#Студент_күнделиги
#Қабақ_шытыў
Билесизбе, бизлерден позитив ҳәм негатив энергия шығып турады. Мәселен, позитив адамлар әтираптағыларға күлки ҳәм унамлы кейпият таратып жүреди. Қабағын үйип жүретуғынлар болса ҳәммеге түскинлик жуқтырып болады. Қай жерге барсақта адамларға жылы мүнәсибетте болып, күлип турсақ жумысымыз аӊсат ҳәм тез питеди. Егер қабағымызды үйип түӊилип барсақ, басқалардан да сондай жуўап аламыз. Итибар берсеӊиз биреўлер барқулла күлип жүреди, түр-түсиде соған жарасықлы. Ал, базылар барқулла кирпиклерин қабағыныӊ артына жасырып бултыйып жүреди. Тәбийий түрде биз 1-категориядағы адамды унатамыз. Ол менен сәўбетлескен сайын өзимизге унамлы тәсир аламыз. Адамлардан жақсы сөзиӊизди аямай, оларға күлип қараўға үйрениӊ. Қабақ шытатуғын моментлерде болады. Бирақ буны көпке созбаўға әдетлениӊ. Ләбиӊизди ҳәм көзиӊизди күлиўге үйретиӊ.
📚Студент күнделигинен

👍7👏2