Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.91K subscribers
28.5K photos
2.88K videos
57 files
4.42K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

«Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының 2024 жыл 27-март күнги №311 санлы телефонограммасына тийкарланып, 2024-жыл 4-апрель күни  саат 13-00ден 15-00 аралығында Кегейли 35 кВ ҳаўа тармағында (Кегейли районы орайы, Нурлы бостан, Мәденият, Абат макан, Жылўан жап МПЖ, Абат аўыл, Ақтуба ҳəм Жаңабазар АПЖ  аймақлары) 2024-жыл 4-апрель күни  09-00ден 18-00 саатлар аралығында Кегейли 35/10 кВ подстанциясындағы (Кегейли районы орайы, Нурлы бостан, Абат макан, Жылӯан жап МПЖ, Абат аўыл ҳəм Жаңабазар АПЖ  аймақлары), электр үскенелерине гезектеги режели ремонт жумыслары алып барылыўына байланыслы электр энергиясын жеткерип бериўде ўақтынша үзилиске түсетуғынлығын хабарлаймыз.

@kegeylirkuzofficial
#Депутат_қадағалаўы

Қарар орынланыўы менен әҳмийетли

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июль күнги 228-санлы қарары тийкарында, ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн.сўм. муғдарында қаржы ажыратылыўы белгиленген еди.
Бүгин Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, Исбилерменлер ҳәрекети ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси апарат баслығы Б.Искендеров тәрепинен «Мәденият» МПЖ аймағында бул ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар үйренип шығылды. Ажыратылған қаржылар есабынан аймақ турғынларының үй қапталы қыйтақ жерлерин суўғарыў мақсетинде 4 дана Д150- Д200 маркалы электр насос алынған еди. Депутат тәрепинен усы электр насослардың бүгинги күндеги ислеў жағдайлары үйренилди. Пуқаралар болса, әҳмийетли қарар олардың күнделикли турмысы ушын жеңиллик жаратқанлығын атап өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Кегейлиши жаслар жақсы нәтийжелерди көрсетти

2024-жыл 1-2-апрель кунлери Кураш бойынша 2006-2007-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионатында Кегейли районы спорт мектеп тўрбияланыўшылары жақсы нўтижелерге  еристи. Онда спортшыларымыз 50-кг салмақта С.Торамбетов 3-орын, 65-кг Ы.Кенесбаев 3-орын, 71-кг С.Жуманязов 1-орын, 83-кг Б.Утегенов 3-орын, 48-кг Ш.Пердебаева 3-орын, 52-кг Б.Халмуратова 2-оын, 52-кг У.Ешниязова 1-орын, 57-кг Ш.Халмуратова 2-орын, 70-кг Г. Сарсенбаева 3-орын , +70-кг А.Адилбаева 3-орынларды ийеледи. Усы нәтийжелер менен спортшыларымыз
Өзбекстан Республикасы чемпионатында Хорезм ўәятында болып өтетуғын жарысқа жолама алды. Спортшыларымзға әўмет яр болсын!

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Хабарландырыў

Авариялық жағдай себепли жүзеге келген оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, бүгин, 4-апрель күни Кегейли районының барлық аймақларында тутыныўшыларды тәбийий газ бенен тәмийинлеў саат 18:00 ге гекем тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

@kegeylirkuzofficial
#Dıqqat

⚡️Mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlarǵa ashıq tańlawlar járiyalanbaqta!


Sociallıq qorǵaw milliy agentligi ministrlik hám shólkemler, kárxanalar menen birgelikte Mámleketlik puqaralıq xızmeti vakant lawazımlarınıń birden-bir ashıq portalı arqalı mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlar ushın ashıq tańlawlardı járiyaladı.

❗️Talabanlar dıqqatına!

Vakant lawazımǵa arza jiberiw ushın vacancy.argos.uz ǵa kiriń, "Kabinetga kirish" túymesin basıń.

Keyingi qádemde OneID sistemasınan dizimnen ótiń. Eger de Siz aldın OneID sistemasınan dizimnen ótken bolsańız, onda login va parolińizdi terip jeke kabinetińizge kiriwińiz múmkin.

Bunnan keyin tiykarǵı betke ótip, "Vakansiya izlash" túymesin basıń, "Nogironligi bo'lgan shaxslar uchun" bólimine ótiń. Vakant jumıs ornın saylań hám de lawazım ushın belgilengen mamanlıq talapları menen tanısqannan keyin "Ariza yuborish" túymesin basıń!

◽️Vakant lawazımlar dizimi.

Endi Siz vakant lawazım ushın ashıq tańlawda talabansız!

Arzańızdıń jaǵdayın álbette "Mening arizalarim" bóliminde kórip barıń.

📌 Mayıplıǵı bolǵan shaxslarǵa mólsherlengen vakant lawazımlar ushın ashıq tańlawlar ápiwayılastırılǵan tártipte shólkemlestiriledi.

Bunda:

tańlawdıń bárshe basqıshları jumıs beriwshi mákeme tárepinen shólkemlestiriledi;

bul vakant lawazımlar ushın tańlawlarda test sınawı ótkerilmeydi.

📝 Telegram | 💻 Instagram  | 📝 Facebook | 🎖 ihma.uz
Хабарландырыў

«Аймақлық электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалының 2024-жыл 27-март күнги №311 санлы телефонограммасына тийкарланып 2024-жыл 5-апрель күни 09-00ден 18-00 саатлар аралығында
Т-2-35кВ трансформаторы, 10 кВ КРУН, II-СШ-10кВ (Мәденият, Нурлы бостан, Жылўан жап МПЖ ҳəм Ақтуба АПЖ аймақлары) электр ускенелерине гезектеги режели ремонт жумыслары алып барылыӯына байланыслы электр энергиясын жеткерип бериуде үзилиске тусетуғынлығын мəлим етип билдиремиз.

@kegeylirkuzofficial
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлер менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷Мәмлекетлик салық басқармасы:

▫️ Шоманай районы мәмлекетлик салық инспекциясы: баслықтың биринши орынбасары;

▫️ Хожели районы мәмлекетлик салық инспекциясы: баслықтың биринши орынбасары;

▫️ Кегейли районы мәмлекетлик салық инспекциясы: баслық орынбасары – сектор баслығы.

🔷 Кегейли районы ҳәкимлиги:

▫️ “Жаңабазар” МПЖда ҳәким жәрдемшиси.

🔷 Бозатаў районы ҳәкимлиги:

▫️ Бас юрисконсульт.

🔷 Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️Аўыл хожалығы егинлери туқымларының жетилистириўин қадағалаў секторы баслығы (ишки таңлаў).

❗️Aрзалар 08.04.2024-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Кегейлиде жас өспиримлердиң машқаласы үйренилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Прокуратура, ИИМ ҳәм Миллий гвардия ҚР бойынша басқармасы тәрепинен " Социаллық жақтан қәўипли болған шаңарақларда тәрбияланып атырған жас өспиримлердиң социаллық-руўхый орталығын жақсылаў, оларға көмеклесиў, улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алыўына тосқынлық етип атырған жағдайларға биргеликте шешим табыў бойынша мәнзилли жумысларды шөлкемлестириў бойынша қоспа ис-илажлар" бағдарламасы қабыл етилген еди. Бүгин усы қоспа бийликтиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районы прокуратурасы ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте социаллық қәўипли шаңарақларда тәрбияланып атырған жаслар менен жеке тәртипте сәўбетлесиўлер ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасыў өткерилди. Ушырасыў даўамында 39 жастың ҳәм олардың ата-аналарының қыйнап киятырған машқалалары тыңланды.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial