#мағлыўмат
Ҳижрий айлардың мәнилери ҳаққында:
1. Муҳаррам — мәниси ҳарам етилген, дегени. Айға қарап есапланатуғын жыл есабының биринши айының бундай аталыўына себеби, бул ай - мусылманшылықтан алдыңғы дәўирлерде де урыс ҳарам етилген болғанынан усындай аталған.
2. Сапар — бир мәниси сары рең, деген мәниде. Екинши мәниси босап қалыў, дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы ай киргенде көпшилик саҳралы адамлар тижәрат ушын үлкен қалаларға шығып кеткен ҳәм саҳрадағы үйлер босап қалған, сонлықтан усындай аталған.
3-4. Робиул әўўәл - Робиул ахир. Үшинши ҳәм төртинши айлардың мәниси, бәҳәр, көркемлик, дегени.
5-6. Жумадул әўўәл. Жумадул ахир — жумад сөзи музлаў, қатып қалыў деген мәниде. Аўўал - биринши, ахир - екинши дегени.
7. Ражаб - уллылаў дегени.
8. Шаъбан — бөлиниў дегени. Саҳралылар усы айда топар топар болып бөлинип суў излеген.
9. Рамазан - ыссы дегени.
10. Шәўўәл — таўсылыў, тоқтаў дегени.
11. Зул қаъда — отырып қалыў деген мәнини аңлатады. Усы айда ҳәмме ҳәрекетлер тоқтап, әскерлер үйлеринде отырып қалғаны ушын усындай аталған.
12. Зул ҳижжа — ҳаж ийеси дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы айда ҳажға шыққанлығы ушын усындай аталған.
@MagzaniyshanUz

👍8
#мағлыўмат
АШУРА КҮНИ
Ашура күни де берекетли күнлерден есапланады. Онда қылынған ибадатлар да, саўаплы әмеллер де пазыйлетли саналады.
Ашура күнинде қылынатуғын ең үлкен саўаплы әмеллер:
1. Ораза тутыў;
2. Зәкат бериў;
3. Тырнақларды алыў;
4. Ғусыл қылыў;
5. Наўқасты көриўге барыў;
6. Алымлардың алдына барып, нәсият еситиў;
7. Жетимлерге саўғалар берип, ғамхорлық көрсетиў;
8. Кийим иҳсан қылыў;
9. Жаназа намазына қатнасыў;
10. Силаи раҳм;
11. Төрт рәкат нәпил намаз оқыў;
12. Шаңарағына кеңшилик, байрам қылып бериў;
13. Қарыз бериў;
14. Адасқан адамға жол көрсетиў;
15. Ифтарлық бериў;
❗️Ашура күни 2024-жылдың 16-июль, сийшемби күнине туўры келеди.❗️
✈️ @MagzaniyshanUz

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8❤3
#мағлыўмат
Мусылманман деген киси Пайғамбарымызды өз Ата-анасын танығандай таныўы зәрүр!
Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, 6-әсирде миладий 571-жылда, рабиул-әўўәл айының 12-күни, дүйшемби күни Мекке қаласында туўылған, 40 жасында нәбий болған ҳәм миладий 634 жылы, ҳижраттың 10-жылы, рабиул әўўәл айының 12-күни дүйшемби күни Мадинада 63 жаста қайтыс болған. 99 исми бар соннан 4 теўин әлбетте билиўимиз керек:
1-Муҳаммад
2-Мустафа
3-Маҳмуд
4-Аҳмад
Жәми 11 ҳаялы 2 шорысы болған.
Расулуллаҳтың ҳаялларының исимлери:
1-Ҳадиша бинти Ҳуўайлит
2-Саўда бинти Зама
3-Айша бинти Әбиў Бәкир
4-Ҳафса бинти Умар
5-Зайнаб бинти Ҳузайма
6-Умму Салама бинти Әбиў Умайя
7-Зайнаб бинти Жаҳш
8-Жуўайрия бинти Ҳорис
9-Умму Ҳабиба бинти Әбиў Суфян
10-Сафия бинти Ҳуяй
11-Маймуна бинти Ҳорис
12-(шорысы) Мария Қибтия
13-(шорысы) Райҳона
Пайғамбарымыздың әкесиниң исми Абдуллаҳ. Анасының исми Әмина. Атасының исми Абдулмутталиб (Шайба) 9 әмекиси болған, соннан 5 сеўи Пайғамбар болмасынан алдын қайтыс болған, 4 теўи Пайғамбарлық ўақытларында жасап өткен, исимлери:
1– Әбиў Талиб. (мушрик болған)
2- Ҳамза разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
3- Аббас разияллаҳу анҳу (мөмин болған)
4- Әбиў Лаҳаб (мушрик болған)
6 ажапасы болған:
1- София
1- Умму Ҳаким
3- Арўа
4- Барра
5- Отика
6- Умайма
Пайғамбарымыздың 7 перзентлери болған: 4 қыз 3 ул.
Қызларының исми:
1- Умму Кулсум
1- Руқайя
3- Зайнаб
4- Фатима
Улларының исми:
1- Қасым
2- Абдуллаҳ
3- Ибраҳим
тек Ибраҳим улын Мария шорысынан көрген, қалған перзентлерин Ҳадиша Анамыздан көрген.
✅ @MagzaniyshanUz

👍6
#мағлыўмат
РАЖАБ АЙЫ 🌙
Ражаб айы ҳижрий-қамарий айлардың жетиншиси болып, шаҳруллоҳ яғный Алланың айы деп уллыланады. Өйткени, “Ражаб” сөзи сөзликте “уллылаў”, “ҳүрмет көрсетиў” мәнилерин аңлатады. Ислам келиўинен алдын да араблар бул айды уллылағаны ҳәм ҳүрметлегени себепли “Ражаб” деп атаған.
Ражаб айы кирсе, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: Рәббим! Ражаб ҳәм шаъбан айларында бизге берекет бер ҳәм бизлерди рамазан айына аман-есен жеткер, - деп тилек тилеген.
Ражаб айында әҳмийетли тарийхый ўақыялар жүз берген. Атап айтқанда;
- Нуҳ алайҳиссалам топан басланғанда Ражаб айының биринши күни кемеге минген;
- Расулуллаҳқа биринши ўаҳий Ражаб айында нәзил болған;
- Исро ҳәм Меъраж ўақыясы да уламалардың сөзлерине көре Ражаб айында жүз берген.
Ражаб айы динимизде уллыланған айлардан болғаны ушын онда көплеп нәпил ораза тутыўға, салиҳ әмеллер ислеўге ҳәрекет етиледи.

👍13
#оразаның_пазыйлети #мағлыўмат
Ораза тутқан адам бәрқулла Аллаҳ таала оның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳ тааланы еслеп, сезинип жүриў инсанның қәлбин пәклейди. Бундай инсанның қәлбине Аллаҳтың муҳаббатынан басқа нәрсе сыймай қалады. Ораза тутқан адам өз-өзинен жаманлық қыла алмай қалыўы да соннан.
Демек, ким қәлби пәк болыўын қәлесе, ораза тутсын!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11
#рамазан_2025
#ораза #мағлыўмат
Оразаның дәрежелери
Ибн Қудама разыяллаҳу анҳу былай деди:
"Оразада үш дәреже бар:
1) Ҳәммениң оразасы. Ол таң атқаннан күн батқанға шекем қарын ҳәм жыныс талапларын тыйыў;
2) Арнаўлы адамлар оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге көз, тил, қол, аяқ, қулақ ҳәм басқа ағзаларды гүналардан тыйыў;
3) Ең уллы адамлардың оразасы. Ол жоқарыдағылар менен бирге қәлбти ҳәр түрли ғамлардан ҳәм Аллаҳтан узақлатыўшы ойлардан тыйыў".
Пикир жүргизиң ҳәм ораза тутыўшылардың ең жоқарғы топарларынан болың!!!
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍17
#мағлыўмат
ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ
🟢 Тараўиҳ сөзи «тарўиҳа»ның көплиги болып, "рәҳәтлениў", деген мәниде.
🟢 оның шәрияттағы ҳүкми – сүннет;
🟢 тараўиҳ намазын үйде жалғыз оқығаннан мешитте жәмәәт болып оқыған абзал;
🟢 тараўиҳ намазы қуптан намаздан кейин, ўитр намаздан алдын оқылады;
🟢 тараўиҳ намазы жигирма рәкаттан ибарат;
🟢 Рамазан айында бир мәрте хатм етилип, Қураны кәрийм бастан ақырына шекем оқып шығылады;
🟢 Ҳәдиси шәрийфте: «Ким Рамазан айында ийман менен, саўап үмитинде түнди қайым қылса (тараўиҳ оқыса), өткен гүналары кешириледи» делинген.
✈️ @MagzaniyshanUz
ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍14
#рамазан_кирип_келмекте #мағлыўмат
🙄 РАМАЗАННЫҢ БАСҚА АЙЛАРДАН ҚАНДАЙ ПАРҚЫ БАР?
🔸Бул айда Қураны Кәрийм нәзил болған;
🔸Бул айда (сол себепли) хатмы Қуран қылынады;
🔸Бул айда Аллаҳ таалагың мийрими жаўылады;
🔸Бул айда мусылманлар оразадар болады;
🔸Бул айда мың айдан абзал болған Қәдир түни бар;
🔸Рамазан айы сабыр айы;
🔸Дуўалар қабыл болатуғын ай;
🔸Ораза тутыў себепли тақўа пайда болады;
🔸Ораза инсанға нәпсини тыйыўды үйретеди;
🔸Ораза себепли инсан руўхыяты пәкленеди;
🔸Ораза себепли инсан денеси пәкленеди;
🔸Оразадардың тили ғыйбат, дөҳмет, шағымшылық киби гүналардан тыйылады;
🔸Оразадарда хожа көрсинлик болмайды;
🔸Оның қулағы бул айда гүналарды “еситпейди”;
Оның көзлери гүнаны «көрмейди»;
🔸Оразадардың қоллары гүна қылмайды;
🔸Оның аяқлары гүна жерлерге бармайды;
🔸Оразадар сәҳәрлик етип берекетке ериседи;
🔸Оразадардың аўызынан келетуғын ийис Аллаҳтың нәздинде мушки анбардан да жағымлы;
🔸Ораза қәлбти басық, иззетли етеди;
🔸Бул ай тәўбелер қабылланыўшы ай есапланады;
🔸Бул ай мәғфират айы;
🔸Жәннет есиклери ашып қойылған ай;
🔸Дозақ есиклери жаўып қойылған ай;
🔸Шайтанларға кисен салынып қойылған ай;
🔸Рамазан – бендени Аллаҳға жақынластыратуғын ай;
🔸Бул ай – сахыйлық айы;
🔸Бул айда қылынған жақсылықлар саўабы он еседен жети жүз есеге шекем көбейтип жазылады;
🔸Рамазан – садақа ҳәм иҳсанлар қылынатуғын ай;
🔸Мүтәжлерге жәрдем қолы созылатуғын ай;
🔸Бул айда зәкат берип, ҳақдарлар бахтияр етиледи;
🔸Фитр садақасы берилип, мискинлер дуўасы алынады;
🔸Зәкат бериўшиниң мал-дүньясы пәкленеди;
🔸Зәкат бериўшиниң мал-мүлкине берекет бериледи;
🔸Бай менен кәмбағал арасындағы кек, гийне жоқ болады;
🔸Әғайин-туўысқанлық байланыслары беккемленеди;
🔸Оразаның сыйлығын Аллаҳтың Өзи береди, яғный Оразадарға берилетуғын саўап ҳәм жақсылықлар муғдарын Аллаҳтан басқа ҳеш ким билмейди;
🔸Оразадар Райян атлы есиктен Жәннетке киреди.

👍6🥰2🕊1
#ораза_пазыйлети
#мағлыўмат
Изертлеў нәтийжелерине көре, ораза жүрек ҳәм атеросклероз кеселликлери ушын шыпа есапланады. Даўамлы тәртипте ораза тутып жүрген адамның жүреги актив, иси тәртипли болып, узақ өмир көриўине себеп болады. Егер ораза даўамында Қуран еситиўге бәнт болынса, ораза тутыў жоқарыда зикир еткенимиз атеросклероз кеселликлери ушын да жақсы шыпа береди. Мине усы ҳалда даўамлы болынса, Аллаҳтың руқсаты менен қөплеген кеселликлерге шыпа болады. Аллаҳ таала Бақара сүресиниң 183-аятында:
'Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз етилди. Қәнекей, тақўалы болсаңыз. Санаўлы күнлерде" деп айтқан.

#ҳәдис #мағлыўмат
🙄 Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қурма мөмин ушын қандай жақсы сәҳәрлик", деди.
😐 Түсиндирме: 100 грамм қурма мийўесинде төмендеги азықлық елементлер бар:
– калория муғдары: 277 ккал
– углеводлар: 75 грамм
– бириктириўши тоқыма: 7 грамм
– белок: 2 грамм
– калий: 20 пайыз
– магний: 14 пайыз
– мыс: 18 пайыз
– марганец: 15 пайыз
– темир: 5 пайыз
– витамин В6: 12 пайыз
😐 Сондай-ақ, мийўе саўлық ушын пайдалы болған антиоксидантларға бай.
✈️ @MagzaniyshanUz
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Қурма мөмин ушын қандай жақсы сәҳәрлик", деди.
(Әбиў Даўыт рәўияты).
– калория муғдары: 277 ккал
– углеводлар: 75 грамм
– бириктириўши тоқыма: 7 грамм
– белок: 2 грамм
– калий: 20 пайыз
– магний: 14 пайыз
– мыс: 18 пайыз
– марганец: 15 пайыз
– темир: 5 пайыз
– витамин В6: 12 пайыз
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9
#мағлыўмат
ҚУРБАНЛЫҚ – УЛЛЫ ИБАДАТ
"Қурбанлық" – қурбан ҳайыты күнлеринде сойылатуғын ҳайўан. Ол шәриятымызда Аллаҳ таала тәрепинен екинши ҳижрий сәнеден баслап енгизилген.
Ҳанафий мазҳабы бойынша қурбанлық қылыў ҳүр-еркин, ақыл ийеси, сапарда болмаған, яғный муқим ҳәм зәкат нысабындағы мал-дүньяға ийе болған еркек ҳәм ҳаялға ўәжиб болады.
Буған дәлил Аллаҳ тааланың "Кәўсар" сүресиндеги: "Рәббиңе намаз оқы ҳәм жанлық сой!" буйрығы.
Жанлық деп – Түйе, қара мал, қой ҳәм ешкилерге айтылады.
Таўық, түйе таўық, қырғаўыл ямаса қоян сыяқлы қус яки ҳайўанлар қурбанлық есапланбайды.

😇6👍3
#мағлыўмат #фиқҳ
ҚӘБИРСТАН ЗЫЯРАТЫ
Шәриятымыз бойынша зыярат етпекши болған адам ең алды менен жуўынып-пәкленип, зыярат қағыйдаларын бир қатар еслеп алыўы зәрүр. Егер шаңарағы менен баратуғын болса, онда бала-шағасына зыяратқа барыў, ол жерде жүриў әдеплери, дурыс кийинип барыў әдеплерин үйретиўи тийис. Өзи де барғаннан кейин қайсы аятты оқыйжағын бир қатар тәкирарлап, кимлерди дуўа етиўин бир еслеп алғаны мақул.
Қәбирстанға киргенде не ислениўи ҳаққында мына ҳәдисте айтылған:
Саҳаба Бурайдадан айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәбирстанды зыярат қылыўға барғанда былай деген: «Ҳәй мөминлер, қәбирстан әҳли, сизлерге сәлем болсын. Қуда қәлесе бизлер де келип сизлерге қосыламыз. Өзимизге ҳәм сизге Аллаҳтан тынышлық-саламатлық тилеймен».
Пайғамбарымыздың бул сөзлери қәбирстанды зыяратламақшы болған ҳәр бир адамға қолланба болыўы керек. Қәбирстанға кирип марҳумларға сәлем бергеннен кейин, илажы барынша мәйитке жақын барып, қублаға қарап отырып, Қураны кәрим аятларынан тиләўат қылып, дуўа оқылады. Жақын барыўдың илажы болмаса, мүмкиншилиги болған жерден дуўа қылынады. Саҳаба Жәбир разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Расулуллаҳ қәбирлердиң үстин гипс қылыўдан, үстине тас қойып, тасқа «Бисмилләҳ»ты, «Лә иләәҳә иллаллооҳ»ты ҳәм Қуран аятларын жазыўдан ҳәмде қәбирди басыўдан, яғный оны аяқ асты қылыўдан қайтарды». Муслим рәўияты.
Барғанда да перзентлериниң әдеп пенен жүриўин бақлап барыўы керек. Бул ислер хожалық баслығының ўазыйпасы есапланады.
Инсан тирилигинде қандай ҳүрметке ылайық болған болса, өлгеннен кейин де сол ҳүрметке ылайық болыўы керек. Бул ҳаққында Айша анамыз былай деген: «Расулуллаҳ ҳәм әкем Әбиў Бакир көмилген үйге оларды зыярат қылыў ҳәм үйди сыпырып, тазалаў ушын киргенимде, олардың биреўи күйеўим, екиншиси әкем деп орамалсыз кире беретуғын едим, кейин ала ол жерге екинши халифа Умар көмилгеннен кейин ол адамнан уялып, орамал жамылып киретуғын болдым». Имам Аҳмад рәўияты.
Салим ибн Рофур қәбирстаннан өтип баратырып ҳәжети қыстап қалыпты, шериклери: «Ҳәжетке шығып алың, биз күтип турамыз», дегенде, ҳайран қалып: «Субҳаналлаҳ», яғный Аллаҳға ант, мәйитлерден тап тирилерден уялғандай уяламан, деген екен. Ал, саҳаба Ақаба ибн Амир: «Қәбирстанда ҳәжет қылдың не, базарда ҳәжет қылдың не, екеўиниң де гүнасы бирдей болады», деген.

👍4❤1
#әлбетте_оқың
#ҳәдис #мағлыўмат
ҚӘБИР ЗЫЯРАТЫ ПАЙЫТЫНДА ОРЫНЛАНАТУҒЫН 11 ӘМЕЛ
1. Нийетти туўрылаў, ықлас пенен, қалыс Аллаҳ ушын зыярат қылыў.
2. Таҳәратлы болыў.
3. Дүнья ислерин тәрк әйлеп, ақыретти ойлаў.
4. Зыярат ўақтында әсте-ақырын жүриў.
5. Қәбир әҳлине төмендегише сәлем бериў:
“Ассаламу алайкум, я әҳләл-қубуўр. Яғфируллооҳу ләнәә ўә ләкум, әнтум сәләфунәә ўә наҳну бил-әсәәр”
“Ассаламу алайкум, ҳәй қәбир әҳли! Аллаҳ бизлерди ҳәм сизлерди мәғфират етсин. Сизлер бизлерден алдын келгенсиз, бизлер де сизлердиң изиңизден келемиз”.
6. Қәбир сыйпалаў, сүйиў ҳәм айланып таўап қылыўдан узақ болыў.
7. Қәбир басында “Ясин” сүресин оқыў.
Ҳәзирет ӘбиЎ Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким ата-анасы яки олардан биреўиниң қәбирин ҳәр жума күни зыяратлап, “Ясин” сүресин тиләўат етип, оның саўабын оларға бағышласа, сүредеги ҳәр бир сөз ҳәм ҳәрип санынша Аллаҳ таала олардың гүналарын мәғфират қылады”, – деди.
(Имам Дайламий рәўияты)
Маъқал ибн Ясар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте болса, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Өлилериңизге “Ясин” сүресин тиләўат етиң”, – деген.
(Имам Әбиў Даўыт рәўияты)
8. Ихлас сүресин оқыў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким қәбиристанға кирип, “Қул ҳуўәллооҳу аҳад”ты он бир мәрте оқып, саўабын өлилерге бағышласа, оған өлилер санынша саўап бериледи”, – деген.
(Имам Дарақутний рәўияты)
9. Марҳумның жақсы қәсийетлерин еслеў.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Дүньядан өткенлердиң жақсы қәсийетлерин еслеңлер, олардың жаман сыпатларын айтыўдан сақланыңлар”, – деген.
(Имам Термизий рәўияты)
10. Қәбирди баспаў лазым. Қәбир үсти мәййиттиң ҳаққы. Қәбир үстинен яки қәбиристан ишинен өтиўге зәрүр болып қалса, тасбиҳ, тәҳлил, тәкбир, дуўа ҳәм истиғфар айтып өтиў.
11. Зыяраттан ўаз-нәсият алған ҳалда қайтыў.
Имрон ибн Ҳусайн разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жаназаға келгенинде қайғылары артып, оғада кем сөйлер, ой-пикирге шүмер еди”.
(Имам Ҳәким рәўияты)

👍7
#мағлыўмат
САЎАП АЛАМАН ДЕП ГҮНА АРТТЫРЫП ҚОЙМАҢ
Ҳәр жылы 9-май сәнесинде гүллән халқымыз қәбирстанларға барады, ата-бабаларын еслеп, Қуран тиләўат етеди ҳәм ҳақларына дуўалар қылады.
Бирақ адамлар зыярат қағыйдаларына қаншелли әмел етип атыр?
Қәбирстанларды қандай зыярат етиў керек?
Бул сораўларға көпшилик жуўап бере алмаса керек, өйткени көп жағдайларда зыярат етип, саўап алыўдың орнына терис ислерди қылып жүргенлердиң гүўасы боламыз.
Көпшилик бул ислерди шәриятымыз буйырған, деп ойлайды. Негизинде бундай ислерден шәриятымыз қайтарған болады, ақыл тәрептен ойлап қарасақ та дурыс емес екени анық болады. Бундай әмеллер жақын тарийхымыздағы динсизлик дәўиринде кирип қалған. Солардан айырымларын санап өтсек:
1. Қәбирстанларда жанлық сойыў, аўқат тарқатыў. Шәрият тәрепинен қәбирстанларда аўқат жеў мәкруҳ әмел. Медицина тәрепинен де, қәбирстанларда аўқат жеў дурыс болмаса керек, өйткени, ол жерлердеги қазан-табақлардың таза болмаўы күндей рәўшан. Таза болған жағдайда да, бәрибир қәбирстан аўқат жейтуғын орын емес.
Садақаны өз орынларына бериў керек. Қоңсымыз баласының оқыўдағы шәртнама пулын төлеўге қыйналып отырса, ал бизлер жанлық сойып, оны садақаға мүтәж емес адамларға жедирсек, бул динимизге де, ақылға да туўры келмейтуғын ис. Оның орнына сол қоңсымызға жәрдем берген мың мәрте абзал.
2. Қәбир айланыў, топырағын маңлайға сүртиў. Бул ислер де шәриятымызда жоқ. Негизинде Каабадан басқа ҳеш орынды айланып таўап етиў дурыс ис емес. Қәбир айланып жүрип ҳәттеки ески қәбирлердиң үстинен басып та кетеди. Шәриятымызда марҳумның ҳүрмети тири менен бирдей, қәбирди басыў үлкен гүналардан.
3. Тиләўат қылатуғын адам излеп жүриў. Адамларға ҳайран қаласаң, мусылманман деп турып еки аятты билмеў мүмкин бе? Ҳәр қандай шаңарақта дастурхан басында, шаңарақ басшысы тиләўат етип, берген неъматлары ушын Аллаҳға шүкир айтыўы, еки аят болса да оқып, өткенлерге бағышлаўы, буларды балаларына да үйретиўи үрдис болған ис ғой. Қәбирстанға барып, жақыныңның қәбири қасына барып, еки аят оқый алмасаң, не деген адам боласаң?
4. Марҳумлардан сораў. Қәбирлерде жатқан пәленши бабадан, төленши атадан деп тилеп бир нәрсе сораў мүмкин емес. Өйткени, марҳумлар бизлерге ҳеш нәрсе бере алмайды, қайтама бизлер оларға бир нәрсе бериўимиз керек, яғный аят оқып саўабын бағышлаўымыз керек.
5. Кийиниў әдебине әмел етпеў. Ҳаял-қызларымыздың көшелерде кийинип жүриўи ҳәдден асып кеткен екени ҳеш кимге сыр емес. Бирақ қәбирстанда ең кеминде көйлек кийгенде ыштаны менен кийиўди умытпаўы, басын да жаўып келиўи шәрт. Енди, бул жерлерде де ярым жалаңаш, келте кийимлерди, еркеклердей шалбар кийиў, бул - барып турған әдепсизликтен дерек береди.
Ер-жигитлер де шорты сыяқлы келте кийим менен емес ҳәм басларына тақыя кийип барыўы тийис.
6. Қәбирге жасалма гүл қойыў. Бул әдет жақынға шекем тек христиан динине тийисли адамлардың қәбирстанларында болатуғын еди, ҳәзирлери мусылманлартыкинде де ушырап турыпты. Ҳәдиси шәрипте, еле ызғары кетпеген шақа, қәбирдегилерге пайда бериўи ҳаққында келген. Ал жасалма гүллер тек көзаба ис ғой, оларды ҳәмме алып барыўы менен қәбирстанлар патасланып атырғаны да сыр емес. Бундай ис қылыў ақылға уғрас емес.
7. Қәбирстанда күлиў. Қәбирстанда екижүзли адам күледи, делинген. Ол жерлер күлисип, ойнасып қайтатуғын орын емес. Ақыретти еслеп қайтатуғын орын. Мен де усы жерге келемен, мени де ағайин-туўысқанларым усы жерге таслап кетеди, соның ушын дүзиў жасаўым керек, бир күн келип ҳәммесине жуўап беремен, деген ойларды қәлбтен өткеретуғын орын.

👍12
#мағлыўмат #қурбанлық
ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ТАРИЙХЫ
Қурбанлық ибадатының тарийхы жүдә ески болып, бүгинги көриниси ҳәзирети Ибраҳим алайҳиссалам ҳәм оның баласы Исмайыл алайҳиссаламға барып тақалады.
Ҳәзирети Ибраҳим бир күни баласы Исмайылды қурбанлық қылып атырғанын түсинде көреди, бул — иләҳий ўаҳий болады. Ҳәзирети Ибраҳим жағдайды баласына түсиндиреди, баласы да буған таяр, разы екенин айтады.
Ҳәзирети Ибраҳим баласы Исмайылды қурбанлық қылыўға таярланып атырғанда Аллаҳ таала олардың бул шын кеўилден иләҳий буйрыққа бойсынғаны себепли Исмайылдың орнына бир қой жибереди.
Ҳәзирети Ибраҳим Исмайылдың орнына бул қойды қурбанлық қылады.
Соннан бери қурбанлық сол тәризде Ибраҳим алайҳиссаламның сүннети есапланып келинген.
Бизлердиң шәриятымызға қурбанлық ибадаты ҳижрий 2-жылдан баслап енгизилген.

🥰9👍2
#мағлыўмат
ҚУРБАНЛЫҚ ДЕГЕНИМИЗ НЕ?
Қурбанлық сөзликте "жақынласыў", ал Ислам дини терминологиясында болса Қурбан ҳайыты күнлери Аллаҳ таалаға руўхый тәрептен жақынласыў мақсети менен сойылған жанлыққа берилген ат. Қурбанлық ҳижрий екинши жылы Мадинада шәриятқа енгизилген. Қурбанлықтың динимиз шәриятына енгизилиўиниң ҳикмети Аллаҳ тааланың неъматларына шүкирлик қылыў, ҳақ жолында жанкүйерлик қылыў, қаржылай имканияты болмаған инсанлардың белгили бир ўақытта болса да гөш жеўине имканият жаратыў, тәмийинлеў, соның менен бирге бәле апатлардан өзин сақлаў киби диний, әдеп-икрамлық, жәмийетлик мақсетлерге жетисиў болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта қурбанлық Ислам дининдеги жәмийетлик өз ара жәрдемлесиў, аўызбиршиликтиң өзине тән гөззал үлгиси болып келмекте.

#мағлыўмат #еслетпе
🌙 ✅ (Айдың шығыўына қарап +/- бир күнге өзгериўи мүмкин.)
✈️ @MagzaniyshanUz
Қурбан ҳайыт байрамы зулҳижжа айының 10-күни. Зулҳижжа айының дәслепки он күни ең пазыйлетли, ҳәдислерде сол он күн ишинде қылынған әмеллердиң саўабы оғада жоқары екени айтылған.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🔥6👍2
#мағлыўмат
⤵️ Таң аттырсаңыз, кеш болыўын күтип жасамаң, күниңизди жақсы ислер менен өткериўге ҳәрекет етиң.
⤵️ Еле жетип келмеген келешекти деп, бүгиниңди қуры ойлар менен өткерип қоймаң. Бүгиниңди дүзетсең, ертеңги күниң де жақсы болады.
⤵️ Жүрегиңизден көре алмаўшылықты шығарып таслаң, душпаншылықты, жек көриўшиликти жоқ етиң.
⤵️ Маған жақсылық жоқ екен деп адамлардан узақласпаң, ислериңиздиң ҳәммесин есап-китаплы қылың, адамларға бийҳуўда араласыўды кемейтириң.
⤵️ Китап инсанның ең жақсы жолдасы, солай екен, китаплар менен сәўбетлес болың, илимге жақын болың, мәрипатты дос тутың.
📚 «Өкинбе» китабынан
✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❤5👍1
#мағлыўмат
АШУРА КҮНИ
Ашура күни де берекетли күнлерден есапланады. Онда қылынған ибадатлар да, саўаплы әмеллер де пазыйлетли саналады.
Ашура күнинде қылынатуғын ең үлкен саўаплы әмеллер:
1. Ораза тутыў;
2. Зәкат бериў;
3. Тырнақларды алыў;
4. Ғусыл қылыў;
5. Наўқасты көриўге барыў;
6. Алымлардың алдына барып, нәсият еситиў;
7. Жетимлерге саўғалар берип, ғамхорлық көрсетиў;
8. Кийим иҳсан қылыў;
9. Жаназа намазына қатнасыў;
10. Силаи раҳм;
11. Төрт рәкат нәпил намаз оқыў;
12. Шаңарағына кеңшилик, байрам қылып бериў;
13. Қарыз бериў;
14. Адасқан адамға жол көрсетиў;
15. Ифтарлық бериў;
❗️Ашура күни 2025-жылдың 4-июль, жума күнине туўры келеди.❗️

❤14
#мағлыўмат
САДАҚАНЫҢ ПАЙДАЛАРЫ:
1- Периштелер малыңа берекет тилеп дуўа қылады.
2- Ол сениң шайтанлар үстинен жеңисиң.
3- Ол Аллаҳ азза ўа жалланың ғәзебин өширеди.
4- Ол ҳәр бир кеселликке ем ҳәм шыпа.
5- Ол сениң аброй ҳәм ҳүрметиңди сақлайды.
6- Ол сениң өлим алды жуўмақланыўыңды шырайлы қылады.
7- Садақаң тосық болып сени дозақтан сақлайды.
8- Ол қыямет күни сениң саябаның.
9- Ол сениң мал-мүлкиңди зыяда қылады.
10- Ол қәлбиң қаттылығын жумсартады.
11- Садақа қәбир азабы ҳәм жалынынан сақлайды.
12- Ол қәте ҳәм гүналарыңды өширеди.
13- Ол садақа бериўшиден ҳәм оның жақынларынан бәлени қайтарады.

❤7