Mag'zaniyshan.uz
1.11K subscribers
6.54K photos
410 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#хабар
27-апрель 2022-жыл Кегейли районы «Ҳалқабад» жоме мешитинде Ҳатмул Қураннан фото көринислер

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Жақынларыңызға жибериң! 
Каналымызға ағза болың ⬇️
➡️ https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Forwarded from NÁJIM IYSHAN
#хабар

28-апрель 2022-жыл Пийшемби күни Кегейли районы «Ийшан қала» жамеъ мешитинде болатуғын Хатым Қуранға бәршеңизди мирәт етемиз!


Каналға ағза болың ⬇️
➡️ https://t.iss.one/Iyshan_qala
#хабар

Бүгин 29-апрель 2022-жыл Нөкис қаласы Шадлы аўыл елаты "Ережеп бий" жаме мешитинде Хатмул Қуран жуўмақланады.
Бәршеңизди хатмы Қуранға мирәт етемиз. Аллаҳ тааланың кәламын тыңлап, қәлбиңиз ләззет алсын, Қураны кәриймниң шарапаты менен журтымызға, халқымызға Аллаҳ тааланың мийрими, пайыз-берекетлери жаўсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хабар

Пазыйлетли Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға үлкен қуўанышлы хабар сыпатында күни кеше пайтахтымыз Нөкис қаласы, "Қум аўыл" мәкан пуқаралар жыйынында бой тиклеген "Салмен ийшан" жаме мешити рәсмий дизимнен өткенин жәриялаған едик.

Мине, бүгин песин намазында усы мешиттиң салтанатлы ашылыў мәресими болады.

Бәршеңизди ашылыў мәресимине мирәт етемиз!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хабар

КИТАПХАНА ОРАЙЫНА КИТАПЛАР БЕРИЛДИ

Китап — инсанның ең жақын досты ҳәм мәслǝҳәтшиси, ақыл қайрағы ҳәм билим дәреги. Китап пикирлеў қуралы, ғәзийнелер гилти, ойлаў дәреги болғаны ушын да халқымыз оны әзийз ҳәм муқǝддес деп есаплаған. Сол себепли китапқа муҳаббат, оны қәдирлеў, оқыўға қызығыўшылық халқымыздың қан-қанына сиңип кеткен. Инсан өзиниң пикирлеў қәбилети, руўхый дүньясы менен тири. Адамды басқа жанзатлардан ажыратып турыўшы факторлардан бири де оның руўхыйлығы есапланады.

Кегейли районы ҳǝкимиятында «Ҳǝким ҳǝм жаслар» ушырасыўында усы районның «Жалпақ жап» АПЖ, №37-санлы орта мектептиң 11-класс оқыўшысы Е.Еринбетовтың район халқының, ǝсиресе жаслардың руўхый дүньясын байытыў мақсетинде районнан китапхана шѳлкемлестириў усынысы инабатқа алынып, Әндижан ўǝлаяты ҳǝм Кегейли районы ҳǝкимияты менен биргеликте усы жылы апрель айында Кегейли районы Халқабад посёлкасы «Халқабад гүзары» бойынан Заҳриддин Муҳаммад Бабур атындағы мǝлимлеме китапха орайы шѳлкемлестирилди.

Китапханадан усы қысқа ўақыттың ишинде 1600 ден зыят китапқумарлар дизимнен ѳткен, олар арасында жасы үлкен нураныйлар да бар. Китапқумарлар ушын бǝрше қолайлықлар жаратылған, китапханада 20 мыңнан зыят китаплар болып, соннан 40% ти илимий тараўға тийисли китаплар, 60% ти кѳркем ǝдебиятлар. Китапханада зǝрүр ǝдебиятлардың электрон вариантларынан да пайдаланыў имканияты жаратылған.

Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы менен усы китапхананың материаллық базасын байытыў мақсетинде 10 атамадағы, 300 ден зыят қарақалпақ тилиндеги диний-мǝрипий мазмундағы ǝдебиятлар, «Ҳидаят» журналы ҳǝм «Ислам нуры» газеталары саўғаға берилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, қазыят хызметкерлери, Кегейли районы ҳǝкими ўǝкиллери, район имам-хатиблери қатнасты.

Бул кѳрсетилген материаллық жǝрдемнен китапха орайы хызметкерлери ѳзлериниң миннетдаршылығын билдирди.


    Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.iss.one/paziyletuz
#хабар

ТАРАЎ ҚӘНИГЕЛЕРИНЕ ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ БОЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты менен биргеликте республикамыздағы мǝҳǝлле моллаларының теориялық билимлерин асырыў бойынша қысқа мүддетли оқыў-семинары шѳлкемлестирилген еди. Онда Ѳзбекстан Республикасында соңғы жылларды диний тараўда ǝмелге асырылған реформалар ҳǝм тараўда қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мǝниси, глобалласыў дǝўиринде тынышлықты асырап-абайлаў руўхында тǝрбиялаўдың социаллық ǝҳимийети. Ислам мǝденияты, Бидъат ҳǝм хурафатлардың жǝмийеттиң раўажланыўына унамсыз тǝсири, Диний кеңпейиллик ҳǝм миллетлер аралық татыўлық – жǝмийет раўажланыўының ǝҳимийетли факторы, Ѳзбекстан Республикасы нызамшылығында қадаған етилген интернет сайтлары ҳаққында, Экстремизм ҳǝм терроризм - жǝмийет душпаны, Жаңа Ѳзбекстанның раўажланыў стратегиясын аңлаў ҳǝм оны жǝмийет турмысына енгизиўдиң зǝүрли ǝҳимийети темаларында оқыў-семинарлары ѳткериледи.
Оқыў-семинарларын алып барыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Бердақ атындағы Қарақалпақ Мǝмлекетлик университети ҳǝм Нѳкис "Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний" орта арнаўлы ислам билим журтынан ўǝкиллер бекитилген.
Бүгин усы оқыў-семинарының биринши күни Тахтакѳпир районындағы мǝҳǝлле моллаларының қатнасында райондағы «Халық» жаме мешитинде болып ѳтти. Онда Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қǝнигеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, қазы орынбасары И.Шерниязов, Қарақалпақ Мǝмлекетлик университети аға оқытыўшысы А.Оразбаевлар қатнасты.  


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты баспа сөз хызмети

@MagzaniyshanUz
#хабар

     ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫНЫҢ МАЗМУН-МӘНИСИ ҲАҚҚЫНДА ЖЫЙНАЛЫС БОЛЫП ѲТТИ

     Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм ǝҳимийетин диний тараў хызметкерлери арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳǝм орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мǝжилислер залында жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бѳлим баслығы Азат Бекжанов пǝрманның мазмун-мǝниси, енгизилиўи күтилип атырған имканият ҳǝм жеңилликлер ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўǝкили Н.Жамалов 2022-жыл ушын Умра зияраты баҳалары, ондағы имканиятлар ҳǝм зиярат тǝртиби ҳаққында айтты.
     Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 213-санлы Пǝрманының мазмун ҳәм мәнисин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм де белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, усы жылы 2-сентябрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде видеоселектр тәризинде ѳткерилген мәжилис протоколы шешиминиң 6-бәнтинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нѳкис қаласы ҳәм районлардағы мешитлерде жума намазы күнлери усы Пәрманның мазмун-мәнисин, халқымыз ушын жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер бойынша кең жәмийетшиликке түсиник берип барыўы ҳаққында жыйналыс қатнасыўшыларына тапсырмалар берди ҳǝм жыйналыс
қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Каналға ағза болыў
@MagzaniyshanUz
#хабар
    
      Бүгин Устаз Шамсуддин Баҳауддинов басшылығындағы Қарақалпақстан Республикасында хызмет етип атырған имам-хатиблер Өзбекстан халықаралық ислам академиясының қәнигеликти арттырыў орайында шөлкемлестирилген «Жаңа Өзбекстан раўажланыў страдегиясы шеңберинде диний тараў хызметкерлериниң алдында турған ўазыйпалар» атамасында, Республикада искерлик алып барып атырған Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, ўәлаятлар, қала ҳәм район бас имам-хатиблери ушын қәнигеликти арттырыў сабақларының үш күнлик оқыў семинарында тыңлаўшы болып турыпты.

Каналға ағза болыў
@MagzaniyshanUz
#хабар

      ҲӘКИМ АТА – СУЛАЙМАН БАҚЫРҒАНИЙДИҢ ТУЎЫЛҒАНЫНА 900 ЖЫЛ ТОЛЫЎЫНА АРНАЛҒАН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ѲТТИ

     Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына еткен сапарында Ахмет Яссаўий тариқаты даўамшысы болған Ҳәким ата – Сулайман Бақырғанийдиң туўылғанына 900 жыл толыўына бағышлап конференция ѳткериўге тапсырма берген еди. 29-сентябрь күни Мойнақ районында усы конференцияның ашылыў мәресими болды. Онда «Арал ҳәм Мойнақтың тиклениўи» халық аралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы басланды.
     Фестиваль қатнасыўшылары Мойнақ аэропортында нан ҳәм дуз бенен күтип алынды. Бәрше тараў ўәкиллери мирәт етилди. Солар қатарында Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығының орынбасары Иброҳим Инамов та қатнасты.
Мийманлар райондағы «Арал теңизи тарийхы музейи»ндеги экспонатлары ҳәм Арал балықларынан таярларған 99 түрли тағамлар менен танысты.
      Сулайман Бақырғаний қәбирин зыярат етип, Қуран тиләўат етилди ҳәм бул жерде ески мешит, медресениң археологиялық қазыў жумысларының барысы менен жақыннан танысты.
     Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязовтың басшылығында «Ҳәким ата комплекси»ндеги китапханада ушырасыў болып, онда Сулайман Бақырғаний (Ҳәким ата) китабының кѳргизбеси болды. Тарийхшылар, археологлар Сулайман Бақырғаний ҳаққында мағлыўматлар берди.    Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығының орынбасары И.Инамов қатнасыўшыларға Сулайман Бақырғанийдиң ѳмир жолы ҳәм дѳретиўшилиги ҳаққында баянат жасады.
      Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығының орынбасары И.Инамовтың басшылығында келген бир топар мийманлар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдиновтың басшылығында Мойнақ районындағы дыққатқа ылайық орынларға саяхат етти.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Каналға ағза болыў
       ➡️ @MagzaniyshanUz
#хабар

НӨКИС РАЙОНЫНДАҒЫ ОРАЙЛЫҚ «ИМАМ ИЙШАН» МЕШИТИ ИМАРАТЫ ҚАЙТА ҚУРЫЛДЫ

Елимиз басшысы басламасы менен ҳәр бир ўәлаятқа Қарақалпақстан Республикасындағы районлар бириктирилип, экономикалық раўажланыў ҳǝм социаллық хызметлер сапасын жақсылаў бағдарламалары белгилеп берилген еди.
Самарқанд ўәлаятына Нөкис районы бириктирилип, онда халықты жумыс пенен тәмийинлеў, медициналық, социаллық хызметлерди жақсылаў, қурылыс-абаданластырыў, ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың саламатлығын беккемлеў, қурылыс-абаданластырыў жумыслары, жаңа кәрханаларды иске түсириў ҳәм жумыс орынларын жаратыў мақсетинде жойбарлар ислеп шығылған.
Мине усы жойбарлар қатарында райондағы орайлық “Имам ийшан” мешитиниң имаратын қайта қурыў да жобаластырылған еди. Самарқанд ўǝлаятының ҳǝкимияты, «NURLI KELAJAK ISHONCH SERVIS ҳǝм UNIVER PRO STILE» жуўапкершилиги шекленген жǝмийетлери тǝрепинен мешит имараты барлық қолайлықларға ийе кѳринисте қайта қурылды ҳǝм ǝтираплары абаданластырылды.
Бүгин усы «Имам ийшан» мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мǝресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, оның орынбасары Р.Сапарбаев, Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Э.Турдимов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Самарқанд ўәлаяты бас имамы З.Эшанқулов, имам-хатиблер, нураныйлар ҳǝм район турғынлары қатнасты. Мәресим алдынан Қуран тиләўат қылынды ҳәм қурбанлық сойылды.
Барлық қолайлықларға ийе, ықшам ҳǝм заманагѳй мешит имаратын қайта қурып питкериўде пидайылық пенен мийнет еткен Самарқанд ўǝлаяты ҳǝкимияты ҳǝм исбилерменлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен миннетдаршылық билдирилди.
Самарқандлы исбилерменлер Нөкис районын еле де абат мǝҳǝллеге, ѳндирис ҳәм экономикалық жақтан турақлы аймаққа айландырыў ушын барлық шараларды кѳрмекте.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.iss.one/paziyletuz
#хабар

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНЛЫ ИМАМ-ХАТИБЛЕР САМАРҚАНД ЎӘЛАЯТЫНА САЯХАТ ЕТТИ

Дерли 3000 жыллық тарийхқа ийе, наўқыран Самарқанд ғәрезсизлик жылларында және де абат ҳәм көркем үокеге айланды. Оның қайсы бир жерине нәзер салмаң, гѳззал ҳәм шырайлы кѳриниске көзиңиз түседи.
Атап айтқанда, бир нешше жыллар даўамында халқымыз тәрепинен әсирлер даўамында қәстерленип келинген археологиялық естеликлер ҳәм архитектуралық өтмиштен қалған имаратларға қайтадан жан берилгендей. Олардың ҳәммеси қайта оңланып, айырымлары тазадан қурылды. Бүгин тек ғана халқымыз, бәлки дүнья жәмийетшилиги келип көрсе, руўхый азық алса арзыйтуғын муқәддес зыярат орынларға айландырылды.
22-октябрь күни Самарқанд ўәлаяты диний ўәкиллиги ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты арасындағы ѳзара келисимге кѳре республикамыздағы қала ҳәм районларының бас имамлары Самарқанд ўәлаятына саяхатқа барды.
Бас имамларды Самарқанд ўәлаяты бас имамы З.Эшонқулов күтип алды ҳәм ўәлаяттағы «Имамы Аъзам» мешитинде болып атырған қурылыс жумыслары менен таныстырды. Соң Самарқад ўәлаяты диний ўәкиллигинде болып, басқарманың ўәлаяттағы басқа мекеме ҳәм кәрханалар менен, халық пенен бирге ислесиўи ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша тәжирийбелер алмасты.
Зыярат даўамында имам-хатиблер Ѳзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримов қәбирин зыярат етти. Соң, Самарқанд ўәлаятындағы дыққатқа ылайық зыярат орынларына саяхатлар шѳлкемлестирилди. Саяхат даўамында Әмир Темур, Шаҳи Зинда, Әмирзада, Әмир Ҳусайн мақбаралары ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен Имам Бухарий комплексинде исленип атырған кѳлемли қурылыс жумыслары менен танысты, қурылыс-ремонт ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша пикир-усыныслар билдирди, сондай-ақ, усы жылы 14-17-сентябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шѳлкеминиң саммити болып ѳткен «Бақи шаҳар» ға да барылды ҳәм ол жердеги елимиз пуқаралары ҳәм сырт елли туристлер ушын жаратылған шараятлар, абаданластырыў жумыслары ҳәм туризим тараўын раўажландырыў ушын исленген жумыслар кѳзден кеширилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

https://t.iss.one/paziyletuz
#хабар #мағлыўмат

🌙 РАМАЗАН АЙЫ ҲИЛАЛЫН ГҮЗЕТИЎ БОЙЫНША ХАБАРНАМА

Өзбекстан мусылманлары басқармасы мүбәрек Рамазан айын мүнәсип күтип алыў ҳәм Ислам дини тәртип-қағыйдалары тийкарында Рамазан ҳилалын гүзетиў бойынша исши топар өз жумысын даўам етпекте.

🌙 Атақлы уламалар ҳәм тәжрийбели қәнигелерден ибарат исши топар Рамазан айы кириўин астрономиялық салыстырыў ҳәм сырт елли қәнигелер менен биргеликте гүзетип бармақта. Атап айтқанда, қоңсы Қазақстан ҳәм Қырғызстан мусылманлары басқармасы қәнигелери менен де усы жөнелис бойынша сәўбетлер өткизилди.

🔭 Гүзетиў нәтийжелерин Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңесине киргизиледи.

❗️Рамазан айының биринши күни ҳаққындағы мағлыўматлар Уламалар Кеңеси тәрепинен көрип шығылады ҳәм тийисли жуўммақ қабыл қылынады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспа сөз хызмети

Muslim.uz | https://taplink.cc/muslimuz



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хабар

Саўап исти ҳәрким ҳәр күни ислеў керек дегениндей. Рамазан айының кирип келиўи менен, саўап алыў нийетинде исбилермен Байжанов Бахрам “Жайхун Такси” жәмәәти бүгин биринши оқылатуғын “Тараўиҳ” намазына келип кетиўшилер ушын такси хызметин бийпул болатуғынлығын хабарлаймыз!
Усындай қолы ашық исбилерменлер көбейеберсин, жумысларына тасқын табыслар тилеймиз, Аллаҳ өзиниң әжир-саўабын еселеп бергей!

Такси байланыс телефонлары:
(93)-716-30-30

Жақынларыңызға жибериң
🔵 https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #хабар

РАМАЗАН АЙЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТЛИ КҮНЛЕРИНДЕГИ УШЫРАСЫЎ

30-март күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы бас имам хатиби Разов Бахрамаддин «Мағзан ийшан» жаме мешитинде болды. Мешитте жǝмǝǝттегилер ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳǝм устаз шүкиршилик, рамазан айының пазыйлети мазмунында сәўбет қылып берди.

Тараўиҳ намазынан соң елимиздиң тынышлығын сорап дуўалар қылынды.

🔵 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#хабар

ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ УМРА ЗЫЯРАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ

Бәрше мөмин-мусылманлар үлкен саўапларға ерисиў ҳәм гүналардан пәклениўди үмит еткен ҳалда Умра ибадатын орынлаўға умтылады.

Усы жылы 20-март күни Кегейли районынан Умра зыяратын ада етиў ушын кеткен 6 пуқараларымыз Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып, Умра зыяраты әмеллерин ада етип, усы жылы 2-апрель күни елимизге жетип келди. Оларды Нөкис темир-жол вакзалында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Дин ислери бойынша комитетиниң  районлық бас қәнийгеси, Мәҳәлле ҳәм Нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими, Руўхыйлық ҳǝм ағартыў орайы районлық бөлими басқа да мекеме, шөлкем ўәкиллери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм зыяратшылардың жақын туўысқанлары күтип алды.

«… Умра зыяраты әмеллерин ада етиўде үлкен имканиятларды ҳәм қолайлықларды жаратып берген Ҳүрметли Журтбасшымызға, ел басшыларына үлкен рахмет. Мадина ҳәм Мәккә қалаларында зыяратшылар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлардың енгизилиўи, транспорт қураллары хызметлери ҳәммеси кеўилдегидей, пуқараларымыз буннан миннетдар. Ибадат әмеллеринде елимиздиң тынышлығы буннанда беккем ҳәм парахат болыўы ушын дуўалар еттик», деп өз миннетдаршылығын билдирди зыяратшыларымыз.

Аллаҳ таала зыяратшыларымыздың зыяратларын, ибадатларын ҳǝм дуўаларын қабыл еткей🤲

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

🔵 https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар
ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ УМРА ЗЫЯРАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ.

🔵 https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#хабар

Хатмы Қуранға мәрҳәмәт!

Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әминь!" деп туратуғын еди».

Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити әзийз халқымызды ертең яғный 17-апрель күни саат 21:15те оқылатуғын тараўиҳ намазына мирәт етип қалады. Иншааллаҳ Аллаҳ тааланың изни менен ертең Қураны кәрийм толық хатм қылынып болынады.

https://t.iss.one/magzaniyshanuz
#хабар

Хатмы Қуранға мәрҳәмәт!

Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әминь!" деп туратуғын еди».

Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити әзийз халқымызды бүгин яғный 17-апрель күни саат 21:15те оқылатуғын тараўиҳ намазына мирәт етип қалады. Иншааллаҳ Аллаҳ тааланың изни менен ертең Қураны кәрийм толық хатм қылынып болынады.

https://t.iss.one/magzaniyshanuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хабар

Саўап исти ҳәрким ҳәр күни ислеў керек дегениндей. Рамазан айының жуўмақланыўы менен, саўап алыў нийетинде исбилермен Байжанов Бахрам “Жайхун Такси” жәмәәти ертең оқылатуғын “Ҳайыт намазына” келип кетиўшилер ушын такси хызметин бийпул болатуғынлығын билдиреди!
Усындай қолы ашық исбилерменлер көбейеберсин, жумысларына тасқын табыслар тилеймиз, Аллаҳ өзиниң әжир-саўабын еселеп бергей!

Такси байланыс телефонлары:
(93)-716-30-30

Жақынларыңызға жибериң
♻️
https://t.iss.one/magzaniyshanuz
#хабар

😢 Хатмы Қуранға мәрҳәмәт!

Абдуллаҳ ибн Масъуд: «Ким Қуранды хатм қылса, оның ушын қабыл болыўшы дуўа бар», деди. Абдуллаҳ өзи қашан Қуран хатм қылса, шаңарақ әҳлин жийнап, дуўа қылатуғын еди, олар "Әмин!" деп туратуғын еди».

😙Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешити әзийз халқымызды бүгин яғный 5-апрель күни саат 21:20да оқылатуғын тараўиҳ намазына мирәт етип қалады. Иншааллаҳ Аллаҳ тааланың изни менен ертең Қураны кәрийм толық хатм қылынып болынады.

https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM