Mag'zaniyshan.uz
1.1K subscribers
6.49K photos
408 videos
1 file
2.05K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!
Download Telegram
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан

Ҳәр түрли себеплер менен: тәўекел қыла алмай, яки жағдайы болмай, я болмаса, ораза тутыўдың парыз екенлигин билмей, Рамазан оразасынан қалып кеткенлерге ЕСЛЕТПЕІ!!!

5 күн емес, ҳәтте, 15 күн қалып қойсаңыз да, сизиң қалған он бес күнди тутып бериўге мүмкиншилигиңиз бар!👍
Егер наўқас яки сапарда болмасаңыз, жағдайы келмейтуғын қартайып қалған адам болмасаңыз, жүкли болмасаңыз, онда берекет жаўған пазыйлетли айдың берекетинен сиз де бос қалмаң!

🌙 Бул – бир жылда бир-ақ рет келетуғын берекетли ўақыт!

🌙 Бул – тилеклер қабыл болатуғын, ҳәр бир түнинде адамлар дозақтан босатылып, Жәннетке жоллама алатуғын қуўанышлы демлер!

Енди, усындай қәсийетли айға аман-есен жеткизген Аллаҳ таалаға шүкиршилик айтың да, Оның разылығы ушын ораза тутың. Еле де кеш емес, тап ертең баслаўға болады!

Дерек: @alberuniyuz

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Рамазан_2024
#Видео_ролик
#Тараўиҳ

     КЕГЕЙЛИ РАЙОНЫ «МАҒЗАН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕГИ ЕКИНШИ ТАРАЎИҲ НАМАЗЫНАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙃3 - күн «ТАРАЎИҲ» намазының пазыйлети.

اوچونچی کیچده تراویح اوقوسلار آواز قيلغاي بر فرشته خالص قيلغيل عملني خداي تعالي مغفرت قيلدي ديب يعني كيچوردي خداي تعالي ايلكاركه كناهلارنكني كيچوردي ديب

Үшинши түнде тараўиҳты оқыса, бир периште: “Халыс қылған әмелди, Аллаҳ таала мағфират қылды”, – деп аўаза еткей. Яғный Аллаҳ таала әўўелги гүнаҳларын кешти, деп аўаза қылар.

📚Мажмаъул максуд китабынан.

https://t.iss.one/magzaniyshanuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ифтарлық

   АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

«Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әәмәнту ўә аълайкә тәўәккәлту ўә аъләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий мәә қоддәмту ўә мәә аххарту бироҳмәтика я арҳамар рооҳимийн.»

Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мәғфират қыл.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Аўызды хурма менен ашыў - береке

Расулуллаҳ саллаллаху алайхи ўа саллам айтты: “Егер сизлерден биреўиңиз аўыз ашатуғын болса, хурма менен аўыз ашсын. Әлбетте ол берекедур. Егер оны таба алмаса, суў менен ифтарлық қылсын. Себеби ол пәклеўши” (Имам Аҳмад, Имам Доримий рәўияты).

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жәннет ҳурларына мәҳриңиз барма?

Ҳасан Басрий раҳматуллоҳи алайҳ айтады: “Жәннет ҳурларының мәҳри мешитти сыпырыў ҳәм оны абат қылыў”.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Уйықламай сәҳәрлик таярлаған ҳаяллар...                                                       

Түнде турып, шаңарағы ушын сәҳәрлик таярлаған, оятып, олардың тәшўишин шеккен ҳаялларымыздың намаъи әмеллерине Аллаҳ таала көплеп әжир саўаплар жазсын!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы


   АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

   «Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар». 

   Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄Күнлик ўазыйпа:

Аллаҳумма солли ъала Нәбиййина Муҳаммад
(100 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят

#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қурбыңыз жеткенинше зикирди тоқтатпаң.
🤕 Себеби Аллаҳты көп зикир қылыў арқалы Қуранның айырым сырларын аңлайсыз, 🌱Аллаҳқа таат қылыў жоллары аңсатласады ҳәм жақсы қулықлы инсанға айланасыз.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
بِسْــــــــــــــــــــــمِ ﷲِالرَّحْمَنِ الرَّحِيم  

☀️ Әссаламу алайкум ўә роҳматуллоҳи ўә барокатуҳ! 

Бүгин сәршемби 🕊
3 - Рамазан 1445 ж
13 - Март 2024 ж


Күниңиз ҳайырлы ҳәм берекетли болсын! ☀️💓💓

 ✈️@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ОРАЗАҢЫЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН, ӘЗИЗЛЕР!

🌙 Усы айда ораза тутыўға қәдир қылған, саўаплы ислерге баслаған ҳәм Өзине ибадат қылыў заўқын берген Аллаҳ таалаға шексиз мақтаўлар болсын!

🤲 Отыз күн тутқан оразамыз қабыл болып, қыямет күни Рәббимиз бенен ушырасқанда Рамазанда ораза тутқанымыз ушын ўәде етилген қуўанышларға бөлениўди Аллаҳ таала бәршемизге несип етсин!


❗️Еле сизде ийгиликли әмеллерге саўаплар 10 еседен 700 есеге шекем яки оннан да көбейтип берилетуғын мәўритлер бар. Азғана садақа, зикрлер, силаи раҳм ҳәм басқа да саўаплы әмеллерди қылып, мол саўапларға ийе болып қалың.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🧓 Ибн Әбиў Марям раҳимаҳуллаҳ өзиниң устазларынан төмендеги сөзлерди нақыл етеди: “Рамазан айы келсе шаңарағыңызға қәрежетти көбейтиң! Себеби бул қәрежет Аллаҳ жолында қылынған қәрежет киби мол саўаплы болады. Бул айдағы бир тасбиҳ, басқа айлардағы мың тасбиҳтан абзал болады”.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​​​#ораза #сораў_жуўап

Ораза тутқан адам қандай ислерди қылыўы сүннет?

Сәрлик қылыў; таңнан алдын оразаны нийет етиў; ораза менен нәпсини жаман нийетлерден тоқтатыўды нийет етиў; ораза болған ҳалда пайдасыз сөзлерди сөйлеў ҳәм де еситиўден өзин сақлаў; адамлар менен жәнжеллесиўден, ҳәм де ҳәр бир гүна ислерден өзин тартыў; имканы болғанша зикир айтыў ҳәм де Қуран тиләўат қылыў менен шуғылланыў; күн батқан ўақытта шам намазды оқымастан алдын аўыз ашыў сүннет болып есапланады.

Ораза тутқан адамларға қандай ислер макруҳ есапланады?

Пайдасыз, биймәни сөзлерди айтыў; адамлар менен жәнжеллесиў; моншаға түсиў; суўға сүңгиў; аўқатты татып көриў; оразаны жалғап тутыў, яғный биринши күнги оразасын екинши күнге аўыз ашпастан даўам еттириў сыяқлы ислер макруҳ болып есапланады.

Ораза тутқан адамға қандай ислерди қылыў дурыс болады?

Сатып алатуғын нәрселерди тил тийгизип татып көриў, зәрүр болғанда тағам шайнап бериў, көзге сүрме тартыў, бетти майлаў, мисўактен пайдаланыў, қан алдырыў, зүлик қойдырыў, қуман менен ғусыл қылыў, сабын менен пәклениў дурыс болады, макруҳ емес.

Оразаны қандай нәрселер бузады?

Гүнжи дәни муғдарында болса да тағам жеў; бир тамшы болса да суў ишиў; еркек ҳәм де ҳаялдың жынысый жақынлық қылыўы оразаны бузады.

Бир адам биле тура өз қәлеўи менен оразаны бузатуғын ислерди биринши мәрте қылса, ол адам не қылыўы керек?

Оразасының қазасын тутады ҳәм де каффарат лазым болады.


📚 "Ибадати Исламия" китабынан

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Пуқаралар кабылы өткерилди!

13-марть сәршемби күни  Кегейли районы бас имам хатиби Арзыўбай Юсупов Кегейли районы "Мағзан Ийшан " жаме мешитинде пуқараларды қабыллады. Қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжәтлери тыңланып, шәрий сораўларына жуўап берилди ҳәм финанслық көмек бериў мәселелери толық үйренип шығылып қанаатландырылды.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Рамазан

  Рамазан - шайтанлардың үлкенлери (күшлилери) кисенленип, байланатуғын ай.   
  Нəпсиқумарлық ораза арқалы жүўенленетуғын ай.
   Демек, өзиң менен өзиң жалғыз қалдың. Ашыўлансаң - өзиң, өтирик, өсек, ғыйбат сыяқлы жаман ислерге урынсаң - және өзиң. Пейлиң өзгерип, жаман ойға берилип жатырған болсаң - ол да өзиң. Шайтанның байланысы жоқ. Бул айда сениң ҳақыйқый өзлигиңди билесең, өзиңди таныйсаң, өзиң менен жақыннан танысасаң!

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙃 4 - күн «ТАРАЎИҲ» намазы пазыйлети.

 تورتونچی كيچده تراويحني اوقيسه توريت و إنجيل و زبور و قرآنني ثوابيني تاپكايلار

Төртинши түнде тараўиҳ оқыса, Таўрат , Инжил, Забур ҳәм Қуранның саўабын тапқай.

📚”Мажмаъул мақсуд” китабынан.

@MagzaniyshanUz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM