Joqarǵı Keńes.uz
47K subscribers
21.8K photos
1.83K videos
13 files
9.29K links
Веб-сайт: https://joqargikenes.uz/
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Нөкис районыныӊ белсенди ҳаяллары менен жақыннан пикир алмасылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис районыныӊ белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызлардыӊ бүгинги күнде жәмийетимизде тутқан ролин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар тийкарында олар ҳәр бир тараўда өзлериниӊ белсендилигин, мийнетсүйгиш ҳәм өз жумысына жуўапкершилик, пидайылық пенен қарайтуғынлығын көрсетип атыр.

Айтып өтиў керек, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында көплеген әмелий жумыслар турмыста өз сәўлесин таўып атыр.

Атап өтетуғын болсақ, 2022-жыл 31-августтағы Президентимиздиң 213-санлы тарийхый Пәрманы қабыл етилди. Усы Пәрман тийкарында жаратылған имканиятлар нәтийжесинде мәҳәллелерде мийирбийкелик қәнигелиги бойынша оқыўды тамамлаған ҳәмде ҳәзирги ўақытта жумыссыз болған ҳаял-қызлардың қәнигелигин арттырыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленди, жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары ажыратылатуғын болды, исбилерменлер ушын салық жеңилликлери, тек қарақалпақстанлы жаслар ушын Ташкент қаласындағы ҳәм барлық ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларына қосымша квоталар ажыратылыўы сыяқлы бир қатар жеңилликлер берилди. 

Жаратып берилген имканиятларды және бир неше қарарлар тийкарында даўам еттирсек болады. Еӊ баслысы, усы пәрман ҳәм қарарлар негизинде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилмекте.

Мәжилисте усы сыяқлы қатар жеӊилликлер атап өтилип, бүгинги күнде елимиздиӊ раўажланыўы жолында бийбаҳа байлығымыз есапланған тынышлығымызды сақлаў, аўызбиршилигимизди беккемлеў, дослық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў керек екенлиги айрықша тилге алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар кеӊ түрде атап өтилди

Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға бар мүмкиншиликлерди жаратып бериў бойынша бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылып атырған болып, бул бағдарда көплеген ҳаял-қызлар өзлерине жаратып берилген шараятлардан нәтийжели пайдаланып атыр.
 
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли ҳәм Бозатаў районларыныӊ белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Онда елимизде ҳаял-қызлар ушын қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, режелестирилген ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.

Айтып өтиў керек, ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жәрдемлер берилмекте. Бир ғана быйылғы жылдыӊ өзинде 195 мыӊ 325 ҳаял-қызлар онколиялық скринингтен, 5 448 нураный аналарымыз тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди, бир қатар нураный аналарымыз зәрүр дәри-дәрмақ, азық-аўқат, кийим-кеншеклер менен тәмийинленди. Буннан тысқары, нураный аналарымыздың санаторияларда саўалландырылды, майыплығы бар болған ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер реабилитация үскенелери менен тәмийинленди.

Булардан тысқары, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж ҳаял-қызлардың, жас өспиримлердиң операция ҳәм емлениўи ушын Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик мақсетли фонды тәрепинен зәрүр қаржылар ажыратылды. 
Әлбетте, булардың барлығы ҳаял-қызларға қаратылып атырған айрықша итибардың әмелий көриниси болып табылады.

Ушырасыўда усы сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелер әтирапында сөз барды. Соның менен бирге, ушырасыў даўамында жәмийетимизде аўызбиршиликти сақлаў, татыўлықты беккемлеў, миллетлер аралық дослықты тәмийинлеў мәселелери де айрықша тилге алынды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🌟Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти

Бүгин "International hotel Tashkent" мийманханасында жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ хызметкерлери, журналистлер, медиа-экспертлер, мәлимлеме хызмети басшылары ҳәм бир қатар тараў хызметкерлери қатнасыўында Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илаж басында Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы баслығы орынбасары, Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәмлекетимиз басшысының тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан соң Олий Мажлис Сенати баслығы Танзила Нарбаева Президент Пәрманына бола сыйлықланған пидайы журналистлер, медиа, баспа ҳәм китапхана системасы ўәкиллерине сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.

Қуўанышлысы, сыйлықланғанлар арасында МҒКА системасы шөлкемлери басшы хызметкерлери, баспалар бас редакторлары, мәмлекетлик уйымлар мәлимлеме хызметлери басшылары да атап өтилди.

МҒКА командасы, пурсаттан пайдаланып, барлық сыйлық ийелерин шын кеўилден қутлықлайды ҳәмде жумысларында нәтийжели жоқарылаўлар, жуўапкершиликли мийнетлеринде үлкен табыслар тилейди.

Telegram | Youtube | Facebook | Instagram | Медиабанк | Сайт
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған мүбәрек Қурбан ҳайытын үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған сиз әзизлерди қутлы әййям менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде Қурбан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Сиз әзизлерди Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, шаңарақ, дос ҳәм жақынлар менен бирге пайызлы ҳәм мазмунлы өткериўиңизди тилеймиз.

Иләйим елимиз тыныш, халқымыз аман болсын.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM