#жаӊа_рубрика
#ветеринария
#тарийх
👨⚕️Даниялы ветеринар Бэнг 1897-жылда ҳайўанлар арасында адамларды тәшўишке салатуғын жуғымлы кеселлик болған бруцеллёзды қозғалтыўшы бактерияны анықлады. Узақ жыллар даўамында бул кеселликтиӊ атамасы болмаған ҳәм ҳәр түрли вариантлар қолланылған. Бруцеллёз адамларға да жуғады. Ветеринария медицинасына қосқан үлеси ушын Бернхард Лориц Фредериг Бэнг 1921-жылда Утрехт ветеринария колледжиниӊ ҳүрметли докторы атағын алыўға еристи. Доктор Бэнг ветеринария тараўындағы хызмети даўамында қарамалларда туберкулёз кеселлигин емлеў бойынша жумыс алып барды. Сондай-ақ, түрли кеселликлерге қарсы емлеў бойынша изертлеўлер алып барды. Ол ҳайўанлардыӊ жуғымлы кеселликлерин де үйренген.
Зийўар Хожамуратова

👨⚕️Луи Дж. Камути өзиниӊ өмирин пышықларға бағышлаған биринши ветеринар еди. Ол 1932-жылда пышықларды емлеўди баслады. Сол дәўирде ветеринария тараўындағы шыпакерлер пышықларды емлеў менен шуғылланбаған. Камути 60 жыл даўамында Нью-Йоркда жасап, сол жерде жумыс ислеген. Өз әмелияты даўамында ол еки китап жазды. Өз кәсибин жақсы көрген Камути 87 жасында да ветеринар болған. Ол жүдә белгили болған Оливия де Хэвилленд (актриса ), Джеймс Мэйсон (актёр), Имоджен Коку (актриса), Таллула Бэнкхед (актриса) сыяқлы адамлардыӊ да пышықларын емлеген. Олар Камутидиӊ өз жумысына деген меҳири ҳәм жуўапкершилигин айрықша атап айтады ҳәм оныӊ яды ушын Конелль университетинде пышықлар саламатлығы фондын жаратты. Ол жерде пышық шыпакери ҳүрметине ветеринария әмелияты даўам етип келмекте.

Samarqand mámleketlik veterinariya medicinası, sharwashılıq hám biotexnologiyalar universiteti Nókis filialı | Rásmiy
Photo
#жаӊа_рубрика
#китап_парақлаймыз
Китап оқыў ҳәр бир заманда, мәкәнда инсанға тынық пикирлерди инәм ете алған. Ҳәзирги ўақытқа келип қолымызда интернетке жалғанған ақыллы телефонлар ўақтымызды көбирек урлап атырғанлығы себепли китап бетлерин парақлап көриўге алтынға теӊ минутларымызды қызғанамыз. Бирақ оқыў бизге бир дүнья тәсир беретуғынын ҳәр биримиз тереӊ аӊлағанымызда еди…әлбетте ҳәр айда ҳеш болмаса 1 китап оқыған болар едик. Мен өзим китап оқыўды жүдә жақсы көремен. Сизлер ушын ҳәр бир адам оқыўы керек болған 10 китап дизимин авторлары менен бирге келтирип өтемен ҳәм әлбетте оқып көриўди усыныс етемен.
Китаплар:
1.Фёдор Достоевский: «Жынаят ҳәм жаза» (Преступление и наказание)
2.Михаил Булгаков: «Уста ҳәм Маргарита» (Мастер и Маргарита)
3.Александр Пушкин: «Евгений Онегин»
4.Лев Толстой: «Урыс ҳәм тынышлық» (Война и мир)
5.Антуан де Сент-Экзюпери «Кишкене шахзада» ( Маленький принц)
6.Михаил Лермонтов: «Заманымыз қаҳарманы» (Герой нашего времени)
7.Евгений Петров: «Он еки стул» (Двенадцать стульев)
8.Габриэль Гарсиа Маркес: «Жалғызлықтыӊ жүз жылы» (Сто лет одиночества)
9.Джоан К. Роулинг: «Гарри Поттер ҳәм философиялық тас» (Гарри Поттер и философский камень)
10 Джордж Оруэлл «1984»