Joqarǵi keńes.uz
39.3K subscribers
19.9K photos
1.5K videos
10 files
8.35K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Жоқарғы Кеңес Баслығы Тақыятас районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Ушырасыўда бүгинги күнде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында халқымыз, соның ишинде ҳаял-қызларға жаратылған көплеген имканиятлар, олдардың жәмийиетимиздеги ролин арттырыў бойынша жумыслар ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз етилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында шаңарақлардағы аўызбиршиликти сақлаў, мәҳәллелерде татыўлықты тәмийинлеў, жәмийиетимизде инсанийлық, меҳир-мүриўбет, бир-бирине ғамхорлық көрсетиў, миллетлер аралық дослықты сақлаўда ҳаял-қызлардың тутқан орнының айрықша екенлиги атап өтилди.

Атап өтиў керек, сонғы жыллары ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийиетимизде белсендилигин арттырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар әмелге асырылмақта. "Ҳаяллар дәптери", "Темир дәптер", "Жаслар дәптери" тийкарында оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлер көрсетилип атыр. Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында ҳаял-қызлардың билим алыўы ушын шараят жаратыў, социаллық жағдайын жақсылаў, кәсип-өнерге бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар даўам еттирилмекте.

Соның менен бирге районда алып барылып атырған көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары жөнинде сөз етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

28-июнь күни «Имам ийшан Мухаммед» жоме мешити, «Салмен ата ийшан» ҳәмде «Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф» мешитлеринде саат 4:00 ден 7:00 ге шекем «Ҳайыт намазы» оқылыўына байланыслы ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде «Хожели гүзары» көшесиниң «Билимлер гүзары» менен 27-киши район аймағынан Билимлер гүзары көшесин бирлестириўши А.Темур көшесиниң ҳәм «Әзиз ел» көшелери кесилиспелеринде транспорт қуралларының ҳәрекети ўақтынша тоқтатылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларын мүнәсип хошаметлеў, әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап өтиў керек, быйылғы жылдың өзинде 661 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан радиосына радио толқынларын узатыў антенналары сатып алынбақта. Бүгинниң өзинде 2 млрд. 339 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан телевидениесиниң материаллық-техникалық базасын жəне де беккемлеў ушын қосымша имканият жаратылмақта. 757 млн. сумнан аслам қаржы ажыратылып, “Баспасөз үйи” имаратында “Медиа-орай” шөлкемлестирилмекте.

Республикалық газета-журналларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 млрд. 119 млн.сум қаржы ажыратылды. 12-июньнен баслап санлы телеузатқыш арқалы Тахтакөпир, Қараөзек ҳəм Шымбай районлары халқы жергиликли мəмлекетлик емес телеканалларды, яғный, “Әмиўдəрья ТВ”, “Жаслар ТВ” ҳəм “Елликқала ТВ” телеканалларын тест режиминде көриў имканиятына ийе болмақта. Сондай-ақ, “Нөкис ФМ” радио-эфири көлемин кеңейтиў мақсетинде Тахтакөпир радио-телевизион станциясына 500 ватлы радиоузатқыш ҳəм антенна қурылмалары орнатылды.

Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен «Ардақлы нураний», «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына, телеведение ҳәм радио жәмәәтлерине компьютерлер, Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.

Толық мағлыўмат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Мәҳәллелердеги белсенди ҳаяллар менен жақыннан пикирлесилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Онда бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий реформаларда ҳаял-қызлардың тутқан орнының артып баратырғаны, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында бар мүмкиншиликлер жаратылып атырғаны айрықша тилге алынды.

Атап өтиў керек, соңғы жыллары ҳаял-қызларға деген айрықша итибар ҳəм ғамхорлықлар нəтийжесинде елимизде олар ушын барлық шараятлар, көплеген имканиятлар жаратылып берилмекте. Бул мүмкиншиликлер негизинде шаңарақ уйытқысы болған ҳаяллардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў баслы мақсет етип алынған. 

Буннан тысқары, пуқараларымыздың, соның ишинде ҳаял-қызларымыздың турмысында ушырасып атырған қыйыншылықларды шешиў бойынша бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Исбилерменликти раўажландырыў бойынша тарийхый 213-санлы Пәрман, мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша инфраструктураны жақсылаў бағдарында 408-санлы қарар, жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў бойынша 52-санлы қарар, буннан тысқары және бир неше нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Усы тийкарда ҳаял-қызларымыз дусласып атырған қатар мәселелер өз шешимин таўып атыр.

Өткерилген ушырасыўда мине усындай бир қатар жаратылған имканиятлар, соның менен бирге, тынышлығымыздың қәдирине жетиў, өз-ара аўызбиршиликти, миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў ҳәр қыйлы жат идеяларға берилмеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер атап өтилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM