаласы унамлы шешим табыўы керек.
Негизги мақсетимиз де усы емес пе?-А.Данияров.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/nukuspress
#Онлайн
#Процесс

Келешекте профессор болатуғын "Боз аўыл"шы балалар
Өз ўатаның жолларында нық қәдем атқанға не жетсин?!

Нөкис қаласы "Боз аўыл" МПЖ ишки көшелерине 1км узынлықда асфальт жоллар төселди.
#Процесс
Жаңаланыў қәдемлери

Нөкис қаласы аймағындағы А.Досназаров көшеси жолларына асфальт жоллар төселмекте.
#Процесс

Нөкис дийқан базарының сыртқы фасадлар жаңаланып атыр...
#Процесс

Нөкис қаласы "Ботаника бағы" аймағы А.Досназаров көшесиниң пиядалар өтиўши жолға бетон қапламасы төселмекте.
#Процесс

Нөкис қаласы "Боз аўыл"дың гүзар жолларының бүгинги көринислери
#Процесс
#Ибрайым Юсупов көшеси

Нөкис сизди көзге көринбес дийўаллары менен қорықлай алады
-Ол дийўалларды биз көрмей турмыз ғой?!
-Ол қорған... Оны көриў, услаў мүмкин емес!
Ол Нөкисшилер жүрегинде жасырынған, оны сезип билиўимиз керек.
Биз аўызбиршилигимизди шын жүрек пенен сақласақ, бир-биримизге меҳрийбанлығымыз бул ҳәр қандай дийўалдан беккем емес пе?
Дунья ареналарында Өзбекстан ана Ўатанымыздың байрағын қыйыншылықларға қарамай, жеңиске ерискен мәўритлериндеги Олимпиада чемпионлари киби биз де бир күнлери аўыр экологиялық шараятлардан өтип, раўажланған мәмлекет болып келешекке өзимизден абат ел қалдырамыз.
Исенебериң!
Ким ойлапты дейсең, бир заманлары Нөкис "Жасыл мәкан" боларын.
Ким қиял етипти, Нөкис ақшамларында аймақлар көшесинде жулдызлар дым жақын нур шашады,деп!
Дийўалларымызды тастан емес меҳирден қурсақ, Нөкистеги бәрше жаңалықларды инсаныйлық, адамгершилик көз бенен көре билсек, кемшиликлерди "сабаққа дизе бермесек" бәрше жақсылықлар еле алдында бола береди. Ол ҳеш қашан теўсилмейди!
#процесс

Нөкис қаласында "Аманлық гузары" МПЖ да жайласқан 40-санлы улыўма орта билим бериў мектебине 3 қабатлы 330 орынлық қосымша имарат қурыў жумыслары алып барылмақта.

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:https://t.iss.one/nukuspress
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Процесс
Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай

Президентимиздиң тапсырмасы менен мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланбақта.
Ҳүрметли Президентимиз қатнасындағы видеоселекторларында шығып сөйлеў сөзинде бурынлары сиясатта ашық айтылмаған, неше жыллар даўамында жасырып келинген кәмбағал адамлардың машқалаларына нәтийжели шешимлер табыўда дәраматлы жумыс орнын жаратып бериў, мүнәсип шараятта турмыс кешириўи, инсанлардың бүгин бахытлы жасаўы ушын бағдарындағы жумысларға итибар қаратады.
Хош, мәмлекетимизиң бас бағдарындағы әҳмийетли мәселелерди Нөкис қаласында орынланыўына нелерге итибар қаратылып атыр?
#Халық_ийгилиги_жолында
#Процесс
"Ушар тарелкалар"ма "ушар" шиферлар ма?

Усы жылдың февраль ҳәм май айында қаламыздағы "Айдын жол" МПЖ аймағындағы Ерназар Алакөз көшеси 7-А көп қабатлы турақ жайының, сондай-ақ, "Шайырлар аўылы" МПЖ аймағындағы А.Досназаров көшесиндеги көп қабатлы турақ жай төбелериниң шиферлары қолайсыз ҳаўа-райы яғный, күшли самал болған ўақытта жарамсыз ҳалға келип қалған еди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен жәмийетлик мүрәжатларды үйренип шығып, ҳәзирде жоқарыда көрсетилген көп қабатлы турақ жайлардың төбелериниң шиферланыўына әмелий жәрдем көрсетилип, улыўма есапта 84 хожалықтың гүз-қыс мәўсимин зыянсыз өткериўде әмелий жәрдем көрсетилмекте.