#студент_күнделиги
#үш_қағыйда
☝️Егер биз қәлбимизге тәртип орната алсақ, өзимизге үлкен инәмди бере аламыз. Биз сизге айтатуғын 3 қағыйданы ядыңызда сақлаң:
1-ҳәр қандай жағдайда да өмирден налымаң;
2-ҳеш қашан биреўди айыпламаң;
3-қанша ҳақ болсаңызда кимлергедур өзиңизди ақлаўға урынбаң.
📙Студент күнделигинен

❤3🔥2👍1
#студент_күнделиги
#тәшўишлерге_бағынбаң
🌱Тәшўишлер, ғамлар үсти-үстине келип, шыдаў мүмкин болмаған бир дәрежеге келип қалсада, ҳеш қашан түскинликке бағынбаң. Әне сонда ғана тәғдийриңиз өзгереди. Мейли, күткен адамларыңыз усындай пайытта бир аўыз ҳалыңызды сорап қоймаса да, жаныңызда өзиңизге мүнәсип инсанлар бар екенлигине, еле тойып нәпес алып атырғаныңызға шүкир етиң. Шүкиршиликте ҳикмет көп. Қандай қыйын жағдайда болсаңыз да қанаатланып үйрениң!

❤2👍1🔥1
#студент_күнделиги
#күн_мотивациясы
Тосықлардың жолын сен байлап тасла, әўметлер саған қарай келсин, бахытсызлық сеннен қорықсын, қәтелерди сен дүзетип тасла, ериншеклик сеннен үлги алсын, қыйыншылық сеннен қашсын, жетискенлик саған қарай талпынсын.

🔥2
#студент_күнделиги
#жүрегиңизди_кең_қылың
Илажы барынша дүньяға күлип қараң. Жүрегиңизди кең қылың. Адамларға жаманлық ойламаң. Илажы болса жақсылықларды илиниң. Сиз қанша кең болсаңыз, дүнья соншама сизге қушағын кең ашады.
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

❤3👍2
#студент_күнделиги
#адамлар_ҳәм_дәрежелер
✏️Турмысымыз даўамында түрли категориядағы адамларға дус келемиз. Жазылмаған, бирақ еӊ әпиўайы қағыйда бар: «Биз өзимиздиӊ дәрежемиз болмаған адамлар менен мәнили сәўбет қура алмаймыз!». Дәрежеси теӊ адамлардыӊ ғана бир-бири менен әлпи алысады. Бул жерде дәреже дегенде, лаўазымлар ямаса материаллық байлық нәзерде тутылып атырған жоқ. Ақылый, руўхый дәрежелер ҳаққында сөз етилмекте. Соған дыққатлы болыӊ. Өзиӊиз бенен дәрежеси теӊ болмаған адамларға ҳеш қашан гәпиӊизди заяламаӊ. Мейли, олар артыӊыздан тас атқысы келсе де, итибар бермеӊ. Себеби, олар ылақтырған тас бир күни айланып келип өзлериниӊ басларына тийеди. Үлкен итимал менен сизиӊ дәрежеӊизде болмаған адамлар, сизиӊ жетискенликлериӊизди тән алғысы келмейди. Бул жүдә күлкили ҳәм аянышлы…
📕Студент күнделигинген

👍2🔥2💯2
#студент_күнделиги
#гирбиӊсиз_тилеклер
Сизиӊ мәнзилиӊизге жолланған ҳәр қандай унамлы тилек, қәлбиӊизге жетип барады. Жақын инсанлар ғана бир-бирине еӊ жақсы нийетлерди илинеди. Биз адамзатқа еӊ кереги «меҳир». Ҳәр бириӊизге меҳир ҳәм итибарға бөленип жүриў несип етсин.
🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊
📕Студент күнделигинен

👍1
#Студент_күнделиги
#кеўил_жыллылығы
Сыртта қанша суўық ҳаўа райы болса да, қәлбиӊизде ҳәр дайым жыллы ҳаўа райы болсын. Ыссы кеўиллерден мийрим ҳәм жағымлы сөзлер дөреледи. Ҳаўа райы салқын болса, оннан қалыӊ кийинип сақланыў мүмкин, бирақ қәлбтеги музды еритиў қыйын. Усындай ҳаўада бәршеӊизге қәлб жыллылығын тилеймиз!🤗🤗🤗🤗🤗🤗🤗🤗

❤7
#студент_күнделиги
#ҳәпте_мотивациясы
Уллы жетискенликлерге мақсет пенен оянып, нәтийже менен уйықлаў арқалы ерисемиз. Мақсетлерге қарай қәдем таслаң, нәтийже алыўға талпының. Сондай қылың, жетискенлик саған қарай умтылсын. Табыслар есигиңди қағып кирсин.
🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

🔥2👍1🥰1👏1
#студент_күнделиги
#күтилмеген_соққы
Биз гейде күтилмеген пайтларда күтпеген нәрсемизге жеңилемиз. Ең аўыр соққыларды күтпеген инсанымыздан аламыз. Себеби, биз душпанымыздан қорғаныўымыз мүмкин. Бирақ, жақынларымызға қарсы қорғана алмаймыз.
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿

👍5🔥2
#студент_күнделиги
#мотивация
Биз ең гирбиңсиз арзыўларымызға әлбетте ерисемиз. Тек ғана нийетти пәк қылың!
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

🕊9🌚1
#студент_күнделиги
#илажсызлық
Илажы жоқ деген гәпти өзиңизге сүрен қылып алмаң. Илажсызлық күшсиз адамларға тән. Нәпес алыўды даўам етеди екенсең, илажсызлықты жеңип өтиў ушын өзиңде күш табасаң.

👏4👍3
#студент_күнделиги
#мәжбүрлик
Унамайтуғын адамлар менен мүнәсибетке кирисиўге мәжбүрлик, қолыӊ бармайтуғын исти қылыўға мәжбүрлик, кейпипятыӊ болмаса да күлиўге мәжбүрлик еӊ аўыр мәжбүрлик болса керек…

👍5🔥1👏1
#студент_күнделиги
#мотивация
Ҳәр қандай жағдайда да алға қарай умтылыў керек. Ҳәте биз барқулла табысларға ерисе бермеўимизге тайын болып, өмиримиз даўамында ушырап туратын әўметсизликлерге тик қарай алыўды үйрениўимиз керек. Тәўекел қылыўдан шоршымай, батыл болыўымыз керек
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️
📙Студент күнделигинен
#мотивация
Ҳәр қандай жағдайда да алға қарай умтылыў керек. Ҳәте биз барқулла табысларға ерисе бермеўимизге тайын болып, өмиримиз даўамында ушырап туратын әўметсизликлерге тик қарай алыўды үйрениўимиз керек. Тәўекел қылыўдан шоршымай, батыл болыўымыз керек
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️
📙Студент күнделигинен
👍6🔥2
#студент_күнделиги
#өзиңизге_қусаң
Кимгедур елеклеп, биреўдиң өзлиги менен жасаўды өзиңизге рәўа көрмең. Дүнья тек ҳасыл нусқаларды жақсы креди. Кимлергедур емес, өзиӊизге қусаң
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

🔥3👏1
#студент_күнделиги
#дәлийллемеў
Күшли екениңизди ҳеш кимге дәлийллеў шәрт емес. Адамлар алға қарай нық қәдем басып баратырғаныңызды көрип ақ, қаншелли күшли екениңизди түсинсин.

👍4👏1
#студент_күнделиги
#абырайсызлық
Гей биреўлер өзинен ақылы да, жумыс ислеў потенциалы да жоқары болған адамларды көре алмай абырайсызландырғысы келеди. Бирақ, барқулла жақсылық ҳәм ҳақлық жарыққа шығыўын, ақыр-ақыбет өзи абырайсызланып қалыўын билмейди, әне бул абырайсызлық ең уятлы абырайсызлық болады. Бундай жағдайға түспеў ушын кеўилиңизди кең қылың, ҳеш қашан адамлардың артынан ис қылмаң.
☝️☝️☝️☝️☝️☝️☝️☝️☝️

🔥2👏2
#студент_күнделиги
#позитив_болың
Бойыңыздағы толып турған энергияны унамлы тәризде жумсаң. Барқулла позитив болың, күлип жүриң. Әне сонда билимлерди жақсы өзлестирип, унамлы нәтийжелерге ерисесиз.
🤍🤍🤍🤍🤍🤍🤍🤍🤍

🔥2👍1
#студент_күнделиги
#ҳәпте_есабы
Жуўмақланып атырған ҳәптеде өзиӊизге есап бериӊ. Жобаластырған ислериӊизди әмелге асыра алдыӊызба, күтилген нәтийжелерге қарай бир адым болса да жақынластыӊыз ба…Кимгедур жәрдем берип, мүшкилин жеӊиллестирип, жақсылықлар бөлисе алдыӊызба. Усы сораўлар менен өзиӊизге жүзлениӊ.
😇😇😇😇😇😇😇😇😇😇

#дәслепки_қәдем
Биз инсанлар қыйыншылықларға төзим бериўди үйренсек, дәслепки қәдем қойып алғаннан кейин олар артта қалыўын түсинип жетсек көп нәрселерге ерисемиз.
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿
📙Студент күнделигинен
#дәслепки_қәдем
Биз инсанлар қыйыншылықларға төзим бериўди үйренсек, дәслепки қәдем қойып алғаннан кейин олар артта қалыўын түсинип жетсек көп нәрселерге ерисемиз.
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿
📙Студент күнделигинен
#Студент_күнделиги
#Қардай_аппақ_Арзыўлар
#Қардай_аппақ_Арзыўлар
❄️☃️❄️☃️❄️☃️❄️☃️❄️☃️
Бүгин ерте таӊнан ҳәммениӊ кейпияты жоқары дәрежеде көтерилди. Буған себеп жер бетин қаплаған аппақ қар. Қыстыӊ сәни болған, бәршемиз ынтығып, асығып, сағынып күткен қар бүгин бизди сыйлады. Қарды жақсы көрмейтуғын адам шенде шен болса керек. Қар сыяқлы аппақ арзыўларыӊыз қәлбиӊизди жайнатсын. Гирбиӊсиз сезимлерге бөленип, тәбият кийген ақ либасты фотосүўретлерге мөрлеўиӊизди усыныс етип қаламыз.
📕Студент күнделигинен
❤🔥5👍2