Mag'zaniyshan.uz
1.32K subscribers
7.4K photos
446 videos
1 file
2.15K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#оразаның_пазыйлети

ОРАЗА ТУТҚАН АДАМНЫҢ ДЕНЕСИНДЕ НЕЛЕР ЖҮЗ БЕРЕДИ?

Дерек...

➡️ https://t.iss.one/magzaniyshanuz
👍1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#оразаның_пазыйлети

Ораза тўтқан адамның денесинде нелер жүз береди

➡️ https://t.iss.one/magzaniyshanuz
👍10
#рамазан_2022 #ҳәдис
#оразаның_пазыйлети

"Шаҳру Рамазан" китабында келеди: Ҳәзирети Бурайда разыяллаҳу анҳу айтады:
Бир күни Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Билал разыяллаҳу анҳуға: "Ҳәй, Билал! Кел, бизлер менен аўқатлан",– деди. Ол:
"Мен оразаман", – деди. Сонда, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Бизлер өз ырысқымызды жеп атырмыз. Ал, Билалдың ырысқысы, жәннетке сақлап қойылып атыр. Ҳәй, Билал! Билесең бе, егер оразадар қасында тағам желинер екен, оның сүйеклери тасбеҳ айтып турады ҳәм периштелер оның ҳаққына истиғфар айтып турады", – деди.

Бул ҳәдисте Билал разыяллаҳу анҳу нәпил ораза тутқан болған.

Каналға ағза болың ↘️
➡️ https://t.iss.one/magzaniyshanuz
👍51
#рамазан_2022
#ҳәдис #оразаның_пазыйлети

ОРАЗА НӘПСИМИЗ ТӘРБИЯШЫСЫ

Рамазан оразасының ең әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, ол себепли биз өз нәпсимизди тәрбия қыламыз, оны сабырға үйретемиз, таат-ибадатта шынықтырамыз. Себеби оразада үш пазыйлет бар болып, әне сол пазыйлетлер себепли ораза тутыўшы беккем сабыр-қанаатқа ийе болады.
Бириншиден, ораза ибадат болып есапланады. Толық бир ай ораза тутыў ушын адамға үлкен сабыр-шыдам керек болады.
Екиншиден, ораза тутыўшы тутқан оразасы кәмил болыўын қалеп үлкен-киши гүналардан өзин тыйыўға туўры келеди. Әлбетте, гүналардан тыйылыў ушын да үлкен сабыр қанаат талап қылынады.
Үшиниден, ораза ибадаты ашлық ҳәм шөл киби қыйыншылықларға сабыр қылыўды талап қылады. Усы талапларды кәмил орынлаған нәпси жаманлықлардан узақ, жақсылықларға қарап умтылыўшы болады, мүтәжлерге меҳир-мүриўбет көрсетиўге, Аллаҳ таалаға итаат қылыўға көнликпе пайда етеди.
Сабыр ҳаққында Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу: «Кимге сабыр қылыў неъматы берилген болса, ол ҳеш қашан саўаптан бос қалмайды. Себеби Аллаҳ таала Қураны Кәриймде: «Әлбетте, сабыр қылыўшыларға (ақыретте) сыйлықлар есапсыз бериледи», – деп айтқан» – деген.
Басқа бир ҳәдисте келеди:
“Ораза сабырдың ярымы ҳәм сабыр ийманның ярымы”, деген.
Расында да, әзизлер, Аллаҳ тааланың биз бенделерге берген неъматларының ишинде сабыр неъматы ең кең ҳәм үлкени есапланады. Сабыр сөзи Қураны кәриймде 103 аятта келген. Сабыр сөзиниң мәнилери оғада көп болып, олардан бири “қыйыншылықта өзин услап турыў” дегени.
Аллаҳ тааланың дини ҳәм таат-ибадаты жолындағы қыйыншылықларға сабыр ететуғын адамның қәлбинде нур пайда болады. Сол нур ибадатлар ҳәм түрли машақатлардың жаңылыс жолын жақтыландырып, туўры жол таңлаўға жәрдем береди.
Сондай-ақ, сабырдың нуры мөмин адамға қәбиринде де, қыямет күнинде де пайда береди.
Имам Ғаззалий «Иҳияу улумид-дин» де бундай жазады: «Сабыр-шаръый ҳүким итибарына көре парыз,
пазыйлет, мәкруҳ сыяқлы түрлерге бөлинеди. Қайтарылған ҳәм буйырылған нәрселерге сабыр қылыў, яғный буйырылғанларын қылыў, қайтарғанларынан қайтыў парыз есапланады; жақынлары дүньядан өткенде ҳәм басқа да дүньялық мүсийбетлер жеткенде сабыр қылыў пазыйлет есапланады; шәриятта мәкруҳ болған азарды жеткизгенге сабыр қылыў мәкруҳ есапланады».
Сабыр Аллаҳ тааланың Өз бенделерине берген ең уллы сыйлығы есапланады. Себебеи, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдиси шәрийфинде: «Ҳеш кимге сабырдан көре жақсырақ ҳәм кеңирек сыйлық берилмеген», делинген.

🔵 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍51
#рамазан_2025
#оразаның_пазыйлети

🙄 РАМАЗАН ЖАЎЫНЫ

Көшелер шаң-тозаңға толып, кир болса, адамның кеўли жаўын қәлеп қалады.
"Жаўын жаўып қалса еди, шаңлар басылар еди, әтирап тазаланар еди", дейди.

Және кир кирлик бар. Оның аты – гүна....
Оны тек Аллаҳ тааланың жаўыны ғана тазалаўға қәдир. Бул жаўын – Рамазан!

😌 Я Аллаҳым, бизлерге Рамазанды пайдалы қыл, гүналарымызды Өзиң мағфират қыл!

📖 "Рамазан сағынышы" китабынан.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍15
#оразаның_пазыйлети #мағлыўмат


🙄 Оразаның пайдаларынан және бири – ораза тутыўшының қәлби пәклениўи.

Ораза тутқан адам бәрқулла Аллаҳ таала оның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳ тааланы еслеп, сезинип жүриў инсанның қәлбин пәклейди. Бундай инсанның қәлбине Аллаҳтың муҳаббатынан басқа нәрсе сыймай қалады. Ораза тутқан адам өз-өзинен жаманлық қыла алмай қалыўы да соннан.
Демек, ким қәлби пәк болыўын қәлесе, ораза тутсын!

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍11
​​#оразаның_пазыйлети


🙄 Рамазанға 2 күн қалды

Салман Фарсий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

«Шаъбан айының ақырғы күнинде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бизлерге хутба қылды:

– Ҳәй инсанлар! Уллы ҳәм берекетли айдың саясы үстиңизге түсти. Бул айда мың айдан-да қайырлырақ бир кеше бар. Аллаҳ таала бул айдың күндизлеринде ораза тутыўыңызды парыз ҳәм түнлери турып, намаз оқыўыңызды сүннет қылған. Бул айда ким зәрре муғдарындай жақсылық қылса, басқа айларда парыз әмел қылғандай саўап алады. Ким бул айда бир парызды орынласа, басқа айда жетпис парыз әмел орынлағандай болады. Бул ай сабыр ҳәм қыйыншылықларға шыдаў айы. Сабырдың есеси болса – жәннет. Бул ай пақыр ҳәм жарлыларға жәрдем айы. Бул айда мөмин кисиниң ырысқы көбейтиледи. Бул айда бир кисиниң бир оразадарды ифтар қылдырыўы (аўыз аштырыўы) гүналардың кеширилиўине ҳәм дозақ отынан қутылыўға себеп болады. Буннан тысқары оған, оразадардың саўабынан қайтарылмастан оның саўабынша саўап жазылады, деди.

Саҳабалар:

– Я Расулаллаҳ! Бәримиздиң де оразадарға ифтар бериўге күшимиз жетпейди-ғо, – деди.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ҳәй саҳабаларым! Аллаҳ таала бул саўапты бир дана қурма, бир жүзим, бир кесе сүт бергенге де бере береди», деди.

📖 Ибн Хузайма рәўият қылған.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8