Kegeyli.uz/Рәсмий канал
6.88K subscribers
28.5K photos
2.88K videos
57 files
4.45K links
Кегейли районы ҳәкимлиги:
Веб-сайт:kegeyli.uz
Instagram:https://instagram.com/press_kegeyli
Facebook:https://www.facebook.com/profile.php?id=100092522532363
Youtube:https://www.youtube.com/@kegeylirayonhakimligimalim5947
Мүрәжат ушын:@kegeylipress
Download Telegram
#Депутат_қадағалаўы
Кегейли районының дерлик барлық орынларында арнаўлы қараралар ҳәм тийисли бағдарламалар тийкарында қурылысы режелестирилген объектлердиң саны баршылық. Бул объектлер ɵз ўақтында сапалы етип қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылса, пуқаралар ушын оғада үлкен қолайлықлар жаратылып, районның архитектуралық келбетиниң және де  жақсыланыўына тийкар жаратылады.

Бул бағдарда қурылыс жумысларында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысына жәмийетлик қадағалаў жүргизиў мақсетинде депутатлар бириктирилген болып, бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты Д.Қурбаниязов Кегейли районында болды.

Үйрениўлер даўамында Жоқарғы Кеңес депутаты районда усы жыл ушын белгиленген инвестициялық жойбарлар, арнаўлы бағдарламалар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңесиниң Президиум қарары тийкарында ажыратлыған қаржылар есабынан қурылысы алып барылып атырған объектлер менен танысты.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Депутат_қадағалаўы
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутаты район орайында бой тиклеп атырған Жаслар орайы, Халық билимлендириў бɵлими ҳәм Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынында “Абат аўыл” бағдарламасы шеңберинде жаңадан қурылып атырған балалар бақшасы имаратының курылысын ҳәм районлық Медицина бирлеспесинде әмелге асырылған қурылыс-оңлаў жумысларының нәтийжесин кɵзден ɵткерди.

Орынларда қурылысшылар менен сәўбетлесип, қурылыс сапасын үйренди, шәртнама мүддети ɵткен қурылысларды қатаң сынға алып, дерлик барлық үйренилген объектлердиң қурылысын қысқа ўақыт аралығында сапалы етип жуўмақлаў бойынша мүддет белгилеп берди.

Әлбетте, депутат қадағалаўы еле даўам етеди. Бүгин сын кɵз-қарастан алып барылған үйрениў жумыслары болса, қурылыстың сапалы орынланыўына ҳәм усы арқалы  пуқаралардың күнделикли турмысында қолайлықлар жаратыўға себеп болары анық.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң  мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Депутат_қадағалаўы

Қарар орынланыўы менен әҳмийетли

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июль күнги 228-санлы қарары тийкарында, ҳәр бир мәҳәллеге 500 млн.сўм. муғдарында қаржы ажыратылыўы белгиленген еди.
Бүгин Халық депутатлары районлық Кеңес депутаты, Исбилерменлер ҳәрекети ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси апарат баслығы Б.Искендеров тәрепинен «Мәденият» МПЖ аймағында бул ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар үйренип шығылды. Ажыратылған қаржылар есабынан аймақ турғынларының үй қапталы қыйтақ жерлерин суўғарыў мақсетинде 4 дана Д150- Д200 маркалы электр насос алынған еди. Депутат тәрепинен усы электр насослардың бүгинги күндеги ислеў жағдайлары үйренилди. Пуқаралар болса, әҳмийетли қарар олардың күнделикли турмысы ушын жеңиллик жаратқанлығын атап өтти.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial