❗️Педагогика бағдарында оқып атырған студентлер бақшаларда жумыс ислеўи мүмкин
📃 Ҳүкиметтиң 2018-жылдағы 10-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар
❗️жоқары оқыў орынларының педагогика бағдарында күндизги, кешки, сыртқы бөлимлериниң 3-4-курс студентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў системасында педагогикалық искерлигин әмелге асырыўына болады.
✅Оларға орта арнаўлы, кәсип-өнер мағлыўматына ийе болған лаўазымдағы хызметкердиң базалық тариф ставкасы бойынша мийнет ҳақы белгиленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
25-28 май күнлери Мойнақ районында “Rally Muynak” экстремал автомобиль жарыслары болып өтеди
25-май күни Автомототранспортларды техник жақтан таярлаў
26-май күни Салтанатлы ашылыў мәресими, Арал теӊизи бойындағы финишке қарай старт
27-май күни Мойнақ районындағы финишке қарай старт
28-май күни Салтанатлы жабылыў мәресими
Соныӊ менен бирге 4 күнлик илаж даўамында Мойнақ районында күндизги ўақытлары Мотоцикл ҳәм багги жарыслары, Шебер аспазлардың гастрономиялық тамашалары, ал кешки ўақытлары Атақлы диджейлердиң электрон музыкалы концерт бағдарламалары өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
25-май күни Автомототранспортларды техник жақтан таярлаў
26-май күни Салтанатлы ашылыў мәресими, Арал теӊизи бойындағы финишке қарай старт
27-май күни Мойнақ районындағы финишке қарай старт
28-май күни Салтанатлы жабылыў мәресими
Соныӊ менен бирге 4 күнлик илаж даўамында Мойнақ районында күндизги ўақытлары Мотоцикл ҳәм багги жарыслары, Шебер аспазлардың гастрономиялық тамашалары, ал кешки ўақытлары Атақлы диджейлердиң электрон музыкалы концерт бағдарламалары өткериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Лимонзар шөлкемлестириўге субсидия бериледи
📄 Министрлер Кабинетиниң 17.01.2022-жылдағы 24-санлы қаранына тийкар, жаңа лимонзар шөлкемлестириў ҳәм нәл сатып алыў менен байланыслы қәрежетлер ҳәр бир сотих ушын 300 мың сумға шекемги муғдарда субсидия сыпатында қаплап бериледи.
❗️Субсидия лимонзарлар шөлкемлестириў жумыслары жуўмақланып, район исши комиссиясының оларды пайдаланыўға қабыл етиў бойынша тастыйықланған акти Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине усынылғаннан соң 1 ай мүддетте ажыратылады.

ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Усы жылдың 20-май күни кешки саат 19:00 де Нөкис қаласындағы орайлық «Амфитеатр» да Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен барлық Медицина тараўы хызметкерлериниң мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы болып өтеди.
Концерт бағдарламасына Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет кѳрсеткен, елимизге белгили бир қатар мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери қатнасады.
Концерт бағдарламасына барлық Медицина тараўы хызметкерлерин ҳәм олардың жақынларын мирәт етип қаламыз.

Берунийде пилледен мол қырман үйилди
Әҳмийетли тараўлардан бири есапланған пиллешилик жылдан-жылға раўажланып, мәмлекетимиздиң экономикалық жақтан раўажланыўында үлеси артып бармақта.
Быйылғы жылда берунийли жумысты үйде бөлип алып ислеўши пиллекешлер мол қырман үйип баслады. 2023-жылда 2849 қуты жипек қурты, 2035 жумысты үйде бөлип ислеўши пиллекешлерге берилди. Усы тийкарда 165 тонна пилле жетистириў режелестирилип, реже артығы менен орынланды.
Мәўсимде пилле жетистирип, мийнет етип, бир жыллық мийнет стажы жүргизилетуғын болса, тутзарлардан ажыратылған жерге пуқаралар өзи ушын керекли палыз егинлерин егип, өним алады. Пиллениң дәраматы болса сап пайдаға қалады. Мәўсим даўамында 500 кг ға шекем өним тапсырып, шаңарағы ушын дәрамат таўып атырған ҳаяллар бүгин көпшиликти қурайды. Әсиресе, “Ҳаяллар дәптери”нде турып, бәнтлиги тәмийинленип атырған пиллекеш, жумысты үйде бөлип алып ислеўши ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жүзиндеги күлкисинен билинеди.
Бүгин Беруний районында өткерилген семинарда Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала, Беруний, Тахтакөпир районларының пиллекешлери қатнасты. Семинарда қырман жеңисине өним менен келген пиллекешлер жуўапкер ўәкиллер тәрепинен хошаметленди.

Қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўды ен жайдырыў ҳәм бар болған энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылды
Ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы 57-санлы қарары тийкарында социаллық ҳәм үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўында ҳәмде экономикалық тармақларда қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен енгизиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў арқалы энергия жетиспеўшилигин қаплаў мақсетинде социаллық объектлер, исбилерменлик субъектлердиң имаратлары ҳәм пуқаралардың турақ-жайларында қуяш панеллери ҳәм қуяш суў ысытқышларын орнатыўды ен жайдырыў белгиленген. Усы тийкарда бүгинги күнде республикамыздағы бир қатар объектлерде қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў жумыслары басланған еди.
Қайта тиклениўши энергия дереклерин пайдаланыўды ен жайдырыў бойынша бир қатар жеңилликлер, қолайлықлар берилмекте. Усыған қарамай, бүгинги күнде социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымларында қуяш панеллерин орнатыў режеси 39,2 процентке орынланып, -7500 киловатлық панельлер, 4,1 мың литрлик қуяш суў ысытқышлары орнатылмаған.
Өткерилген мәжилисте бул мәселе айрықша қарап шығылып, белгиленген реже тийкарындағы жумысларды жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, мәжилисте энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс шөлкемлестириў бойынша да бир қатар әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар сөз етилди. Электр энергиясы ҳәм гәз тәмийнаты бойынша артықша пайдаланылып атырған жағдайлары бойынша энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды дурыс жолға қоймаған айырым басшылар жумыслары сынға алынды.
Мәжилис жуўмағында тийисли тараў басшыларына белгиленген тапсырмаларды орынлаў бойынша тапсырма берилип, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.
Толық мағлыўмат

Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев елимизде бизнес орталығын жақсылаў, исбилерменликти ҳәм ислеп шығарыўды раўажландырыў бағдарында усынысларды тыңлаў мақсетинде республикамыз аймағында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда бир қатар исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары, тийисли тараў ўәкиллери, коммерциалық банк басшылары қатнасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, республикамыз аймағында исбилерменлик субъектлери жумысларын еле де раўажландырыў, олардың еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў ҳәм басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бар болған системалы машқалаларды сапластырыў илажларын көриў бойынша ҳәр қандай пикир-усыныслар тыңланатуғынлығы ҳәм шешимин табыў бойынша тийисли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.
Ушырасыў даўамында исбилерменлик субъектлери басқарыўшылары тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли, әлбетте, қоллап-қуўатланыўы тийис мәселелер көтерилди.
Мәселен, Нөкис қаласы “Мебель орайы” ЖШЖ баслығы экспорт-импорт қылыў тәртиплери ҳаққындағы түсиниклерди исбилерменлерге күнделикли түрде жеткерип барылыўы, инвесторларға итибар қаратыў, олар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси жанынан Исеним телефонлары шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирди.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ислеп шығарыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын еле де жақсылаў бойынша әмелге асырылыўы тийис илажлардың барлығы көрилетуғынлығы, ҳәр бир усыныс итибардан шетте қалмайтуғынлығын билдирди.
Ушырасыў даўамында тараў басшыларына билдирилген усынысларды үйренип шығыў ҳәм тийисли тәртипте шешимин табыў бойынша тапсырмалар берилди.