QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrligi
17.2K subscribers
25.1K photos
2.44K videos
74 files
9.44K links
QR Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń rásmiy telegram kanalı

Isenim tel: (61) 222-94-45

Official website: https://kkbilim.uz/

Múrájat ushın: @QRmshmbministrligi_bot

Korrupciya: https://t.iss.one/bilimlendiriw_Korrupciya_bot
Download Telegram
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

ХОЖЕЛИДЕ «БЕС БАСЛАМАБЕС ИМКАНИЯТ» АТАМАСЫНДА ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

❇️Елимизде жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиз жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айырықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бес баслама ислеп шығылған еди.

❇️Бүгин, 16-апрель күни Хожели районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 25-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде «Бес басламабес имканият» атамасында илажлар өткерилди.

❇️Илаждың ашылыў салтанатында район ҳәкими Ж.Ермашев, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниӊ қадағалаў ҳуқық хызмети бас қәнийгеси О.Ибрагимов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министри Р.Реимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жас әўладты руўхый жақтан жетик инсан етип тәрбиялаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, сол арқалы олардың көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️Мектепте оқыўшы-жаслардың бос ӯақытларын мазмунлы ҳәм қызықлы өткериў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Әлбетте, оқыӯдан бос ӯақытлары оқыўшыларымыз оқыў дәўиринде ийелеген билимлерин жәнеде беккемлеў, пәнлер олимпиадасы, түрли таңлаўлар менен спорт жарысларына таярлық көриў имкәниятын жаратады.

❇️Бул әҳмийетли ислерди шөлкемлестириўде мектептеги дөгерек жумысларының орны оғада үлкен. Мектепте педагог-устазларымыз тәрепинен шөлкемлестирилген түрли бағдардағы дөгереклерге қатнасыўшы оқыўшылар түрли бағдарларда өз қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын тынымсыз изленислер алып бармақта.

❇️Бүгинги илаж қатнасыӯшылары мектепте оқыӯшылар ушын шөлкемлестирилген дөгерек жумысларын тамашаламақта.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️Бәршемизге мәлим, ҳәзирги ўақытта қала ҳәм район орайларында, елатлы пунктлерде «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарын әмелге асырыў бойынша «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланып, халықтың, соның ишинде, жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа итибарды күшейтиў ҳәм усы арқалы ҳаўаның тазалығын сақлап, аймағымыздың экологиялық жағдайын жақсылаў мақсетинде бир қатар әмелий илажлар әмелге асырылмақта.

❇️Усы мүнәсибет пенен илажға қатнасыӯшы мийманлар тәрепинен мектеп әтирапына мийўе ҳәм декоратив тереклер отырғызылды.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️«Бес басламабес имканият» атамасында өткерилген илаж даӯамында мектептиң бир топар талантлы оқыӯшылары тәрепинен миллий үрп-әдетлер, дәстүрлер, қосықлар, аяқ-ойынлар атқарылып, миллетлер аралық татыўлықты жырлайтуғын қарақалпақша, өзбекше, қазақша, русша қосықлар атқарылды ҳәм жыйналғанларға байрам кейпиятын инәм етти.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️Сондай-ақ, илаж даӯамында мектепте оқыӯшылар ушын шөлкемлестирилген дөгерек жумысларын еле де житилистириӯ мақсетинде, мектепке 4 дана тигиӯ машинасы, спорт инвентарлары ҳәм оқыӯшыларға оқыӯ қураллары тапсырылды.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️Жақында баспадан шыққан «Үмит ушқынлары» атлы китапта Хожели районы 25-санлы мектептиң 7-класс оқыӯшысы Қалбаева Ақсүңгүлдиң «Мектебим» қосығы жарық көрди.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият
#Хожели_районы_25_санлы_мектеп

❇️Илаж соңында Хожели районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы улыӯма орта билим бериӯ мектеп директорлары ҳәмде бәрше илаж қатнасыӯшылары естелик ушын сүӯретке түсти.

❇️Әлбетте, күн даўамында өткерилген илаж қатнасыӯшылардың турмысында умытылмас мәўритлерге бай болып, олардың жаңа басламаларына тийкар жаратады.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият

«БЕС БАСЛАМАБЕС ИМКАНИЯТ» АТАМАСЫНДА ИЛАЖ ӨТКЕРИЛДИ

Қоңырат районы халық билимлендириӯ бөлимине қарасмлы 53-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жас әўладты руўхый бәркамал етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди шөлкемлестириў, көркем өнерге, спортқа, мәлимлеме технологияларына, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны ғалаба үгит-нәсиятлаў, жаслардың хабардарлығын арттырыў мақсетинде «Бес басламабес имканият» атамасында илаж өткерилди.

Илажға Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариат баслығы Б.Ўәлибаева, Қоӊырат районы ҳәкиминиң тил мәсәлелери бойынша мәсләхәтшиси Р.Айбергенова ҳәм Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими баслығы Ж.Өсербаевлар қатнасты.

Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz
#Бес_баслама_бес_имканият

❇️Елимизде жасларға болған итибарды еле де күшейтиў, оларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, елимиз жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айырықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бес баслама ислеп шығылған еди.

❇️Бүгин, 2-декабрь күни пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Республикасы Президентиниң бес әҳмийетли басламасы шеңберинде улыӯма орта билим бериӯ мектеплери оқыӯшылары арасында көркем-өнер, спорт, хабар технологиялары ҳәм китапқумарлық бағдарлары бойынша болып өткен таңлаӯдың Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған ҳәм белсенди қатнасқан оқыӯшыларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

❇️Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Наримбетов ҳәм тараӯ басшылары қатнасты ҳәмде жеӊимпаз болған оқыўшы-жасларды қутлықлады ҳәм саўғаларды тапсырды.

❇️Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Каналымызға қосылыӊ 👉 t.iss.one/kkeduuz 👈