#Бес_баслама_бес_имканият
«БЕС БАСЛАМА – БЕС ИМКАНИЯТ» АТАМАСЫНДА ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ
Қоңырат районы халық билимлендириӯ бөлимине қарасмлы 53-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жас әўладты руўхый бәркамал етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў, көркем өнерге, спортқа, мәлимлеме технологияларына, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны ғалаба үгит-нәсиятлаў, жаслардың хабардарлығын арттырыў мақсетинде «Бес баслама – бес имканият» атамасында илаж өткерилди.
Илажға Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариат баслығы Б.Ўәлибаева, Қоӊырат районы ҳәкиминиң тил мәсәлелери бойынша мәсләхәтшиси Р.Айбергенова ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаевлар қатнасты.
Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz

#Фоторепортаж
#Жасыл_мәкан
МЕКТЕП ЖӘМӘӘТИ "ЖАСЫЛ МӘКАН" АКЦИЯСЫНДА
❇️Хабарыңыз бар, быйылғы жылдың 1-декабрь сәнесине шекем «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды.
❇️Усы мүнәсибет пенен «Әҳмийетли 40 күнлик» илажына Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң мийнет жәмәәти белсене қатнаспақта.
✅ - Тахтакөпир районы Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 13-санлы улыӯма билим бериӯ мектебиниң мийнет жәмәәти тәрепинен мектеп әтирапына нәллерди егиў менен бир қатарда мектеп аймақларында абаданластырыў, жап-салмаларды тазалаў жумыслары да алып барылмақта, дейди мектептиң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы П.Әжимуратова
❇️Елимиз бойлап «Әҳмийетли 40 күнлик» илажы шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Каналымызға қосылың 👉 t.iss.one/kkeduuz

DÍQQAT!
"QARAQALPAQSTAN" TELEKANALÍ XABARLAYDÍ
Búgin, 31-oktyabr saat 19:00 de “Qaraqalpaqstan” telekanalında Siziń názerińizge gezektegi «Múnásibet» kórsetiwin názerińizge usınadı.
Onda Respublikamız mekteplerinde baslawısh klass (1-4-klass) oqıwshıların biypul azıq-awqat penen támiyinlew baǵdarında alıp barılıp atırǵan jumıslar hám wazıypalardıń qalay orınlanıp atırǵanlıǵı haqqında sóz etiledi.
Telegram kanalımızǵa aǵza bolıń – t.iss.one/kkeduuz

✍️“Jas kitapqumarˮ tańlawınıń qala hám rayonlıq basqıshları ótkerildi.
🖐“Bes baslama olimpiadası“ sheńberinde búgin barlıq qala hám rayonlarda “Jas kitapqumarˮ tańlawı ótkerildi.
🔹2 shárt 3 jas kategoriyası boyınsha ótkerilgen tańlawda Respublikalıq basqısh qatnasıwshıları anıqlandı.
🚘Esletip ótemiz, “Jas kitapqumarˮ tańlawınıń Respublikalıq basqıshında 1-orın jeńimpazları Prezident sawǵası - Spark avtomobiline iye boladı.
Telegram | Instagram | You Tube | Facebook

#Бес_баслама_шеңберинде
АЎЫЛ БАЛАЛАРЫ МУЗЕЙДЕ
❇️Баслаўыш классларда берилетуғын билим ҳәм тәрбия балалардың келешегин белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде мектеп билимлендириўине қаратылып атырған итибар ҳәм имкәниятлар, келешек әўлад тәлим-тәрбиясында жетиклик тәмийинлеўге қаратылған.
❇️Баслаўыш классларда оқыўшыларға пән сабақлықларын терең үйретиў менен биргеликте, оларды қосымша дөгереклерге тартыў, тәбият қойнына саяхатлар шөлкемлестириў, түрли тарийхый орынлар менен таныстырып барыў, ой-өрисиниң кеңейиўине көмекши болады. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес әҳмийетли басламаның әҳмийети айрықша.
❇️Нөкис районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби баслаўыш класс оқытыўшыларыда «Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде өз алдыларына орынланыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алған.
❇️Жақында мектептиң баслаўыш класс оқыўшылары класс басшылары менен биргеликте Қарақалпақстанның ең мақтанышлы орынларының бири, жәҳәнде өзиниң бай экспонатлары менен жетекши орында турған И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде саяхатда болды.
❇️Музей хызметкерлериниң мағлыўмат бериўинше бул 1966-жылдан берли халқымызға, пүткил дүнья көркем-өнер сүйиўшилерине хызмет көрсетип келмекте.
❇️Музейден орын алған қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнер дөретпелери, Қарақалпақ заманагөй рең-сүўрети ҳәм мүсиншилиги, өзбек ҳәм рус сүўретлеў өнери дүрданаларынан ибарат экспонатлар, кишкенелер қәлбинде үлкен қуўаныш пайда етти.
❇️Музейге саяхат етиў арқалы, тарийх, миллий қәдириятлар ҳәм көркем-өнер ҳаққында дәслепки түсиниклерге ийе болды.
Сәрбиназ Ибадуллаева – Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы.