#Рәсмий_хабар
Өзбекстандағы бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары карантинге алынады
Коронавирус себепли Өзбекстандағы барлық билимлендириў мәкемелери 3 ҳәптелик мүддетке карантинге алынады.
Жоқары оқыў орынларының студентлери, колледж, лицей ҳәм мектеп оқыўшылары және мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң (балалар бақшалары) тәрбияланыўшыларына 16-март, дүйшемби күнинен дем алыс бериледи.
Бул ҳаққында Бас министр Абдулла Арипов басшылығында өткерилген жыйналыста айтып өтилди.
“Жыйналыстан соң өткерилген брифингде журналистлерге мәлим етилиўине қарағанда, Өзбекстанда Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери өткерилмейди. Сондай-ақ, ғалабалық илажлар, соның ишинде, ылақ ойыны, гүрес ҳәм басқа адамлар көп топланатуғын илажлар ўақытша бийкар етиледи.
16 марттан баслап Өзбекстан пуқараларының сырт елге шығыўы, сырт ел пуқараларының Өзбекстанға кириўи ўақытша тоқтатылады. Өзбекстан пуқараларының мәмлекетимизге алып келиниўи даўам етеди.
Бәрше халықаралық автомобиль жоллары жабылады. Өзбекстан Қубла Корея менен ҳаўа қатнаўларына шеклеўлер қойылды. Енди ҳәптесине бир мәрте Өзбекстан самолёты Қубла Кореяға тек ўатанласларымызды алып келиў ушын қатнайды.
Темир жоллардағы халықаралық қатнаўлар да 3 күн ишинде жабылады”, деп хабар берди Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги.
Мағлыўмат ушын, бүгин - 2020-жыл, 15-март, екшемби күни, саат 06:00 де Республикалық Вирусологиялық институтының лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында "COVID-19" коронавирус инфекциясы анықланды.