“Tashabbusli byudjet”ning 2024-yil birinchi mavsumi g’oliblari e’lon qilindi.
Ro’yxat:
https://openbudget.uz/boards/initiatives/initiative/32
11,7 mln fuqaro ovoz bergan mavsumda 2 ming 770 ta loyiha g‘olib bo‘ldi. Ushbu loyihalarni moliyalashtirishga 3,3 trln so‘m yo‘naltiriladi.
👉 @xushnudbek 👈

"Басламалы бюджет" жасларды район ушын бир мақсет жолында бирлестирди
"Басламалы бюджет"тиң 2024-жылдың 1-мәўсиминде Жаслар ислери агентлиги тәрепинен районда байрам илажларын жоқары дәрежеде өткериў ушын лед экран ҳәм реңли музыкалар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, район көлеминде әмелге асырылып атырған барлық жаңалықларды жоқары дәрежеде сапалы етип жарытып барыў ушын "Жаслар медиа орайы" н шөлкемлестириў (камера, монтаж стол, жақтыландырыў шырақлары ҳәм студия безеўлери) ушын киргизген усынысы да район жасларының, жаслар жетекшилериниң қоллап-қуўатлаўы менен жеңимпазлар қатарынан орын алды. Әлбетте, бул жойбар тийкарында исленетуғын барлық ҳәрекетлер Кегейли районы ушын хызмет етеди. Демек, "Басламалы бюджет" арқалы да район ушын бираз өзгерислерди әмелге асырыў мүмкин екенлигин бүгин белсенди жаслар дәлиллеп берди. Байрамлардың өзгеше өткерилиўи халқымызға жаңалық, медиа орай болса қызығыўшылығы бар болған жаслар ушын имканият болды.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial

5-8-klass oqıwshıları arasında Informatika baǵdarı boyınsha pán olimpiadası
⚡️Qaraqalpaqstan Respublikası Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw ministrliginiń 2024-jıl 12-marttaǵı “Ulıwma orta bilim beriw mákemeleriniń 5-8-klass oqıwshıları arasında Informatika baǵdarı boyınsha pán olimpiadasın shólkemlestiriw hám ótkeriw tártibi haqqında ”ǵı 80-sanlı buyrıǵına tiykar Kegeyli rayonlıq mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı ulıwma orta bilim beriw mektepleriniń 5-8-klass oqıwshıları arasında informatika olimpiadasınıń rayonlıq basqıshı 14-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde bolıp ótpekte.
⚡️Búgingi olimpiada da jámi 185 oqıwshılar test jumıslarında qatnaspaqta. Test jumısların tómendegi Facebook social tarmaǵındaǵı siltemeler arqalı tuwrıdan-tuwrı kórip barıwlarıńız múmkin.
👇👇👇👇👇👇
https://www.facebook.com/share/v/YijwT7ifyyTDkazT/?mibextid=oFDknk
Kegeyli rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

#Дыққат
⚡️Кегейли районында майыплығы болған шахсларға мөлшерленген вакант лаўазымларға ашық таңлаўлар жәрияланбақта!
📍Кегейли районы 26-санлы мектеп
✅Сызыў пәни муғәллими
📍 Кегейли районы 34-санлы мектеп
✅ Рус тили пәни муғәллими
📍 Кегейли районы 16-санлы мектеп
✅ Музыка мәденияты пәни муғәллими
❗️Талабанлар дыққатына!
Сиз вакант лаўазымға арза тапсырыў ушын Кегейли районы "Инсан" социаллық хызметлер орайына келип хабарлассаңыз болады.
📌Еслепте: Майыплығы болған шахсларға мөлшерленген вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаўлар әпиўайыластырылған тәртипте шөлкемлестириледи.
Бунда:
➖ таңлаўдың бәрше басқышлары жумыс бериўши мәкеме тәрепинен шөлкемлестириледи;
➖ бул вакант лаўазымлар ушын таңлаўларда тест сынаўы өткерилмейди.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
"BÁRKAMAL ÁWLAD BALALARÍ" FESTIVALÍ KEGEYLI RAYONINDA BOLIP ÓTTI
⚡️ Qaraqalpaqstan Respublikası Kegeyli rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı "Bárkamal áwlad" balalar mektebi tárepinen
"Bárkamal áwlad balaları" festivalı bolıp ótti.
🔹”Libaslar dizayni”
🔹"Robototexnika"
🔹"Lanshaft"
🔹"Shaxmat"
🔹“Mental arifmetika”
🔹"Inglis tili"
🔹Milliy kesteshilik
jónelislerde 7 baģdar boyınsha shólkemlestirildi.
💫 Fistivaldi o'tkeriwden maqset, mektepten tısqarı bilimlendiriwdin natiyjeligin bunnanda joqarıģa arttırıw oqıwshılardıń bos waqıtların mazmunlı ótkeriw, oqıwshı jaslardın' joqarı ruwxıy paziyletlerin jetilistiriw, kasipke baslang'ısh bag'darlaw arqalı biyģàrez turmısqa tayarlaw,intellektual bàrkamal àwladti tàrbiyalawdan ibarat.

#Жасыл_мәкан
Мешит әтирапы абаданластырылып, терек нәллери егилди
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде кѳплеген жумыслар әмелге асырылмақта. Муқаддес динимизде
Терек егиў – ийеси дүньядан өткеннен кейин де оған саўап жетип турыўына себепши болатуғын жети әмелден бири-деп көрсетилген. Қоршаған орталықты кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў мақсетинде райондағы "Мағзан ийшан" мешити әтирапларына нураный аталар, апалар кѳмеги менен мийўе ҳәм декаратив тереклер егиў иләжы ѳткерилмекте.
Қайырлы истиң ерте-кеши жоқ. Ал, егилген нәллер ўақты келип үлкен терекке айланып, әтирамызға көрик ҳәм таза ҳаўа инәм етип турады.

Республикамыз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде Кегейли районында нәл егиў ҳәм бағ жаратыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Мәселен, Жүзимбағ АПЖ аймағында "Орол Агро" ЖШЖ тәрепинен 15 гектар жер майданға 18 мың түп "Ризамат ота", "Хусайни" ҳәм "Келин бармақ" сыяқлы ең жақсы жүзим сортлары алып келинип, жүзим нәллерин егиў жумыслары басланды. Интенсив усылда жаратылып атырған бул жүзим бағын шɵлкемлестириў ушын 10 нан артық пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, жумыслар агротехникалық қағыйдаларға сай алып барылмақта.
Әлбетте, әмелге асырылып атырған жумыс кɵлеми салмақлы. Алдағы режелердиң орынланыўы болса, Жүзимбағ аўылында жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын кɵбейтиў, аграр тараўды және де раўажландырыўға сезилерли дәрежеде хызмет етеди. Демек, «Жасыл мәкан» жойбары тек ғана терек егиў жумыслары менен емес, бәлким, бағ жаратыўдай ийгиликли басламалары менен де әхмийетли есапланады.

#Семинар
КЕГЕЙЛИДЕ ШИГИТ ЕГИСИ БАСЛАНДЫ
Быйылғы жылдың зүрәәти ушын Кегейли районындағы 175 фермер хожалықлары тәрепинен 6000 гектар майданға шигит егиў режелестирилген.
Усы мақсетте райондағы "Избағамбет аўыл" фермер хожалығына тийисли болған жер майданында 2024-жылдың зүрәәти ушын шигит егисине арналған көргизбели семинар болып өтти.
Оған Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов, сектор басшылары, АПЖ ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты.
Семинарда шығып сөйлеўшилер шигит егисиниң агротехникасы ҳәм сапалы егиў жумыслары бойынша мәсләҳәтлерин берди. Буннан соң жақсы нийетлер менен шигиттиң районласқан сортларының дәслепки туқымлары себилди.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети