Aydos Tóremuratov (Rásmiy kanal)
47 subscribers
962 photos
84 videos
4 files
188 links
Кегейли районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Төремуратов Айдос Бердақ улы
Download Telegram
⚡️“Bes baslama olimpiadasıˮn Qaraqalpaqstanlı jaslar altın medal menen basladı.

🏓“Bes baslama olimpiadasıˮ sheńberinde Namangan wálayatında sporttıń Stol tennis túri boyınsha ótkerilip atırǵan sport jarıslarında 2 jasımız jeńimpazlıqtı qolǵa kiritip, altın medal iyesine aylandı.

🏆Jeńimpazlar menen tanısıń:

🥇Xudaybergenova Yulduz Ǵayıpnazar qızı Taqıyatas rayonı “Shamshıraqˮ máhállesi

🥇Tóliboeva Muxabbat Ahmad qızı Ámiwdárya rayonı “Bozsalmaˮ máhállesi

Jeńimpazlardı barlıq jaslar atınan qutlıqlaymız💐💐💐

🟢Olimpiada dawam etpekte.

Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекстан Республикасы ИИМ Маманлығын асырыў институтының кәсиплик таярлық факультетине оқыўға талабанларды қабыл етиў бойынша таңлаў өткерилиўин хабарлайды.

Таңлаў иләжлары Өзбекстан Республикасының “Ишки ислер органлары ҳаққында”ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 
15-апрелдеги ПҚ-5076-сан “Ишки ислер органлары ушын профессионал кадрларды таярлаўдың сыпат жағынан жаңа системасын енгизиў бойынша ис-иләжлар ҳаққында”ғы Қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Маманлығын асырыў институтының кәсиплик таярлық факультетине қабыллаў тәртиби туўрысындағы Қағыйда талаплары тийкарында өткериледи.
📌 Талабанларға қойылған талаплар:

-Жасаў орны бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы дизимде турыўы;
-Жасы 18 жастан киши, 30 жастан үлкен болмаған болыўы;
👮 -Мүддетли ямаса мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызметти өтеген болыўы; (ер баллар ушын);
👨🎓 - Жоқары мағлыўматқа ийе болған пуқаралар ҳәмде ишки ишлер органлары хызметкерлери қабыл етиледи.
📌 Маманлығын асырыў институтының кәсиплик таярлық факультетине таярланатуғын қәнигеликлер:
- Жол-патруль хызмети; (ер балалар ушын бойы 180 сантиметрден, ҳаял-қызлар ушын 175 сантиметрден төмен болмаўы);
- Паспорт системасын тәмийинлеў; (ер балалар ушын бойы 175 сантиметрден, ҳаял-қызлар ушын 170 сантиметрден төмен болмаўы);
- Жәмийетлик тәртипти сақлаў искерлиги; (ер балалар ушын бойы 180 сантиметрден, ҳаял-қызлар ушын 175 сантиметрден төмен болмаўы);
📌 Маманлығын асырыў институтының кәсиплик таярлық факультетине кириўди қәлеўши пуқаралар төмендеги ҳүжжетлер менен келиўлери соралады:
- биометрик паспорт ямаса идентификация ID-картасы турақлы жасаў орны менен (нусқасы алынып, тийкары қайтарылады);
👨🎓- Жоқары мағлыўматлы диплом тиркемеси менен (нусқасы алынып, тийкары қайтарылады);
👮 -әскерий гүўалық (нусқасы алынып, тийкары қайтарылады);
-турақлы жасаў орны бойынша ден-саўлығының жағдайы ҳаққында мағлыўматнамасы (бойының бәлентлиги бойынша антропометрик параметри көрсетилген ҳалда  форма-086).
Факультетте оқыўды қәлеўши талабанлар усы жылдың 05 декабрь күнине шекем саат 09 :00 ден 18:00 ге шекем мүрәжат етиўлери мумкин.
Еслетпе: белгиленген күнлерден кейин мүрәжат еткен талабанлар дизимге киритилмейди.
🏢 Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, А.Темур көшеси 
112-жай. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги. 
   Қосымша мағлыўмат ушын телефон номери: (61) 224-83-98;
#Хош_хабар

Көкөзекли жаслар жетискенлиги

"Бес баслама олимпиадасы"ның Өзбекстан Республикасы басқышында Көк өзек жаслары сыйлы 3-орынды ийелеп, қола медалын қолға киргизди.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
👉
@kegeylirkuzofficial
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Меҳир_ҳәрекети

"Perzentler shańaraqta qulaqları menen emes, kózleri menen tálim aladı".

Balanıń aldında kámbaģalģa materıallıq járdem beriwiń, sadaqa haqqındaģı mıń sabaqqa teń.


@aydostoremuratov
#imkaniyat
#jaslar_isleri_agentligi

Tek ǵana sertifikat járdeminde Noutbuk satıp alıwdıń imkanı bar ma?
 
Imkanı bar! 👇🏻👇🏻👇🏻
Bunıń ushın...
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Халық мүрәжаты» платформасы иске түсирилгенлигин мәлим етемиз! 📲

Сизге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өз аймағыңыздағы машқаланы «Халық мүрәжаты» мобил қосымшасы арқалы дизимнен өтип жоллаў имканияты жаратылды.

Еслетпе: ⬇️

Жоқарғы Кеңестиң телеграм тармағындағы мүрәжат_боты сентябрь айында ашылған болып, усы күнге шекем тест режиминде ислеп келди. Халық пенен байланысты еледе жетилистириў, жуўапкерлер менен пуқаралар арасындағы тиккелей байланысты жеделлестириў ҳәм ең баслысы мүрәжатларды нәтийжели шешим таптырыў мақсетинде жаңа платформа жаратылды.

Сонлықтан бүгиннен баслап телеграмдағы мүрәжат_ботқа емес усы платформа арқалы мүрәжат етсеңиз болады.

Телеграмдағы мүрәжат_бот бүгиннен баслап өз жумысын тоқтатады, бирақ оған келип түскен мүрәжатлардың шешими ақырына шекем жеткерилетуғынын билдиремиз.


Бул жаңа платформаның абзаллығы сонда ол, автомат түрде жумыс алып барады ҳәм Сизиң мүрәжатыңыз платформа арқалы тийисли уйымға иркинишсиз жетип барады.

Халық мүрәжаты платформасы арқалы жол, қала тазалығы, электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, материаллық жәрдем ҳәм басқада мәселелердеги машқалаңызды платформадан дизимнен өтип жолласаңыз болады.


❗️Халық мүрәжаты платформасыңда суд-ҳуқық мәселелери бойынша мүрәжатлар көрип шығылмайды.


Қосымшаны жүклеп алыў
⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️⬇️

Google Play Market (Android)
Жүклеп алың

Мобил қосымшаны тез арада AppStore арқалыда жүклеп алсаңыз болады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
ϴЗБЕКСТАН ҚАҲАРМАНЫ МУСА ТӘЖЕТДИНОВИЧ ЕРНИЯЗОВТЫҢ ТУЎЫЛҒАНЫНЫҢ 75 ЖЫЛЛЫҒЫНА АРНАЛАДЫ

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
#Билесиз_бе?

✔️МӘМЛЕКЕТЛИК ПУҚАРАЛЫҚ ХЫЗМЕТШИЛЕРИНИҢ КӘСИПЛИК МӘДЕНИЯТЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘДЕП-ИКРАМЛЫҚ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ:

🔹пуқаралардың жынысы, миллети, расасы, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық статусы кемситилиўине алып келиўши тәсир шаралары ҳәм ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ге жол қоймаў;

🔹ҳадал, әдил ҳәм кишпейил болыў, пуқаралар менен сөйлескен ўақытта әлпайым, салдамлы ҳәм жақсы мүнәсибетте болыў;

🔹физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы қарарларды қабыл етиўде нызамлылық, әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў;

🔹мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерине зыян жеткериўши, мәмлекетлик уйымның жумыс нәтийжелилигин төменлететуғын ҳәрекетлер (ҳәрекетсизлик)ден тыйылыў;

🔹өзиниң ҳәрекети ҳәм минез-қулқы себепли жәмийетшиликтиң cын көз қарасына түспеў илажларын көриў, сын ушын қуўдалаўға жол қоймаў, тийкарлы ҳәм конструктив сыннан өз искерлигиндеги кемшиликлер ҳәмде нуқсанларды сапластырыў жолында пайдаланыў;

🔹өз хызмет ўазыйпаларын физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан сыйлық, пайда ямаса саўға алмаў;

🔹хызмет интизамына қатаң әмел етиў, жумыс ўақтынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў;

🔹турақлы түрде жумыс сапасын асырып барыў илажларын көриў;

🔹интизамий, ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў керек.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Бийпарық_емеспен

Айдос Төремуратов,
Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы

Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍2
Forwarded from Kegeyli.uz/Рәсмий канал (Наўбахар Дәўенова)
#Тайынлаў

Төремуратов Айдос Бердах улы-Кегейли районы ҳәкиминиӊ жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ол усы күнге шекем Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Кегейли районлық бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеп келген.

Кегейли районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial
👍12🔥4💯1
⚡️Оқыўшылар мектепке барып-келиўи ушын автобус биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылады

Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда 160 жаңадан бақша қурылыўы ҳәм ремонтланыўын ҳәм де 2 мың жеке бақша шөлкемлестирилиўин айтып өтти.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
“Биз алдағы жети жылда қосымша 100 мың жаңа оқыўшы орнын жаратамыз. Бунда, 30 жаңа мектеп ҳәм 150 мектеп ушын қосымша имарат қурылады, 350 ремонтланады.

Қәнигелескен мектеплер саны болса 2 есеге асырылып, 32 ге жеткериледи Нәтийжеде, Қарақалпақстандағы мектеплерде 30-35 тен көп бала оқыйтуғын класслар улыўма болмайды”, — деп айтып өтти президентликке кандидат Шавкат Мирзиёев.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
“2030 жылға шекем Қарақалпақстанда 70 мың шаңараққа ийе 2 мың көп қабатлы үйлер қурылады” — Шавкат Мирзиёев

Президентликке кандидат усыған байланыслы Қарақалпақстанда 2030 жылға шекем мөлшерленген жобалары ҳаққында тоқталып өтти.

Атап айтқанда :

мәҳелле ҳәм аўылларда 6 мың километр жоллар ҳәм де 150 көпир ремонтланады;

 5 мың километр электр тармағы, 1 мың 350 трансформатор ҳәм 10 подстация жаңаланады;

70 мың шаңараққа ийе 2 мың көп қабатлы жайлар пайдаланыўға тапсырылады;

 бәрше социаллық ҳәм мәмлекет комтитетлери ҳәм де 17 мың шаңарақта 55 мегаватт қуўатлы қуяш панеллери орнатылады.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
❗️Жаңа оқыў жылынан баслап, жоқары оқыў орынларында оқып атырған ҳаял-қызлар ушын, ким төлеўине қарамастан, контракт төлеми дәрамат салығынан азат етиледи

Президентликке кандидат Шавкат Мирзиёев қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўда усы ўақытқа шекем бул жеңиллик перзенти ҳәм өмирлик жолдасы ушын контракт төлегенлерге қолланылғанын айтты.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
Қарақалпақстанда жаңа институт ашылады

Қарақалпақстанда агро-технологиялар ҳәм инженерлик бағдарларында жетекши шет ел жоқары оқыў орынларының филиаллары ҳәм де Нөкисде санлы технологиялар институты ашылады.

“Улыўма айтқанда, биз Қарақалпақстанда жоқары билимлендириўди қамтып алыў дәрежесин киятырған жылдың өзинде 50 процентке жеткеремиз. Оның ушын, шет еллерде оқып атырған жасларымыздың оқыўын елимиз жоқары оқыў орынларына мәмлекет гранти тийкарында көшириў әмелиятын жолға қоямыз”,- деп айтып өтди кандидат.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
“Қарақалпақстанда арнаўлы экономикалық, киши ҳәм жаслар санаат зоналарындағы исбилерменлерге жер, имаратлар меншиклестирилип бериледи” — Шавкат Мирзиёев

ӨзЛиДеПтен президентликке кандидат Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанда киятырған жети жылда жәми 2,5 миллиард доллар бағдарландырылыўын айтты.

“Ең алдын, ҳәким жәрдемшилери системасы арқалы, ҳәр жылы кеминде 20 мың жойбар әмелге асырылып, 2030-жылға шекем жәми 350 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Соның менен бирге, арнаўлы экономикалық, киши ҳәм жаслар санаат зоналарындағы исбилерменлерге жер, жай ҳәм имаратлар меншиклестирилип бериледи.

Аукционда 3 ай ишинде сатылмаған мәмлекет мүлклерин болса, электрон таңлаўда ең жақсы усыныс берген талабанға сатыўға рухсат бериледи. Мойнақ, Бозатаў, Шоманай ҳәм Тахтакөпир ушын, кеминде 500 мың доллар инвестиция киргизиў шәрти менен, жер ҳәм ымаратлар “бир сум” баҳада усыныс етиледи”, — дейди Шавкат Мирзиёев.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
⚡️Ташкентте бар болған барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкистеде жолға қойылады

Шавкат Мирзиёев қарақалпақстанлы сайлаўшылар менен ушырасыўда алыс ҳәм шет аўыллардағы медицина хызметкерлерине 5 миллион сумға шекем өз алдына үстеме берилиўин айтты.

👉 Ең соңғы жаңалықлар
КЕГЕЙЛИНИҢ ГАИлери.

1959-жылдын қысы оғыры суўык болған. Көлик кемтар ўақыт, декабрь айында Тилеўберген шайыр хызмет сапары менен Кегейлиге баратуғын болып, жолшыбай жүк машинасына минеди. Халқабадта жолдың бойында суўыққа тоңып, машинаға «Тоқтатың» деп қол былғап турған еки кемпирди көреди. Аўыл бул жерге жақын емес, узақтан гүўилдеп киятырған машина сести де, еситилмейди. Жүк машинасына үш адам миниў қадаған екенин билсе де, шайыр шофёрға,

-Алып кетейик,-дейди.

Кегейлиге кирген жерде автоинспекция хызметкерлери тоқтатады. Олардың бири Сәден деген жигит, бираз мәс екен, ҳеш кимди тыңламай патенге келтиреди. Кемпирлерден «қәде» сорайды. «Мениң атымды Сәден дейдилер !» деп қопалланып, машинаның роторын алып қояды.

Тилеўберген шайыр ҳәммени тынышландырып, өзи жумыслары бойынша район басшылығына келеди. Ол жерде мәжилис болып атырған екен. Шайыр мәжилисте

Кегейлиге келип едик,

Кирген жерде күтип алды.

Бизлер минген машинаның,

Роторын сытып алды.

«Мениң атым Сәден! - дейди-

Мен қорқаман неден?,- дейди

Кегейлиге келгенлерден,

Алатуғын қәдем»-дейди.

Өзи күта шаққан екен,

«Жүз грамм»ды қаққан екен.

«Еки кемпир мингиздиң» деп,

Үлкен гүна таққан екен! -

деп қосықты төкпелетип жибереди. (Тилекке қарсы, қосық тексти толық сақланбаған)

Район басшылары сол жерге автоинспекция хызметкерлерин шақырып алып, жумыс ўақтында мәс ҳалатта жүргенлиги, қопаллығы ушын Сәден ГАИ мәселесин күн тәртибине қояды. Шайырдың адам мәпине байланыслы «қәтелиги» инабатқа алынып, оннан кеширим сорап, машина роторы ийесине қайтарылады.

( Т.Жумамуратов. «Роторын сытып алды» «Аралға келдим оралып» китабынан).

Каналға ағза болыў: @hoja_uz