KaNews.uz
5.55K subscribers
43.8K photos
3.18K videos
21 files
14K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Цемент импорты тәртиби әпиӯайыластырылады

«Цемент импорты тәртибин әпиӯайыластырыӯ ҳәмде ишки базарды сапалы цемент пенен тәмийинлеӯ ис-илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (450-сан, 23.07.2020-ж.) қабыл етилди.

♻️ Қарарға муӯапық, республикаға алып кирилетуғын цементти еркин айланысқа шығарыӯды әпӯайыластырылған тәртип тийкарында әмелге асырыӯ әмелияты қолланылады.

➡️ Бунда, цемент республика аймағына алып кирилгенге шекем импорт қылыӯшы тәрепинен ықтыярийлық тийкарында оның үлгилери техникалық жақтан тәртипке салыӯ тараӯындағы норматив ҳүжжетлер талапларына муӯапықлығын баҳалаӯ ушын сертификатластырыӯ органына усынылады.

🧾 Өнимди еркин айланысқа шығарыӯ («ИМ 40» режимине өткериӯ) мәмлекетлик бажыхана хызмети тәрепинен тийисли муӯапықлық сертификаты тийкарында әмелге асырылады (бажыхана нызам ҳүжжетлери қәӯипли белгилери анықланған жайғдайлар буннан тысқары).

☑️ Ҳәр бир бажыхана жүк декларациясы бойынша мағлыӯмат сертификатластырыӯ органына «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы арқалы жибериледи ҳәм цемент еркин айланысқа шығарылғанда сертификатластырыӯ органы менен импорт қылыӯшы ортасында дүзилген шәртнама тийкарында цементти қәӯип-қәтерлерди анализлеӯ тийкарында турақлы түрде лаборатория сынаӯларынан өткериледи.

📋 Қарар менен цемент өнимлери ислеп шығарыӯ көлемин асырыӯ ҳәмде ишки базарды сапалы цемент пенен тәмийинлеӯ бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

📌 Оған көре, республикада искерлик жүргизип атырған цемент ислеп шығарыӯшы кәрханалар тәрепинен 2020-жыл II ярымында 9 060,2 мың тонна (I ярым жыллыққа қарағанда 166% көп) цемент ислеп шығарыӯды тәмийинлеӯ нәзерде тутылған.

⛳️ Сондай-ақ, 2020-2021-жылларда 1 129 млн АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиӯ есабына цемент ислеп шығарыӯ бойынша жәми 18 жойбардың (2020-жылда 7, 2021-жылда 11) иске түсирилиӯи белгиленген.

📝 Қарарға муӯапық, техникалық жақтан тәртипке салыӯ тараӯындағы норматив ҳүжжетлер талапларына жуӯап бермейтуғын цементти алып киргенлиги, ишки базарда цемент өнимлерин усақлап сатыӯда тутыныӯшылар ҳуқықларын қорғаӯ ҳаққындағы нызамшылық талапларын бузғанлығы ушын жәриймалар қолланыӯды нәзерде тутыӯшы тийисли нызам жойбары ислеп шығылады.

Дерек: @huqiqiymalimleme

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

📌Коронавирусқа анализ тапсырған соң, нәтийжелери ҳаққында 3 күнде телефон арқалы хабар бериледи

“Коронавирус пандемиясын жумсартыӯ, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаӯ системасын түп-тийкарынан жетилистириӯ илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муӯапық, халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаӯ бойынша төмендеги кешиктирип болмайтуғын илажлар әмелге асырылыӯы белгиленди:

-ҳәр бир шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда мобиль топарлар шөлкемлестириледи ҳәмде олар ушын әпиӯайыластырылған қолланба ислеп шығылады;

-лаборатория тексериӯи әмелиятына жеке секторды тартқан ҳалда экспресс-тест ҳәм иммунофермент анализи усыллары киргизиледи;

-халық тәрепинен мүрәжат етилгенде ҳәмде оларда кеселлик белгилери анықланғанда тезлик пенен коронавирус инфекциясына анализ алыӯ ҳәм анализ нәтийжелерин 3 күнлик мүддетте оларды жеке телефон номерлери арқалы хабардар етиӯ илажлары көриледи;

-медицина мәкемелери ортасындағы мәлимлеме алмасыӯ системасы әпиӯайыластырылады – есабатлар түри, дәӯирлилиги ҳәм басқа қағазбазлықлар менен байланыслы процесслер электрон системаға өткериледи.

Б.Матжанова,
Қанлыкөл районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Суӯ шығарыӯ үскенелерин сатып алыӯ ҳәм орнатыӯға мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады
«Суӯ тәмийнаты аӯыр аймақлардағы халық қыйтақ жерлери ҳәм аӯыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларына суӯ шығарыӯ ислерин мәмлекет тәрепинен қоллап-куӯатлаӯ илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары (459-сан, 30.07.2020-ж.) қабыл етилди.

💰 Қарарға муӯапық, суӯ тәмийнаты аӯыр аймақлардағы халық қыйтақ жерлери ҳәм аӯыл хожалығында пайдаланылмай атырған жер майданларын суӯғарыӯ ушын вертикал суӯғарыӯ қудықларын қазыӯ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа суӯ объектлеринен суӯ шығарыӯ үскенелерин сатып алыӯ ҳәм орнатыӯға мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.

🔰 Субсидиялар төмендеги шәртлерде ажыратылады:

🔹 аӯыл хожалығында пайдаланылмай атырған ҳәр бир гектар жерди пайдаланыӯға киргизиӯ қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда;

🔹 халық қыйтақ жерлерин суӯғарыӯ ушын тереңлиги 10 метрден артық болған ҳәр бир вертикал қудықты қазыӯ ҳәм иске түсириӯ қәрежетлерине қудықтың ҳәр бир метр тереңлиги ушын 100 мың сумнан, бирақ БЕМның 50 есесинен аспаған муғдарда;

🔹 кеминде 30 халық қыйтақ жерлерин суӯғарыӯ ушын вертикал суӯғарыӯ қудықларын қазыӯ ҳәм иске түсириӯ қәрежетлериниң 70 проценти, бирақ 120 млн сумнан аспаған бөлеги қапланады.

@huqiqiymalimleme

👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Статистика органлары искерлигине араласыӯға жол қойылмайды
«Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жәнеде жетилистириӯ ҳәм раӯажландырыӯ ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

📌 Қарар менен Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жетилистириӯдиң баслы бағдарлары белгиленди.

Статистика органлары сапалы ҳәм исенимли мағлыӯматларды қәлиплестириӯге, статистика мағлыӯматларының ашықлығын асырыӯға қаратылған профессионал ғәрезсиз хызметке айландырыӯ баслы бағдарларынан бири.

📊 Қарарға муӯапық, Мәмлекетлик статистика комитети рәсмий статистиканы қәлиплестириӯ менен байланыслы өз ӯәкилликлерин барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлеринен ғәрезсиз әмелге асырады ҳәм комитет тәрепинен қәлиплестирилетуғын статистика мағлыӯматлары рәсмий статистика мәлимлемеси сыпатында жәрияланады.

🚫 Статистика уйымларының нызамлы искерлигине ҳәр қандай араласыӯға жол қойылмайды.

➡️ Аймақлық статистика басқармалары, районлар (қалалар) статистика бөлимлери жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларынан ғәрезсиз болып, тиккелей Мәмлекетлик статистика комитетине бойсынады.

📋 Қарар менен 2020-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы статистикасын раӯажландырыӯдың миллий стратегиясы ҳәм оны әмелге асырыӯ бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.

@huqiqiymalimleme

👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлери тәрепинен социаллық хызметлер ҳәм жәрдем усыныӯда пуқаралардан талап етилиӯине жол қойылмайтуғын ҳүжжетлер ҳәм мағлыӯматлар дизими

@huqiqiymalimleme

👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Сырт елге алып шығып кетиӯ мүмкин болған нақ валюта муғдары асады

Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди (472-сан, 10.08.2020 ж.).

💰 Киргизилген өзгерислерге көре, физикалық шахслар тәрепинен алып кирилип атырған ҳәм алып кетилип атырған 70 млн сум эквивалентинен артық Өзбекстан нақ валютасы ҳәм (ямаса) нақ шет ел валютасы ушын декларация толтырылады (әмелде 2 мың АҚШ доллары).

☑️ Сондай-ақ, 100 млн сумға тең ямаса оннан аспайтуғын нақ валютаны Өзбекстаннан тысқарыға бажыхана қадағалаӯы қағыйдаларына әмел еткен ҳалда шеклеӯлерсиз алып шығылады (әмелде 5 мың АҚШ доллары).

🗓 Қарар 2020-жыл 1-сентябрьден күшке киреди.

@huqiqiymalimleme

👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Өзбекстанда дизимнен өткерместен, мәжбүрий сертификатластырыӯ шәрти менен импорт етилетуғын, COVID-19 инфекциясы менен аӯырған наӯқасларды емлеӯде қолланылатуғын дәри өнимлери ҳәм биологиялық актив затлар дизими

@huqiqiymalimleme

👉🏻 @kanlikulnews 👈🏻
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️ Рухсат бериў қәсийетине ийе бир қатар ҳүжжетлер бийкар болмақта

«Лицензиялаў ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.

🔰 Пәрманға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 37 лицензия ҳәм 10 рухсатнама бийкар етиледи;
👉 16 лицензия ҳәм 11 рухсатнама бирлестириў жолы менен бийкар етиледи;
👉 17 лицензия ҳәм 14 рухсатнамалар хабардар етиў тәртиби енгизилиў жолы менен бийкар етиледи;
👉 14 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамаларды рәсмийлестириў мүддетлери еки есеге қысқартылады;
👉 115 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдалары еледе әпиўайыластырылады.

Пәрманға көре, хабардар етиў тәртиби енгизилген искерлик (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етилиўи өз күшинде қалады ҳәм усы искерлик (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.

🔰 2021-жыл 1-январьдан баслап:

👉 туризм искерлигин лицензиялаўда туроператорлар хызметлерин сертификатлаў ықтыярий етип белгиленеди.

👉 төмендегилер бийкар етиледи:

• кредит бюролары искерлигин лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға разылығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар болыў талабы;

• дәрилик затлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализация етиў искерлигин лицензиялаўда усы искерлик ушын лицензияға болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың тап сондай искерлик пенен шуғылланыўшы филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға айырықша лицензия рәсмийлестириў әмелияты;

• жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензия алыўда талапкерден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.

Дерек: @huqiqiymalimleme

👉 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

🚫 Пәрманға муўапық, ўәкилликли уйымлар тәрепинен төмендеги ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўы қадаған етиледи:

🔻 лицензиялар бериў, олардың әмел етиў мүддетин узайтырыў ҳәм оларды қайта рәсмийлестириўде лицензия талапкериниң коммунал хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлығы себепли мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўден бас тартыў;

🔻 лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлаы ҳәм исбилерменлер ортасында дүзилетуғын өз ара шәртнамаларға алмастырыў;

🔻 лицензия ҳәм рухсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерде нәзерде тутылмаған хақы есесине басқа түрдеги хызметлерден пайдаланыўға ямаса рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыўға тиккелей ямаса тиккелей емес түрде мәжбүрлеў.

2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензия ҳәм рухсат бериў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем узайтырылды.

🖥 2021-жыл 1-январьға шекем лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары менен байланыслы барлық процесслерди қамтып алған «Лицензия» мәлимлеме системасы ислеп шығылады.

🔰 Сондай-ақ, 2021-жыл 1-январьдан:

🔹 лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон тәризде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады;

🔹 лицензия тараўындағы нызам бузылыўлары ҳаққында хабар берген шахслар ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарындағы пул сыйлығы менен хошаметленеди;

🔹 лицензия ҳәм рухсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди тамамлаў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тартибинде әмелге асырылады.

Дерек: @huqiqiymalimleme

👉 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

“Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

🔰 Қарарға көре, “Сақаўат ҳәм көмек” улыўма халықлық ҳәрекетин даўам еттириў ҳәмде материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың балаларын қысқы кийим-бас топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың сентябрь айында халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи:
- материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимине (“темир дәптер”) киргизилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;
- бағыўшысын жойытқанлық пенсиясы ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;
- майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға.
➡️ Бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары ҳәр бир 16 жасқа толмаған бала ушын 500 мың сум етип белгиленди.
Республикадағы барлық басланғыш, улыўма орта тәлим ҳәм ден саўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлери орайласқан тәртипте 2020-жыл 1-октябрьге шекем бийпул гриппке қарсы емленеди.

@huqiqiymalimleme

👉 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Шаңарақ кодексине көп балалы шаңарақ түсиниги киргизилди

«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (640-санлы Нызам, 05.10.2020-ж).

🔰 Нызам менен 8 кодекс ҳәм 10 нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

👉 Шаңарақ кодексине киргизилген қосымшаларға көре, 4 ҳәм оннан артық 18 жасқа толмаған баласы болған шаңарақ көп балалы шаңарақ есапланады.

• Бунда, егер 4 ҳәм оннан артық балаларынан биреўи ямаса оннан көбиреги билимлендириўдиң күндизги формасында (орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер, жоқары билимлендириў) билимлендириў шөлкемлеринде оқып атырған ҳәмде 22 жасқа толмаған болса, бул шаңарақ да көп балалы шаңарақ деп есапланады.

👉 Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилген қосымшаларға көре, басым өткерген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген ямаса оларды ислеўге бийим болған шахс тәрепинен қорғаныў ордери талапларын орынламағанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленди.

• Бундай ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа қарата 223 мың сумнан 669 мын сумға шекем муғдарда жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасы қолланылады.

👉 Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген қосымшаға муўапық, даўагерлер басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға жеткерилген руўхый ҳәм материаллық зыянның орнын қаплаў ҳаққындағы даўлар бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

@huqiqiymalimleme

👉 @kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️Алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет шөлкемлерине (https://t.iss.one/huquqiyaxborot/8896) басқа аймақлардан мийнет искерлигин әмелге асырыў ушын келген жоқары мағлыўматлы қәниге ҳәм (ямаса) медицина хызметкерине басланғыш жәрдем пулы ҳәм ҳәр айлық пул компенсацияны төлеў тәртиби

@huqiqiymalimleme
@kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Прокурорлардың барлық экономикалық суд мәжилислеринде қатнасыў ҳуқықы бийкар етилди

«Суд қарарларын қайта көриў институты жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам (ЎРҚ-663-сан, 12.01.2021 ж.) Президент тәрепинен имзаланды. Нызам менен Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Киргизилген өзгерислерге көре, ислерди бақлаў тәртибинде көриў инстанциясы сапластырылды.

Инвестициялық келиспеўшиликлер ҳәм бәсекиге байланыслы ислердиң экономикалық судларға тийисли екенлиги белгиленди. Ислер инвестициялық келиспеўшилик бойынша ири инвестордың, бәсекиге байланыслы ис бойынша тәреплердиң қәлеўине көре Жоқарғы суд тәрепинен көриледи.

📝 Прокурорлардың барлық экономикалық суд мәжилислеринде қатнасыў ҳуқықы бийкар етилди. Ендигиден былай прокурор тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ямаса прокурордың даўа арзасы менен қозғатылған ислерде ғана қатнасыўы мүмкин. Бизнес омбудсманға шешиўши қарары үстинен апелляция шағымын бериў ҳуқықы берилди.

Буннан тысқары, Жоқарғы суд судьясы кассация шағымы бойынша экономикалық судтан исти талап етип алыўға ҳақлы екенлиги белгиленди. Бақлаў инстациясы бийкар болған болса да, кассация тәртибинде көрилген ис тәкирар көрилиўи мүмкин.

@huqiqiymalimleme
@kanlikulnews
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

🔰 Ҳүкимет қарары (256-сан, 29.04.2021) менен 2021-жыл ушын мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми муғдарлары тастыйықланды.

Каналға ағза болың https://t.iss.one/kanlikulnews