KaNews.uz
5.57K subscribers
43.7K photos
3.17K videos
21 files
14K links
Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң социаллық тармақлардағы рәсмий каналлары

kanews.uz
https://t.iss.one/kanlikulnews
https://www.instagram.com/kanlikul_news/
https://www.facebook.com/kanlikulpress/
@hakimge_murajat2022
@murajatbot
Download Telegram
#қайырқомлық

📌Қанлыкөл районы орайында жайласқан гигант кәрхана “КАНТЕКС ИНВЕСТ” ЖШЖ басламасы менен, район ҳәкимлиги ҳәм райондағы Бас министр қабыллаўханасының қоллап-қуўатлаўында, бәрше мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында жасаўшы кем тәмийинленген, өзгелер жәрдемине мүтәж ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шаңарақларға 30 тонна ун өними бийпул жеткерилди.

Буннан тысқары, районлық Медицина бирлеспеси ҳәм районлық Санитария-эпидемиология тынышлық орайы хызметкерлери ушын инфекциядан қорғаныўға масластырылған 200 дана арнаўлы форма, сондай-ақ, 23 мың дана медициналық нықаплар бийпул тарқатылды.

Районымыз аймақларында усы сыяқлы қайырқомлық илажлары ҳәр күни даўам етпекте.

Қанлықөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
#қайырқомлық

Республикамызда жәрияланған пандемия шaраятында, аймақлардағы кем тәмийинленген ҳәм өзгелер жәрдемине мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў - жоқары басқышқа шықпақта. Әсиресе, ел басына түскен усындай қыйын дәўирде, қалаберди 12 айдың төреси қутлы Рамазан айында бир-биреўге жәрдем бериў, ҳәр биримиздиң инсаныйлық миннетлеримизден саналады.

Қанлыкөл районы Медицина бирлеспеси баслығы Дилбар Нурымбетова район аймағындағы "Дослық", "Мәденият" мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм "Қанлыкөл" посёлка пуқаралар жыйынларында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақларға бир неше түрдеги азық-аўқат ҳәм үй алды қыйтақ жерлери ушын палыз өнимлериниң нәллерин бийпул тарқатты.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
#қайырқомлық

📌Өзбекстан Жаслар аўқамы Қанлыкөл районлық Кеңеси ҳәм «Yoshlar kelajagimiz» фонды районлық филиалы менен биргеликте, район аймағында жумыс алып барып атырған бәрше жас исбилерменлерди «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмалықлық ҳәрекетине жәмлестирген ҳалда, аймақлардағы кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж 15 шаңараққа азық-аўқат өнимлери инам етилди.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға усы линк арқалы ағза болың @kanlikulnews
#қайырқомлық

📌Райондағы шын жетим балалардың ҳалынан хабар алынды

Бүгин Қанлыкөл районындағы 11 мәкан, аўыл ҳәм посёлка пуқаралар жыйынларында жасаўшы 15 шын жетим балалардың ҳалынан хабар алынып, “Вақф” қайырқомлық жәмәәт фонды тәрепинен жәрдем сыпатында бир неше түрдеги азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Усы шеңберде, балалардың бос ўақытларын қай тәризде өткерип атырғанлығы бойынша районлық Халық билимлендириў бөлими ўәкиллери сәўбетлесиўлер алып барды.

📲👉🏻 Телеграм каналымызға ағза болың @kanlikulnews