Жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша семинар
Бағшылық, әсиресе, жүгимгершилик тараўы бүгинги күнге келип мол дәрамат дерегине айланбақта. Бул мийўе инсан организими ушын жүда пайдалы болып, ишки ҳәм дүнья базарларымызда өз орнына ийе болыўы менен бирге республикамыз экономикасының раўажланыўында да әҳмийетли.
Кегейли районында да бул тараўды раўажландырыў бойынша өзине тән мектеп жаратылмақта. Алдыңғы қатардағы тәжирийбели дийқан ҳәм бағманлардың тәжирийбесин ен жайдырыў ҳәм олардың билим ҳәм көнликпелерин еле де асырып, бүгинги имканиятлары пуқаралар арасында кеңнен үгит-нәсият етиў мақсетинде район ҳәкимлигинде семинар ɵткерилди.
Семинарда “Умид Фарғона Бўстон ниҳоллары”ЖШЖ баслығы У.Рахмонбердиев тәрепинен жүзим жетистириў усыллары, финанслық нәтийжелилиги ҳәм кооперацияларды шөлкемлестириў, өнимди жыйнап алыў, сақлаў, зыянкеслерге қарсы гүресиў усыллары ҳәм субсидия алыў имканиятлары бойынша мағлыўматлар берилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Мүнәсибет
«Орайлық Азия – Европа Аўқамы» форматындағы биринши мәжилисинде сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў, саўда-экономикалық шериклик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириў перспективалары додаланады.

Мектепте пән айлығы жуўмақланды
Жуўмақланып атырған октябрь айы даўамында райондағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде "Қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили"пән айлығы өткерилип, айлық шеңберинде оқыўшылардың пәнге болған қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде бир қатар илажлар шөлкемлестирилди.
Бүгин райондағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде пән айлықтың жуўмақлаўшы кешеси өткерилди ҳәм белсене қатнасқан оқыўшылар мектеп жәмәәти тәрепинен хошаметленди.

ПУҚАРАЛАР РАЙОН ҲӘКИМИНЕ МҮРӘЖАТ ЕТТИ
Бүгин белгиленген режеге муўапық район ҳәкими Д.Утемуратов басшылығында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша гезектеги қабыллаўы өткерилди.
Қабыллаўға 40 тан артық пуқаралар түрли мазмундағы 15 тен зыят мүрәжатлары менен қатнасты.
Қабыл етилген мүрәжатларды талықлап қарағанымызда, басым көпшилик мүрәжатлар тәбийий газ, ишимлик суўы, үй-жайды оңлаўға әмелий жәрдем бериў ҳәм медициналық жәрдем мәселелери менен байланыслы екенлигин атап өтиў орынлы.
Өткерилген қабыллаў даўамында бул мүрәжатларға унамлы шешим табыў мақсетинде тийисли тараўлар менен биргеликте имканиятлар үйренилип шығылды. Қолда бар мүмкиншиликлерден пайдаланып, ҳәр бир мүрәжатқа тийисли тәртипте унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге тарсырмалар берилип, орынланыўы район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаўға алынды.
Кегейли районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Хабарландырыў
Кегейли районы «Жылўан жап» МПЖ аймағында 2022-жыл 29-октябрь күни саат 09:10 ден 14:00 ге шекем 42-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0.4 кВ ҳаўа тармағында киши оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2022-жыл 29-октябрь күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем 173-санлы трансформатор пунктинде ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
Кегейли районы «Жалпақ жап» АПЖ аймағында 2022-жыл 29-октябрь күни саат 09:00 ден 15:00 ге шекем 227-санлы трансформатор пунктинде ири оңлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Гордон Эрон дронлари масаласида нотўғри маълумот берганини таъкидламоқда. Ўзбек халқига миннатдорлик билдирди.
Узр сўрабди.
https://t.iss.one/rezonans24
Узр сўрабди.
https://t.iss.one/rezonans24
#Билесизбе
Кегейли районында 2022-жылдыӊ тоғыз ай даўамында район аймағындағы нақ пул тусимине ийе саўда ҳәм хызмет көрсетиў орынларында 52 дана заманагөй онлайн қадағалаў касса машиналары, сондай-ақ 200-дана 2 д сканер орнатылыўы нәтийжесинде товар ҳәм хызмет көлеминиӊ өсиўине ерисилди.

#Жасыл_мәкан
#Кегейли
Республикамыз бойлап даўам етип атырған "Жасыл мәкан"улыўма миллий жойбары шеңберинде Кегейли районында да нәл егиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.
Бүгин районлық Абаданластырыў басқармасы тәрепинен районның орайлық көше бойлары ҳәм халықтың дем алыў орынларына түрли атамадағы декоратив терек нәллерин отырғызыў жумыслары әмелге асырылды.
Акция даўам етеди. Жасыл мәканға Сизде үлес қосың!

Жаңабазар аўылы жасларының әскерий спорт жарысларындағы табыслары даўам етпекте
Кеше пайтахтымыздағы Арқа-Батыс әскерий округинде «Ватанапарвар» шөлкеми Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен аймақлардағы жәмлеспеген жаслар арасында шөлкемлестирилген , «Суңқарлар» әскерий спорт жарысларының Республикалық басқышы болып өтти.
Кегейли районынан қатнасқан «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны «Лашын» командасы бул жарыста да теңсиз екенин және бир мәрте сыпатлап, бириншиликти ийеледи ҳәм ноябрь айында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киритти.
Жеңимпазларды қолға кириткен табыслары менен қутлықлаймыз ҳәм алдағы басқышта да жеңимпаз болып келиўлери тилеклеслигимизди билдиремиз.