Оқыў семинары шөлкемлестирилди
✅Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябр күнги “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” ғы 595-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлигинде оқыў семинар болып өтти.
Семинарға район ҳәкиминиң орынбасарлары, ҳәкимликтиң хызметкерлери, орынлардағы мәкеме, кәрхана ҳәм өзин-өзи басқарыў уйымлары басшылары, ҳәким жәрдемшилери менен ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, қарардың мазмун-мәнисин кең түрде түсиндирип, алдағы исленетуғын ўазыйпаларды атап өтти.
✍️Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

ҒӘЛЛЕНИ СУЎҒАРЫЎДА ЖАҢА ТЕХНОЛОГИЯЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ АБЗАЛЛЫҚЛАРЫ ТҮСИНДИРИЛДИ
Бүгин Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында сектор басшылары менен биргеликте аўыл хожалығы тараўы ҳәм фермер хожалықлары баслықларының қатнасыўында мәжилис болып ɵтти.
Мәжилис күн тәртибинде, мәўсимниң ең әҳмийетли илажларынан бири болған гүзлик бийдай егиси ҳәм тәрбиясы, оны нәтийжели усылларда суўғарыў имканиятлары ҳаққында мәселелер кɵрип шығылды.
Атап айтқанда, суўғарыў жумысларында ең тежемли усыллардан болған тамшылатып ҳәм жамғырлатып суўғарыў технологиясынан пайдаланыў ҳәм оның абзаллықлары бойынша мағлыўматлар берилип, оны әмелге асырыўда жеңилликлер бойынша толық мағлыўмат берилди.
Мағлыўмат ушын, быйылғы жылда районда 207 фермер хожалықлары тәрепинен 4000 га жер майданына гүзлик бийдай егиў жумыслары әмелге асырылды.

#Жасыл_мәкан
#Кегейли
🌳Сектор басшылары ҳәм жаслар тәрепинен бағ жаратылды
🌴Кегейли районында жаңадан шөлкемлестирилип атырған халықтың дем алыў паркинде район ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшыларының қатнасыўында жаслар басламасы менен нәл егиў жумыслары әмелге асырылды.
🌳Неше жыллардан берли бос турған майданға дем алыў паркин шөлкемлестириўде, түрли саяманлы терек нәллерин отырғызыў ҳәм бағ жаратыў ислери оғада әҳмийетли. Өйткени, халық көп жыйналатуғын орында егилген бул нәллер ўақты келип өзинен инсан саламатлығы ушын зәрүрли болған кислородты бөлип шығарып, ҳаўаның тазалығына хызмет етиўи сөзсиз.
🌿Усы терең сезинген сектор басшылары менен жаслар жетекшилери бүгин "Әҳмийетли 40 күнлик" шеңберинле белгиленген орынларға түрли атамадағы декоратив терек нәллерин отырғызды. Егилген терек нәллерине алдағы ўақытларда күтимли қараў ҳәм тәрбиялаў жумысларына районлық Абаданластырыў басқармасы жуўапкер етип бекитилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки шегара аймағы болған Қарақалпақстан посёлкасы пуқаралары менен ушырасып, олардың турақ жай мәселесиндеги машқалаларын барып көрди.
Аймақтағы бир неше пуқараның турақ жайларына "Термитлер" тәрепинен зыян жеткерилген болып, бул машқала турақ жай турғынларын қыйнап киятырған еди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен машқаланы унамлы шешиў ушын пуқаралардың үйлерин қайта қурып бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
joqargikenes.uz|Facebook|Instagram|Twitter

🌴Нәл егиў жумысларына арналған семинар
🌳Ҳәммемизге белгили, елимизде 20-октябрден 1-декабрь санеси аралығында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын 40 күн ишинде әмелге асырыў бойынша тапсырмалар барлық районлар дәрежесинде түсиндирилип, режелер белгилеп алынған еди.
Усы тийкарда, Кегейли районында да 40 күнлик шеңберинде 2022-жылдың гүз мәўсиминде 288 800 мың түп терек нәллерин отырғызыў жумыслары шɵлкемлестириледи.
Усы мүнәсибет пенен бүгин районда нәл егиў жумысларынына арналған семинар болып өтти.
Семинарға район ҳәкими Д.Утемуратов, сектор баслықлары ҳәм райондағы тийисли тараў басшылары қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, әҳмийетли 40 күнлик акция даўамында терек егилетуғын жерлерди сапалы таярлаў кереклигин атап өтти.
Буннан соң, семинар қатнасыўшылары бир гектардан аслам майданға мийўели ҳәм декортив терек нәллерин егиў жумысларын әмелге асырды.
Жойбар шеңберинде нәл егиў жумыслары районымыз бойлап ҳәр күни даўам етеди.
✍️Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети