https://joqargikenes.uz/2881.html
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ - https://joqargikenes.uz/2881.html
ЖЎҚОРҒИ КЕНГЕСДА ҚАБУЛ - https://joqargikenes.uz/oz/2883.html

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТЕГИ ҚАБЫЛЛАЎ – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов 4-март күни Түркия-Нидерландия Халықаралық қурылыс компаниясының баслығы Эшреф Озсахинды қабыл етти. Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап…
https://joqargikenes.uz/2885.html
СУДЬЯЛАР ТАЙЫНЛАНДЫ - https://joqargikenes.uz/2885.html
СУДЬЯЛАР ТАЙИНЛАНДИ - https://joqargikenes.uz/oz/2896.html
СУДЬЯЛАР ТАЙЫНЛАНДЫ - https://joqargikenes.uz/2885.html
СУДЬЯЛАР ТАЙИНЛАНДИ - https://joqargikenes.uz/oz/2896.html
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
СУДЬЯЛАР ТАЙЫНЛАНДЫ – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары тийкарында: Аяпов Абатбай Конисбаевич – Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының судьясы; Ауезимбетов Бегдулла Жолдасович – Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы ҳәкимшилик…
Быйыл Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығын алған қызларымыз бенен танысың!
Өзбекстан Республикасы Президентининг 2020-жыл 4-март күнги қарары тийкарында өзлериниң айрықша таланты, терең билими ҳәм шеберлиги менен ажыралып туратуғын бир топар қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасынан Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс магистранты Ибрагимова Назокат Мухтаровна ҳәмде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-курс студенти Нуратдинова Динара Елубай қызы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-март күнги пәрманы тийкарында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен:
«Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң химия цехы баслығы Бабажанова Зулфия Реимбаевна «Меҳнат шуҳрати» ордени менен;
Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли бақсы-сазендеси Сабурова Инжигул Жумабаевна II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен;
Мойнақ районындағы 15-улыўма билим бериў мектебиниң директоры Жолымбетова Айтгул Айымбетовна «Дўстлик» ордени менен;
Нөкис қаласындағы «Жайхун универсал қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң кран машинисти Турдымуратова Айнур Бахтыбаевна «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

https://joqargikenes.uz/2947.html
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары тайынланды - https://joqargikenes.uz/2947.html
Тахтакўпир тумани ҳокимининг иқтисодиёт ва тадбиркорлик масалалари бўйича биринчи ўринбосари тайинланди - https://joqargikenes.uz/oz/2951.html
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары тайынланды - https://joqargikenes.uz/2947.html
Тахтакўпир тумани ҳокимининг иқтисодиёт ва тадбиркорлик масалалари бўйича биринчи ўринбосари тайинланди - https://joqargikenes.uz/oz/2951.html
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары тайынланды – Қарақалпақстан Республикасы…
Жанабаев Даўлетбай Медетбаевич Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды. Д.Медетбаев 2015-жылдан бүгинги күнге шекем “Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийетиниң…
#Рәсмий_хабар
Өзбекстандағы бақша, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары карантинге алынады
Коронавирус себепли Өзбекстандағы барлық билимлендириў мәкемелери 3 ҳәптелик мүддетке карантинге алынады.
Жоқары оқыў орынларының студентлери, колледж, лицей ҳәм мектеп оқыўшылары және мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң (балалар бақшалары) тәрбияланыўшыларына 16-март, дүйшемби күнинен дем алыс бериледи.
Бул ҳаққында Бас министр Абдулла Арипов басшылығында өткерилген жыйналыста айтып өтилди.
“Жыйналыстан соң өткерилген брифингде журналистлерге мәлим етилиўине қарағанда, Өзбекстанда Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери өткерилмейди. Сондай-ақ, ғалабалық илажлар, соның ишинде, ылақ ойыны, гүрес ҳәм басқа адамлар көп топланатуғын илажлар ўақытша бийкар етиледи.
16 марттан баслап Өзбекстан пуқараларының сырт елге шығыўы, сырт ел пуқараларының Өзбекстанға кириўи ўақытша тоқтатылады. Өзбекстан пуқараларының мәмлекетимизге алып келиниўи даўам етеди.
Бәрше халықаралық автомобиль жоллары жабылады. Өзбекстан Қубла Корея менен ҳаўа қатнаўларына шеклеўлер қойылды. Енди ҳәптесине бир мәрте Өзбекстан самолёты Қубла Кореяға тек ўатанласларымызды алып келиў ушын қатнайды.
Темир жоллардағы халықаралық қатнаўлар да 3 күн ишинде жабылады”, деп хабар берди Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги.
Мағлыўмат ушын, бүгин - 2020-жыл, 15-март, екшемби күни, саат 06:00 де Республикалық Вирусологиялық институтының лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында "COVID-19" коронавирус инфекциясы анықланды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрилигиниң рәсмий баянаты
Ҳәммемизге белгили, 2019-жылдың декабрь айы орталарында Қытайда жабайы ҳайўан ҳәм теңиз ҳайўанлары сатыўшыларының бир топарында өткир дем алыў жоллары кеселликлери, гриппке уқсас белгилери менен кеселлер анықланып, раўажланыў нәтийжесинде бир неше мәмлекетлерге тарқалып кеткен еди. “COVID-19” атлы усы кеселликтиң алдын алыў ушын Қытайда жүдә көп орынлы емлеўханалар қурылған еди, көплеген дүнья мәмлекетлери карантин жәриялады, яғный шегараларды жабыў, ғалаба илажларды бийкар етиў, оқыў орынларын ўақтынша жабыў ҳәм басқа көплеген ис-илажларды өткерген еди.
Карантинге әмел етиў, яғный кеселликтиң тарқалыўына жол бермеў ушын берилген барлық усынысларға әмел етилиўи нәтийжесинде 10-март күнине келип Қытайда коронавирусқа шалынған 13 мыңнан зыят адамларды емлеген 16 емлеўхана кеселлер тәўир болып кеткенлиги ушын жабылды, вирус пенен кеселлениў дерлик жақсы тәрепке өзгермекте.
Тилекке қарсы, Ўатанымызда да усы кеселлик анықланды. Кеселлик анықланған ҳаял ҳәм оның менен байланыста болғанлардың ҳәммеси анықланып, айрықша бөлек арнаўлы орында, басқаларға кеселлик жуқпайтуғын орында емленбекте, бирақ абайлы болыў ҳеш кимге зыян етпейди.
Белгили болғанындай, ҳәзир дүнья бойлап коронавирус инфекциясының (COVID-19) тарқалыўы халқымызды да қәўетерге салмақта. Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тәртипти сақлаў агентлигине бул бойынша исленип атырған карантин ҳәм профилактика илажлары бойынша қосымша ўазыйпалар да белгиленди.
Мәмлекетимизге коронавирус инфекциясы (COVID-19) ңың кирип келиўи ҳәм алдын алыў бойынша Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усыныслары тийкарында қатаң илажлар көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир қатар министрлик ҳам шөлкемлер менен биргеликте бул бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылып, бирге искерлик көрсетпекте. Емлеў-профилактика орынларында жоқары компетенцияға ийе, яғный оқытылған қәнигелеримиз бар. Және, ҳәр бир емлеўханада дезинфекция, индивидуал қорғаныў қураллары ҳәм дәри-дәрмақлар қоры жаратылған ҳәм пуқта таярлықлар көрилген.
Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығында жыйналыс болып өтти. Онда бир қатар қатаң ис-илажлар белгиленди.
Соның ишинде, мәмлекетимиздеги барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларына усы жыл 16-март күнинен баслап дем алыс бериледи. Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери де бийкар етиледи. Ғалабалық мәресимлер, соның ишинде, көкпар-ылақ ойынлары, гүрес ҳәм басқа адамлар көп топланатуғын илажлар ўақтынша тоқтатылады.
Буннан тысқары, Өзбекстанның сырт мәмлекетлер менен авиа ҳәм автомобиль қатнаўы тоқтатылады. Елимиз пуқараларының шет мәмлекетлерге шығыўы, шет мәмлекетлердиң пуқараларының мәмлекетимизге кириўи қадаған етиледи.
Ҳүкимет карантин ўақтында өнимлердиң баҳаларын тийкарсыз көтериў жағдайларына қарсы кескин шаралар көрмекте. Буған прокуратура қасындағы департамент ҳәм Мәмлекетлик салық комитети жуўапкер етип бекитилген. Азық-аўқат ҳәм басқа қорлар жетерли дәрежеде толықтырылған.
Сондай-ақ, карантин ўақтында жалған ҳәм тексерилмеген, адамларда ҳаўлықпа оятатуғын хабарлар тарқатқан шахсларға қарата әмелдеги нызамшылық шеңберинде жынайый жуўапкершиликке дейинги болған шаралар көриледи.

Еслетип өтемиз, усы жылдың 15-март күни Республика Вирусология институты лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында COVID-19 коронавирус инфекциясы анықланған еди. Ҳәзир де эпидемиологиялық сорастырыў ҳәм кеселликти тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық ис-илажлар толық әмелге асырылмақта. Қадағалаў күшейтилмекте. Соның менен бирге, наўқас пенен бирге байланыста болған барлық шаңарақ ағзалары да республика Вирусология илимий тексериў институты клиникасында жатқарылды. Қәнигелеримиз тәрепинен оларға медициналық қадағалаў орнатылып, қәнигелескен лабораториялық анализден өткерилди. Анализ нәтийжелери наўқастың өмирлик жолдасы, улы, қызы ҳәм ақлығында коронавирус инфекциясы бар екенлигин көрсетти. Сондай-ақ, Истанбул – Ташкент жөнелисиндеги 274-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында да инфекция анықланды.
Коронавирус инфекциясы кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша усыныслар:
‒ қолларыңызды сабын менен жақсылап тез-тезден жуўың;
‒ жүз ҳәм көзиңизди қол менен ысқыламаң;
‒ имканы барынша адам көп жыйналатуғын жәмийетлик орынларға барыўдан тыйылың;
‒ ҳайўанларға қол тийгизиўден сақланың;
‒ көпшилик пайдаланатуғын предметлерди услағаныңызда қолыңызды антисептик қураллар арқалы дезинфекция етиң;
‒ жөтелгенде, мурын аққанда ҳәм түшкиргенде аўыз бенен мурынды бүгилген шығанақ, жең яки салфетка менен жабың. Соң пайдаланылған салфетканы тасланды қутысына таслаң ҳәм қолыңызды жуўың;
‒ аязлаў ҳәм грипп белгилери бар адамлар менен байланыста болыўдан тыйылың;
‒ кеселликтиң дәслепки белгилери байқалғанда, үйде қалың ҳәм дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиң.
‒ бөлмелериңизди турақлы самаллатып турың.
Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықты ҳаўлықпаға түспеген ҳалда, жоқарыда келтирилген усынысларға толық әмел етип, өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығына итибарлы болыўға шақырып қалады.
Д.Ш.Ходжиев,
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри
https://t.iss.one/joqargikenes

Telegram
Joqarǵi keńes.uz
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына итибарлы болайық!
Соңғы мағлыўматларға қарағанда Дүнья жүзинде тийкарынан Қытай, Қубла Корея, Япония, Иран ҳәм Италия сыяқлы 100 ден артық мәмлекетлерде коронавирус инфекциясы кең тарқалғанлығы гүзетилмекте. 2020-жылдың 16-март күнги мағлыўматларға қарағанда, Дуньяда коронавирус кеселлиги менен 163611 адам кеселленгени, 6472 адам кеселлик ақыбетинде набыт болған ҳәм де кеселликтен 76059 адам саўалған.
COVID-19 инфекциясы бойынша жүзеге келген бундай жағдай усы кеселликтиң мәмлекетимизге шеттен кирип келиўине себеп болмақта.
Қарақалпақстан Республикасында кеселликтиң республика аймағына кирип келиўиниң алдын алыў бойынша республика муўапықластырыўшы штабы шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкарланып коронавирус инфекциясыниң шеттен кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша жәми 24 қәнигеден ибарат коронавирус инфекциясы гүман етилген наўқас анықланғанда ҳәрекетлениўши оператив топарлар барлық қала ҳәм районларда дүзилди.
Қарақалапақстан Республикасы санитария-эпидемиология тынышлық орайының тапсырмасы тийкарында барлық қала ҳәм районларда санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларында жәми 34 қанигеден ибарат 17 дезинфекция топарлары дүзилген, олар дезинфекциялаў ушын керекли әсбап-үскенелер ҳәм дезинфекциялаўшы затлар менен тәмийинленген.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларында коронавирус инфекциясы бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барыў ушын 106 үгит-нәсият топарлары шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан Республикасына жуқпалы кеселликлер, тийкарынан COVID19 инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде, бүгинги күнде мәмлекет шегараларында 3 санитария-карантин пунктлери (СКП) жумыс алып бармақта. Республикадағы СКПларда 3 тепловизор, 8 пирометр, 295 сынаплы термометр, 4 пүркегиш үскенелери, 19 арнаўлы қорғаныў кийимлери, 3 сынама алыў топламы, 3 қыстаўлы жеке профилактика топламлары менен тәмийинленген. Ис жүритип атырған барлық СКПларда санитария-эпидемиология тынышлық орайы қәнигелери ҳәм Республика жуқпалы кеселликлер емлеўханасы инфекционист шыпакерлери бекитилген.
Қәнигелер тәрепинен мәмлекет шегараларын кесип өтип атырған ҳәр бир пухаралардың дене температураларын анықлаў ҳәм улыўмалық саламатлық жағдайын баҳалаў жумыслары әмелге асырылмақта. Буннан тысқарсы кеселлик ошағында болып келген ҳәр бир пуқараның мағлыўматлары алынып орайлық штабқа 14 кўнлик медициналық бақлаўға алыў ушын жиберилмекте.
Егер республикамызда коронавирус пенен кеселленгенлер ҳәм олар менен байланыста болған пуқаралар ушын Нөкис районында 100, Тақиатас районында 100 ҳәм Нөкис қаласында 250 койкаға мөлшерленген орынлар ажратылған ҳәм бәрше шараятлар жаратылган. Егер кеселлик анықланған наўқас дизимге алынса Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын ҳәм барлық аймақларда 195 орын шөлкемлестирилген.
Жәмийетлик орынларда ҳәм ҳәрекетлениўши транспортларда дезинфекциялаў жумысларын өткериў тийисли қәнигелерге ҳәр 4 сааттан өткериў тапсырылған.
Қарақалапқстан Респубикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайында жайласқан вирусология лабораториясында коронавирусты анықлайтуғын барлық реактивлер менен жетерли дәрежеде тәминленген.
Кеселликтиң алдың алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы пуқаралардан кеселликтиң алдын алыўда жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылыўға ҳәм өз денсаўлығына итибарлы болыўға, егер өзиңизде коронавирус инфекциясы белгилерин сезсеңиз емлеў профилактика мекемелерине, аймақлық поликлиникаларға хабарласыўыңызды усыныс етеди.
Б.Қутлымуратов
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас шыпакери

Forwarded from Shavkat Mirziyoyev_press-service
Президент Шавкат Мирзиёев коронавирус инфекцияси бўйича халққа мурожаат қилди. Вазият тўлиқ назорат остида эканини, хавотир ёки ваҳимага тушишга асос йўқлигини таъкидлади.
Молиявий барқарорликни сақлаш ҳамда бозорларда нарх-наво ўсишининг олдини олиш, ҳудудий бюджетлар ва аҳолини қўллаб-қувватлаш бўйича топшириқлар берилди.
– Кўпни кўрган халқимиз янада жипслашиб, аҳил ва ҳамжиҳат бўлиб, бу мураккаб синовларни ҳам енгиб ўтади, – деди давлатимиз раҳбари.
—
Президент Шавкат Мирзиёев обратился к народу в связи с ситуацией вокруг коронавируса. Он отметил, что ситуация находится под полным контролем, нет никаких оснований для беспокойства или паники.
Даны поручения по сохранению финансовой стабильности и предотвращению роста цен на рынках, поддержке местных бюджетов и населения.
- Уверен, что наш народ, повидавший многое в своей истории, дружно и сплоченно преодолеет эти тяжелые испытания, - сказал глава государства.
#Mirziyoyev #yigilish #murojaat #koronavirus
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter