#Халық_ийгилиги_жолында
#Процесс
"Ушар тарелкалар"ма "ушар" шиферлар ма?

Усы жылдың февраль ҳәм май айында қаламыздағы "Айдын жол" МПЖ аймағындағы Ерназар Алакөз көшеси 7-А көп қабатлы турақ жайының, сондай-ақ, "Шайырлар аўылы" МПЖ аймағындағы А.Досназаров көшесиндеги көп қабатлы турақ жай төбелериниң шиферлары қолайсыз ҳаўа-райы яғный, күшли самал болған ўақытта жарамсыз ҳалға келип қалған еди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен жәмийетлик мүрәжатларды үйренип шығып, ҳәзирде жоқарыда көрсетилген көп қабатлы турақ жайлардың төбелериниң шиферланыўына әмелий жәрдем көрсетилип, улыўма есапта 84 хожалықтың гүз-қыс мәўсимин зыянсыз өткериўде әмелий жәрдем көрсетилмекте.