Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.85K subscribers
31.2K photos
3.21K videos
64 files
4.97K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Шембилик
#Жасыл_мәкан
Мешит нураныйлар тәрепинен абаданластырылды

Бүгин республикамыз бойлап өткерилип атырған абаданластырыў илажларында районымыздың нураныйлары да шетте қалған жоқ. Олар аўызбиршиликтиң үлгиси сыпатында жәмлесип, райондағы "Мағзан ийшан" жомъе мешити әтирапын абаданласьырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында белсендилик көрсетип атыр.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍81
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Шембилик
#Жасыл_мәкан

Бүгин районымыз шығындылардан тазаланып, көклемзарлыққа қарай бет бурды

Бунда, усы районда ҳәрекет етип турған барлық мекеме, кәрханалар тәрепинен шембилик ислери алып барылып, тазалық ҳәм нәл егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Сизше, өзиңиз жасап турған аймақтың, шаңарақтың тазалығы ҳәм абаданлығы ушын бүгинги шембиликке қатнастыңызба?

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍11
#Жасыл_мәкан

Мәмлекетимиз Президенти басламасы менен жолға қойылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Кегейли районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен 1-секторга бириктирилген "Нурлы бостан" МПЖ аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў,  нәл егиў жумыслары амелге асырылмақта.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍31
#Жасыл_мәкан
#Фотофакт

Кегейлиде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажлары шеңберинде тазалық ҳәм нәл егиў жумыслары даўам етпекте.

@kegeylirkuzofficial
👍2
#Жасыл_мәкан

"Ишки ислер бағы" жаратылды

Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жайбарын әмелде қолланыў белгиленген. Бунда тереклерди егиў ҳәм қараў саласында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда “Жасыл бағлар” ҳәм “Жасыл жәмийетлик парклер”ин шөлкемлестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 30-декабрьдеги ПФ-46-сан Пәрманына тийкар, районда 2023-жылда “Жасыл жамаат парклерин”  шөлкемлестириӯ бойынша “Ақтуба АПЖ” аймағынан 2,0 гектар жер майданы “Жасыл жамаат парклер”ин шөлкемлестириӯ ҳәмде  “Ийшан қала” АПЖ аймағындағы  24,45 гектар жер майданына район “Ҳәкимлик бағы”, “Депутатлар бағы”, “Ишки ислер бағы”, “Прокурор бағы”н шөлкемлестириў ушын жер орынлары ажыратылған болып, бүгин район Ишки ислер бөлими тәрепинен ажыратылған орында "Ишки ислер бағы" жаратылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍10
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

🍀ϴзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы агро комлекс үстинен қадағалаў инспексиясы Кегейли районы бөлими тәрепинен Көк өзек аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы "Қабыл Мақсетбаев" фермер хожалығының 1 гектар жер майданына 300 түп мийўели ҳәм саяманлы терек нәллерди отырғызыў жумыслары әмелге асырылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍16
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

Кегейлиде "Ишки ислер бағы" жаратылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍10
#Жасыл_мәкан
#Таза_қала

"Таза қала" шеңберинде жол бойларына терек егилди

Хабарыңыз бар, август айынан баслап райондағы үлкен жоллардың шетине терек нәллерин отырғызыў ушын таярлық жумыслары баслап жиберилген еди. Бүгин бул жерлерге суўсызлыққа ҳәм шорға шыдамлы терек нәллерин отырғызыў бойынша жумыслар баслап жиберилди. Район ҳәкими А.Камалов қатнасыўында алдыннан ислеў берилип, таярланған 2 км узынлықта автомобиль жолы шетине районның климат шәраятына сай келетуғын, суўды аз талап ететуғын аморфа терегиниң 200 түп нәллерин егиў жумыслары алып барылды. Егилген нәллердиң кейинги тәғдири, тәрбиясы ушын жуўапкерлер бириктирилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍7🔥2🥰1
#Жасыл_мәкан

"Салық инспекциясы бағы" жаратылды

🌳Бүгин күн даўамында район бойлап "Таза қала" акциясы шеңберинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Көшелер азадалық көринисине келтирилип, жақсы нийетлер менен бағлар жаратылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Республикада көкелемзарластырыў жумысларын тезлестириў, тереклерди қорғаўды жәнеде нәтийжели шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы пәрманына тийкар Кегейли районында 24 гектар жер майданға бағ шөлкемлестириў режелестирилген болып, акция шеңберинде "Салық инспекциясы бағы" Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынынан ажыратылған 1 гектар майданда шөлкемлестирилди. Күн жуўмағы менен усы тәризде пуқта таярлықлар менен даўам еткен нәл егиў жумысларының нәтийжесинде район бойынша 5831 мың түп нәл, нәллерин егиў жумыслары әмелде орынланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети.
@kegeylirkuzofficial
👍4
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

Кегейлиде автомобиль жолларының шетине 1200 түп аморфа тереги егилди.

@kegeylirkuzofficial
👍7
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан_ушын

Быйыл егилген туқым, келеси жылы нәл болады

🌿Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағындағы "Академик М.Мирзаев" атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтының тәжирийбе хожалығында мийўе туқымынан нәл жетистириў бойынша нәлхана шөлкемлестирилген. Қәнигениң айтыўынша нәлханада жетистирилип атырған нәллер гүзде туқымнан егилсе, келеси жылы мәденийлестирилип, мийўе нәли сыпатында егиў мүмкиншилиги бар екен. Демек, районда усы сыяқлы нәлханалар көбирек шөлкемлестирилсе, терек нәллерин отырғызыў ушын басқа аймақлардан нәл сатып алыўдың зәрүрлиги қалмайды. Районның климат шәраятына ҳәм топырағына бейимлескен нәллер исенимли ҳәм арзан баҳада болыўы сөзсиз.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍142
#Жасыл_мәкан

Жүзимбағта алма бағы жаратылмақта

Кегейли районында «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде быйылғы жылдың гүз мәўсиминде 300 000 түп терек нәллерин егиў режелестирилген болып, бүгинги күнде бул нәллерди биринши нәўбетте автотранспорт қатнаў жолларының бойлары, социаллық тараў объектлери, мәкеме ҳәм шөлкемлер ҳәм де Абаданластырыў басқармасы есабындағы жер майданларына егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.

🍀Бүгин миллий жойбар шеңберинде райондағы «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши автотранспорт қатнаў жолының бойларына район ҳәкими А.Камалов қатнасыўында 1 гектар майданға алма мийўесиниң нәллери отырғызылды. Нәл егиў жумысларында "Инсан" социаллық хызметлер орайы жуўапкерлери де белсендилик көрсетти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@kegeylirkuzofficial‌‌
👍6🔥1👌1
#Жасыл_мәкан

Улыўма миллий жойбар шеңберинде район бойлап абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта. Барлық, мекеме, кәрхана шөлкемлер тәрепинен өзлерине ажыратылған орынларға терек нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылмақта.

@kegeylirkuzofficial
👍11
#Жасыл_мәкан_ушын

"Кегейли районы ҳәкимлиги бағы" жаратылды

Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан таңлап алынған 2,5 гектар жер майданға нәл егиў ушын алдын ала таярлық жумыслары алып барылып, бүгин, бул орында "Кегейли районы ҳәкимлиги" бағы жаратылды. Район ҳәкими Айбек Камалов басшылығында бағ ушын алма, алмурт, шабдал сыяқлы 2000 ға жақын мийўе нәллери отырғызылды. Әлбетте, бул егилген нәллер жыллар өтип, үлкен, көркем бағтың мийўели тереклерине айланыўы керек. Сонлықтан, егилген нәллердиң тәрбиясы ушын жуўапкерлер бириктирилип, анық тапсырмалар берилди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍12🔥21
#Жасыл_мәкан

Районымыз бойлап "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл отырғызыў жумыслары ҳәр күни даўам етпекте. Әҳмийетли күн 1-декабрь сәнесине шекем даўам етиўи белгиленген болып, усы күнге шекем районда 300 мың терек нәллери егиледи.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍7🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан
#Интервью

Кегейлиде "Испан" сортлы жүзимниң нәллери егилди.

@kegeylirkuzofficial
👍10🔥1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан

Қуяшлыға Әндижан ўәлаятынан келген жүзим нәллери отырғызылды.

@kegeylirkuzofficial
👍5
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жасыл_мәкан
Мешит әтирапы абаданластырылып, терек нәллери егилди

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кѳплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Муқаддес динимизде
Терек егиў – ийеси дүньядан өткеннен кейин де оған саўап жетип турыўына себепши болатуғын жети әмелден бири-деп көрсетилген. Қоршаған орталықты кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў мақсетинде райондағы "Мағзан ийшан" мешити әтирапларына нураный аталар, апалар кѳмеги менен мийўе ҳәм декаратив тереклер егиў иләжы ѳткерилмекте.
Қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Ал, егилген нәллер ўақты келип үлкен терекке айланып, әтирамызға көрик ҳәм таза ҳаўа инәм етип турады.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
🔥5👍4👏1
#Жасыл_мәкан_ушын

Және бир мийўели бағ жаратылды

Елимиз бойлап даўам етип атырған "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги нәл егиў жумысларына сиясый партияларда белсендилик көрсетип, экологиялық турақлылықты сақлаў ҳәм әтирап-аймақты көклемзарластырыў жумысларына мүнәсип үлес қосып атыр. Бүгин O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Кегейли районы ҳәкимлиги, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими бир мақсет жолында бирлесип, Жаңабазар АПЖ аймағында жайласқан "Арзыў" фермер хожалығының жер майданында бағ жаратыў ушын 400 түп мийўели терек нәллерин отырғызыў жумысларын әмелге асырды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial👈
👍21
#Жасыл_мәкан

"Ишки ислер бағы" жаратылды

Бүгинги күнде мәмлекет көлеминде тереклерди көбейтиўге қаратылған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелде қолланыў белгиленген. Бунда тереклерди егиў ҳәм қараў бағдарында басқарыў системасын жетилистириў, аймақларда “Жасыл бағлар”ды шөлкемлестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Буны шөлкемлестириў ушын барлық аймақларда жер орынлары ажыратылған болып, бүгин район Ишки ислер бөлими тәрепинен Қумшүнгил АПЖ аймағынан ажыратылған 4 гектар майданда "Ишки ислер бағы" жаратылды ҳәм районлық ИИБ бөлими хызметкерлери тәрепинен 4000 түп мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍13