#Бес_баслама_шеңберинде
АЎЫЛ БАЛАЛАРЫ МУЗЕЙДЕ
❇️Баслаўыш классларда берилетуғын билим ҳәм тәрбия балалардың келешегин белгилеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде мектеп билимлендириўине қаратылып атырған итибар ҳәм имкәниятлар, келешек әўлад тәлим-тәрбиясында жетиклик тәмийинлеўге қаратылған.
❇️Баслаўыш классларда оқыўшыларға пән сабақлықларын терең үйретиў менен биргеликте, оларды қосымша дөгереклерге тартыў, тәбият қойнына саяхатлар шөлкемлестириў, түрли тарийхый орынлар менен таныстырып барыў, ой-өрисиниң кеңейиўине көмекши болады. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес әҳмийетли басламаның әҳмийети айрықша.
❇️Нөкис районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби баслаўыш класс оқытыўшыларыда «Бес әҳмийетли баслама» шеңберинде өз алдыларына орынланыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алған.
❇️Жақында мектептиң баслаўыш класс оқыўшылары класс басшылары менен биргеликте Қарақалпақстанның ең мақтанышлы орынларының бири, жәҳәнде өзиниң бай экспонатлары менен жетекши орында турған И.В.Савицкий атындағы көркем-өнер музейинде саяхатда болды.
❇️Музей хызметкерлериниң мағлыўмат бериўинше бул 1966-жылдан берли халқымызға, пүткил дүнья көркем-өнер сүйиўшилерине хызмет көрсетип келмекте.
❇️Музейден орын алған қарақалпақ халқының әмелий көркем-өнер дөретпелери, Қарақалпақ заманагөй рең-сүўрети ҳәм мүсиншилиги, өзбек ҳәм рус сүўретлеў өнери дүрданаларынан ибарат экспонатлар, кишкенелер қәлбинде үлкен қуўаныш пайда етти.
❇️Музейге саяхат етиў арқалы, тарийх, миллий қәдириятлар ҳәм көркем-өнер ҳаққында дәслепки түсиниклерге ийе болды.
Сәрбиназ Ибадуллаева – Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы.
Каналға қосылың – t.iss.one/kkeduuz

#Медиа_тур
МУЗЕЙГЕ САЯХАТ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ
Беруний районындағы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң бир қатар оқыўшылары ушын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилди.
Толық оқыӯ ушын
👉 t.iss.one/kkeduuz