Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
1.05K subscribers
13.2K photos
1.93K videos
121 files
5.88K links
SamVMShBU Nókis filialınıń rásmiy kanalı
Web-sayt:https://www.sdvunf.uz
Facebook: https://www.facebook.com/samvminf.samvminf.5
Instagram:https://instagram.com/samvmshbunf?
Bizge múrájat etiw➡️igshid=YmMyMTA2M2Y= https://
https://t.iss.one/pressa_murajat_bot
Download Telegram
#студент_күнделиги
#мотивация
Мен ҳәр дайым өзимнен мотивация аламан. Сен күшлисеӊ, сенде қәлеў бар ҳәм сен бежере аласаӊ. Ҳәр күни өзиме усы гәплерди айтаман. Анық нәтийжелерге ерисиў ушын биринши нәўбетте өзиӊизди қоллап-қуўатлаӊ. Өзиӊизге исениӊ. Сонда ғана сиз гөзлеген мақсетлерге жетесиз.
📚Студент күнделигинен

@SamVMINukusfilial
#студент_күнделиги
#мотивация

Қунт пенен, ғайрат пенен билим алыӊ. Устазлардыӊ нәсиятларына қулақ салыӊ. Анық мәнзил бойлап ҳәрекетлениӊ.


📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Сениң қолыңнан көп ислер келеди, гөзлеген мақсетлериңе биймәлел ерисе аласаң, буның ушын тек өзиңде умтылыў менен ғайрат таба алсаң болды.

📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Алдыӊа қойған үлкен мақсетлерге ерисиў ушын сен өзиӊде күшли қәлеў ҳәм энергия таба аласаӊ. Еӊ тийкарғысы өзиӊе мотивация бериўге үрдислен. Сениӊ тынымсыз ҳәрекетте болыўыӊыӊ ушын еӊ тийкарғы күш бул өзиӊ.

📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Сиз бойыӊыздағы күшли қәлеўди әмелге асырыў ушын өзиӊизде биймәлел күш таба аласыз. Мақсетлер сизге, сиз мақсетлерге умтылыўыӊыз керек. Бийик шыӊларға жетиў ушын ҳәрекетлериӊиз батыл ҳәм исенимли болсын!
🕊🕊🕊🕊🕊🕊
📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Сиз күшлисиз, үлкен ислерди биймәлел өзиңиз әмелге асыра аласыз. Инсан бир жерде узақ ўақыт иркилип қалмаўы керек. Алға қарап илгерилей бериўи керек. Буның ушын болса ҳәр биримизге жақсы мотивация керек. Сиз ушын ең үлкен мотивация бул-өзиңиз.

📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Биз ең жоқары шоққыларды бойсындырыў ушын өзимизде жеткиликли күшти таба аламыз. Тосықлар бизди қорқытпаўы тийис.

📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Дүньядағы еӊ гирбиӊсиз арзыўлар ийеси екенлигиӊизди мудамы ядыӊызда сақлаӊ. Олар әмелге асқан ўақтында бахытлы адамлар дизиминен орын аласыз. Сиз өзиӊизди ҳәм арзыўларыӊызды жақсы көриӊ!🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊🕊


📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Қыйыншылықлар бизди бағындырмайды, биз қыйыншылықларды бағындырамыз. Жолымыздағы тосықларға сүрникпеймиз. Тек мақсетлер тәрепке қарай батыл қәдем таслап барамыз.


📚Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Биз ең гирбиңсиз арзыўларымызға әлбетте ерисемиз. Тек ғана нийетти пәк қылың!

🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

📙Студент күнделигинен
#студент_күнделиги
#мотивация

Ҳәр қандай жағдайда да алға қарай умтылыў керек. Ҳәте биз барқулла табысларға ерисе бермеўимизге тайын болып, өмиримиз даўамында ушырап туратын әўметсизликлерге тик қарай алыўды үйрениўимиз керек. Тәўекел қылыўдан шоршымай, батыл болыўымыз керек
🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️🕊️

📙Студент күнделигинен