Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.53K photos
409 videos
1 file
2.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
#ҳәдис

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Кисиниң адамлар көзинен алыста оқыған нәпил намазы адамлар көз алдында оқылған жигирма бес ракат намазына тең келеди.
Заид ибн Сабит разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Ҳәй инсанлар, үйлериңизде де намаз оқың. Себеби парыз намазларынан тысқары ең абзал намазы үйде оқыған намазы. Бирақ парыз намазларды мешитте оқыған абзал”, деди.
Имам Бухарый рәўияты.

Түсиндирме: Нәпил намазларды үйде оқыған абзал. Себеби, бунда риядан узақ болынады, қабылы анық болады, берекети үйге киреди, шайтан үйден қашады. Мешитте ҳәм намаз оқылатын жерлерде оқылыўы зәрүр болған намазлар да мәлим ҳәм белгили парыз намазлары, ийд, жума, кусуф, истисқо, тараўиҳ намазлары мешитте ҳәм намаз оқылатуғын жерлерде оқылатуғын намазлар.



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Жарҳад Асламий разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Бир күни Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жанынан өтип қалды. Оның саны ашық еди. Сонда Нәбий алайҳиссалам оған “Саныңды жап, себеби, сан әўрет есапланады”, деди.
Имам Термизий рәўияты

Келте шорты кийип жүрген еркеклер абайлы болың!



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Ибн Умар разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Биреўиңиздиң тиршилиги қыйынласып қалса, не ушын үйден көшеге шығып баратырып, усы дуўаларды айтпайды: “Бисмиллааҳи ьалаа нәфсий ўа мәәлий ўа диний. Аллаҳумма, роддиний биқозойка ўа бәәрик лий фиймаа қуддиро лий ҳатта ләә уҳибба таьжийла мәә аххорта ўа ләә та’хийро мәә ьажжалта” (Жаным, малым ҳәм диним Аллаҳтың аты менен. Аллаҳым, мени қаза қадарыңа ыразы қыл, маған тағдыр қылған нәрсеңе берекет бер, Сен кешиктирген нәрсениң тезирек болыўын, Сен тезлестирген нәрсениң кешигиўин қәлемейин).

Ибн Сунний рәўияты



👇👇👇👇👇
♻️ @MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Аиша разияллаҳу анҳа рәўият қылады: “Әлбетте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаңарақ ағзаларынан кимдур наўқас болып қалса, оған (Фалақ ҳәм Нас сүрелери)ин оқып дем салар еди”.

Имам Муслим рәўияты.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Әбиў Қатада Саламий разияллаҳу анҳудан рәўият қылынпды:
“Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
“Биреўиңиз мешитке кирсе, отырмай турып еки ракат намаз оқысын”, деди”.

Имам Бухарый рәўияты.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Пайғамбар алайҳиссалам айтты:
“Ким жума күни ғусыл қылса, егер ҳаялының ҳош ийиси болып, оннан ҳош ийисленсе, жақсы кийимин кийсе, соң адамлардың үстинен басып өтпесе, маруза ўақтында сөйлемесе еки жума арасындағы гүнаҳларға каффарат болады”
(Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

  Усман ибн Ҳакимнен рәўият қылынады:
  «Саъийд ибн Жубайрдан ражаб айында турғанымызда ражаб оразасы ҳаққында сорадым. Ол:
    «Ибн Аббастың «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ораза тутар еди, енди аўзын ашпаса керек, дер едик. Аўзы ашық болар еди, енди ораза тутпаса керек, дер едик», деп айтқанын еситкенмен»,
– деди».
 
Шолыў: Усман ибн Ҳаким Саъийд ибн Жубайрдан Ражаб айы оразасы ҳаққында сораса да, ол Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның күнделикли әдети ҳаққында жуўап берген. Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам гейде үзликсиз ораза тутар еди, ҳәтте адамлар енди аўзын ашпаса керек, деп ойлап қалатуғын болған. Ал, гейде аўзы ашық жүргенликтен адамлар енди ораза тутпаса керек, деп ойлап қалатуғын болған. Ражаб айында да сондай болатуғын еди.

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #рамазан_2022 #ораза 

   Пaйғaмбaрымыз Муҳaммaд саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былaй дeген:  
   «Жәннет төрт түрли адамды күтип асығып турады. Олар: Қуран оқыўшылар, тилин жаман сөзлерден тыйғанлар, аш адамларды тойдырғанлар ҳәм рaмaзан айында ораза тутқанлар».

Каналға ағза болың ↘️
🔵 https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_кирип_келмекте #ҳәдис

Ибн Aббас разыяллаҳу анҳу айтты: «Мeн Рaсулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Егер үмметлерим Рамазандағы пазыйлетлерди билгенде еди, жылдың ҳәммеси Рамазан болыўын әрман қылған болар еди», дeгенин еситтим».

🔵 @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #рамазан_2024 #ораза 

   Пaйғaмбaрымыз Муҳaммaд саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былaй дeген:  
   «Жәннет төрт түрли адамды күтип асығып турады. Олар: Қуран оқыўшылар, тилин жаман сөзлерден тыйғанлар, аш адамларды тойдырғанлар ҳәм рaмaзан айында ораза тутқанлар».

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Абдуллаҳ ибн Масьудтан( разияллаҳу анҳу) рәўият қылынған ҳәдиси қудсийда келтирилиўинше, Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сондай деген:
“Аллаҳ айтады: “Ҳәр кимниң денеси ҳарамнан, гүнаҳлардан тыйылмаса, Мениң ушын жемек-ишпекти тәрк етиўине қарамайман”.


Әбиў Нуайм рәўияты

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Намазда сапта тығыз болып, бос жерлерди толтырса, оның ушын жәннетте үй қурылар екен.

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким саптағы (бос жерди толтырып) тосса, Аллаҳ оның дәрежесин көтерип, жәннетте оның ушын бир үйди қурады”, деди.

Имам Табараный рәўияты.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Жәннет ийелери

Нәбиюллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сораў берди:
- “Ҳәй Аллаҳтың Расулы жәннет ийелери де уйықлайдыма?” - деди.
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
- “Уйқы өлимниң бирәдары, жәннет ийелери уйықламайды” - деди.

(Имам Табараный нәўияты)

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҲӘДИС

Әнас ибн Мәлик разияллоҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ соллаллоҳу алайҳи ўасаллам сондай дедилер: «Ким қырық күн даўамында жәмәәт пенен намаз оқып, тәкбир таҳримаға үлгерсе, оған еки бараат: дозақтан бараат (шетлениў) ҳәм мунафықлықтан бараат (шетлениў) жазылады».

Имам Термизий рәўияты.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Жәннет ийелери

Нәбиюллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сораў берди:
- “Ҳәй Аллаҳтың Расулы жәннет ийелери де уйықлайдыма?” - деди.
Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
- “Уйқы өлимниң бирәдары, жәннет ийелери уйықламайды” - деди.

(Имам Табараный нәўияты)

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

АШУРА КҮНИНИҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Абдуллаҳ ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
“Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: “Ким шаңарақ ағзаларына Ашура күни (азық-аўқат, кийим-кеншекте ҳәм басқа нәрселерде) кеңшилик қылса, жылдың қалғанында Аллаҳ оған кеңшилик қылады”.

Имам Байҳақий рәўияты.

Имам Суфян ас-Саўрий раҳимаҳуллаҳ: “Биз бул ҳәдисти әмелде қоллап көрдик ҳәм оның айтылғандай екениниң гуўасы болдық”, – деген.

Суфян ибн Уяйна раҳимаҳуллаҳ: “Биз бул исти 50-60 жыл тәжирийбе қылып көрдик ҳәм тек жақсылық көрдик”, – деген.

Демек, Ашура күни, 16.07.2024 күни базарлық қылып, үйимиздеги кемшиликлерди толтырып алсақ, жылдың қалған айлары да берекетли болыўы үмит етиледи.

✈️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳәдис

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди:
“Адам баласы өлимнен қашқанындай ырысқысынан қашса да, өлим оны таўып алғанындай, ырысқы да таўып алады”.

Абу Нуьайм Жабир рәўият қылған.

@MagzaniyshanUz
#ҳәдис

Пайғамбар алайҳиссалам айтты:
“Ким жума күни ғусыл қылса, егер ҳаялының ҳош ийиси болып, оннан ҳош ийисленсе, жақсы кийимин кийсе, соң адамлардың үстинен басып өтпесе, маруза ўақтында сөйлемесе еки жума арасындағы гүнаҳларға каффарат болады”
(Имам Әбиў Даўыт рәўияты).

✈️ @MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM