Mag'zaniyshan.uz
1.11K subscribers
6.48K photos
408 videos
1 file
2.05K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Айырым кисилер оразасы бузылып қалыўынан қорқып бир қултым суў ишип қойыўдан өзлерин асырайды, бирақ ақыретлерин жоқ қылыўы мүмкин болған ғыйбат, өсек, адамлардың ҳақларын жеўден өзлерин асырамайды.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#рәўият #рамазан_2024 #ораза 

Ораза тутқан адам ушын Арштың астына дастурхан жайылады

    Анас разыяллаҳу анҳу рәўият қылады: «Ораза тутқан адамлардың аўзынан мушк аңқып турады ҳәм олар ушын Арштың астына дастурхан жайылады. Қыяметте адамлар есап-санақ қылынып атырғанда, ораза тутқан адамлар зыяпатта отырады».
    «Аллаҳтың көз көрмеген, қулақ еситпеген ҳәм инсанның ойына келмеген дастурханы бар. Оның дөгерегинде тек ораза тутқан адамлар ғана отырады». 
   Сол ўақытта есап-санақ қылынып атырған адам: «Рәббимиз, биз есап берип атырмыз, неге олар зыяпатта отырыпты?» – деп сорайды. Оларға: «Олар ораза тутқанында, сизлер ораза тутпаған едиңиз», деп жуўап бериледи екен.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық

   АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

«Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.»

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ораза тутыу ушын ғусыл шәрт пе?

Ассаламу алайкум! Аллах разы болсын бәршелериңизден. Рамазан айы мүбәрек болсын. Сорауым , жунуб халда ораза тутып болмайдыма? Әуели ғусыл қылып, кейин сәхәрлик қылыу керек па?

Жууап:
Тутса болады. Сәхәрлик ушын ғусыл шәрт емес, ғусыл намаз ушын шәрт.

Уаллоҳу аълам.
Одинахон Муҳаммад Содиқ

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы


   АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

   «Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар». 

   Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин пийшемби 🕊
4 - Рамазан 1445 ж
14 - Март 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

 ✈️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
😌 Я РӘББИМ! Өзиңниң разылығыңды қәлеп РАМАЗАНда ораза тутып атырмыз…

👈 Ол да бизге ҚӘБИРде нур болып, СИРАТтан қолларымыздан тутып РАИЙЯН ЖӘННЕТине кириўимизге көмекши болыўына мияссар әйле!!!

👏 ӘССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ӘЗИЗЛЕР

🙄 РАМАЗАНның төртинши күни мүбәрек болсын!!!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
😢 Сизге Рамазандағы нәсиятым

🙄 Таң намазын оқып болғаннан кейин, қуяш шығаман дегенше (зикир, дуўалар қылып) отырыўды зая қылмаң! Мүддети шама менен бир саатты алады. Сол отырыў (жалса) да уллы саўаплар ҳәм үлкен хайыр, жақсылықлар бар. Сондай-ақ, сол әмел нәбий Зат- Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан сүннет.

👨‍✈️ Тек бир шәрти бар: Ҳеш ким менен сөйлеспей, телефоныңызға қарамай отырасыз. Отырғаныңызда тек сиз бенен Аллаҳтың ортасында жасырын болсын. (Қәлбиңиз) тек Аллаҳ пенен болсын. Қуран оқың, Аллаҳты зикир қылың.

Мәжид Зәкий

😬 Түсиндирме: Таң намазынан кейин Қуяш шығып бир найза шамасында көтерилемен дегенше уйықламастан таңның зикирин оқып, Қураны кәриймди оқып отырыў абзал. Себеби расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, саҳабалар ҳәм сәләфи солиҳлар зуҳа ўақытына шекем уйықламастан, бәнт болар еди.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #рамазан_2024 #ораза 

   Пaйғaмбaрымыз Муҳaммaд саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былaй дeген:  
   «Жәннет төрт түрли адамды күтип асығып турады. Олар: Қуран оқыўшылар, тилин жаман сөзлерден тыйғанлар, аш адамларды тойдырғанлар ҳәм рaмaзан айында ораза тутқанлар».

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​​​Айырымларын болса да таңлап алып барынша әмел қылың!

Рамазан дәстүри:
1.Бир ай толық ораза тутаман (биринши мәрте тутып атырғанларға)
2.Бес ўақыт намазды өз ўақытында оқыйман.
3.Қураны кәриймди кеминде бир мәрте хатым қыламан(мәнисин болса да).
4.Ҳәр күни Қуран тиләўатларынан еситемен.
5.Ҳәр күни ийманды күшейтетуғын марузалар еситемен.
6.Ҳәр күни түнде таҳжжуд намазы оқыйман.
7.Ҳәр күни уйықлаўдан алдын таҳарат аламан.
8.Ҳәр күни таңғы ҳәм түнги зикирлерди қалдырмай оқыйман.
9.Ҳәр күни ишраҳ ҳәм зуҳо намазын оқыйман.
10.Ҳәр күни азғана болса да садақа беремен.
11.Ата-анама жақсырақ қызмет қыламан.
12.Шаңарақ ағзаларым ушын арнаўлы дәстүр дүзип, толық әмел қыламан;
13.Шаңарағым менен тәпсир китабынан ҳәр күни оқып бараман;
14.Шаңарағым менен ҳәдийс ҳәм сийрат китабынан ҳәр күни оқып бараман;
15.Шаңарағым менен руҳий тәрбияға байланыслы китаплардан ҳәр күни оқып бараман;
16.Гүнаҳларыма көп тәўбе қыламан;
17.Ҳәр күни ата-анам ҳәм перзентлерим ҳаққына дуўа қыламан;
18.Ҳәр күни бәрше мусылманлар ҳаққына дуўа қыламан;
19.Улыўма ғыйбат қылмайман;
20.Улыўма харамға нәзер салмайман ҳәм еситпеймен;
21.Ҳеш ким менен урыспайман;
22.Ўақытымды босқа кетирмеймен;
23.Дуўа қабыл болатуғын ўақытларға (түнниң ақырғы үштен бири, ифтар ўақыты, азан менен тәкбир арасы ҳәм парыз намазларынан соң) айырықша итибар беремен;
24.Қоңсышылық ҳақларын ада етемен;
25.Имканым барынша ораза устағанларға ифтарлық қылып беремен;

Дизимди даўам еттириўиңиз мүмкин.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Tayarlıq_kurs_haqqında

"Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy" orta arnawlı islam bilim jurtında shólkemlestirilip atırǵan tayarlıq kursına qabıllaw dawam etpekte.

Qabıllaw waqtı: 09-00 den 17-00 ge shekem.

📚Tayarlıq kursı 2024-jıl mart ayınan baslanıp 5 ay dawam etedi.

📝Tayarlıq kursı tómendegi pánlerden bolıp ótedi:
— Shet tili (arab tili);
— Ózbekstan tariyxı ;
— Ruwxıylıq hám aǵartıwshılıq tiykarları.

📕Tayarlıq kursına ulıwma bilim beriw mektepleriniń 11-klass oqıwshıları, orta, orta arnawlı, professional bilimlendiriw mákemelerin tamamlaǵanlıǵı haqqındaǵı hújjet (attestat, diplom ) ge iye bolǵan Ózbekstan Respublikası puqaraları qabıl etiledi.

✏️Tayarlıq kursında oqıwshılar tómendegi hújjetlerdi usınıwları kerek:
— bilim jurtı direktorı atına arza ;
— pasport yamasa ID karta nusqası (tiykarı kórsetiledi);
— 3, 5 x4, 5 kólemdegi 4 dana foto súwret (sońǵı 3 ayda alınǵan hám de arqa fonı aq reńde bolıwı talap etiledi).

❗️Bilim jurtı tayarlıq kursında oqıp atırǵan, turar jayǵa mútájligi bolǵan tıńlawshılardı jataqxana menen támiyinlew minnetlemesine iye emes.

🏠 Mánzil: Nókis qalası, Bilimler guzarı kóshesi, 1-a úy. Nókis Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı.

☎️ Telefon: +99890-095-93-93

Bilim jurtı baspasóz xizmeti

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń!
telegram /youtube /facebook /instagram
#рамазан_2024

Рамазан оразасын қалдырмай тутып киятырған аға-инилер, апа-қарындаслар!
Оразаларыңыз қабыл болсын.
Аўыз ашатуғын ўақытта тилек тилеўди умытпаң!
   Себеби, Пайғамбарымыз алайҳиссалам:
   "Ҳақыйқатында да, ораза тутыўшының аўызашар алдында қылған дуўасы қайтарылмайды", - деген.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙃5 - күн «ТАРАЎИҲ» намазы пазыйлети.

بيشينچی كيچده تراويحني اوقوسه خداي تعالي خانه كعبني ايچده و مدينه منوّرني مسجيدة و مسجد أقصده اوقوكانديك ثواب بركاي

👨‍✈️ Бесинши түнде тараўиҳ оқыса, Аллаҳ таала Кабаның ишинде, Мәдинаи мунаўўараның мешитинде ҳәм Ақсо мешитинде намаз оқығандай саўап бергей.

😢 “Мажмаъул максуд” китабынан.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық

   АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

«Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.»

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
😌 Расулаллаҳтың дуўаларын ядлап алың

Расулаллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ифтарлықта аўыз ашып: “Забаз-зомаў, ўабталлатил уруўқу ўа сабатал ажру, иншәаллаҳ”
(Шөллеў кетти, тамырлар ызғарланды, иншәаллаҳ, саўап ҳасыл болды) деп айтатуғын еди.

Байҳақый рәўият қылған

👈 Аўыз ашып болып усы дуўаны қосымша айтатын болсаңыз ҳәм сүннетке әмел еткен боласыз. Ким пайғамбардың бир сүннетине әмел етсе және ол Рамазан айында болса жүдә уллы саўапларға ериседи иншә аллаҳ.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#салаўат

😏 “Соллаллаҳу ьалаа Муҳаммадин ўа ьалаа әли Муҳаммад”

😏 “Аллаҳумма солли ўа саллим ўа бәрик ьалайҳ”

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ТАРАЎИҲ НАМАЗЫНЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

🌙 Рамазан кешелеринде қайым болыў - уллы ибадат болып, Аллаҳ таала тақўалы бенделерин сыпатлар екен, олардың түнлерин ибадат пенен өткериўлерин айырықша зикир қылады: “Олар кешелери аз уйықлар еди” (Зарият сүреси, 17-аят).

👨‍✈️ Басқа аятта Аллаҳ таала сүйикли бенделерин усындай тәрийплейди: “Олар түнлерин Рәббилерине сәжде қылып, бийдар өткереди” (Фурқан сүреси, 64-аят).

😬 Сизде усы Аллаҳ таала айтқанындай бенделери қатарынан болыўды қәлесеңиз тараўиҳ намазын ғәниймет билип, оны тәрк етпең!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM