#Студент_күнделиги
#Ҳәўес_етиў
Бойымызда унамлы ҳәм унамсыз қәсийетлер бар. Оларды өз орнында ислетип билсек, унамсызларын да жақсы бағдарға жолласақ болады. Жетискенликлерге ерисип атырған, дыққат орайындағы адамларға ҳәўес етиў бул жүдә жақсы қәсийет саналады. Көре алмаўшылықтан илажы барынша жырақ болған мақул. Жақсыларға ҳәўес етип, оларды қоллап-қуўатлаў өзимизге энергия береди. Бир адамныӊ қуўанышына шын кеўилден шерик болсаӊ, сол нәрсе алдыӊа келеди. Соныӊ ушын жақсылардыӊ ийгиликли ислерине ҳәўес пенен қарап, өзиӊиз де унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын ҳәрекетте болыўға умтылыӊ. Жақсы нәзердеги инсанларға ҳәмийше ҳәўес етип жасаӊ.
📚Студент күнделигинен