#Билесиз_бе?
✔️МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК МӘДЕНИЯТЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘДЕП-ИКРАМЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ:
🔹пуқаралардың жынысы, миллети, расасы, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық статусы кемситилиўине алып келиўши тәсир шаралары ҳәм ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ге жол қоймаў;
🔹ҳадал, әдил ҳәм кишпейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;
🔹физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў;
🔹мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ден тыйылыў;
🔹өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң cын көз қарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәмде нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;
🔹өз хызмет ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан сыйлық, пайда ямаса саўға алмаў;
🔹хызмет интизамына қатаң әмел етиў, жумыс ўақтынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў;
🔹турақлы түрде жумыс сапасын асырып барыў илажларын көриў;
🔹интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.
Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR