Avtomobil yo'llari qo'mitasi
5.91K subscribers
67.4K photos
4.44K videos
96 files
10.8K links
Avtomobil yo‘llari qo‘mitasi rasmiy Telegram kanali
🌐 www.uzavtoyul.uz
📱 t.iss.one/avtoyulqumita
⌨️ https://www.facebook.com/profile.php?id=100095166775974&mibextid=ZbWKwL
🖥the_commitetee _for_roads

Aloqa:
📬[email protected]
📞71 207 67 68
Download Telegram
#Рәсмий_мүнәсибет
Усы жылдыӊ 2-июль күни «Ел хызметинде» газетасы телеграмм каналында Жийдели байсын елатындағы автомобиль жолы ҳаққында сын материал жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Материалда сөз етилген жол жергиликли әҳмийетке ийе I категориялы 4К-37 автомобиль жолы болып, 2020-жылдыӊ декабрь айында реконструкция жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылған.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2015-жыл 23-марттағы мәжлис протоколына тийкарланып, автомобиль жолында реконструкция жумыслары басланған еди. Реконструкция ислеў жойбар-смета ҳүжжетлери «Хоразм йўл лойиҳа» МЧЖ тәрепинен ислеп шығылған болып, 4К-37 автомобиль жолыныӊ 0-3 км. аралығында қайта қурыў жумыслары «Трансйўлқурилиш магистрал МЧЖ» тәрепинен алып барылды. Бүгинги күнде автомобиль жолы Қаракалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы балансында есапланады.

Қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларына бола, I категориялы автомобиль жолларында транспорт қуралларыныӊ өтиўи ҳәм жолларды оӊлаў ўақтында арнаўлы транспорт қуралларыныӊ өтиўин шөлкемлестириў ушын ажыратыўшы сызық пенен тәмийнлениўи (2-5 килмометрден кейин 30 метр узынлықтағы бөлинбелер) керек.

Қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары, жойбардыӊ қурылыс карталары ҳәм басқа да тийисли ҳүжжетлер менен объект орнында газета журналисти Нурсултан Темирханов ҳәм аймақ турғынларына кеӊирек түсиник берилген еди. Сондай-ақ, пуқаралардыӊ мүражатлери ҳәм усыныслары тийкарында тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте 4К-37 автомобиль жолында айланып алыў орнын ашыў менен байланыслы жойбарға өзгерис киргизиў бойынша қайтадан көрип шығылатуғынлығы ҳаққында мәлим етемиз.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇
Telegram | Facebook | youtube
#Рәсмий_мүнәсибет

Бүгин @bkadirbergenov телеграмм каналында Беруний районы аймағындағы халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолындағы көпир бойынша сын материал жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Материалда сөз етилген көпир ҳақыйқаттан да жарамсыз жағдайға келип қалған ҳәм бүгинги күнде көпир жабылыўлы тур.

Көрсетип өтилген көпир халықаралық әҳмийеттеги А-380 Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 659,4 км.де (Беруний районы "Абай" АПЖ аймағында) жайласқан болып, 1974-жылы салынған узынлығы 46,5 м. ени 12,1 м. темир-бетон көпир есапланады.

2019-жылы сентябрь айында өткерилген режели көрикке тийкар көпирде авариялық жағдайлар анықланған ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде тийисли жол белгилери орнатылып көпирде ҳәрекет етиў тоқтатылған. Автомобильлер қатнаўын тәмийнлеў мақсетинде айланба жол салынған. Сондай-ақ, тексериўлер ўақтында көпирди күнделикли оңлаў жумысларын алып барыў арқалы оӊлаў имканияты жоқ екенлиги анықланған ҳәм капитал оӊлаўға мүтәж деген шешимге келинген.

Бул көпирде автомобиль ҳәрекетин тиклеў, капитал оӊлаў жумысларын алып барыў ҳәм қайта қурыў жумысларын жүргизиў ушын тийисли мәкеме-шөлкемлерге жазба түрде бир неше мәрте усыныслар берилген.

Ҳәзирги ўақытта Басқарма тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 19 февралдағы ПҚ-585-санлы Қарарына тийкарланып, көпирди табийий апатларды сапластырыў бойынша бағдарламаға киргизиў, қайта қурыў, жойбар смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў мақсетинде Беруний районы ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы менен биргеликте кемшиликлер баянламасы дүзилмекте.

Усыған тийкар қайта қурыў жумысларын алып барыў бойынша комплекс ис-илажлар көрилип, ҳүкиметлик дәрежеде қайта алып шығыўға усынылмақта.


Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇
Telegram | Facebook | Web sayt | Youtube | Twitter
#Рәсмий_мүнәсибет
Ушбу йилнинг 8 июль куни you tube тармоғидаги Qora Ko'zim каналида «... yo'llarni ahvolini qarang» мавзусида видеоматериал тарқалди.

Элон қилинган видеоматериал бўйича Қорақалпоғистон Республикаси автомобиль йўллари ҳудудий бош бошқармаси қўйидагича маълум қилади.

Видеоматериалда сўз этилган йўл халқаро аҳамиятга эга А-380 "Ғузор-Бухоро-Нукус-Бейнеў" автомобиль йўлининг 717-742 км. қисми ҳисобланиб, бугунги кунда ҳақийқатдан ҳам таъмирталаб холатга келиб қолган.

Видеоматериал элон қилинмасдан олдин, ушбу автомобиль йўлининг 717-742 км қисмида жорий йилнинг 1 июнь куни тажрибали мутахассислар томонидан ўрганиш ишлари олиб борилди.

Ўрганишлар натижасига кўра жами бир қатор камчиликлар аниқланиб, нуқсонлар қайдномаси тузилди ва дастлабки ҳисоб-китоб ишлари олиб борилди.

Бугунги кунда 2021 йил учун умумфойдаланувдаги автомобиль йўлларида жорий таъмирлаш ишларига ажратилган маблағларнинг манзилли-рўйхати шакллантирилиб маблағлар тақсимланган ва тасдиқланганлиги сабабли, умумфойдаланувдаги автомобиль йўлларига жорий таъмирлаш ишлари қўшимча маблағ ажратилиши тўғрисида юқори турувчи ташкилотларга мурожат қилинди ҳамда ушбу автомобиль йўлига хизмат кўрсатувчи Қоратов йўллардан мунтазам фойдаланиш унитар корхонасига 2021 йил учун умумфойдаланувдаги автомобиль йўлларида жорий таъмирлаш ишларига ажратилган маблағлар доирасида камчиликларни бартараф қилиниши тўғрисида топшириқ берилди.

Автомобиль йўлидаги мазкур камчиликларни бартараф қилиш бўйича тегишли ташкилотларга билдирилиб, ҳозирда Қоратов йўллардан мунтазам фойдаланиш унитар корхонаси томонидан 2021 йил учун умумфойдаланувдаги автомобиль йўлларида жорий таъмирлаш ишларига ажратилган маблағлар доирасида жорий таъмирлаш ишлари олиб борилмоқда.

Қорақалпоғистон Республикаси Автомобиль йўллари ҳудудий бош бошқармаси Ахборот хизмати


Бизни ижтимоий тармоқларда кузатиб боринг👇👇👇
Telegram | Facebook | Web sayt | Youtube | Twitter
#Рәсмий_мүнәсибет

Усы жылдыӊ 9-июль күни Bakhtiyar Kadirbergenov you tube каналында «Төрткүлдеги жоллардың аўҳалы» темасында сын материал жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Материалда сөз етилген улыўма пайдаланыўдағы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 589,9-590,7-км.не тийисли болып, автомобиль жолыныӊ 552-604-км.лери ушын эксплуатация жумысларын амелге асырыўға Төрткүль районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жуўапкер есапланады.

Ҳақыйқаттан да бүгинги күнде автомобиль жолыныӊ видеоматериалда сөз етилген бөлегине оӊлаў жумыслары зәрүр есапланады. Бүгинги күнде улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолында 2021-жыл ушын күнделикли оӊлаў жумысларын алып барыў мақсетинде ажыратылған қаржылар есабынан усы жылдыӊ март айынан баслап күнделикли оӊлаў жумыслары баслап жиберилген. Күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде автомобиль жолыныӊ 589,9-590,7-км.лери шебен материалы менен 20 см бийикликте көтерилип, асфальт төселиўи ушын таяр жағдайға келтирилген.

Жеткерип бериўши «PETROMARUZ UZBEKISTAN» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен битум материалыныӊ дәслепки бөлеги жеткерип берилген. Бирақ, жолдыӊ қалған бөлеги ушын битум материалы жеткерип берилиўи кешиктирилип атыр. Бул бойынша кәрханаға бир неше мәрте мүрәжат етилген.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы жүзеге келген машқала бойынша кадағалаўға алғанлығы ҳәм тез арада жүзеге келген кемшиликлерди сапластырылатуғынлығы ҳаққында мәлим етемиз.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың 👇👇👇
Telegram | Facebook | Web sayt | Youtube | Twitter
#Рәсмий_мүнәсибет

Усы жылдың 10-июнь күни @bkadirbergenov телеграмм каналында "Нокис, Жийдели Байсын елаты (Саранша) копирден тускен жерде асфальттин 10-15 метрдей жери онланбай калган." атамасында мүрәжат жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Материалда сөз етилген жол
Республикалық әҳмийеттеги 4 Р-174 автомобиль жолы болып,
Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен 4-11-км аралығында қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр.
Ҳақыйқаттан да мүрәжатта сөз етилген жолдың қатнаў бөлеги исленбей турған еди. Мүрәжат бас басқарма тәрепинен үйренип шығылды ҳәм басшылыққа алынып, Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен сапластырылып атырғанын мәлим етемиз.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети
​​#Рәсмий_мүнәсибет

Жақында @bkadirbergenov телеграмм каналында «Шымбай, Майжаптың жолында абайлы болың» атамасында сын материал жәрияланды.

Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы төмендегише мәлим етеди.

Видеоматериалда 4Р-175 «Нөкис-Ақманғыт-Кегейли-Шымбай-Қазақдарья аўылы» автомобиль жолыныӊ 70-79-км. аралығы сөз етилген.

2021-жылда усы жолдың 70-79-км. аралығында күнделикли оңлаў жумыслары есабынан қурылыс жумыслары алып барылып атыр. Тийкарынан қурылыс жумыслары орнында араластырыў (смещение на месте) усылында жүргизилип, ҳәзирги ўақытта жолдыӊ катнаў бөлегине кара қаплама төсеў жумыслары толық жуўмақланбаған. Бүгинги күнде қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етпекте.

Деген менен усы автомобиль жолы республикалық әҳмийеттеги Шымбай районы менен байланыстырыўшы жол болғанлығы себепли ўақтынша автомобильлер ҳәрекети ушын ашып берилген. Жүзеге келген нақолайлық тез арада сапластырылыўы ҳәм қурылыс жумыслары тез арада толық жуўмағына жеткерилетуғынлығы ҳаққында мәлим етемиз.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети